Тилеўберген Жумамуратов Telegram channel photo

Тилеўберген Жумамуратов

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, «Халықлар дослығы», «Ҳүрмет белгиси» орденлериниң ийеси Тилеўберген Жумамуратовтың поэзиялық каналы. Байланыс ушын: @Tilewbergen_Jumamuratovbot

Достыққазақ тіліҚазақстан

500

Last views

601 (601 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
31
Total Posts
Oct 17, 2026, 5:42 AM
Жаңартылған
Apr 24, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameТилеўберген Жумамуратов
Username@tilewbergen_jumamuratov
CategoryДостық
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер601
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 24 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 6 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#85207+337
Тіл бойынша рейтинг
#103-1
Санат бойынша рейтинг
#969+5

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 60130 Days growth: +162.7%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:2026585
19:09:2026589
20:09:2026589
21:09:2026589
22:09:2026589
23:09:2026589
24:09:2026589
25:09:2026589
26:09:2026589
27:09:2026589
28:09:2026589
29:09:2026589
30:09:2026589
01:10:2026589
02:10:2026589
03:10:2026589
04:10:2026589
05:10:2026589
06:10:2026589
07:10:2026589
08:10:2026589
09:10:2026589
10:10:2026589
11:10:2026589
12:10:2026589
13:10:2026589
14:10:2026589
15:10:2026589
16:10:2026589
17:10:2026601
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 20:04:2026588
Week of 27:04:2026588
Week of 04:05:2026595
Week of 11:05:2026595
Week of 18:05:2026595
Week of 25:05:2026595
Week of 01:06:2026595
Week of 08:06:2026595
Week of 15:06:2026595
Week of 22:06:2026595
Week of 29:06:2026595
Week of 06:07:2026598
Week of 13:07:2026598
Week of 20:07:2026598
Week of 27:07:2026598
Week of 03:08:2026598
Week of 10:08:2026598
Week of 17:08:2026586
Week of 24:08:2026586
Week of 31:08:2026587
Week of 07:09:2026585
Week of 14:09:2026589
Week of 21:09:2026589
Week of 28:09:2026589
Week of 05:10:2026589
Week of 12:10:2026601
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 2026588
May 2026595
June 2026595
July 2026598
August 2026586
September 2026589
October 2026601
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
2026601

Соңғы посттар

Photo1/2
Дүньяда ким мәңгиликке жасайды?
Өмир сени шалқытады, тусайды. 
Биреў келип-биреў кетип атырған,
Хожелиниң базарына усайды... 

