Шайыр Абатбай Крамов✍️ Telegram channel photo

Шайыр Абатбай Крамов✍️

Өзбекстан Жазыўшылар Аўқамы ағзасы, шайыр АБАТБАЙ КРАМОВ тың дөретиўшилик каналына хош келипсиз! Админ: @Ziyaevoff

86

Last views

567 (567 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
39
Total Posts
Oct 17, 2026, 5:42 AM
Жаңартылған
Apr 24, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameШайыр Абатбай Крамов✍️
Username@kramov_abatbay_poeziya
CategoryВирустық бейнелер
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер567
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 24 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 4 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#65330+286
Тіл бойынша рейтинг
#80-1
Санат бойынша рейтинг
#4082+38

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 56730 Days growth: +234.2%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:2026544
19:09:2026549
20:09:2026549
21:09:2026549
22:09:2026549
23:09:2026549
24:09:2026549
25:09:2026549
26:09:2026549
27:09:2026549
28:09:2026549
29:09:2026549
30:09:2026549
01:10:2026549
02:10:2026549
03:10:2026549
04:10:2026549
05:10:2026549
06:10:2026549
07:10:2026549
08:10:2026549
09:10:2026549
10:10:2026549
11:10:2026549
12:10:2026549
13:10:2026549
14:10:2026549
15:10:2026549
16:10:2026549
17:10:2026567
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 20:04:2026536
Week of 27:04:2026536
Week of 04:05:2026530
Week of 11:05:2026530
Week of 18:05:2026530
Week of 25:05:2026530
Week of 01:06:2026530
Week of 08:06:2026530
Week of 15:06:2026530
Week of 22:06:2026530
Week of 29:06:2026530
Week of 06:07:2026546
Week of 13:07:2026546
Week of 20:07:2026546
Week of 27:07:2026546
Week of 03:08:2026546
Week of 10:08:2026546
Week of 17:08:2026548
Week of 24:08:2026548
Week of 31:08:2026551
Week of 07:09:2026544
Week of 14:09:2026549
Week of 21:09:2026549
Week of 28:09:2026549
Week of 05:10:2026549
Week of 12:10:2026567
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 2026536
May 2026530
June 2026530
July 2026546
August 2026548
September 2026549
October 2026567
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
2026567

Соңғы посттар

АНАМА ХАТ !!!@Ziyaevoff
#Аудио_қосық 😔😓

"АНАМА ХАТ"

Анажан ол жақда ҳәмме бирдей ме?! 😔
Бай ҳәм жарлы болып ҳеш хәм жүрмей ме ?! 🥺
Бундағы нәпсиқаўлар сирә өлмей ме ?!
Дүньяпаразлардан жеркендим Ана !!!

Автор: ✍Абатбай КРАМОВ
🎙 Оқыды: улы Алпамыс Зияев
Каналдан узақласпаң:
@Kramov_Abatbay_poeziya
86008
Photo1/2
Зия Крамов
МӘРТ ҲӘМ НӘМӘРТ
(ертек-поэма)
«Әрманым мениң» китабынан. Нөкис: «Қарақалпақстан», 1981

Саҳналастырған: Каипов Жаҳангер
1-саҳна. «Жалғыз жолаўшы»

@Kramov_Abatbay_poeziya
164004
" КИНДИК-ӨЗЕК" АРНАСЫ

Туўылған жер "Киндик-өзек"жағасы,
Жылдан-жылга арта түсер баҳасы,
Қанлыкөлдиң кең даласын сағынсам,
Жанға жағар жуўсанлықдың арасы.

Еки арна арасына жайласқан,
Дарақлары аспан менен бойласқан,
Қыз жигитлер ушырасса пинҳәми,
Оған гуўа болып турар айлы аспан.

"Киндик-өзек"арнасында жүзгенмен,
Туўылған жер қәдирин мен сезгенмен,
Жымыңласқан жулдызлардың астында,
Қол усласып дослар менен гезгенмен.

Жаслық шағым өтти усы мәкәнда,
Әрманларға берилдик биз жағаңда,
Муҳаббаттың шәшмесинен дәм татқан,
Сол маўритлер қалды жүрекханамда.

