Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты Telegram channel photo

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

@kketnografiyaPublic Channel

Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз. Байланыс ушын: @Allamuratova1512

Веб-серияларқазақ тіліҚазақстан

604

Last views

2.6k (2,608 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
35
Total Posts
Oct 17, 2026, 5:42 AM
Жаңартылған
Apr 24, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameҚарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты
Username@kketnografiya
CategoryВеб-сериялар
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер2,608
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 24 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 5 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#114443+415
Тіл бойынша рейтинг
#138Өзгеріс жоқ
Санат бойынша рейтинг
#3120+10

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 2.6K30 Days growth: +381.5%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:20262,570
19:09:20262,589
20:09:20262,589
21:09:20262,589
22:09:20262,589
23:09:20262,589
24:09:20262,589
25:09:20262,589
26:09:20262,589
27:09:20262,589
28:09:20262,589
29:09:20262,589
30:09:20262,589
01:10:20262,589
02:10:20262,589
03:10:20262,589
04:10:20262,589
05:10:20262,589
06:10:20262,589
07:10:20262,589
08:10:20262,589
09:10:20262,589
10:10:20262,589
11:10:20262,589
12:10:20262,589
13:10:20262,589
14:10:20262,589
15:10:20262,589
16:10:20262,589
17:10:20262,608
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 20:04:20262,651
Week of 27:04:20262,651
Week of 04:05:20262,671
Week of 11:05:20262,671
Week of 18:05:20262,671
Week of 25:05:20262,671
Week of 01:06:20262,671
Week of 08:06:20262,671
Week of 15:06:20262,671
Week of 22:06:20262,671
Week of 29:06:20262,671
Week of 06:07:20262,603
Week of 13:07:20262,603
Week of 20:07:20262,603
Week of 27:07:20262,603
Week of 03:08:20262,603
Week of 10:08:20262,603
Week of 17:08:20262,563
Week of 24:08:20262,563
Week of 31:08:20262,575
Week of 07:09:20262,570
Week of 14:09:20262,589
Week of 21:09:20262,589
Week of 28:09:20262,589
Week of 05:10:20262,589
Week of 12:10:20262,608
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 20262,651
May 20262,671
June 20262,671
July 20262,603
August 20262,563
September 20262,589
October 20262,608
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
20262,608

Top 10 posts

Most viewed posts from this channel

By views
  1. #1Шежиреден шымшым4.2K
  2. #2Откен асирдин биринши шерегинде исленген 3 коржын,Россия этнография му2.1K
  3. #3Post #63312.0K
  4. #41919-жылғы ораллылардың контрреволюциялық көтерилисине қатнасқанлығы, 1.9K
  5. #5Post #62971.7K
  6. #6Откен асирдин 60 жыллары рус этнографлары Шымбай каласында тусирген су1.7K
  7. #7Оразымбет Халмуратов белгили врач-хирург 1946 жылы тускен суурети.1.7K
  8. #8Аққаладағы ыдыслар.1.6K
  9. #9«Абдулла Сейтназар ҳажы улы»1.6K
  10. #10Абдулла Сейтназар ҳажы улы (1906-1988)1.4K

Соңғы посттар

ҚОРАҚАЛПОҒИМ
Кўчқор НОРҚОБИЛ

Кўнглини дастурхон қилиб очунда
Мард турган, борлиғи нарзи-ниёзсан.
Ўтовингда офтоб ухлайди тунда
Юлдуздан шеър тизган Ажиниёзсан...

Термулсам, кўзларинг жовдиратасан,
Ўзбекка қўл тутган юраги оқсан!
Довруқлим, дунёни довдиратасан
Оловдан сўз узиб олган Бердақсан...

Мен Сени эсласам юрагим тўлиб
Ўзим ҳам ўзимдан бораман ўсиб...
Жайҳун шамолларин эгнига илиб
Ёнимда туради Ибройим Юсуп.

Гоҳида куйгансан заҳар-заққуда,
гоҳида кўксингга тўлиб ургансан...
Чақмоқ талаш этган мангу чўққида
Қалпоғин кийгизган Тулепбергансан...

Лочинсан, шунқорсан, улли мергансан,
Қадимдан дўстга жуфт, душманга тоқсан!
Сенга бир жон тутсам, ўн жон бергансан,
Ўзбекнинг юраги Қорақалпоқсан!..

https://t.me/kketnografiya

Telegram

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз.Байланыс ушын:@Allamuratova1512

VIEW CHANNEL
6040013
Photo1/4
Аққаладағы ыдыслар.

     Бул ыдыслар Қазақдәрьяның арқасы, Аққала тәрепте, асфальт жолдан арқаға қарай 15–16 км жердеги «Қозы ийшан» қойымшылығына жақын жерде усы ҳалда жатыр. Қойымшылықтың атын жергиликли турғынлар усылай деп атап айтқан. Ыдыслар қайдан келип шыққан, ким таўып, жыйнап қойған ол ҳаққында жергиликли турғынлар да хабарсыз екенин айтқан.
      Ыдыслар ҳаққында сол жерлерде геофизиклер менен бирге жумыс ислеп атырған, халқымыздың тарийхына, мийрасына қызығыўшы Рамазан Тилепбаев хабар берди.

      Бул ыдыслар ҳақыйқатында да антик мийраслар ма, ямаса  басқа бир мақсетте биреўлердиң гүлалшылық жумыслары ма, соны тийисли орынлар анықлап, егер биз күткендей антик мийраслар болса, мүмкин музейге алынар деген ой менен жәриялап көриўди мақул деп таптық.

t.me/kketnografiya
1,6000018
Photo1/2
#архив
Оразгүл Қурбаниязова. Қарақалпақстан АССР Нөкис районындағы «Нөкис» совхозында сүт-товар фермасында саўыншы болып ислейди. Ол өзине бекитилген 19 бас сыйырдың ҳәр биринен 3000 килограммнан сүт саўып алыў миннетлемесин алған.

1975-жыл, «Саодат» журналы, №5 саны.

Үйимдеги ески альбомларды көрип отырсам, усы сүўретти қыйып алып, альбомда сақлап қойған екенмен.

Shahzoda Allamuratova

https://t.me/kketnografiya
9520016
Ол қартайған шағында қуўдалаўшылық ҳәм тексериўлер жәбирин тартып, 1935-жылы қорқыныш сезимлер менен қайтыс болды.
Сейтназар ҳажының шежиреси: Қудайназар кандилет, Досжан, Абдулла атлы уллары, Дәмегул (Дәмеш болыс), Сапура, Улзада, Алмахан атлы қызлары болған.

Белгили тарийхшы-илимпаз ҳәм жазыўшылар:
Оңғарбай Юсупов, Шарип Бабашев, Алишер Қудияров, Қыпшақбай Матмуратов, Жийенбай Моянов, Аманияз Жүзимбетов, Турдыгул Пирниязова, Ҳакимбай Өтегеновлардың мийнетлери тийкарында мағлыўматларды топлаған ҳәм таярлаған:

Шахзада Алламуратова

t.me/kketnografiya

Telegram

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз.Байланыс ушын:@Allamuratova1512

