ГүлНур Telegram channel photo

ГүлНур

@gulnara_nurlepesovaPublic Channel

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери,"Дослық" ордени ийеси Гүлнара Нурлепесованың жеке дөретиўшилик каналы

100

Last views

1.1k (1,110 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
32
Total Posts
Oct 17, 2026, 5:42 AM
Жаңартылған
Apr 24, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameГүлНур
Username@gulnara_nurlepesova
CategoryВирустық бейнелер
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер1,110
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 24 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 4 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#107262+385
Тіл бойынша рейтинг
#126+2
Санат бойынша рейтинг
#6909+13

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 1.1K30 Days growth: +191.7%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:20261,091
19:09:20261,094
20:09:20261,094
21:09:20261,094
22:09:20261,094
23:09:20261,094
24:09:20261,094
25:09:20261,094
26:09:20261,094
27:09:20261,094
28:09:20261,094
29:09:20261,094
30:09:20261,094
01:10:20261,094
02:10:20261,094
03:10:20261,094
04:10:20261,094
05:10:20261,094
06:10:20261,094
07:10:20261,094
08:10:20261,094
09:10:20261,094
10:10:20261,094
11:10:20261,094
12:10:20261,094
13:10:20261,094
14:10:20261,094
15:10:20261,094
16:10:20261,094
17:10:20261,110
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 20:04:20261,089
Week of 27:04:20261,089
Week of 04:05:20261,089
Week of 11:05:20261,089
Week of 18:05:20261,089
Week of 25:05:20261,089
Week of 01:06:20261,089
Week of 08:06:20261,089
Week of 15:06:20261,089
Week of 22:06:20261,089
Week of 29:06:20261,089
Week of 06:07:20261,091
Week of 13:07:20261,091
Week of 20:07:20261,091
Week of 27:07:20261,091
Week of 03:08:20261,091
Week of 10:08:20261,091
Week of 17:08:20261,083
Week of 24:08:20261,083
Week of 31:08:20261,070
Week of 07:09:20261,091
Week of 14:09:20261,094
Week of 21:09:20261,094
Week of 28:09:20261,094
Week of 05:10:20261,094
Week of 12:10:20261,110
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 20261,089
May 20261,089
June 20261,089
July 20261,091
August 20261,083
September 20261,094
October 20261,110
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
20261,110

Соңғы посттар

ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 20 қаз., 21:43

Photo1/2
#Тун_ҳикмети.

Ерте уйқылаў ҳәм ерте ояныў инсанды бай, дана ҳәм саламат қылады.

✍Бенжамин ФРАНКЛИН

   Түниңиз тыныш өтсин!
   Таңда ғайыбана көрискенше жақсы дем алың!
   Аллаға аманатсыз!

❗️Жақынларыңызға да жөнетип қойың!

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👇👇👇
https://t.me/gulnara_nurlepesova
100005
ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 20 қаз., 14:28

Photo1/2
Жаңадан шаңарақ қурған еки бангладешли ерли-зайыплы Меккеде Ҳарам аймағында сүйисип, әдепсиз ҳәрекет қылғаны ушын өлимге ҳүким етилди

Олар тойдан кейин Умра сапарына келген болған, ҳәзирги ўақытта олардың денеси Бангладешке жиберилген.

Умраға барғанда сол жердиң қағыйдаларына әмел етиң!

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
139003
ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 20 қаз., 14:27

Photo1/2
Өзбекстанда еркек шыпакерлер саны ҳаяллардан көп

2026-жыл 1-январь жағдайына Өзбекстанда 112 420 шыпакер жумыс алып барған. Бул 2024-жылға салыстырғанда 4,6 процентке көп.

Шыпакерлердиң 53,6 процентин еркеклер, 46,4 процентин ҳаяллар қурайды. Ҳәр 10 мың халыққа орташа 29,4 шыпакер туўра келеди.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
130003
ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 20 қаз., 12:41

#Миллийлигимизди_қәдирлейик!