Жағасында ырғалады гүллери,
Гөззал туске енер жаслық демлери,
Ағысыңда қалып кетти мәңгиге,
Қайта келмес балалықтың күнлери.

Абатбай Крамов


Каналымыз:@Kramov_Abatbay_poeziya
1900015
Photo1/2
#матбуотда

⚡️"Қарақалпақстан жаслары" газетасининг бугунги сонида (2026 йил, 15 октябр) бир туркум шеърларимиз қорақалпоқ тилига ўгирилиб, чоп этилибди.

Бунинг учун шеърларимиз таржимони, маҳоратли ижодкор Абат Крамовга ҳамда газета таҳририяти жамоасига чуқур миннатдорлик билдираман.

Телеграм каналимизга
уланиш ҳаволаси
https://t.me/gayratlisher
310001
Photo1/2
Ғайрат Шералиевтиң қәлемине тийисли болған аўдармаларым бүгин "Қарақалпақстан жаслары" газетасында жәрияланды. Бул ушын газета редакторы Устазымыз Арыўхан апа Турекееваға рахмет айтамыз
@Kramov_Abatbay_poeziya
306006
Video
Алпамыс балам бүгинги туўылған күниң менен қутлықлайман. Оқытыўшылық кәсибинен камал таўып, өзиң ойлаған әрманларыңа жете бергейсең.

@Kramov_Abatbay_poeziya
2960016
БИР КЕЛИП КЕТСЕҢИЗ ҚАРАҚАЛПАҚҚА.
‎
‎( Бас министрдиң биринши орынбасары, Тәлим ҳәм илим, пән министри Эркинжон Турдимовқа арнап жазылды.)
‎
‎
‎Еркинжанды билер бунда көп адам,
‎Ҳаўазы жағымлы бунша қулаққа.
‎Гүлленеди дейди барса қай қалаң,
‎Бир келип кетсеңиз Қарақалпаққа.
‎
‎Картасы бар еди әўел наўқастың,
‎Енди "база" қатып кирмес тармаққа.
‎Кабинетлер алды нәўбет талас дым,
‎Бир келип кетсеңиз Қарақалпаққа.
‎
‎Аптекде дәрилер еркин базары,
‎Қымбат дәри жазып бизди жылатпа.
‎Наўқас тентенедур өтип азары,
‎Бир келип кетсеңиз Қарақалпаққа.
‎
‎Меншик бақшалардың базары қызар,
‎Бюджет бақшаларда дым орын жоқ па?!
‎Айлық төлемлери кеўлиңди бузар,
‎Бир келип кетсеңиз Қарақалпаққа
‎
‎Жумыс сорағанға "аргос", "беседа","
‎"Система" қусайды гилгий жалғанға.
‎Таныс-билисликлер бар-аў тасада,
‎Исенбей турарсаң әдил болғанға.
‎
‎"Тез жәрдем" шақырсаң келсе үйиңе,
‎Үңилип алады"планшет" тармаққа.
‎Ғәзебиң келеди көрип мийиңе,
‎Сораўлары жақпас наўқас қулаққа.
‎
‎Билимде көбейип "абыр-сабырлар",
‎"Пуллы таярлықлар" мектеп сабақта.
‎Тексериў келгенде әбден тыпырлар,
‎Бийпул пән үйрениў өзи қаяқта.
‎
‎Мектепде "кадр" көп келер үйилип,
‎Таңылған тек ғана үш-төрт сабаққа.
‎"Вуз" ларға жүз пайыз кирсе сүйинип,
‎Питкерсе жумысқа барар қаяққа.
‎
‎Мектептен тысқары күшли таярлық,
‎Сонда мектептеги сабақ каяқда??!!
‎Өзегинде билим алмас тоярлық,
‎Сөйтип соры болар еки аяққа...
‎
‎Больницаның "жоғы" опен бюджетте,
‎Медиклер жан талас даўыс жыймақта.
‎Адамның күлкиси келер биз бетке,
‎Бул ис жоқарыға қалай сыймақта.
‎
‎Базада жоқ болсаң врач көрмейди,
‎Сүйенип турасаң қолтық таяққа.
‎Зорға кирсең диагнозың билмейди,
‎Ыңқылдап кетерсең енди қаяққа.
‎
‎"Бүгин нәўбет толды ертең келесең",
‎ДМЭД  системасы ҳәзир бул жақта.
‎Бир күн нәўбетинде турсаң билесең,
‎Бир келип кетсеңиз Қарақалпаққа.
‎
‎Бәри тәртибине түссе биримлеп,
‎Сизден үлкен үмит күтер бул жақта.
‎Еркинжан келсеңиз егер күлимлеп,
‎Қушақ ашып күтер Қарақалпақта.
‎
‎
‎
‎11- октябрь 2026- жыл.
‎Абат Крамов.
‎Каналымыз:
‎@Kramov_Abatbay_poeziya
6210026
-Өжет ол ким?
- Баҳадыр Байназаров, "Жданов" дағы не.
-Марат крановщиктиң БАЛАСЫ.
-Байназардың ақлық БАЛАСЫ.
- ҳиммм...