VIEW CHANNEL
1,3500011
Бала оқытқан мийнет ҳақысына жылына бир мал берип турған. Бул оның тек ғана сиясий емес, ал халық арасында руўхий ҳәм диний жақтан да жүдә жоқары мәртебеге ҳәм абыройға ийе тулға болғанлығын тастыйықлайды.
Аймақтың негизги хожалық тараўлары болған дийханшылық, шарўашылық, ирригация тармақлары ҳәм саўда-сатықтың турақлы ислеўи жергиликли басқарыўдың әҳмийетли ўазыйпаларының бири еди. Сейтназар ҳажының экономикалық басламалары арасында суўғарыў ислери айрықша орын тутады. Ол Абат жаптан саға алатуғын «Жаңа Сейтназар жармыш» каналын қаздырған. Бул каналдың қазылыўы аймақтағы дийханшылық майданларын суў менен тәмийинлеў, суў ресурсларын пайдаланыўды кеңейтиў ҳәм халықтың хожалық жағдайын жақсылаў менен байланыслы болды. Каналдағы суўды ретли түрде пайдаланыў ҳәм егин майданларына бөлистириў жумысларын мурабы Қанназар алып барған. Мурабтың хызмети суўды каналлар арқалы дийханшылық майданларына жеткериў, суўдың бөлистирилиўин қадағалаў ҳәм суў жетиспеўшилигиниң алдын алыўға жуўапкер болған. Бул мағлыўматлар Сейтназар ҳажының басқарыўшылық искерлигиниң тек сиясий-административлик тараў менен шекленбей, халықтың күнделикли хожалық турмысын тәмийинлейтуғын ирригациялық системаны қоллап-қуўатлаў менен де байланыслы болғанын көрсетеди.
Сейтназар ҳажының хожалығында ҳәр қыйлы кәсип ийелериниң хызмет етиўи сол дәўирдеги этнографиялық турмысты үйрениў ушын да әҳмийетли дерек болып табылады. Мәселен, шебер устасы Сейтимбет ҳажының шаңарағында күнделикли турмысқа зәрүр болған аяқ кийим ҳәм кийим-кешеклерди тиккен, соның ишинде мәсини ҳәм белге тағылатуғын арнаўлы камарды таярлаған. Ол былғарыдан түрли буйымлар ислеп, аттың безеўлерин таярлаў менен де шуғылланған.
Сейтназар ҳажының жәмийетлик мәртебесин оның айланасында топланған исенимли адамлары да айқын көрсетеди. Суд ислери ҳәм диний-ҳуқықый мәселелерди қазысы Қутлымуратов Тәжимурат алып барған болса, оның өмир бойы қасынан қалмай, садықлық пенен хызмет еткен атқосшысы Қайып қараша Пирлепес улы болған.
Сейтназар ҳажының «Ялта» атлы жүйрик ярым тулпарының болғаны ҳәм оны 1905-жылы туўылған сейиси Серназар махары тәрбиялап, бәйгилерге таярлағаны да сол дәўирдеги ат спорты мәдениятының әҳмийетин көрсететуғын этнографиялық дереклердиң бири болып табылады. Сейтназар ҳажының жүйрик ат сақлаўы ҳәм оны арнаўлы сейиске тапсырғаны оның хожалығында ат спорты ҳәм ат бағыў дәстүрлериниң де орын алғанын көрсетеди.
Бундай байланыслар қарақалпақ жәмийетиндеги ел ағаларының айланасында қәлиплескен қазы, атқосшы, мураб, уста, сейис сыяқлы түрли кәсип ийелериниң өз-ара байланысын түсиниўге имкан береди.
Солай етип, Сейтназар ҳажы Ерназаровтың тарийхый портрети оның мәмлекетлик хызмети, басқарыў уқыплылығы, қайырқомлық ҳәм халықшыл искерлиги, халық ушын ең қәўипли дәўирде патша ҳәкимияты менен сөйлесиўлерге батыл барған дипломат ҳәм пуқаралық урысы жылларында елдиң тынышлығын сақлаў ушын өзин-өзи қорғаў отрядларын дүзген миллий жетекши, диний мәртебеси ҳәм экономикалық басламалары менен қарақалпақ халқының тарийхында айрықша орын тутатуғын белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер екенин тастыйықлайды.

Сондай-ақ, өмириниң ақырына шекем өз халқының азатлығы ҳәм абаданлығы жолында хызмет еткен уллы тулғаның өмир жолы өз дәўириниң сиясий қарама-қарсылықларына толы болды. Сол аласыпаранлы жыллары НКВД ның адамлары ҳажыны қуўдалап қоймаған. Сонда оның тәўиби ҳажының өмирин аман алып қалыў ушын ҳажыға: «Сеңсең тонларды пардозлап бойайтуғын ойран бояаўдың тақанын ислеп береди. Усыны аўзыңызға салың да, жата бериң, тек жутып қоймаң, сиз аўырып атырман," деп жата бересиз, қорқпаң, буның сизге ҳеш қандай зыяны жоқ», – дейди. Қасына ләген қойдырады. Бул сырды – ойран бояаўдың тақанын ҳеш ким билип қоймасын деп ескертеди. Көп узамай-ақ, ҳажыны алып кетиў ушын үйине НКВД ның адамлары кирип келеди. Келсе, ҳажы қусып шалқасына жатырған. Сонда олар "Е, бул түбинде өледи екен, өлетуғын адам екен. Машинаға жарамайды ғой," деп, алып кетпей, таслап кеткен. Сөйтип, ҳажы тәўиптиң көрегенлиги ҳәм кәраматы арқалы аман қалады.
963007
1917-жылдың октябринен 1918-жылдың сентябрине шекемги дәўирде аймақта түрли сиясий ҳәм қураллы күшлер пайда болды. Информатор Смағул Жумағалиевтиң еслеўлеринде усы дәўирде жергиликли ҳәкимият ҳәм халықты қорғаў ўазыйпасының бир бөлими өзин-өзи қорғаў отрядларының қолында болғаны айтылады. Бул отрядлар қатарында атаман Михаил Фильчев басқарып отырған Петро-Александровск, Нөкис ҳәм Заирдиң урал казаклары, Нөкис болыслығы аймағында болыс басқарыўшысы Иният Ниязовтың жигитлери, Шымбай болыслығында болыс баслығы Ибрайим Адиловтың жигитлери, Шымбай қаласында саўдагер Халмурат Қурбановтың жигитлери, Қоңыратта Балабий, яғный Қутлымурат бий Тәжимуратовтың жигитлери ҳәм Ийшан қалада Хан Мақсым Убайдулла Баҳаўаддиновтың жигитлеринен дүзилген отрядлар болған. Усы қыйын сиясий жағдайда Кегейли болыслығы аймағында халықтың қорғаныўын шөлкемлестириў Сейтназар ҳажыға байланыслы атлы жигитлериниң хызмети арқалы әмелге асырылған. Оның жигитлерден дүзилген отряды жергиликли халықтың, елдиң мал-мүлкиниң ҳәм аймақтың қәўипсизлигин тәмийинлеген. Сейтназар ҳажының өз аймағында бундай отрядты шөлкемлестириўи оның жәмийетлик абыройының тек бийлик ўақыттағы басқарыўшылық хызмети менен шекленбей, сиясий дағдарыс жағдайында да халықты бирлестире алғанын көрсетеди.
Кеңес ҳүкиметин орнатыў процеси кескин қураллы қағыслар менен қыйын дәўирде Сейтназар ҳажы ел ағасы сыпатында урыстың алдын алыў ушын дипломатиялық миссияны өз мойнына алады. Ол 1920-жылдың 7-февралында Есен қазы менен бирге Кеңес ҳүкиметиниң әскерий сардары Н.А.Шайдаков пенен урысты тоқтатыў бойынша договор дүзиўде жергиликли гуўа ўәкил ретинде қатнасып, елде тынышлық орнатылыўына үлкен үлес қосқан.
Соның менен бирге, Сейтназар ҳажының искерлиги тек административлик-басқарыў саласы менен шекленбейди. 1910–1915-жыллар аралығында Шымбайда май заводының қурылыўын шөлкемлестириўи оның аймақтағы санаат-экономикалық процеслерге де белсене қатнасқанын көрсетеди. Үлкен улы Қудайназар қандилеттиң басшылығында қурылған бул заводтың Хорезм оазисинде экспортқа өним шығарыўшы санаат кәрханаларының бири болғаны аймақта қайта ислеў санаатының қәлиплесиўинде әҳмийетли орын тутқанын көрсетеди.
1912-жылғы тәрийхта қалған «Ақ қапшық» жылы Сейтназар ҳажының халықшыл ҳәм қайырқомлық искерлигин айқын көрсеткен тарийхый дәўир болды. Сол жыллары ол Асқарбай, Шынықул бай ҳәм Лепесбай сыяқлы ел арасында абыройлы байлар менен биргеликте Оренбургқа түйе кәрўанларын қатнатыўды шөлкемлестирди. Кәрўанлар арқалы аймаққа ун ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлерин алдырып халықты ашлықтан сақлаған. Сол ашаршылық жыллары қазақ далаларынан көп қазақлар қарақалпақ жерлерине көшип келеди. Ашлықтың себебинен көп адамларынан айырылады. Тири қалғанларының шуўлап жылаған даўысларын еситип аўыл адамлары Сейтназар ҳажыға хабарлайды. Ҳажы аўыл адамларын жыйнап сол жерге жетип барады. Өлген адамлардың ҳәр бирине арнап бөлек-бөлек қәбир қазып жерлейди. Ҳәзирги Кегейли районы, бесинши аўыл аймағында "Қазақ аўлие" деп аталатуғын қойымшылықтың орны елеге дейин бар.
Сол жерде тири қалғанлардың барлығын изине ертип аўылға алып барады. Жетим қалған балаларды ҳәм қызларды өзлериниң туўған балалары ҳәм қызларындай жақсы көрип бағыў ҳәм тәрбиялаў, және оларды өз алдына бөлек хожалық етип жибериўди миннетли ўазыйпа етип белгилеп аўылдағы үйлерге бөлистирип береди. Тири қалған ересек адамларға жасаў ушын бас пана қурыўда да аўыл адамлары үлкен жәрдем береди.
Сондай-ақ, оның хожалығында удайы тәризде «шүлен қазан» қайнап турған болып, бул орын усы аймақтан өткен жолаўшылар, жарлы-жақыбайлар ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлар ушын турақлы аўқатланыў мәканы хызметин атқарған.