🪄Тилеўберген
Жумамуратов

https://t.me/ibratli_sozler
5000026
ИЛҲӘМ ПЕРИСИ
баллада

Ата-анамды бир еслеп қарасам,
Татыў-татлы өмир сүрген орасан.
Сонда да, гей ўақта табақ-қасық та,
Қағысқанды, гәптиң шынын сорасаң.
........................
«Нәўбет» деген ҳәўиж алған ол заман…
Келиспеўшилик тап усында болған.
Дүкән ба, автобус, яки басқасы,
Анам гезек күтиў шәртин тутпаған.
................................
Шайырдың жуптысы болыў аңсат па,
Қосық бабын ойлап, жүрсе қай жақта,
Өрли-ғурлы қайтқанынша асыққан,
Илҳәм ушып кетпесин деп пырақта.
.................................
Соныңдай бир жумыс басты ўағында,
Мотороллёр сүт тасыған таңында,
Ҳақ жарылқап, адам жумсап ҳәз еткен:
Дүңгир услап сүтке бардым, ядымда.
....................................
Жүрегим шәўкилдеп, ушып шықсам да,
Узын-шубай гезек дүпеп қысқанда,
Шетлеп, албырақлап тура бериппен,
«Өширет» дегенди еплеп уқсам да.
..............................
Ақыры биреўдиң нәзери түсти,
Тоңып қалған қызалаққа уйысты.
«Мына бир жигилдик әкетеғойсынш»,
Деген ўақта, басқалары урысты.
...........................
Анықланды шайыр қызы екеним,
Еситтим жабырлы пикирлегенин:
– Бул түўе шешеси «өширет» турмас,
Қосық ҳүрметине сүт қуйып бериң!...
...........................
Оҳ, қандай сый!... бирақ, сабақ болмаған,
Ентелей бериўин анам қоймаған.
Нәўбетте-ақ, сәл дем алмай, асығыс,
Өмирден де кетти!... батар сол маған.
...........................
Бул «жөнсиз ис» әкем көңлин дағлады,
Илҳәмлары қашып, қосық жазбады.
Бир «қулақсыз» ҳаял болды неге, деп,
Қосық түўе, өзи кете жазлады!
..............................
Оныңдағы ашыўының жаны бар,
Жуптылықта пийри-дәўлет жарасар.
Өмирдиң қызығын тең көрип бирге,
Еди-дә, бир сыйласықлы тарқасар.
..........................
Ғарры кетип, кемпир қалса бул жақта,
Айтармеди, қамсықса да, аўлақта:
«Дым қартайдық, енди баллар саў болғай,
Тандыр шыққай, кетсе ғарры, кетет-тә!»
..............................
Бул гәплер тек ҳәзил ушын… шынында,
Әкем ҳазарланып руўҳ жолында,
Сергиздан шабазын умыта алмай,
Таланты гезексиз тасты оның да!!!...
..........................
Мине енди, пайқас етсем мен толық,
Кеткен анам кеўли әрманға толып,
Соңғы асығыў да – илҳәм егеўи,
Ең дәртли қосыққа садаға болып!
--------------------
Малика Жумамуратова
09. 2009.
1,1200017
Шайыр Сағынбай Ибрагимовқа
еле редакторленбеген экспромт
АРНАУ 
-----
Жабанның бел баласы,
Этика, қатып қалған.
Жанында мадоннасы,
Шийелеп шатып алған.

Шын шайыр шалқымалы,
Дүньясы, бары қолда.
Сезим деп алқынады,
Гүлдиң ең нары қолда.

Қатты сөз қабында жоқ,
Бул бир жуп жууас ғана.
Шурт минез Сағында жоқ,
Тап сондай Гүлнара да.

Сейиллер қолтықласып,
Асықпас бийталаптай.
Жарысар,  қап қолласып,
Китаплар  енапаттай.

Қай стиль, қосық жазса,
Тегинде хәмме уқпас, 
Ким де ким  уғағойса,
Мақалдай  мийден  шықпас.

Уйқасы әрре-тәрре,
Нызамға бойсынбайды,
Солай да  зәрре-зәрре,
Мазмуннан шығынбайды.

Ирилик сүйгеним,  деп,
Ирилеу жолдан жүрер,
Нәзик ой  түйгени көп,
Ириден туурап келер.

Арзыр сөз мол болса да,
Атақ деп жәулан урмас.
Дүньяға  танылса да,
Маңқыйып малдас қурмас.

Көш қарыр, несип барар,
Перзентлер кәмалы деп,
Мухыйтти  кешип барар,
Ақлықлар жамалы деп.