Абат Крамов.
353000
‎АЎЫЛЫҢА БАЛАСАҢ
‎
‎Дозақ болса жанатуғын бизлермиз...
‎( Өжет шайыр.)
‎
‎Гер қуўырсам жүрегимди сөзимде,
‎Қара күйик бир томарға айланар,
‎Ақ, қараны билесең-ғой өзиң де,
‎Қара бетбиз, еки шайыр ойланар...
‎
‎Дозақ излеп жанды ҳасла қыйнама,
‎Шайыр болып дозақ еттиң ишиңди.
‎Ақыл,есиң шашаў кетсе жыйнама,
‎Ал, ҳүжданың қыппа тайлақ шешинди.
‎
‎Қосықларда намыс бар ма, ар бар ма,
‎Дозағыңда писип олар туўылса.
‎Сақаўсаң ба, сенде яки сыр барма?!
‎Сезимлериң таяқланып қуўылса.
‎
‎Шайыр болып өз ишиңе көмилдиң,
‎Әлле қашан жанып питкен күлмедиң?!
‎Жаўын болып, жаўын болып төгилдиң,
‎Сен өзиңниң ким екенин билмедиң.
‎
‎Гүңелеклик берилмеген өзиңе,
‎Аңлай берип ушырадың азапқа.
‎Дәрт липасын кийиндирип сөзиңе,
‎Өзиң билмей кирип қалдың дозаққа.
‎
‎Билесең бе, сенде бөлек дозақ бар...
‎Қолтығыңда бир дорба сөз, жанасаң.
‎Сениң ушын шайырлық бар, азап бар...
‎Бирақ та сен аўылыңа баласаң.
‎
‎
‎8-октябрь. 2026-жыл.
‎Абат Крамов.
‎Каналымыз:
@Kramov_Abatbay_poeziya
615009
ЎАТАН
‎
‎Бир қысым топырақ алақанымда,
‎Буның жуғысы бар қызыл қанымда,
‎Асаў толқын турар тәнде жанымда,
‎Сени бир ҳәз етип жырлайық Ўатан.
‎
‎Қайғырсам сөтилдим, дәртлериң сезип,
‎Өзиңдей жан уя таппайман гезип,
‎Талай азарларға келерсең төзип,
‎Жүгиңди желкеге алайық Ўатан.
‎
‎Қәне, мәлҳам болсам жараларыңа,
‎Шадлық бере билсек налаларыңа,
‎Гулзарлар питсекен далаларыңа,
‎Тек те сени дейип жанайық Ўатан.
‎
‎Сатқынлар өзиңди  сатқанларында,
‎Ҳақыйқый улыңды атқанларында,
‎Жаныңа бир қыяқ батқанларында,
‎Саған қалқан болып турайық Ўатан.
‎
‎Өзгелер атыңа гирбиң жаққанда,
‎Шуғыллар көз таслап саған баққанда,
‎Саған жөнсиз айыпларды таққанда
‎Жаннан кешип сени қорғайық Ўатан.
‎
‎Байрағың бәлентке көтерсем қолда,
‎Келешек жасларың бир айдын жолда,
‎Саған сәлем берип оянсам таңда,
‎Саған керек инсан болайық Ўатан.
‎
‎
‎5-октябрь 2026-жыл.
‎Абат Крамов.
‎Каналымыз:
@Kramov_Abatbay_poeziya
5190012
Ҳүрметли устаз ҳәм оқытыўшылар!
Сизлерди 1-октябрь – «Устаз ҳәм оқытыўшылар күни» мүнәсибети менен  шын жүректен қутлықлаймыз. Усындай уллы сәнеде ҳәр биримиз сизге сабыр-қанаат ҳәм шыдамлылық пенен илим-билим берген устазларға ҳүрмет көрсетемиз. Бул ҳүрмет қаншелли көп болса да, негизинде устазларымыздың пидайылығы, үлкен мийнети алдында ҳеш нәрсе емес. Ҳәр бир инсан өз устазы алдында қарызы барлығын аңлаған ҳалда, оларға терең ҳүрмет көрсетсе арзыйды. Ҳәр биримиздиң өмирде жығылмастан адымлаўымыз, жәмийетте өз абырой ҳәм орнымызға ийе болыўымызда устазларымыз берген билимниң барлығы ҳеш кимге сыр емес. Сонлықтанда ҳәр биримиз устазларымыз алдында ҳәмийше қарыздармыз.
Сизлерди мине усындай машақатлы, бирақ мақтанышлы болған кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қутлықлайман. Сизлерге, сизлер арқалы барлық устаз ҳәм оқытыўшыларға терең миннетдарлығымызды билдиремен.