ӘЗЗИЛЕП БАРАТЫРҒАН САЛТ~ДӘСТҮРЛЕР

       <<Той десе қуў бас жумалайды, той~елдиң ғәзийнеси>>.  Елимизде тойдың да аты көп:~Шашыў той, Айдор той, Сүннет той, Қыз узатыў тойы, Үйленген той. Ҳәр бир тойдың өз алдына тәтәрриги, салт-дәстүри бар. Жақынға дейин адамлар тойды үйлеринде берип, қонақлардың тийресине қарай қонақ үйлер белгиленип, нан-баўырсаққа көмек айтылып, көше ҳаяллары азанда ерте ийлеп, жумысына кетемен дегенше писирип те үлгереди. Көшеде, үйде өткерилген тойлардың гәшти өз алдына. Ағайин, туўған-туўысқанлардың қонаққа келип өткен-кеткенди айтысып, ҳал-аўҳал сорасып, тойдың сәнин келтирип, жетпей атырған жерлерине жәрдемлесип отырыўлары  өз алдына өзгеше бир мәни ғой.

          Адамлардың бир жерге жәмлесип, ойласып-кеңесип, бир-бири менен ҳәзил-дәлкек айтысып отырыўлары алмастырып болмайтуғын дәстүрлеримиздиң үлгилеринен еди.
         Тилекке қарсы, ҳәзир көпшилик тойларын ресторан ҳәм кафелерде өткерип атыр. Жақын отырған қоңсылар да тойдың хабарын телеграммдағы <<Қоңсылар>> каналынан бир еситип-ақ қалады. Тойды артық шығынсыз, дәбдебесиз өткериў дәўир талабы. Бул да бир тәрептен жақсы. Деген менен,  ҳәзирги   глобалласыў дәўириндеги жат иллетлердиң кирип келиўи, олардың келешек жасларымызға кери тәсир тийгизиўиниң алдын алыў мақсетинде қәдириятларымызды да умытпай, ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған үрп-әдетлеримизди келешек әўладқа сап ҳалында жеткериў миннетимиз екенлигин умытпаўымыз керек.

         Деген менен усы салт-дәстүрлеримизди бузбастан пайдаланып атырмыз ба?
          Ҳәзирги ўақытта елимизде қызды узатып той бериў дәстүрге айланбақта. Әлбетте, бул қуўанышлы. Бирақ, билип-билмей салт-дәстүрлеримизди бузып көрсетиў әдептен емес. Қыз узатыў тойында ҳәўжар айтылады. Ҳәўжарды қыздың жанында турған еки жеңгеси айтыўы керек. Ҳәзир заманагөйлестирип арнайы таярлыққа ийе тойды алып барыўшы <<Ҳәўжаршылар>> атқарады. Бул жерде айтайын дегеним, үрп-әдетимиздиң бузылған жери, қыздың жанына жеңгелерин емес,, күйеў баланы турғызып қойып ҳәўжар айтыўы. Бул дым ашынарлы жағдай. Ҳәўжардың да тексти бузылып атқарылмақта. Салт-дәстүрлеримиз бойынша ҳәўжарды қыздың жеңгелери узатылып атырған қызға нәсият формасында айтыўы керек. Салт-дәстүрлеримизди бузып жүрген атқарыўшылар тәртипке салыныўы керек.