Сейтназар мусылманшылықтың парызы есапланған ҳаж зыяратына үш мәрте барған. Кеңес ҳүкимети орнамастан алдын ҳәм орнағаннан кейин 1917-жылы ҳажы сапарына барып ҳажы атанған. Елге келгеннен кейин Сейтназар ҳажы Ақ қыпшақ аўылынан шыққан Жақсымурат ахунға Ақтоғын аўылдан 40—50 бала оқығандай мешит салып берген. Жақсымурат ахун ол мешитте балаларға араб, парсы, латын тиллери менен бирге әдеп-икрамлылық, есап-санақ сабақларын да үйреткен.
598006
Сейтназар ҳажы Ерназаровтың өмири ҳәм жәмийетлик искерлиги

Сейтназар ҳажы Ерназаров — XIX әсирдиң екинши ярымы ҳәм XX әсирдиң басында
Кегейли районы (бурынғы «Жаңабазар» болыслығының 5-аўылы) «Ақ тоғын» аўылында жасаған, Қарақалпақстанның
жәмийетлик-сиясий турмысында айрықша из қалдырған, өз дәўириниң абыройлы мәмлекетлик ғайраткерлериниң бири есапланады. Оның узақ жыллық басқарыў хызмети Хийўа ханлығының соңғы дәўирлерин, Патша Россиясының колониялық системасын ҳәм Кеңес ҳүкиметиниң орнаў дәўирин өз ишине алып, усы жылларда халықтың тынышлығын ҳәм аймақтың социаллық-экономикалық тең салмақлылығын сақлаўға қаратылды.
Сейтназар ҳажы өзиниң сиясий жолын дәслеп Хийўа ханлығы дәўиринде қарақалпақ халқының кенегес руўының бийи лаўазымынан баслады. Ол усы дәўирде өз руўласларының ишки мәселелерин әдил шешиў, халықтың ҳуқықларын қорғаў ҳәм ханлық ҳәкимияти менен байланыслы муўапықластырыў бағдарында үлкен ел басқарыў тәжрийбесин арттырды.
Сейтназар ҳажының келешекте ел арасында абыройлы ҳәм халыққа хызмет ететуғын тулға болып қәлиплесиўи ҳаққында халық арасында сақланған аңыз-әпсаналар да бар. Сейтназардың әкеси Ерназар аталық өз дәўириниң белгили адамларының бири болған Қыпшақ Ережеп тентекти үйине шақырып, қонақ етипти ҳәм балаларын сынап, олар ҳаққында пикир билдириўин сорапты.
Сонда Ережеп тентек Сейтназарға қарап: «Мына бала жүдә хош ҳаўаз болады, лекин оны халыққа жәрия етпейди», — деген екен. Халық есинде сақланған бул сөзлер кейинги дәўирдеги Сейтназардың жаслық дәўиринен-ақ оның айрықша тулға болыўын, келешекте халық арасында өз орны бар, елге хызмет ететуғын абыройлы ҳәм мәртебели инсан болып жетилискенин көрсетеди.
Оның халық арасындағы жоқары абыройы Патша Россиясы империясының басқарыў сиясаты орнағаннан соң да исенимли лаўазымларды ийелеўине тийкар салды.
1873-жылғы Гандемиан шәртнамасынан соң Әмиўдәрьяның оң жағалаўында Россия империясының Әмиўдәрья бөлими шөлкемлестирилгеннен кейин, Патша ҳүкимети жергиликли халықты басқарыў ушын тәжрийбели тулғаларға сүйенди ҳәм нәтийжеде Сейтназар ҳажы 1876-жылы өткерилген болыс сайлаўында «Кегейли» болыслығының биринши болысы болып сайланды. Бул жаңа административлик басқарыў системасындағы жетискенлигинен соң, 1876-жылдың август айында ол Шымбай қаласының ҳәм базарының ақсақалы болып сайланды. Бул лаўазым ол дәўирде тек саўда-сатықты қадағалаў емес, ал қала ишиндеги ишки тәртипти, бажы ҳәм салық түсимлерин қадағалайтуғын ең жуўапкерли хызметлердиң бири еди.
Халықты басқарыў тәжрийбеси арқанлығы ҳәм уқыплылығы себепли ол XX әсирдиң басында аймақта жаңадан шөлкемлестирилген «Жаңабазар» болыслығының биринши болысы болып искерлигин даўам етти.
Өзиниң басқышпа-басқыш артқан сиясий билими ҳәм шөлкемлестириўшилик қәбилети арқасында 1916-жыллары Сейтназар ҳажы Шымбай уезди баслығының орынбасары лаўазымына шекем көтерилди. Биринши дүнья жүзлик урыс қызған ҳәм патшалықтың халықты мардикарликке алыў сиясаты күшейген усы аўыр жылларда оған уездге қараслы 12 болыслықтың салық ислерин басқарыў ҳәм қадағалаў жумысы жүкленди.
Тарийхый дереклерге қарағанда, Сейтназар ҳажы 1916-жылдың 25-июль күни Шымбай қаласында ояздың ең абыройлы ақсақаллары ҳәм бийлери болған Өтеп Қасым улы, Сырымбет ақсақал, Мәмбетназар қазы улы, Әбдимурат ақсақал, Изеке ақсақал, Темирхан аға, Жақсымурат болыс, Юнус қазы, Мағзам ийшанлардан ибарат жәми 11 адам Шымбай приставының қабыллаўына барған. Олардың баслы мақсети патша ҳүкиметиниң халықтан мардикар алыў ҳаққындағы қарарына болған наразылықты урыссыз ҳәм дипломатиялық жол менен мәселениниң халық мәплерин есапқа алған жағдайда шешилиўине ерисиў еди.

Бирақ жергиликли патша чиновниклери оларды қабылламаған. Сейтназар ҳажының усы делегация қурамында ояздың ең тәсирли 11 ақсақалы ҳәм бийиниң бири сыпатында қатнасыўы оның халық арасындағы жоқары сиясий абыройын көрсетеди. Демек, ол халықтың тилек ҳәм өтинишлерин жоқары ҳәкимият ўәкиллерине жеткериўге умтылған жергиликли жетекшилердиң бири болған.
816009
Шежиреден шымшым

ҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ НЫШАН ҲӘМ БЕЛГИЛЕРИ

Жети деген сан болар,
Билмегенге таң болар,
Таллап берсен мәнисин,
Бираз адам таң қалар.
Мен нышанды сорасам,
Жуӱапларға қарасам,
Байрақ, герб, гимн дейди,
Басқасын кѳплер билмейди.
Алты арыс қарақалпақ,
Мүйтен, Қоңырат, Қыпшақ,
Кенегес, Маңғыт, Қытай,
Буның бәри бир урпақ.
Ертедеги әӱладтан,
Халық ѳзлигин аңлатқан,
Кийели жети терек бар,
Ел нышаны сол бастан.
Түспей-ақ қойың тарысқа,
Тийисли алты арысқа,
Мүйтентики жийде ағаш,
Басқалары басқа-басқа.
Қара тақан ханның асы,
Сары тақан шѳптиң басы,
Жийдеден жақсы жемис жоқ,
Жеп отырың ѳтағасы.
Тиске жумсақ жийде тақан,
Мазасы таңлайда қалған,
Шайырынан сан-мың наӱқас,
Дәртке шыпа емин алған,
Деген тәрийплери әлӱан.
Кѳп жасаӱшы тораңғыл,
Турысы таза ҳаӱа бул,
Қоңыратқа тийисли,
Сол арысқа нышандур.
Арада азлаӱ тараған,
Пайдалы терек қараман,
Ол нышаны қыпшақтың,
Таңлап, ийелесип алған.
Билсе де сийрек кенегес,
Биразы оған мән бермес,
Гүжим оның нышаны,
Саядан күнди түсирмес.
Ҳасыл ағаш – тут болар,
Соғылар дуӱтар, қобызлар,
Жемисин жесең ем болар,
Жапырақларын жәниӱар,
Азық етер наӱқан қуртлар,
Тойынған соң жипек орар,
Нышан етип алған тутты,
Арыстың бири маңғытлар.
Қандым ағаш беккем болар,
Сапасы менен айрылар,
Сийрек ҳәм ашық оларға,
Қара үй соққан усталар,
Нышан еткен қандымды,
Арыстың бири қытайлар.
Ортақ нышан халқыма,
Ортақ терек салтына,
Жүзлеген адам сыяды,
Бир шынардың астына.
Жүз жыллап ѳмир сүреди,
Тереңде тамыр тиреги,
Шақасы кең жайылған,
Суӱсыз да жасап келеди,
Қарақалпақ шынарды,
Ортақ нышан деп биледи.
Бул сѳзимниң жалғасы бар,
Ҳәр арыстың таңбасы бар,
Ҳәр арыстың урана бар,
Ҳәр арыстың қыраны бар.
Биз миллетпиз әййемнен-ақ,
Жеримиз кең, ѳриси тар.

* Қарақалпақ халқының ѳзлигин аңлататуғын ѳзине тән нышанлары ҳәм басқа да айрықша белгилери ерте дәӱирлерден сақланып, бүгинге шекем жетип келген. Олардан бири қарақалпақ алты арысқа бѳлинип, алты ағашты ѳзлерине нышан деп белгилеген: соннан жийде – мүйтен арысына, тораңғыл – қоңырат арысына, қараман – қыпшақ арысына, гүжим – кенегес арысына, тут – маңғыт арысына, қандым қытай арысына, жетиншиси шынар – улыӱма қарақалпақларға ортақ белги сыпатында нышан етип алынған. Халқымыздың тарийхы оғада бай, буннан басқа да ѳзлигин айырып туратуғын тәреплери баршылық…

Алпысбай ИБАДУЛЛАЕВ,
03.10.2026-жыл

t.me/shahzoda_allamuratova
4,2000027
1919-жылғы ораллылардың контрреволюциялық көтерилисине қатнасқанлығы, бай ҳәм яшуллы қатламына ағзалығы, сондай-ақ мешити болғанлығы себепли, А.Сейтназаров 1929-жылы 24-сентябрьде ОГПУдың Қарақалпақстан автономиялық областы (ҚАО) бөлими тәрепинен қамаққа алынады. Жоқарыдағы айыплаўлар тийкарында, 1929-жылдың 4-декабринде шығарылған уйғарыўға муўапық, оған 5 жыл мүддетке концлагерьде жаза өтеў ҳүкими шығарылады. Сондай-ақ, бул уйғарыўда оның мал-мүлкин конфискациялаў да нәзерде тутылған еди.