Әзиз устазлар, ҳәр бириңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға тынышлық, аманлық, аўызбиршилик ҳәм қут-берекет тилеймен. Және бир мәрте әйямыңыз мүбәрек болсын.
@Kramov_Abatbay_poeziya
4360010
‎АЎЛАҚ ҚЫЛА-ГӨР
‎
‎Патас пикирлиден, бузық сөзлиден,
‎Таза кийим кийген иши кирлиден,
‎Қартайса да лекин, арсыз көзлиден,
‎Яратқаным, өзиң аўлақ қыла-гөр!
‎
‎Тили басқа кеўли пасық қарадан,
‎Дөҳметши жақыннан, жөнсиз жаладан,
‎Өзинше бир шешен, быжық данадан,
‎Яратқаным, өзиң аўлақ қыла-гөр!
‎
‎Қудайын умытқан менмен адамнан,
‎Тек өзим дейтуғын гей бир жаманнан,
‎Ҳиджаблы, шапанлы жүрген ҳарамнан,
‎Яратқаным, өзиң аўлақ қыла-гөр!
‎
‎Қолында тәсписи ал иси басқа,
‎Көзлери қадалған бир табақ асқа,
‎Мәскүнем моллалар гезлесер қасқа,
‎Ондайлардан, Алла, аўлақ қыла-гөр!
‎
‎Ишки дүньясы бар шығындыхана,
‎Сырты дым шырайлы ишидур ала,
‎Сөйлесе көпирер өзи бир дана,
‎Ондайдан я, Алла, аўлақ қыла-гөр!
‎
‎Ўатансыз, бийқайғы журтқа керек пе??
‎Таза суў түспесе ҳәр не шелекке,
‎Мәзи жан берилер бәрше жүрекке,
‎Ўатансыз, мийсизден аўлақ қыла-гөр!
‎
‎30-сентябрь. 2026-жыл.
‎Абат Крамов.
‎Каналымыз:
‎
@Kramov_Abatbay_poeziya
4880013
‎ӨМИР ӨТИП КЕТЕДИ
‎
‎Бул өмирдиң қызығын да, бузығын да,
‎Көре берип бул кеўил қатып кетти.
‎Арасат дүньядағы сызығын да,
‎Биразлар өмир дәмин татып кетти.
‎
‎Шын өмирди билместен кеткиң келмес,
‎Жалғаншыда жалғанға көмилсең де.
‎Жасаў деген тойымсыз өткиң келмес,
‎Бул өмирге тойынған көринсең де.
‎
‎Таўсылмастай бул өмир көринеди,
‎Гейпаралар менменсип шалқайғанда.
‎Пул,ҳәмелди көтермей кериледи.
‎Кийим кийип байсынып талтайғанда.
‎
‎Есабы жоқ мийнетлер неге керек,
‎Бир басыңа жасаўға имкан болса.
‎Боларма изиңдеги саған тирек??
‎Қартайыўға таярлан шамаң болса.
‎
‎Сүйеўим деп исенген балаң болса,
‎Күшиң кетсе саған күш бола қойса.
‎Барар болсаң сол балаң панаң болса,
‎Аўырыңды өзине ала қойса.
‎
‎Балам дейип бир өмир тырбанарсаң,
‎Ержеткен соң сол исди билермекен??
‎Өмир өтсе қартайып қарманарсаң,
‎Нарыйза боп биразлар өлер екен...?!
‎
‎Қәне бүгин қыялый қартайып көр!
‎Мийрим таппай муң шексең нетерсең сен??
‎Еңкейип көр қәддиңди шалқайып көр,
‎Көзде жас, кеўилде муң кетерсең сен.
‎
‎Қус тойғандай тамағың болса болды,
‎Азы-кем итибар да керек болар.
‎Ошақда жылтырап от жанса болды,
‎Бир жақсы сөз жүрегиң тилеп турар.
‎
‎Бир жақсы сөз жүрегиң тилеп турар,
‎Паянында өмирдиң қалтақлайсаң.
‎Кеўилиң әлле нени қәлеп турар,
‎Улларыңа бирме-бир жалтақлайсаң.
‎
‎Өмир өтип кетеди самалдайын,
‎Өтмишти еслей берип өкинерсең,
‎Ҳәр күниң де жасағыл адамдайын,
‎Болмаса қамсығып өксинерсең.
‎
‎
‎Абат Крамов.
‎2025-жыл. 14- октябрь.
‎Каналымыз:
‎
@Kramov_Abatbay_poeziya
4060010
АҢЛАДЫМБЕКЕН