          <<Ат өлсе де қәде өлмейди, арық қойдан төслик ал>>--дегендей, той болған жерде, әлбетте, қәде-қәўмет турады. Көшедеги жеңгейлер де қәде-қәўметлерди [Көпир қәде, бақан керер қәдеси, босаға қәдеси, кемпир өлди қәдеси] орны менен избе-излигин сақлап келген жасларға ибратлы сөзлерин айтып, дәстүримиздиң өлмес мийрас екенин түсиндирип болып алыўдың орнына <<оптом бериң>> деп тек пул алғанына қуўанысып жүргенлери де бар. Буның алды алынып, дурыс бағдар берип барылмаса соң тәртипке келтириў де бираз қыйыншылық туўдырыўы сөзсиз.
        Бул дәстүрлердиң бири-биринен парықланып туратуғынлығын да экспедицияларда көрип жүрмиз. Мәселен, Елликқала районы, Бостан қаласында жасаўшы қарақалпақларда <<Қыз узатыў тойы>>нда узатылатуғын қыз дослары менен шымылдық ишинде отырады, қасына жасы үлкен апа келип, сол шымылдықтың ишинде ҳәўжар айтады екен. Соннан кейин еки жеңгеси келип, қызды еки қолтығынан услап сыртқа алып шығып көликке мингизеди. Әлбетте, қыз <<бармайман>> деп жер тепсинип турады. Соңынан жасы үлкен бир адам пәтия берип шығарып салады екен. Буны Еллиқала районы, Бостан қаласы, Айбек көшесиниң 8-жайында жасаўшы Тоқтагүл Қошымбетова да мақуллады.

         Жасы үлкен аға-апалар, көше бийлери бул иллетке итибарлы болып, той-тамашаларды тәртипке салып, бар ақыл-нәсиятларын айтып, өзлери бас болып, үлги көрсетип турса, салт-дәстүрлеримиздиң сақланыўына тәсири тийеди,--деп ойлайман.

✍А.АЛЛАНИЯЗОВ.
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери.
<<Еркин Қарақалпақстан>> газетасы, 21-декабрь, 2024-жыл, 153-саны [21175].

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👇👇👇
https://t.me/gulnara_nurlepesova
539007
ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 20 қаз., 12:35

Video
Бир қәте себепли инсанның барлық жақсылықларын итибарсыз қалдырыў әдалаттан емес...

Муҳаммед БОЗДАҒ 
👉https://t.me/gulnara_nurlepesova
118004
ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 20 қаз., 12:31

Photo1/2
🇧🇷 Бразилиялы еркек жасалма интеллектке алданып қалды

Бразилияда жасаўшы Эдимар атлы шахс 49 жаста болып, гербиш өриў менен шуғылланады. Ол социаллық тармақлардағы блогер Жессика Оливеира атлы ҳаялды жақсы көрип қалды.

Жессика өзиниң фермасына көшип келиўге разы болатуғын еркекти излеп атырғанлығын ҳәм оның барлық қәрежетлерин қаплайтуғынлығын айтады. Эдимар оның гәплерине исенип, бар-жоғын сатады ҳәм ол менен ушырасыў ушын 2 мың километр жол жүрип барады.

Бирақ мәнзилге жетип барғаннан соң, Жессика негизи жоқ инсан екенлигин билип алады. Ҳаял жасалма интеллектте исленген болып, жазыспалар болса бот арқалы жиберилген. Ақыбетинде, еркек үйине қайтыў ушын жәрдем сорап, социаллық хызметлерге мүрәжат еткен.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
110002
ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 20 қаз., 08:44

СИЗЛЕР БҮГИНГИ КҮН ҚАҲАРМАНЛАРЫ

"САМАТ аўыл" атлы қутлы елимде,
Дийқан фермер "Зако мақсым" * жеринде.
Күннен кунге пәт ендирип теримге,
Аппақ қырман үйди пахтакеш қызлар.

Жолын қуўып уллы мақсым атаның,
Шырағын сөндирмей дузеп Ўатанын.
Ел ишинде "Зако фермер" атанып,
Елге ырыс сыйлар фермер баламыз.

Фермер-жер ийеси, пахта баласы,
Пахта атыз - мол табыстың даласы.
Бүгин орынланып жыллық жобасы,
Мол қырманға ашық болды жулдызлар.

Бириң апам,сиңлим, бириң қурбымсыз,
Қызлар деп атасам болмас орынсыз.
Қызларға бергисиз бәриң арыўсыз,
Мийнетиңиз уллы теримши қызлар.

Қуяш пенен бирге турып сәҳәрде,
Журтлар шырт уйқыда жатқан мәҳәлде.
Үйдиң, дүздиң гүлин келтирип гүлге,
Атыздан табылған теримши қызлар.