Усы күни (1929-жыл 4-декабрь) Қарақалпақстан областьлық Партия Комитетиниң жабық бюро мәжилиси болып өтеди. Мәжилисте ҳуқық қорғаў уйымы есапланған «үшлик»тиң жумысы тыңланып, Альшанскийдиң билдириўинен соң бюро «үшлик» шешимине келисим береди. Соның менен бирге, мәжилисте Абдуллин тәрепинен 17 жасар Абдулла Сейтназаровты атыў дизимине киргизиў усынысы алға сүриледи. Бул усынысқа бюро ағзасы К.Аллабергенов қарсы шығып, өз пикиринде қалады. Нәтийжеде, бюро мәжилисиниң жуўмағында Сейтназаровты атыў емес, ал 5 жыл мүддетке сүргин етиў ҳаққындағы дәсләпки шешим күшинде қалдырылғаны айтылады.

Бирақ, Ш.Бабашевтиң изертлеўиниң тағы бир мийнетинде ҳуқық қорғаў уйымларының үзил-кесил ҳүкими басқаша тус алғанын көремиз. 1929-жылы 4-декабрьде ОГПУ жанындағы үшликтиң Қазақстандағы толық ҳуқықлы ўәкилиниң мәжилисинде А.Сейтназаровқа байланыслы ең аўыр жаза — атыў ҳүкими жәрияланады.

Шерип Бабашев келтирген ең әҳмийетли фактлердиң бири — арадан онлаған жыллар өтип, көп жыллық изертлеўлер ҳәм қайта көрип шығыўлардан соң, Абдулла Сейтназаров 2003-жылдың 20-январында ҳуқықый тәрептен толық ақланған.

Солай етип Абдулла Қазақстан түрмесинде 5 жыл даўамында тутқынлықта отырып келеди. Ол түрмеде улама ийшанлардың кийимлерин жуўып берип көп пәтиясын алған. Оның түрмеден қайтып киятырғанын хабарлап келген хабаршының сүйиншисине қарындасы Улзада өзиниң басындағы орайпегин (қымбат орамалын) сыйлыққа бериўи — туўысқанлық меҳирдиң ҳәм үлкен қуўаныштың символы есапланады. Кейин ала Абдулла сиясий қуўдалаўлардан биротала қутылыў ҳәм «Ең болмаса артымда урпақ қалсын» деген мақсетте Қазақстанлы Ветлугина Зинаида Константиновна атлы орыс миллетиндеги ҳаялға үйленеди. Бул қәдем де сол дәўирдеги сиясий басымнан аман қалыўдың өзине тән социаллық қорғаныў механизми еди. Екеўи биргеликте ул-қызларын үйли-жайлы етип, қатарға қосады. Ақлықлар сүйеди.

Абдулла тутқынлықтан келгеннен соң «Заданний станция»да жумыс ислеп мийнет етеди. «Заданний станция»ның раўажланыўына өз үлесин қосады.

Абдулла Сейтназаров узақ ҳәм мазмунлы өмир кеширип, 1988-жылы 82 жасында дүньядан өткен.

Сүўретлерде:

1-2-3-4- сүўретлер, Абдулла Сейтназар ҳажы улы (1906-1988);

5-сүўрет: Дәмеш болыс Сейтназар ҳажы қызы (1894-1960); 6-сүўрет: Улзада Сейтназар ҳажы қызы (1912---6.08.1988).

Әўладларынан жазып алған Шахзада Алламуратова.

https://t.me/kketnografiya

Telegram

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз.Байланыс ушын:@Allamuratova1512

VIEW CHANNEL
1,9300024
Абдулла Сейтназар ҳажы улы (1906-1988)
АБДУЛЛА СЕЙТНАЗАР ҲАЖЫ, БОЛЫС УЛЫНЫҢ ӨМИР ЖОЛЫ

ХХ әсирдиң басы (1917–1930-жыллар)

Қарақалпақстан тарийхындағы сиясий жақтан қуўдалаў дәўирлериниң бири есапланады. Бул дәўирде жәмийеттиң алдынғы қатарлы зыялылары, диний уламалары ҳәм халық басшылары (болыслар) «бай-кулак» сыпатында қуўдаланды. Сондай тарийхий тулғалардың бири – Кегейли, Жаңабазар болыслықларын басқарған Сейтназар ҳажы Ерназаровтың өзи, шаңарағы ҳәм оның перзентлери де кеңес ҳүкиметиниң сиясий репрессиясының қурбанына айланады.

Абдулла 1906-жылы Кегейли районының 5-аўылында Сейтназар ҳажының шаңарағында дүньяға келди. Оның шығысы қарақалпақ тарийхында өшпес из қалдырған шынжырлы бийлер әўладына барып тақалады. Кенегес Аманқулы бийден басланған бул уллы шежире Шонқара бий, соң тарийх бетлеринде аты белгили Қабыл бий болып, Қабыл бийдиң улы — ел ишинде аталық ҳәм елши сыпатында танылған Ерназар бий еди. Ал Ерназар бийден соң ел басқарған болыс, муқаддес орынларды зыяратлаған Сейтназар ҳажы дүньяға келди. Абдулла усындай белгили инсанлар шыққан тарийхий инсанлардың бир перзенти сыпатында дүньяға келди.

1917-жыллардағы сиясий аўдарыспақлар дәўиринде Ишки ислер халық комиссариаты (НКВД) тәрепинен Сейтназар ҳажының әўладларын түп-тамыры менен жоқ етиў сиясаты алып барылады.

Сол ўақытта еле 11-12 жасар бала болған Абдулланы услап алып кетиўге келгенинде, жас келиншеклер менен ҳаяллар Абдулланы аман алып қалыў ушын оған қыз баланың кийимин кийгизип, басына шаршы орамал тартып, ҳаял-қызлардың арасына жасырады. Бул ўақыя – кеңеслик тоталитар системаның қаталлығына қарамастан, халықтың өзиниң басшы инсанларының әўладларын сақлап қалыў жолындағы мәртлигин көрсететуғын айқын мысал.

Абдулла жаслайынан әкесиниң шопанлары менен биргеликте жылқы ҳәм мал бағып, шарўашылық сырларын үйренеди. Ҳажы әкесиниң (Сейтназар ҳажы Кегейли ҳәм Жаңабазар болыслығын басқарған) болыслығында мураб лаўазымында искерлик алып барған. «Абат жап»тан саға алған жаңа «Сейтназар» жармыш каналының қазылыўында қазыўшыларға жер өлшеп берип басшылық етеди. Қарақалпақ халқының жасаў шараятында суўдың орны оғада жоқары болғанлықтан, мураблық хызмети Абдулланың ел арасында үлкен абыройға ийе болғанын тастыйықлайды. Сондай-ақ, оның ҳүжжетлерде мешити болғанлығы ҳаққында айтылады, бирақ оның анық орны усы күнге шекем белгисиз болып келмекте.

Кейин ала өзиниң әжапасы – ел арасында аты шыққан Дәмеш болысты паналап, ҳәзирги Шымбай районындағы «Болыс аўыл»дың күн батар арқа тәрепинде еки шақырымдай жерден «Зооветеренарный станция» мал шарўашылығын раўажландырыўға қәнигелескен станция шөлкемлестирилип, ол халық аўзында «Заданный станция» деп аталып кеткен бул мал шарўашылығына жәрдем бериў ушын сол ўақлары шөлкемлестирилген станция орналасатуғын жерге пискен гербиштен жайлар салынып, жүзим, алма, ерик, жийде бақлары менен ақ терек, қара таллар егилип үлкен бир мәдений орайға айланған жерге көшип келеди.

Сейтназар ҳажы перзентиниң аяққа турып кетиўи ушын «Заданный станция»сынан пақсадан жай салып береди. Хожалықты таза суў менен тәмийинлейтуғын тас қудық қаздырады.

Абдулла ақтоғын кенегес Атамурат қызы Қурбангүл менен турмыс қурып, 1927-жылы Шарипа, 1930-жылы Сатулла, 1936-жылы Еркинбай, 1940-жылы Боранбай, 1942-жылы Айсулу исимли перзентлери дүньяға келди. Перзентлери Шарипа, Сатулла ҳәм Боранбай орта, Еркинбай жоқары мағлыўматлы болған. Абдулланың ҳаялы Қурбангүлдиң өмири қысқа болып Айсулыў деген қызын туўған ўақтында қайтыс болып қалады. Ҳаялы қайтыс болғаннан кейин Абдулла жас перзентлери менен көп қыйыншылық көреди. Балаларының күнделикли күтими, азық-аўқатына қараў әкеге аңсат болмайды.