Неге сен қоңыраў қылмайсаң дейип,
Ҳалым сорап кеўлим алмайсаң дейип,
Телефоннан шығып мен сени кейип,
Айтшы сени бийзар етпедимбекен?!

Қыслығып шығады ҳәр күни жүрек,
Мағанда керек-аў енди бир тирек,
Пәлендей,төлендей дәрилер керек,
Дей берип жаныңа тиймедимбекен?!

Ақсаңлап киремен қыйтақ жериме,
Анаң пахыр көнер маған бәрине,
Сыймайман ҳаўлығып үйдиң төрине,
Сирә ғамыңызды билмедимбекен?!

Анаңның да аяқ-қолы қақсайды,
Қайсы ата-ана мәңги жасайды,
Ата-ана ғәнийметке қусайды,
Оқыў,жумыс дейип билмедиңбекен?!

Кеўил нәзик болар жас минген сайын,
Шаншыў-азарлардың аларсаң сыйын,
Сонда да жоқ екен өмирге тойым,
Артықша қыйнап қоймадымбекен?!

Наўқаслықлар питпей узая берип,
Тапқан пулдың саны азая берип,
Ғалма-ғал артады кем-кемнен өрип,
Мыңғырлап қыйнап қоймадымбекен,?!

Турса жанларымда сондай жарасып,
Мийрим көзи менен қалса қарасып,
Өмирим даўамы, сизлер жалғасып,
Ҳақыйқый бахыт сол аңладымбекен!