Таңда барып,ымырттан соң қайтасыз,
Пахта терип тәрезиге тартасыз.
Кең далада "Айдынлар"ды айтасыз,
Жаны жайсаң шаққан теримши қызлар.

Жазда гүл жайнаса ғаўаша тапта,
Гүзде ақ кептердей ашылған пахта.
Ханасына сыймай ағылған ўақта,
Сепситпей жыйнайсыз қолы гүл қызлар.

Алтын гуздиң ашық - жарық шағында,
Терип алсаң қалмай жаўын-шашынға,
Дийқанның қырманы бийиклеп шыңға,
Табысың тасқынлар теримши қызлар.

Ғаўаша отадың ыссы-салқында,
Қыйынлықтың көби қалды артыңда.
Бүгин жәҳән базарында алтынға,
Теңдур терген пахтаң теримши қызлар.

Комбайннан қалыспайсыз базыңыз,
Мийнетке қарысқан ийбе-назыңыз.
Фатима,Элмира,Сәрбиназыңыз,
Көш басында келер теримши қызлар.

Гулпаршын,Зарафшан,Пәрўаз Нәбийра,
Қалийпа,Турдыхан,Бийназ,Нәзийра,
Сулыўхан, Зульфия айтсам тағы да,
Қатарың көп сениң теримши қызлар.

Шийрин, Анар, Бағда "Самат аўыл" дан,
Шаққанлықта көш басынан табылған.
Қаншайым, Зульфия,  Гүләш апалар,
Көп қызларға үлги болып танылған

Уллы мақсет пенен атқан таңлары,
Сизлер бүгинги күн қаҳарманлары.
Быйыл "САМАТ аўыл"ының қырманы,
Сизлер менен тасқан теримши қызлар.

Ҳәр күни тергенсиз уш ярым тонна,
Фермердиң абырайын шығарып шыңға.
Ҳадал мийнетиңе елдиң алдында,
Мыңсан алғыс айтсақ арзыйды қызлар.

Келинимен мен де усы аўылдың,
Бийдай сөзден жасыл жипек жамылдым.
Тилегиңде болып  ҳақтан жарылдым,
Ығбалың өрлесин теримши қызлар.

"Мың қосшыдан бир басшы" дер халайық,
Енди Зулфия*ны тәрийп қылайық,
Жақсының перзенти болып ылайық,
Жырыңды жырлап жүр зәбердес қызлар.

Ҳақыңызды алып берип фермерден,
Жол таўып жүр қыйын-қыстаў жерлерден,
Зулфияны кем көрмейсиз ерлерден,
Ҳәм арқа сүйейсиз теримши қызлар.

Гейде сыйлық берер таўып кеўлиңди,
Сөйтип тезлетеди пахта теримди.
Ҳәр жыл сайын ертип алып бәриңди,
Бир отряд болып жүреди  қызлар.

Аўызбиршиликтен тобың бузылмай,
Қол усласып бир аўылдың қызындай.
"Ақ алтын" қырманын уйиң усындай,
Қолы гүл,зәбердес теримши қызлар.

Үйде де, дүзде де орныңыз бөлек,
Бүгин сөзлер айттым исиңди елеп.
Ислеген ислериң бахытқа бөлеп,
Мәңгиге саў болың,теримши қызлар!

Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА

▪️"Зако Мақсым"*- Қараөзек районындағы Қараөзек АПЖ аймағындағы Абдиуатов Закиратдин басшылық еткен  фермер хожалығы.Бугин усы фермер хожалығы жыллық жобасын артығы менен орынлады.