Бирақ сиясий қуўдалаўлар бәрибир Абдулла Сейтназар улын айналып өтпейди.

Тарийхшы Ш.Бабашевтың изертлеўлерине итибар қаратсақ, Кегейли районы 5-аўылынан болған, бурынғы аталық Сейтназар ҳажының баласы Абдулла Сейтназаровтың тағдирине байланыслы ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен бир неше ҳәр қыйлы уйғарыўлар қабыл етилгенин көремиз.

Хронологиялық тәртипте қарағанда, оның иси бойынша архивлик ҳүжжетлерде төмендеги фактлер жазып қалдырылған:
1,410009
ДӘМЕШ БОЛЫС
[1894-1960]

1912-жыллары Досымбет болыстың баласы Сапар болысқа Сейтназар ҳажының қызы Дамешти (ҳаял үстине) айттырып алып береди. Дамештиң анасы ҳажының ҳаялы Мийирхан деген ақмаңғыт Ерназар палўан бийдың қызы болған. Дамегул перий – сулыў «Еркин» арна бойында, «Қызыл отаў»ында «Сәўкеле», көк көйлек кийип, қызыл жегде жамылып, дуйым журтты сүйсиндирип, «Ана-журтым» ай, хош хош, хош!!! енди, деп қурбы-қурдасларлары менен «сыңсыў», «зарнама», «ҳәўжар» айтып «19» арба жүги-жасаўы, жәми «қырқ еки» ат арбасы, үлкен салтанат пенен күн батыстан күн шығысқа қарай, «Ақмаңғыт» аўылына келген.
«Қыз узатыў» этно «арба-поезд»ниң жол баслаўшысы, күйеў «АҒА»сы, узақ сыңсыўлар, ҳәўжарлар айтқан қызларға жалынып: "Аўылға келдик, қойың! қойың! дегени, тарийхта қалған «этномәўритли» күн болды.
Теги тегин емес Дамеш ҳаял үстине келгенин еки жылдан кейин билип, күндеси Анаргүлди бир қыз, бир баласы менен қуўып салады. Сапар Болыс пенен Дамештен 1914-жылы Ибрайым, оннан кейин Айжан туўылады.
Дамеш сулыўдың, тойы узақ ядта қаларлық болсада, көп жыллар өтпей, күйеуи Сапар болыс қайтыс болады.
Сапар Болыс өлгеннен кейин Дамештиң некесин Досымбет болыстың Сиреке деген баласы Әбдимуратқа қыяды. Олардан 1930-жылы Турсын  туўылады.
Кеңес ҳүкимети сиясаты менен болыслық басқарыўды бийкарлаў менен бир қатарда сол бурынғы болыс пенен ақсақаллар ҳәм уламаларды қуўдалаў басланады. Қуўдалаўдағы дузаққа ҳә, дегеннен Әбдимурат болыс та илинеди, оның ҳаялы Дамеш, перзентлери 14-15 жастағы Ибрайым, 5-6 жастағы Айжан, еле аяғын тәй-тәй басып жүре алмай атырған қызы Турсынларды жан уясы -шаңырақты жықтырып өзге журтқа Шоманай районы бетке, Түркмен ишине жер аўдарады. Сөйтип сол жақта еки жылдай болады. Сол жақта күнлердиң биринде ойын баласы Ибрайым ойын-шыны аралас түркмен балларына кесек атып атырғанын көрген бир түркмен, мына балаға гәллеси аўырлық етпесе тыныш жүрсин, деген. Ата-анаға булда қорқыныш болады. Соннан еплеп елге қайтыўдың илажын көрип, сол жақтан елге зорға оралады. Әбдимурат болыс сүргиннен аўырып келип қайтыс болады. Әбдимурат болыс шама менен 1932-жыллары қайтыс болған. Күйеўи қайтыс болғаннан кейин Дамеш болыс ана жолбарыс, мәкән-қәўиминде, өзи рәсмий болмасада орнына «Болыслық» хызметти алып барған.
Болыс әўладлары сүргиннен келгеннен кейинде ҳүкиметтиң сиясатынан қорқып үлкен ҳәўлиде де (Досымбет болыстың ҳәўлиси) , кишкене ҳәўлиде де (Дамеш болыстың ҳәўлиси) қыслап, паналап отыра алмаған. Сойтип «Болыс аўыл»ға жақын «Аршан кебир» деген шет жерде  жасаған. Ал, 1945-жыллары болса жай сала алмай ҳәўлиниң ишине қара үй қурып отырған.
Ғайбар, өткир тилли Дамешке Кеңес ҳүкиметиниң нызам органлары хызметкерлери  бирдейине гүманлы қараған, қуўдалаўда оны бириншилерден дизимге алған. 1929-жылы Қарақалпақстан Автономиялы ўәлаяты ГПУ баслығы Белоногов жасап атырған жеринен байлар қатарында басқа жақларға
көшириў мақсетинде Кегейли районы 8-аўыл «Ақмаңғыт» елатының
турғыны Сапар болыс Досымбетовтың ҳаялы Дамеш Досымбетованы
дизимге алады. Дамеш 1894-жылы туўылған, миллети қарақалпақ, пар-
тияда жоқ, саўатсыз, ҳеш жерде хызмет етпейди, шығысы бурынғы патша
әмелдарынан бай, шаңарағында 4 жан болып оның үшеўи мийнетке
жарамсыз. Революциядан бурын оннан кейинде жумыс ислемейди.
Судланбаған ҳәм тергеўде болмаған. Еки орында жери бар. Биринши
участкасы 3-аўылдағы күйеуи Сапар болыс аты менен аталған «Болыс
яб» бойына жайласқан.
Қуўдалаў дәўиринде Дамеш «болыс»тың үйиде тоналады. Оның суўсызлықта пайдаланған бир шығыры, атадан қалған «қара үйи», өзи әкелген 2 «ақ отаўы», 1 дигирманы, май жуўазы, қос аты, қос өгизи, қос өркешли жуп түйеси, 1 арбасы, 7 қарамалы, 20 қой-ешкилери, пахта, жуўери, бийдай, жоңышқа ҳәм палыз еккен атызлары тартып алынады.
Дамеш болыс ата тәрепинен кенегес Қабыл бийдиң шаўлығы, Қабыл бийдиң баласы Ерназар аталықтың ақлығы, Ерназар аталықтың баласы Сейтназар ҳажының қызы болған. Ана тәрепинен ақмаңғыт Ерназар палўан бийдиң қызы Мийирханнан туўылған. Мийирхан Сейтназар ҳажының ҳаялы.
Дамеш болысқа тәрип
1,3400017
Халықлық турмыс тәжирийбелери бойынша: "Ерте жат та ерте тур, бир пискекти артық ур", "Айран ишкен қутылады, шелек жалаған тутылады", "Айран сораған-шелегин жасырмас", "Жыланның да басына ақ қуйып шығарған", "Арық малды асырасаң аўзы-мурныңды май етеди, арық адамды асырасаң аўзы-мурныңды қан етеди", "Қолың ақтан кетпесин", "Аўзы аққа тийди",—деген сөз дизбеклери менен жалқаўлықтан қашыў, ҳәр түрли жаман әдетлерден аўлақ болыў, жақсы-жаманды айырыў, молшылық, жақсы тилеклерин билдирип отырған. Ағарғанды қәдирлеў, қәстерлеў, зая етпеў, обалына қалмаў уғымларын кейинги әўладларға жеткере билген.

   Төрт түликти теңдей сақлап, шарўашылықты негизги күн көрис тирегине айландырған халқымыздың турмысында қымыз ҳәм шубат та қарақалпақ асханасының тийкарғы тағамлары ретинде қабылланған. Бул ҳаққында филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери, Беруний атындағы, халық аралық К.Рерих атындағы сыйлықлардың лауреаты Сарыгүл апа Баҳадырованың «Қарақалпақ қандай халық» китабында кең түрде сөз еткен.

Shahzoda Allamuratova

https://t.me/shahzoda_allamuratova
597007
«Май айныса дуз салар, дуз айныса не салар?» Дузды бириншиден, майдың айнымаўы ушын салса, екиншиден, майға сиңген дуздың мазасы жеген ўақытта иштейди ашып, майдың дәмин келтиреди.
     Қолдан писип алған сары майды күйдирип пайдалануғын орынлар:
1) Жаңа туўылған нәрестени дузлы суўға шомылдырғаннан кейин, териси тырысып мазасызланбаўы ҳәм териниң беккемленип қәлиплесиўи ушын күйдирилген сары май менен сылайды;
2) Тамақ, өкпе аўырыўларына күйдирилген сары май ишип емге пайдаланады;
3) Емлик мақсетте асқазан, ишек аўырыўларына да ишкизген;
4) Жас босанған ҳаялларға қырқынан шыққанша иште қан қатып қалмай түсиўи ушын күйдирилген сары май ишкизеди.
   Сары майды солайынша ишиўге жүрексинсе, сүтли гөжеге салып ишкен, нан басып жеген. Сары майдың өзин дәстүрханды байытыў ушын ҳәм тағам ретинде пайдаланады.
       Халықта «сары майдай сақлап» деген сөз дизбеги бар. Бул сары майдың қәдирли, әўесек ас екенлигин аңлатады. Қарақалпақтың қонағына деп сақлайтуғын сыйлы тағамларының қатарынан сары май да орын алған.
5. АЙРАН. Айранды шөллегенде шөлди басатуғын ишимлик, жарма, гөже, кеспас тағамларына қатып айран қатқан тамақ етип ишиледи.
   Майынан айырылған айранды да Аналарымыз зая етпей қайнатып, сүзбе қалтаға қуйып, суўын сырықтырып қоятуғын болған. Суўы сырқылғаннан соң қойыўы—сүзбе деп аталады.