Көп тилди  билседағы,
"Тилим!"-  деп жәулан урар,
Шет елде жүрседағы,
Жүреги  елде турар!
-----
Малика Жумамуратова.
23.09.2026.ұ
5420011
‒ Бурынғы басшымыз ол кисини депутатлыққа усыныỹды өзиниң көзинше маған тапсырып еди. Ҳәзир атақлы шайырымыз емлеỹханада жатыр. Кеỹлине келмей ме? Оның үстине, бул тапсырманы берген Кәкимбек Салықович болса, Москвада еле үлкен лаỹазымда, - дедим мен.
Соның арасында, Төрткүлден Озбекстан Жоқарғы Кеңесине депутатлыққа усынылған, Орайлық Комитеттиң шөлкемлестириỹ бөлими баслығының орынбасары өткир Закиров сайлаỹ алды ушырасыỹға келетуғын болды. Ол кисини Төрткүлден күтип алып, ушырасыỹдан кейин Нөкиске алып қайтыỹ маған тапсырылды. Мен, болып атырған ỹақыяларды жол бойынша өткир Обидовичке айтып бердим ҳәм мәселени ашықтан-ашық додалап кетиỹин сорандым.
Солай етип, Закиров кешки самолеттың билетин қайта тапсырып, Нөкисте қонып қалды. Азанда екинши секретарьдың кабинетинде үлкен «телпек дирилдеспек» болды. Бул, биреỹлер ушын жағымсыз ỹақыя болғаны менен көпшилик лаỹазымдағы басшылар соңғылығында өзлериниң орнына ылайық депутатлыққа сайланды (олардың көбиси бул ỹақыяларды биледи).
Солай етип, Тилеỹберген шайырға округ излеỹ басланды. Нөкистиң бәри толып қалған. Қарасақ, Хожели қаласында бир округке сол жердеги мәкан кеңес ақсақалы өзин-өзи усыныỹ ушын ҳәрекет етип атыр екен. Дәрҳал Хожелиниң сол ỹақыттағы биринши басшысы Султамурат Қутлымуратов пенен байланыстық. Сол күни қалалық комитеттиң гезексиз пленумын шақырып, муғаллимлердиң кәсиплик аỹқамы атынан Тилеỹберген Жумамуратовты депутатлыққа кандидат етип усынды. Бул округтен өзлерин усынбақшы болып жүргенлер шайырды сыйлады ма, я өзлериниң жағдайын түсинди ме, қулласы кандидатураларын қайтып алды. Бул ỹақытта Тилеỹберген шайыр республикалық 1-санлы емлеỹханада төсек тартып жатыр еди.
Тилеỹберген аға сайлаỹшылар менен ушырасыỹға бара алмады. Оның исенимли ỹәкиллери жыйналған халық алдында елге етип атырған хызметин айтып берди. Халық оның сыртынан-ақ жапырыла даỹыс берип, халық шайырын бир аỹыздан өзлериниң депутаты етип сайлады.
Сайлаỹ 1990-жылдың март айында болып өтти. Ертеңине сайлаỹ округиниң баслығы бир-еки комиссия ағзаларын ертип, Тилеỹберген Жумамуратовтың Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесине депутат болып сайланғаны ҳаққындағы ỹақытша гүỹалықты алып келди. Обкомның биринши секретары Сағындық Нийетуллаев екеỹимиз бул жигитлер менен бирге емлеỹханаға келип, Тилеỹберген ағаға гүỹалығын тапсырып, көз айдын айттық.
Шайыр қуỹанышын сыртқа шығармай, тап бурыннан өзи усындай болыỹы лазым ỹақыядай салдамлы қабыл етти. Күле шырай менен ҳәммемизге пәтия берди. Елдиң басшысына, туỹған халқына, Хожелиниң азаматларына миннетдар екенин айтты. Тилеỹберген ағаның жүзинен наỹқасының әдеỹир батқанлығы билинип турса да, кеỹили сергек еди.
Әттең, арадан үш күн өткеннен кейин түски ỹақытта суỹық хабар келди. Қарақалпақ халқының XX әсирде маңлайына питкен халықшыл, философ, нағыз суỹырып салмай шайырының әлемнен өткени пүткил халқының жүрегин ләрзеге салды...
Солай етип, шайырдың «халық депутаты» деген ҳүрметли атаққа қанаатланыỹы ҳәм оның өңирге тағып жүретуғын белгисин жарқыратып таға алмаған әрманы ишинде кетти.