▪️Зулфия Бауетдинова*- "Қараөзек" АПЖ орайындағы  көше бийи, сол аймақтағы уй бийкелеринен жыйналған теримши қызлар отрядының баслығы.
👉https://t.me/gulnara_nurlepesova

Telegram

ГүлНур

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери,"Дослық" ордени ийеси Гүлнара Нурлепесованың жеке дөретиўшилик каналы

VIEW CHANNEL
184007
ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 04 қыр., 11:51

Photo
#өмир_ҳикмети

Бир жасы үлкеннен сорапты:

— Жыйнаған дүньямды өзим менен алып кетсем бола ма?
— Яқ, болмайды. Бирақ өзиңнен бурын жибериўиңе болады,
— Ол қалай ?
— Садақа қылып!

https://t.me/omir_sabaqlarinan
👉
733005
ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 04 қыр., 11:51

#Ҳикметли_өмир

БИЙТАПЛЫҒЫҢЫЗДЫ САДАҚА МЕНЕН ДАЎАЛАҢ!

      Бир адамның жүрек қәстелиги бар еди. Докторлар кеселлигиниң жүдә аўыр екенин, операцияны тек шет ел докторлары қыла алыўын айтты. Бийтап ўақытты босқа өткерместен Лондонға кетти ҳәм жақсы доктор таўды. Бул доктор да қәстелигиниң аўырлығын ҳәм
операция қылынса жасап кетиў имканияты 1% екенин айтты. Бийтап не қылыўын билмей, көп ойланды ҳәм операциядан алдын журтына қайтып ўәсият жазып ҳәм басқа ислерин орынлап, 10 күн ишинде ҳәмме ислерин питкерип, қайтып келиўи ҳаққында докторға айтты.
Қәсте адам елине келди, 10 күн ишинде ҳәмме ислерин ислеп, жақынларынан разылық алып, үйинен шықты. Жолы базардың қасынан өтер еди. Базарда бир қассап гөшлердиң жаман бөлеклерин кесип таслап атыр еди.
      Жас ғана бир ҳаял сол тасланды гөшлерди терип алып атырғанын көрди. Ҳаялдың қасына барып, неге тасланды гөшлерди алып атырғанын сорады. Ҳаял уялған ҳалда, 5 перзенти бар екенин, перзентлери тек жылына 1 мәрте,яғный  Қурбан ҳайытында гөш жейтуғынын айтты.
       Буны еситип жүдә қапа болды. Қассаптан 5 килограмм гөш алып, сол ҳаялға берди ҳәм 5 жыллық гөш ушын пулды алдыннан қассапқа төлеп қойды. Сонда, ҳаял көзлери жасқа, қәлби муҳаббатқа толып, қолларын дуўаға көтерип:
      "Аллаҳым, Сен бул адамның бәрше мүшкиллерин аңсатластыр", - деп дуўа етти. Ҳаял шын жүрегинен дуўа қылған еди.
      Бийтап Лондонға қайтты ҳәм операциядан алдын тексериўлерден өтиўи керек еди. Тексериўден өткерип атырған доктор ҳайран қалды ҳәм 3 мәрте қайта тексерди ҳәм бийтапқа: "Мөжиза, жүрегиңиз саламат", - деди. Доктордың гәпин еситип, сол ҳаялдың дуўасы есине түсти ҳәм докторға: "Мөжиза емес, бир ҳаялдың қуўанышлы көз жаслары себепли Аллаҳтың берген шыпасы", – деди.

      Имам Табараний Әбиў Умама Баҳилий разыяллаҳу анҳудан қылған рәўиятта, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Бийтаплығыңызды садақа менен даўалаң», деген.

https://t.me/omir_sabaqlarinan
👉
723004
ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 04 қыр., 11:51

Photo
Тайландқа виза алыў ушын енди Москваға барыў керек

15-сентябрьден баслап Өзбекстан пуқараларына Таиландқа барыў ушын виза керек болады.

Анкетаны онлайн толтырыў мүмкин, бирақ виза жыйымын жеке өзи ҳәм нақ пулда Таиландтың Москвадағы елшиханасында төлеў керек болады, деп хабар берди Өзбекстанның Бангкоктағы бас консулханасы.

👉 https://t.me/NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
139000
ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 04 қыр., 11:51

Photo
❗️Жумыс ислейтуғын аналарға перзенти бир жасқа толғанға шекем напақа төленеди

Мийнетке жарамсыз жәрдемге мүтәж шаңарақларға «пассив дәрамат» келтиретуғын социаллық пакет ушын усы жылы 300 миллиард сум ажыратылған.