2024-жыл 21- май.
Абат Крамов.
Каналымыз:
173005
‎ДЫМ ШЫРАЙЛЫ
‎
‎
‎Күлгишиңде күлежақсыз, дым шырайлы,
‎Айдан түскен шуғладайсыз, дым шырайлы,
‎Ҳәзир бизге нәзер салмай, бийпәрўасыз,
‎Еле бизди сынайжақсыз, дым шырайлы
‎
‎Ышқы менен ҳәр кимсе бир сыналады,
‎Қыйналады, ал ҳүжданым қыйналады,
‎Жапа шегип көксимизди қыймалады,
‎Сиз қайтымын алажақсыз, дым шырайлы.
‎
‎Сағынышта жасап дәртде, азарымда,
‎Жазмыштың да басқа екен жазары да,
‎Арзаншылық болсадағы базарымда,
‎Сиз бийбаҳам болажақсыз, дым шырайлы.
‎
‎Ышқ ертеги , бир бар екен, бир жоқ екен,
‎Етегинен тутсам десең пир жоқ екен,
‎Делбе болып кетпеге бир қыр жоқ екен,
‎Басқа түссе көрежақсыз, дым шырайлы.
‎
‎Ушырасса  ўапа билер ўападарлар,
‎Сәлем айтып қойың , болсын саламатлар,
‎Өткен ҳәмме иске  айтып салаўатлар,
‎Келешекде кележақсыз, дым шырайлы.
‎
‎Сүйиўимди билежақсыз, дым шырайлы,
‎Өзимдики болажақсыз, дым шырайлы...
‎
‎
‎Дым шырайлы...
‎
‎Ғайрат Шералиев.
‎
‎Қарақалпақ тилине аўдарған: Абат Крамов.
‎
‎
‎БИР ЧИРОЙЛИ...
‎
‎Кулгич билан кулажаксиз, бир чиройли,
‎Ойдан тушган шуъладаксиз, бир чиройли.
‎Ҳозир бизга назар қилмай, бепарвосиз,
‎Ҳали бизни билажаксиз, бир чиройли.
‎
‎Ҳар ким севишгани билан синалади,
‎Қийналади, виждон бўлса — қийналади. 
‎Жафойингиз жигаримни қиймалади,
‎Қайтимини олажаксиз, бир чиройли.
‎
‎Соғинч билан яшаб дардда, азиятда,
‎Борай десам бормайдиган вазият-да,
‎Арзончилик бўлганда ҳам жамиятда,
‎Бебаҳойим бўлажаксиз, бир чиройли.
‎
‎Ишқ эртаги бир бор экан, бир йўқ экан,  
‎Этагидан тутай десанг пир йўқ экан,
‎Бошинг олиб кетай десанг қир йўқ экан,
‎Бошга тушса кўражаксиз, бир чиройли.
‎
‎Учраб қолса вафо деган валломатлар,
‎Салом айтиб қўйинг, бўлсин саломатлар.
‎Ўтган ҳамма ишга айтиб саловатлар,
‎Келажакда келажаксиз, бир чиройли.
‎
‎Севишимни билажаксиз, бир чиройли,
‎Ўзимники бўлажаксиз, бир чиройли...
‎
‎Бир чиройли...
‎
‎Ғайрат Шералиев.
‎Ташкент ўалаяты
‎Өзбекстан жазыўшылары аўқамы ағзасы.
‎
242003
‎Жанга-қалъа нега қаровсиз?
‎
‎Юртимизда кейинги йилларда ички туризмни ривожлантириш, тарихий обидаларни асраб-авайлаш ва қайта тиклаш борасида кенг кўламли ишлар амалга оширилмоқда. Самарқанд, Бухоро, Хива, Шаҳрисабз, Термиз каби қадимий шаҳарларимиздаги тарихий ёдгорликлар нафақат мамлакатимиз, балки бутун дунё сайёҳларининг эътиборини тортиб келмоқда. Бу ишлар халқимизнинг бой маданий меросини асраш ва уни келажак авлодларга бутун ҳолда етказиш йўлидаги муҳим қадамлардир.
‎Бироқ юртимизнинг чекка ҳудудларида жойлашган айрим тарихий обидалар ҳали ҳам етарлича эътибордан четда қолмоқда. Вақт, табиат ва қаровсизлик таъсирида уларнинг деворлари емирилиб, асрлар давомида сақланиб келган тарихий излар аста-секин йўқолиб бормоқда.
‎Шундай тарихий масканлардан бири — Қорақалпоғистон Республикаси, Қонликўл тумани, «Жанга-қалъа» қишлоқ фуқаролар йиғини ҳудудида жойлашган Жанга-қалъа қўрғонидир. Бугун бу ноёб тарихий ёдгорлик йўқолиб кетиш хавфи остида турибди.