6. СҮЗБЕ. Сүзбе қалтада айранның суўы сырқылып сүзбеге айланғаннан соң, табаққа аўдарып алынып, дуз араластырып ийленеди. Қайта исленип таярланған сүзбеден торақ, қурт исленеди. Торақ пенен қурттың айырмашылығы бар.

7. ТОРАҚ.  Дуз қосып ийленген сүзбени жайып кептирип, унтақ қәлпине келтирилип торақ исленеди. Торақ та унтақ түринде пайдаланылып, суўға писирилетуғын тағамларға қатылып торақ қатқан жарма, гөже, үзбен, сықпан, кеспас сыяқлы тамақларға қосып пайдаланылған.
   Тумаў болғанда, аязлап аўырғанда унтақ торақты қайнаған суўға езип "торақ суў" етип ишиледи. Ишимликтиң бул түрин шөлди басыўшы суўсын ретинде де пайдаланады.

8. ҚУРТ. Қурт ислеў ушын қайнатылатуғын сүзбе май дағланған қазанға салып, қайнатып атырғанда шетине қаспақланған жерлерин қырып, ишине түсирип отырады.  Соң оны суўы сырқылыў ушын қалтаға салып илдирип қояды. Суўы әбден сырқылған, қайнатылған сүзбени кишкене бөлеклерге бөлип,  бармақтың жуўанлығындай етип, қол менен қысымлап қурт ислейди. Таяр қуртларды шийдектиң үстине жайып кептиреди. Жайылған қуртлар көгерип кетпей, бир тегис кебиў ушын оны бирнеше рет аўдарып жаяды. Усындай усыл менен қайнатып, кептирип таярланған қуртлар узақ мүддет, 2-3 жылға дейин сақлана береди.
Қуртты жаслай, кептирип турып та дәстүрханға тарта бериўге болады. Бундай қуртларды тек сүзбеден ҳәм сүзбеге қайнатылған қаўын қосып ислеўге де болады.

        Қуртты қайнатып атырғанда ыссылай, сары май қосып өкпе аўырыўына, аязлап, тумаўлап аўырған наўқасларға ем ретинде пайдаланған.

        Торақты да, қуртты да алыс жолға жолаўшылап сапарға шыққан адамлар азық ретинде бирге алып шыққан. Дүзде қуртты аўзына салып сорып жүреди, ҳәм тамақ, ҳәм шөлди басыўшы суўсын болған. Торақ та, қурт та емлик қәсийетлерге бай, асқазан, ишек кеселликлери, басқа да ишки қурылыс ағзаларындағы жыйналған запыран ҳәм уўлаўшы токсинлерди  шығарады.

9. ИРИМШИК. Сүтке айран яямаса қатық қосып қайнатыў арқалы таярланады. Гейде ашып кеткен, өзлигинен уйыған сүттиң көк суўын сүзип, айырып алып қойыўынан иримшик таярланады. Иримшикти қант, қумшекер қосып балаларға тамақ ретинде бериледи. Иримшикти сары май, тоң май менен бирге нанға қосып писириледи.

10. КӨК СУЎ. Ағарғанның көк суўы тек емлик мақсетте пайдаланыў ушын алынады. Көк суўды айранды қайнатыў арқалы, сүзбе қалтадан сырықтырыў арқалы алады. Көк суў да басқа ағарған түрлериндей ишки қурылыс ағзаларына емлик шыпасы бар деп ем ушын қабыл етиледи.

Мине усылайынша ата-бабаларымыз ағарғанның бир тамшысын да зая етпей, оны нан менен теңдей қәдирли, кийели деп баҳалап: "Ағарғанды жерге төкпе", "ағарғанды баспа", "ағарғанды ийтке қуйма, ақтың берекети кетеди",—деп тыйымлар арқалы ағарғанды қәдирлеп, қәстерлеўди нәсиятлап отырған.
556002
АҒАРҒАННАН ТАЯРЛАНАТУҒЫН ТАҒАМ ТҮРЛЕРИ

        Ерте дәўирлерде қарақалпақ халқының миллий дәстүрханында пайдаланылған негизги тағам түрлерине киретуғын: гөш, қазы-қарта,  сүт, қатық, қымыз, шубат, сары май, айран, торақ, қурт, иримшик ҳәм т.б. мал өниминен алынған. Соның ишинде ағарғаннан таярланатуғын тағам түрлери көп түрли ҳәм иштейли болыўы ушын азықлық аўқат ретинде сапалылығына кеўил бөлип, тағамлар таярлап дәстүрханды байытып отырған.

     Қарақалпақ миллий асханасында сүт өнимлеринен таярланатуғын тағам түрлери избе-излилик пенен исленетуғын машақатлы да, қурамалы жумысты, мийнет етиўди талап етеди.
     Сүт өнимлеринен таярланатуғын тағам түрлери төмендегише:

1. УЎЫЗ. Сыйыр туўғаннан кейинги дәслепки 2-3 күнги сүти "уўыз" деп аталады. Уўызды кишкене балаларға писирип береди, нанға қосып, мазалы нан таярланады. Ақ иримшик таярлайды. Бурынлары мал төллегеннен кейин бузаўын емизип алады, соңынан саўып алынған сары уўызды бүйенге қуйып гөш пенен бирге писирип алатуғын болған.

2. СҮТ. Сүттиң өзи азықлық ҳәм ден саўлық ушын ишиўге пайдалы. Сүт ҳәм оннан таярланатуғын тағамлар адам денесиндеги зәҳәрли токсинлерди тазалаўы менен ден саўлық ушын әҳмийетли.
    Сүтли жарма, сүт бурыш (сүтли гөжеге аязлап аўырғанда бурыш салып ишиўден келип шыққан), бөкпен, сүт палаў (түслик диалектте "сүтләш"), сүтли кеспас тағамлары—жармаға, гүришли гөжеге, қамырдан таярланған кеспасқа сүт қатыў арқалы писирилсе, сүт палаў (сүтләш) шәўледей қойыўлаў етип писирилип, дени сүт қылып, таяр тағам тартылар ўақытта бәдия табаққа жайып, үстине сары май қуйып желинеди. Ал, бөкпен болса, қайнап турған сүтке қант, қумшекер қосылып, бийдай унын, ямаса жүўер унын себелеп, балалардың жасына ылайықлы қойыўлықта балалар, жасы үлкен адамлар ушын таярланатуғын тағам.
Сөкти сүт қатып писирип сөк гөже таярланған.

3. ҚАТЫҚ. Саўып алынған сыйыр  сүти писирилип, мөлшерли уйытқысы салынып уйытылады. Қатықтың мазалы ҳәм иштейли болыўы уйытқының өз муғдарында дурыс салыныўына  байланыслы, яғный, уйытқы көбирек салынса, ямаса ыссылай уйытылса қатық ашқылтым болады. Уйытқы аз салынса, жыллы оралып қойылмаса, сүт өзлигинен уйып, дәми жүректи айнытатуғын болады. Соның ушын Аналарымыз қатықты уйытыўға жуўапкершилик пенен қараған.
   Қатықтың өзи тағам ретинде пайдаланылып, аўқатланып болғаннан кейин тамақты басыў ушын, майлы тамақтан соң ишиледи. Қатықты қәлеген ўақытта ишип, көбинесе жас балаларға нан туўрап ишкизиледи. Қатықты жас балаларға ишкизип турыў ҳәр тәреплеме пайдалы, бириншиден, баланың ишки қурылысы ушын, екиншиден, қатық ишип турған баланың тислери ширимейди (кариес болмайды). Қатықты жарма, гүришли гөжеге, кеспасқа қатып ишиледи, қатыққа суў қосылып шөлди басыўшы суўсын ретинде шалап етип ишеди. Ең баслысы қатықты қайта ислеў арқалы сары май алынады.

4. САРЫ МАЙ. Ағарғаннан сары май алыў бир қанша қурамалы жумыс—тазалық, уқыплылық, жуўапкершилик, зийреклик ҳәм тағамды меҳир-муҳаббат пенен таярлаў.
      Уйытылған қатықты гүбиге қуйып пискек пенен писеди, писип атырып үстине суў қуйып қатықты суйылтып отырады. Суўдың жыллылығы: жаз айларында муздай суў, ал қыс айларында жыллы суў қуйып писиледи. Пискекти гүбидеги қатыққа урған сайын майы көпиршип шыға береди. Сол көпиршиген майды үлкен қасық пенен қалпып алып гүби шелекке салады. Майы толық алынбаған айранды қазанға қуйып кишкене атлаў менен атлайды. Атлаўды ислетиўдиң де өзине тән усыллары бар. Атлаўды еки алақанның орталығына салып, айландырып атлаған сайын оған май оралып шыға береди.