(«Еркин Қарақалпақстан» газетасы, 29-апрель 2004-жыл, 52(17954-санынан алынды). Сууретте Шайырдын 90 жыллыгынан коринис. 2005-жыл.
701003
Еркек адам қонақшыл болыỹ ушын оның ҳаялы жөнли болыỹы керек. Ҳаялдың жақсы-жаманын анықлаỹшы көп факторлар бар. Соның биреỹи – ҳаял ийман жүзли, адамгершиликли болса, еркек адамның туỹысқанлары үйирсек болады.
Орынбасқан жеңгемиз қарақалпақтың кейỹаны аналарынан табылатуғын жақсы қәсийетлери көп, бийдай реңнен келген, жүзи периштели адам еди. Тилеỹберген ағаның қандай минези яки ҳәрекети болса да, бир қәлпин бузбай, төтепки берип отыра беретуғын еди. Ол киси өмириниң ақырына дейин Қуданың ҳақыйқый қулы, Мухаммедтиң үммети болып кетти.
Идиралды күйеỹ баласы Роллан 40 жастың ояқ-буяғында автоавариядан қайтыс болғаннан кейин ҳәр бир диний байрам яки мәресимлерде, оның туỹылған ҳәм қайтыс болған күнлерин Орынбасқан жеңгей көзиниң тирисинде бир мәртебе де қуран шықпасыз өткерген емес. Ҳәр сапары «медресе, мешит көрген молланы шақырагөриң, биразы тәбәррикти шала оқыйды», деп отырғанларын еситкенбиз. Жайлары жәннетте болғыр бул кисилер, бүгин өмир сүрип атырған үтим-путағына удайы шарапаты тийерликтей, руỹҳлары кәмил инсанлар еди. Олар ҳаққында көп ғана жақсы сөзлерди айтыỹға ылайық өмир сүрип кетти. Бирақ, мен бул мақаламда Озбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Тилеỹберген Жумамуратовтың өмириниң соңғы күнлеринде жүз берген, еки-үш адамнан басқалар билмейтуғын эпизодларды еслемекшимен.
1989-жылға келип, бизде де миллетлер арасында қатнасықлар ҳәм мәмлекетлик тил ҳаққында мәселе қозғала баслады. Сол жыллары Орайлық Комитети арнаỹлы идеологиялық комиссия дүзиỹге мәжбүр болып, усы мәселелерди жийи-жийи қарайтуғын болды. Ол ỹақытта мен обкомның идеология бойынша секретары едим. Жылдың дәслепки айларының биринде, мәмлекетлик тил ҳаққындағы мәселе обкомның киши залында талқыланып атырғанда, биринши басшымыз бирден
‒ Тилеỹберген шайыр шақырылмады ма? – деп сорап қалды.
Мен ол кисиниң әллеқашан ҳүрметли демалысқа шығып кеткенин, бундай жыйналысларға көбинесе басшыларды шақырыỹ дәстүрге айланып қалғанын бәнелеп, жуỹып-шайдым.
‒ Шайырды алдырың!
Дәрҳал хызметкерлердиң биреỹин машина менен жиберип алдырдық. Мәжилистиң тәнепис ỹақтында Тилеỹберген аға менен ушырастық. Биринши басшымыз маған қарап
‒Тилеỹберген шайыр Қарақалпақстан депутаты ма?- деди.
‒ Бул киси қалалық Советке де депутат болып көрмеген. өмириниң ишинде жай сорап, депутатлық ямаса ҳәмел сорап, кисиге бетин салған адам емес, - дедим мен.
‒Ҳамза сыйлығына неге усынбадыңыз? – деди.
Мениң секретарь болғаныма еле ярым жыл толмағанын биле тура сорап турғанын сезбегендей болып «еле де кеш емес», деп қойдым. Сол жерде, шайырдың көзинше усы жумыслар мениң мойныма жүкленди.
Ўақыт зымырап өте берди. Соның арасында биринши басшымыз өзгерди. Көп узамай Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесине сайлаỹлар мапазы басланды. Ол жыллары аỹқам Жоқарғы Кеңесиниң сессиялары бир, бир ярым айлап даỹам ететуғын еди. Биринши басшымыз Сағындық Дәỹлетиярович Нийетуллаев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының баслығы Т.А. Ешимбетова ҳәм басқа депутатлар менен Москвада, тек телефон арқалы сөйлесемиз. Сайлаỹ округлерине кандидатлар көрсетиỹ басланды.
Обкомның сол ỹақыттағы екинши секретары Зорин менен шөлкемлестириỹ бөлими баслығы Журбин екеỹи күнде бир-еки адамның атын көрсетип, округлерге тапсырма береди. Ол ỹақытлары компартия сайлаỹларды усылайынша тиккелей басқаратуғын еди. Бизлер обкомның еки секретары – Хожанияз аға Режепов екеỹимиз тек газета яки радиодан еситип билемиз. Күн өткен сайын округлер азайып баратыр. Депутат болыỹы лазым болған лаỹазымдағы бир қатар адамлардың да фамилиялары көринбей атыр. Хожанияз аға екеỹимиз ҳайранбыз, ойласықта жоқпыз. Сөйтип жүргенде, Москвадан Турсын Ешимбетова қоңыраỹ етип: «Сизлер қайда қарап отырсыз?» деп жекиринеди...
Бир күни азанғы мәжилисте мен шыдамсызлық етип мәселе көтердим. Бизлер басқарып турған тараỹ басшыларын депутатлыққа көрсетиỹ бойынша бизлер менен ойласылмай атырғанын айтып, Тилеỹберген аға ҳаққында да гәп қозғадым.
490003
Шарап УСНАТДИНОВ.
Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен журналист