‎Тарихий маълумотларга кўра, Жанга-қалъа дастлаб савдо йўлида ҳаракатланган карвонлар учун қурилган. Кейинчалик туркман феодаллари босқинлари даврида Ўтеш ботир ушбу қўрғонни макон тутиб, маҳаллий аҳолини босқинчилардан ҳимоя қилган. Шу боис бу қўрғон нафақат меъморий ёдгорлик, балки халқимиз жасорати, матонати ва озодлик учун кураши билан боғлиқ тарихий маскан ҳам ҳисобланади.
‎Афсуски, бугунги кунда қўрғон деворлари йил сайин емирилиб бормоқда. Агар бу жараённинг олди олинмаса, яқин келажакда ушбу ноёб ёдгорликдан асар ҳам қолмаслиги мумкин. Бу эса нафақат Қорақалпоғистон, балки бутун мамлакатимиз тарихий мероси учун катта йўқотиш бўлади.
‎Жанга-қалъани муҳофазага олиш, археологик ва илмий жиҳатдан ўрганиш, зарур қисмларини мустаҳкамлаш ҳамда уни туризм йўналишларига киритиш ҳудуднинг туризм салоҳиятини янада оширишга хизмат қилади. Бу эса маҳаллий аҳоли учун янги иш ўринлари яратилишига, хизмат кўрсатиш соҳасининг ривожланишига ва ички туризмнинг янада тараққий этишига замин яратади.
‎Биз тарихий меросни фақат машҳур шаҳарлардаги обидалар орқали эмас, балки юртимизнинг чекка ҳудудларида сақланиб қолган ёдгорликлар орқали ҳам асрашимиз лозим. Зеро, ҳар бир тарихий обида халқимизнинг ўтмиши, миллий ўзлиги ва маънавий бойлигининг ажралмас қисми ҳисобланади.
‎Умид қиламизки, тегишли вазирлик ва идоралар, маҳаллий ҳокимлик ҳамда Маданий мерос агентлиги Жанга-қалъа қўрғони тақдирига ҳам эътибор қаратади. Бу тарихий обидани муҳофаза қилиш ва келажак авлодларга бутун ҳолда етказиш йўлида амалий чоралар кўрилади, деган умиддамиз.
‎Ахир, тарихни қайта яратиб бўлмайди. Йўқотилган тарихий обидани ҳам қайта тиклаш осон эмас. Шунинг учун уни бугун асраш — эртанги кун олдидаги муқаддас бурчимиздир.
‎
‎Абатбай Крамов
‎Ўзбекистон Ёзувчилар уюшмаси аъзоси
‎
937006
‎БАРМА- КҮЙЕСЕҢ,
‎СҮЙМЕ-КҮЙЕСЕҢ
‎
‎Муҳаббет сарайында,
‎Бар соныңдай қағыйда,
‎Ақыл болса жайында,
‎Кирме-күйесең,
‎Сүйме-күйесең.
‎
‎Азабы жаз, қыста ҳәм,
‎Бул азар жоқ тисте ҳәм,
‎Қурып кетсин, түсте ҳәм,
‎Көрме-күйесең,
‎Сүйме- күйесең.
‎
‎Қойғыл сен, бағ ишлерин,
‎Сәни жоқ көп гүллерин,
‎Сәтли болсын күнлериң,
‎Барма-күйесең,
‎Сүйме-күйесең.
‎
‎Ышқ дарақта морты көп,
‎Егер билсең қурты көп,
‎Сынай  берер шәрти көп,
‎Көнбе-күйесең,
‎Сүйме-күйесең.
‎
‎Ышқыны бизден сора,
‎Берекет тап ҳәй, жора,
‎Жақсысы оннан гөре,
‎Сүйме-күйесең,
‎Сүйме-күйесең.
‎
‎Жүрекке айтсам "Сүйме",
‎Гәп түсинбес бул делбе,
‎Ойнап-күлемен деме,
‎Ҳәс, сен күлерсең,
‎Сүйме-күйерсең.
‎
‎Ғайрат Шералиев.
‎Қарақалпақ тилине аўдарған:
‎Абат Крамов
‎
‎
‎БОРМА — КУЯСАН,
‎СЕВМА — КУЯСАН...
‎
‎Муҳаббат саройида,
‎Бор шунақа қоида,
‎Ақлинг бўлса жойида,
‎Кирма —  куясан,
‎Севма — куясан! 
‎
‎Азоби ёз,  қишда ҳам,
‎Бу оғриқ йўқ тишда ҳам,
‎Қуриб кетсин, тушда ҳам,
‎Кўрма —  куясан,
‎Севма — куясан! 
‎
‎Қўйгин,  бу боғ сайрингни, 
‎Ҳиди йўқ гулхайрингни,
‎Худо берсин хайрингни,
‎Борма —  куясан, 
‎Севма — куясан! 
‎
‎Ишқ дарахтин мўрти кўп,
‎Олмасидан қурти кўп, 
‎Синайдиган шарти кўп,
‎Кўнма — куясан,
‎Севма — куясан! 
‎
‎Севгини биздан сўра,
‎Барака топкур, жўра.
‎Яхшиси ундан кўра,
‎Севма —  куясан,
‎Севма — куясан! 
‎
‎Юракка десам "Севма!",
‎Гап тушунмас бу эзма.
‎Ўйнаб-куламан дема,
‎Мана,  куласан,
‎Севма — куясан!
‎
‎Ғайрат Шералиев.
‎
256003
Video
#премьера