Қазаннан атлаў менен алынған майды гүби шелекке (кишкене гүби) салып және атлап, атлаўға оралып алынған майды суўы бар табаққа салып, қайта-қайта жуўып алынады. Суў менен жуўылған май биригип, таза май алынады. Соны да есте тутыў керек, майды шаятуғын суў май қатып қалмастай дәрежедеги жыллылықта болыўы керек. Соңынан майға мөлшерли дузы салынып ийленеди. Дузы әбден сиңип болғаннан кейин май таяр ҳалына келеди.
640003
Photo
BALALARǴA BARMAQLARDÍ TANÍSTÍRÍW

BES BARMAQ

Bas barmaq – (bas barmaq)
Balań úyrek – (suq barmaq)
Ortan terek – (ortan barmaq)
Shúldir shúmek – (tórtinshi barmaq)
Kishkene bóbek – (shunatay barmaq)

BARMAQLARDÍŃ SÓYLESIWI

Bas barmaq: – Urlıq eteyik,
Balan úyrek: – Etsek eteyik,
Ortan terek: – Quday bar-ǵo!
Shúldir shúmek: – Quday ne qılatuǵın edi.
Kishkene bóbek: – Qudaydıń ala tanasın ákelip, soyıp jeyik.

Orta barmaq qudaydı yadǵa alǵanı ushın hámme barmaqlardan uzın bolıptı. Shunatay barmaq «qudaydıń ala tanasın» soyıp jemekshi bolǵanı ushın da hámme barmaqlardan kishi bolıp, óspey qalǵan eken.

https://t.me/jetkinshek1932 👈
1,250007
Привет из Каракалпакии.ОТЕШ БАТЫР КИМ БОЛГАН ?
----------------------------------------------------------------------------------------------------------------------------------------Резюме: Кубла Арал бойы Амиўдарья алабынын ел-журты ишки душпанлар ( каракшы- тонаушы- баскыншы) дан коргауда бир неше ел перзентлери жанын пида еткен, олардынг бири- аржак( шеп тареп) теги каракалпак- он торт елдинг аймаклык тулгасы- Отеш Даулетназар улы образы тарийхый - фольклорлык кахарман сыпатында –халык яднамасында манги уялап калган.---------------------------------------------------------------------------------------------------------------.
Кирисиу: Х1Х эсир акыры - ХХ эсир басларында Кубла Арал бойы Эмиударьянын «томенги» алабында экономикалык жагдайлар томен болды, халыктын социаллык турмысы жылдан-жылга ауыр болып, жокшылык, жаугершилик, экологиялык апатшылык аймакта дэстурийликке айланды.
1910-1911-жыллары Кубла Арал хэм Хорезм (Хийуа) ханлыгында кыс ерте келди, катты сууык, жауын-шашын, кар болып дийханлардын гузги бийдай атызлары тонлап калды, ерте бэхэрдеги носер жауынлар, атызларды таптан шыгарды. Дузлы-шорлы жауынлар егислик жерлерди ойран етти. Ал, бэхэр, жазга «шырынша» шыбынлар егисликти, осимликлерди жеп жок етти.
1911-1912 жыллары Кубла Арал бойы Эмиударья болиминде хэм Хийуа ханлыгында тарийхта болмаган ашлык пайда болды. Эмиударьянын сол (батыс) тэрепи ханлык пухаралары тэбият «кахатшилик» тен катты жэбир корди. Эмиударьянын он (шыгыс) тэрепиндеги «Ак патша»нын пухарасы дийханлары «ашлыктан» «шоплер» жеуге карады?!.
1912-1913 жыллары Кубла Арал бойы Эмиударьянын «аржак» хэм «бергижак» тэрепиндеги боз онимдар, егиске колайлы, дарьянын жагысына жакын жерлерди Европа хэм Россиядан келген жеке исбилермен байлар хэм саудагерлер, хэр кыйлы фирма «хожалык ис журитиушилерге» «Концессияга» (шэртнамада) берилди. Олар жеке фирма ийелери Эмиударьянын сууы кемтар болганлыктан Европадан алып к елген техникалар: двигатель, насослар, жэрдеминде Эмиударьянын ултанындагы сууларды тартып озлеринин жана «меншик» жерлерине, эсиресе «Американ сорты» пахта ушын егислик майданларга пайдаланды. Бул оз гезегинде Эмиударьянын «томенинде» хэм тармакларындагы пухараларга, дийханшылык хожалыкларга улкен жэбир болды. «Томендегилер» суусызлык акыбетинен дарьянын тармакларына богет (бэнд) басып, шыгыр арба курып егислик жерлерге зорга суу ашып отырган, кыйын экологиялык суусызлык, кыйын заман болды. Элбетте, ел-журттын социаллык аухалынын томен болыуы, ел-журт ишиндеги экологиялык жагдайлар бир нешше аламанды, руу-кэуимди «ата маканнан» мэжбурий постырганы тарийхтан мэлим. Оган косымша, социаллык кыйыншылык, ашлык, жарлылык, жокшылык акыбетинен консылас руу-кэуимлер бир-бирине карсы нарыйзалык болдырыуы, бул «суу дауы», «жер дауы» себеп-сылтау болып, кейни бир-бирине тонаушылык, булдириушилик пенен инсан кэдирин, консылас, татыушылык дэстурин бузыушылык, бир-бирине кэуип салыуга алып келгени отмиш сабакларында аян?!
Кубла Арал бойынын Эмиударья алабынын сол (батыс) тэрепинде аймаклык колемдеги елпаруар, халык мэпин гозлеген, аймаклык халык батыры- Отеш батыр Даулетназар улы- сол заманда, социаллык кыйыншылык, экологиялык жагдайларда, жаугершилик кэуип, жаугершилик урысларда ел-журтка мэдеткар хэм таянышы, уатанпаруар болган тарийхый тулга болып табылады.
456003
АҒАЙИН, ТУЎЫСҚАН, ӘМЕКИ

          Қарақалпақ халқында туўысқанлық, ағайиншилик қатнаслардың көплеген атамалары ҳәм сол атамаларына ылайық қатнасығы, жолы, ўазыйпалары бар. Халықтың сол атамаларын, оның сырларын билип жүрген жақсы.
          Туўысқанлык қарым-қатнаслар менен атамалар ер адам тәрепинен көрсетиледи.
          Жақын туўысқанлық атамалардың тилимизде бир неше түрлери бар, олардың улыўма мҳағынасы жақын: туўысқан, руўлас мәнисинде қолланылады ҳәм айырым атамалар түрли қатнасларда да қолланылыўы мүмкин.

        Туўысқанлық, ағайиншилик қатнасларда <<ағайин, туўған, туўысқан, әмеки>> атамалары кең түрде қолланылады.

          АҒАЙИН. ТУЎЫСҚАН~деп бир әўладтан, руўдан, тайпадан өнип-өскен ағайинлер қәўими менен бирлигине айтылады. <<Ағайин>> сөзи <<туўысқан>> түринде де қолланыла береди.
          <<Түсиндирме сөзлиги>>мизде:.
       <<Ағайин. атл. Туўған-туўысқан, урыўлас, ата-бабалары туўысқан адамлар>>---деп түсиник берилген. [1-том, 39-бет]. Және де:
        <<Ағайин-туўған. атл. Туўған-туўысқан, упыўлас, ата-бабалары туўысқан адамлар>>--деп түсиник бериледи. [1-том. 30- бет].

           Халқымызда:  <<қанына тартпағанның қары сынсын>>--деп қанлас, уруўлас адамға туўысқанлық көз-қарас пенен барын ортаға салып, қәўимлесип, туўысқанлықтың намысын қорғаўға тырысқан. Бул жерде де ер намысын қорғаў менен бирликте ел намысын да жоқары услаған.
         Ағайинлер, уруўласлар қарақалпақ халқында ерте дәўирлерден баслап бир қәўим, бир аўыл болып, аўыл ақсақалы ямаса уруў аты менен аталып жасаў үрдиси ҳәзирги ўақытта да сақланып қалған. Аўыллас, уруўласлар бир-бирине ғамхорлық көрсетип, қыйын күнлерде бир-бирине көмегин берип, қол ушын созып отырған.
          Халқымызда ағайин-туўысқанлар арасында әўладтан әўладқа мийрас болып киятырған нызамлылық: туўысқанлар татыў, аўыз бирликли, бир-бирине қорған болыўы керек, ағайинниң, уруўластың намысын қорғаўы тийис. Ағайиннен бөлинип кеткенлерди <<Бөлингенди бөри жер>>,--деп мақулламаған.
        Ағайин--туўысқанлар жети атаға дейин туўысқанлықты үзбеген, қыз алыспаған, бул соңғы дәўирлерде қарақалпақларда аты сол уруўдан қыз алыспаў дәстүрин келтирип шығарған.
       Ағайин-туўысқанлардың бирликли, татыў болыўы--аўыз бирликтиң кепили. Бир-бирине өкпе, рениши болса да кеширимли болады., <<Туўысқан өкпеге қыйса да, өлимге қыймайды>>,---деп жанашырлығын билдирип отырады.

