(Қарақалпақстан Халық жазыўшысы, Муратбай Нызановтың 75 жыллық юбилейине той хат)
Бир жигит ер жетти, Кегейли жақтан,
Қәлеми дым өткир, ҳәр сөзи батпан.
Қәўмети келискен, мүсиндей қатқан,
Тойларың оң болсын, Муратбай аға!
Иләҳий күшиң бар, Жаратқан берген,
Илҳәмың-йошың бар, халқымыз көрген.
Ырысқы-несийбе, перзентлер терген,
Тойларың оң болсын, Муратбай аға!
Жетпис бес дегениң, жигиттиң жасы,
Биразлар адасар, сөзлерде бәзи.
Орталаў жас болар, өмирдиң жазы,
Юбилей оң болсын, Муратбай аға!
Сатира-юмордан, жазып басладың,
Сценарый жазыўдан, сирә қашпадың.
"Танк" киноңызды, жүдә бапладың,
Туўылған күнлериң, оң болсын аға!
Көплерге устазсыз, шәкиртлер алық,
Төринен жай берип, сыйлаған халық.
Елимде-журтымда, шамшырақ жанып,
Жүргейсиз бәрқулла, Муратбай аға!
Өнегенсиз-өскенсиз, бүгин нығайып,
Ушыға гүлиндей, пәлеклер жайып.
Дөретиў ислериң, күн-күннен байып,
Тойларың оң болсын, Муратбай аға!
Тойларың улассын, тойларыңызға,
Жаңалық орнасын, ойларыңызға.
Хызметте болайық, тойларыңызда,
Юбилей оң болсын, Муратбай аға!
Бийсенбай БЕКМУРАТОВ.
05.09.2026.