Сардор ТОИРОВ: "БИР СЕВДИМКИ, НАРЁҒИ ЙЎҚ..."

✍️Матн: Ғайрат ШЕРАЛИЕВ
🎼Мусиқа: Алишер НЕЪМАТОВ

Телеграм каналимизга
уланиш ҳаволаси
➡️ https://t.me/gayratlisher
254001
ЕСКИ ҚУДЫҚ
‎
‎Ай сәўлеси түскен кешеги түнде,
‎Жулдызлар сырғанап төменге түсди.
‎Тосыннан бир ҳалат болыпды менде,
‎Ай кесел, сандырақ тәниме көшти.
‎
‎Ярым түн теңселип аўыл шетине,
‎Ески бир қудықтың басына бардым.
‎Өли шырай енди неге бетиме,
‎Түн бойы қудықтың басында қалдым.
‎
‎Қараңғы қудыққа үңиле бердим,
‎Қудықтың жинлери шақырып алды.
‎Айй, мен бул жерде нелерди көрдим...
‎Әлле не сол ўақта бақырып қалды.
‎
‎Қара реңдеги қаралы пышықлар,
‎Қудық басы қаплап кетти бир демде.
‎Уйқы менен сергекликке тосықлар,
‎Қандай көринисте болар әлемде...?
‎
‎Сәл арыда қарабарақ ишинде,
‎Байыўлылар отыр көзи жылтырап.
‎Көргенлерим оңымда ма, түсимде.
‎Ярым уйкысырап турман қалтырап...
‎
‎Мен үңилген ески қудық билсеңиз,
‎Суўсызланып әлле қашан қурыған.
‎Бул ҳалатқа түсинбестен күлсеңиз,
‎Түсингенлер әлле нени жорыған...
‎
‎Ким биледи "Жети түнде ким жүрер,",
‎Қара сүлдер айбалталы жин жүрер.
‎Ай кеселлер тәй-тәй басар түнлерде,
‎Айға қарап байлаўдағы ийт үрер.
‎
‎Ески қудық гүңиренип сес берер,
‎Сүрниккенде айдың нуры күш берер.
‎Ояў болып оңыңдағын сезбесең,
‎Алақ-жулақ бәлки сондай түс кирер.
‎
‎Мен сескендим шала уйқы жүристен,
‎Бул жерлерден қайтып оянғым келди.
‎Әбеший түн, әжийнелер көрискен,
‎Жиллисымақлықтан уялдым енди...
‎
‎
‎Абат Крамов
‎Каналымыз:
‎
1400011

Showing 30 of 39 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

Шайыр Абатбай Крамов✍️ Telegram арнасы не туралы?+

Шайыр Абатбай Крамов✍️ (@kramov_abatbay_poeziya) — tgdio сайтында Вирустық бейнелер санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 567 жазылушы бар.

Шайыр Абатбай Крамов✍️ (@kramov_abatbay_poeziya) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @kramov_abatbay_poeziya арнасына тегін жазылыңыз.

Шайыр Абатбай Крамов✍️ жақсы Вирустық бейнелер арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын Шайыр Абатбай Крамов✍️ рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 567 жазылушы бар. ұқсас Вирустық бейнелер арналарымен салыстырыңыз.

Шайыр Абатбай Крамов✍️ статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @kramov_abatbay_poeziya бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.