Бундай жәрдем алған 11 мың шаңарақтың ярымында дәрамат сезилерли артқаны атап өтилди.

👉 https://t.me/NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
132001
ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 04 қыр., 11:51

Video
🇳🇵Непалда суў тасқыны ақыбетинде қайтыс болғанлар саны 1 200 ден асты

4,2 мың адам дәрексиз жоғалғанлар дизиминде тур.

👉 https://t.me/NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
125001
ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 04 қыр., 11:51

Photo
SÀLEM, MEKTEP !

Sàlem, mektep, kòrkem, keñ saray,
Asiĝaman òziñe qaray.
Sennen aldim tàlim- tàrbiya,
Saĝinbaspan men seni qalay?!

Hàrip tanip eñ dàslep sennen,
Bilimlenip òstim kùn-kùnnen.
"A"dan baslap bàrin ùyretken,
Minnetdarman muĝalliminnen.

Keldim ùsh sy dem alisimnan,
Ketkim kelmes endi qasiñnan.
Kelip turman mektebim saĝan,
Sen degende kewlim tasinĝan.

Sàlem ustaz,anamday qimbat,
Sanamizdi òshirgen shiñlap.
SHala edik,bilimsiz edik,
Jetilistik òziñdi tiñlap.

Sàlem mektep, altin bosaĝam,
Kòp nàrseler ùyrettiñ maĝan
Keleshekke jol baslawshimsañ,
Minnetdarman bàrqulla saĝan!
         ".     .     .
Sàlem mektep, kòrkem keñ saray,
Qustay ushtim òziñe qaray.
Sen bergen soñ tàlim- tàrbiya,
Saĝinbayìn men seni qalay?!

Gùlnara NURLEPESOVA
👉
164004
ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 04 қыр., 11:51

Voice
Sàlem,mektep!
✍ Gùlnara Nurlepesova
🎤 Jansaya.Biybimàryam Utambetova
👉
176005
ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 24 сәу., 13:57

Photo
Жаңа китап, жаңа илҳам: Гүлнара Турдышеваның дөретиўшилик табысы

Өзбекстан журналистлер аўқамының ағзасы Гүлнара Турдышева көп жыллардан берли журналистика тараўында жемисли мийнет етип киятырған дөретиўшилердиң бири.

👉 Толық оқыў: https://kknews.uz/kk/282240.html

Янги китоб, янги илҳом: Гулнора Турдишеванинг ижодий ютуғи

Ўзбекистон Журналистлар уюшмаси аъзоси Гулнора Турдишева кўп йиллардан буён журналистика соҳасида самарали меҳнат қилиб келаётган ижодкорлардан бири.

👉 Батафсил: https://kknews.uz/uz/282240.html

📲 https://t.me/kknews_uz https://www.instagram.com/kknewsuz/ | https://t.me/kknews_live | https://t.me/kknews_sport
183007
ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 24 сәу., 13:57

Photo
Қанлыкөлши қызлар менен жақыннан танысып,естелик ушын сүўретке түстик.
151008
ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 24 сәу., 13:57

Video
Кеше соңында Бийбираба апа келген мийманларға алғыс айтып,пәтиясын берди.
143006
ГүлНур logo
ГүлНур

2026 ж. 24 сәу., 13:57

Photo
Апам менен бирге сүўретке түстим.
👉
1420012

Showing 30 of 32 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

ГүлНур Telegram арнасы не туралы?+

ГүлНур (@gulnara_nurlepesova) — tgdio сайтында Вирустық бейнелер санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 1 110 жазылушы бар.

ГүлНур (@gulnara_nurlepesova) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @gulnara_nurlepesova арнасына тегін жазылыңыз.

ГүлНур жақсы Вирустық бейнелер арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын ГүлНур рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 1 110 жазылушы бар. ұқсас Вирустық бейнелер арналарымен салыстырыңыз.

ГүлНур статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @gulnara_nurlepesova бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.