         ӘМЕКИ~бул сөз де "уруўлас, ағайин",--деген мәни де қолланылады, гейде жақын дос, яран, ямаса бир тайпаға киретуғын адамлар да бир-бирине <<әмеки>> деп мүнәсибетте болады. Сонлықтан "әмеки",--сөзи көп түрли мәниде қолланысқа ийе.
        <<Әмеки>>--сөзи қарақалпақларда, өзбек халқында <<амаки>> түринде қолланылады. Бирақ, еки халықтың бул сөзди қолланылыўында бир қанша айырмашылықлар бар.
     Қарақалпақ халқында өз уруўынан болған  ер адамларды <<әмеки>> деп атайды. Олар менен жақын ағайиншилик қатнасықлар болмаўы мүмкин. Бирақ, уруўлас, туўысқан ретинде жақын тутып <<әмеки>> деп атайды. Гейпара ўақытларда әмекилер де жақын туўысқанлардай болып қатнасыўы мүмкин. Уруўлас адам ҳаққында сөз болғанда <<ол бизге әмеки болып келеди>>,--десе, ол адамның сөйлеўшиге уруўлаc  екенлигин сәўбетлеси түсинеди.

         Ал, өзбек халқында <<амаки>> --деп әкесиниң ағасын, басқа да ер туўысқан адамларды атайды. Егер өз әкеси қайтыс болып кеткенде <<амаки ата орнында болыўы керек>>--деген нызамлылықлары бар. Бала өз әкесиниң аға-инилерине, әмекилерине жақсылық қылса, тап өз әкесине жақсылық қылғандай болады,--деп әмекилерге өз атасындай қатнаста болыў уғындырылады.
          Қазақ халқында <<әмеки>> сөзи мағынасындағы <<жамағайын>> сөзи туўысқанлық қарым-қатнасларда қолланысқа ийе.

Shahzoda Allamuratova

https://t.me/shahzoda_allamuratova
6290011
СӨК ГӨЖЕ~сөк  азғана  суўға салып қайнатылады ҳәм бир қайнаған соң сүтин басым қылып қосып қайнатылады. Сөк гөжени қайнатқанда сөк жарма болып езилип кетсе, күткенимиздей мазалы болмайды, сол ушын езилип кетпеўин қадағалап, таярлайды. Сөк гөже тез таярланатуғын, балалардың ҳәм жасы үлкен ата-апаларымыздың тойымлы, сүйсинип ишетуғын тағамларынан бири.

МАЙ СӨККЕ УЎЫЛҒАН ЗАҒАРА~атызда жумыс ислейтуғын адамлар күш бериўши ҳәм тойымлы тағам ретинде ислеп жейтуғын болған. Бул тез таярланады ҳәм адамға  аўқат жегендей тойымлылық ҳәм күш беретуғын тағам. Таяр май сөкке жүўери зағараны туўрап араластырып, нанға май сиңгенше уўады.

Тарыдан исленген тағамлардың ишинде сөк, тақан, жент <<дүз тағамы>>на да киреди. Жол сапарға шыққан жолаўшылар бул тағамларды өзлери менен бирге азықлық затлар қатарында алып жүретуғын болған.

Shahzoda Allamuratova

https://t.me/shahzoda_allamuratova
1,080009
ТАРЫДАН ИСЛЕНЕТУҒЫН ТАҒАМЛАР

         ТАРЫ~Қарақалпақстанның барлық аймақларында өсирилетуғын, бир жыллық, бийиклиги 70-80 см шамасындағы, дәнлилер семействосына киретуғын, пақалы тик, жапырақлары гезеклесип орналасқан өсимлик. Тары жаз айларында егилип, қысқа мүддетте писип жетилиседи, аңызақ ҳәм ыссыға төзимли.
         Қарақалпақстанда тарының ақ тары, қызыл тары, сипсе тары деген түрлери бар. Буның ишинде ақ тары, қызыл тары--азықлық өсимлик болса, сипсе тарыдан атынан көринип турғанындай сипсе буўылады. Сипсе тары жуўериниң бийиклигиндей болып өсип, сабағы да сол жуўериниң шиңгириги менен барабар болады.

         Тарының азық-аўқат зат сыпатында асханаларға кирип келиў тарийхы әййемги скиф, сак тайпалары дәўирине барып тақалады.
         Тарыдан таярланатуғын тағамлар~денедеги холестеринниң азайыўына, артық салмақлылықты қәлпине келтириўде, адамның терисиниң, шашының сыртқы көринисин жақсылаўда пайдалы.

          Қарақалпақ асханасында тарыдан таярланатуғын тағамлардың түрлери оғада көп. Олардан сөк, тақан, жент, май сөк ҳәм май сөкке уўылған зағара болып табылады. Сондай-ақ, сөкти қатыққа салып, жибитип жеў~кишкене балалардың асқазаны ушын пайдалы.  Сөкти сүтке, қаймаққа, майға араластырып та, қурғақлай да жей бериўге болады.
        Тарыдан таярланатуғын тағамлар шай менен десерт есабында дәстүрханға тартылады.
           Төменде тарыдан таярланатуғын тағамлар түрине қысқаша түсиник берип өтемиз:

СӨК~сөкти таярлаў ушын тарыны тазалап, үлкен қазанға суў қуйып қайнатады. Қаўызы ашыла баслаған ўақытта, шыпта ямаса жайылған бөз таўардың үстине жайып шала кептиреди. Буннан кейин қазанға салып қуўырып, күйип кетпеўи ушын арнаўлы тары қалақ пенен араластырып, былғап отырады.
         Тары кеўилдегидей қуўырылып пискеннен соң келиге салып келсап пенен түйиледи. Түйилген тары әбден ақланған соң самалға суўырып кепегинен айырады. Ақланған тарыны енди "сөк" деп атайды. Сөкти қурғақлай, сүтке, қатыққа салып жибитип, қаймаққа, майға  араластырып, шайға салып жеўге болады.

ТАҚАН~сөк тақан, таяр сөкти дигирманға тартып ун етиў арқалы таярланады. Тақанға дәм келтириў ушын қум шекер муғдарына қарап қосылады. Бурынлары қант, қумшекер табылмағанда жийдени түйип, тақанға араластырып та пайдаланған. Әлбетте, "жийде тақан",--деп аталатуғын тағамның таярланыў усылы басқаша:~қатқан нан зая болмаўы ушын жийде менен қосып, келиге салып түйиў жолы менен таярланады.
         Тақанды, суўға, шайға, қатық, сүт пенен араластырып желинеди. Шайға десерт ретинде қосып дәстүрханға тартылады.

МАЙ СӨК~қарақалпақлардың ерте дәўирлерден бери киятырған миллий тағамларының бири. Оны күнделикли турмыста, той мерекелерде, сыйлы қонақларды күткенде, әсиресе, шиллеханада--"бесик той"ларда, үйге келин келгенде сары майға  сөк уўып қойыў--ең бир әжайып дәстүрлеримизден бири болып,  сол жақсылықтың сөктей көп, майлы болыўын ырым етип қойылыўдан басланған. Екинши тәрепи: май сөк--тойымлы, мазалы болып, дәстүрханға шийринлик, татлы тағам ретинде усынылады.
         Ҳәзирги күнлерде де жас нәрестениң бесик тойы берилип, баланы бесикке салар ўақытта келинниң төркини тәрепинен сөк, сары май, қант [қум шекер] әкелип, май сөк уўып, келгенлерге аўыз тийгизиў дәстүри республикамыздың барлық районларында бар жақсы дәстүрлердиң бири.
       Май сөк таярлаў күтә әпиўайы болса да шеберликти, дыққатлылықты талап етеди, қайнаған суўға салынған сөк езилип, жармадай болып кетпеўин қадағалайды, соң муғдарына қарай қумшекер, сары май араластырылып уўылады, Буннан кейин таяр май сөк қонақларға тартылады.
         Май сөкти тойларда: бесик тойларында келинниң төркини, нәрестениң дайы тәрепи әкелетуғын болса, келин тойларында келинниң төркини ҳәм қәйин журты тәрепинен келинниң мурындық енеси әкеледи.

ЖЕНТ~сөк тақаны ҳәм сөктен сары май, пал араластырып қатырыў арқалы таярланады. Бул ҳаққында арнаўлы <<Жент тағамы>> [қараңыз[,-- деген темада сөз еттик. Жентке сары май, палдан басқа сүт, иримшик, кишмиш, ғоза дәнин де қосып таярлай бериўге болады.
939006

Showing 30 of 35 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты Telegram арнасы не туралы?+

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты (@kketnografiya) — tgdio сайтында Веб-сериялар санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 2 608 жазылушы бар.

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты (@kketnografiya) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @kketnografiya арнасына тегін жазылыңыз.

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты жақсы Веб-сериялар арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 2 608 жазылушы бар. ұқсас Веб-сериялар арналарымен салыстырыңыз.

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @kketnografiya бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.