СОҢҒЫ ДИЙДАРЛАСЫЎ

Елимиздиң атақлы шайыр ҳәм жазыỹшыларының ишинде мениң ең жаслай танысып, көп жыл мерекелес болған адамым Тилеỹберген шайыр Жумамуратов еди. Оның тийкарғы себепшиси — Тилеỹберген ағаның ең үлкен күйеỹ баласы (марҳум) Роллан Нәжимович Дәỹқараев болды.
Мен, Нөкиске 1965-жылы жумысқа келгеннен кейин оның менен танысып, соңынан айрылмас дос болып кеттик. Қарақалпақ илиминиң баслаỹшыларының бири болған Нәжим Дәỹқараев ҳәм Балипа жеңгемизден жети ул, бир қыз қалған. Соның үшинши перзенти Роллан әкесиниң орнында, өзинен кейинги инилери менен қарындасы Палзадаға баспана болып, пединституттың питкериỹши курсында оқып атыр екен.
Сол заманда, ҳәзирги ỹақытта да, бир қатар жаслар қыз алып қашыỹды жигитликтиң бир көриниси деп биледи. Бизлер де, жаслыққа салсақ та, оның үстине атақлы шайыр қызын әке-шешеси жоқ адамға бермей жүре ме деген гүдик пенен оның үлкен қызын Ролланға алып қаштық. (Асия Тилеỹбергеновна Жумамуратова Нөкистеги педагогикалық училищени биринши шөлкемлестириỹши ҳәм оған узақ жыллар директорлық етти. Ҳәзир мектеп директоры). Әне, соннан баслап, Ролланның досты, гейде «жигит ағасы» сыпатында бул үлкен шаңарақ пенен қарым-қатнасымыз басланып кетти.
Асияның биринши ийилип түскен жери Нәжим Дәỹқараевтың туỹысқан иниси Уснат аға Дәỹқараевтың үйи болды. «Урлықты» хабарлаỹ ушын шайырдың үйине адамлар жиберилди. Қурдасымыз, бизлердиң алып қашатуғынымыздан бийхабар болса да, улыỹма жағдайды анасына қулақ-қағыс етип жүрген екен. Шайыр ағамыз қызының кеткенине қайысса да, изинен «тәпберди» жибермеди. Бирақ, ертеңине Ролланның ағайин-туỹғанларының арасында бир гәп тарқады. Тилеỹберген ағаның зайыбы Орынбасқан жеңгемиз қызы кеткен күнниң ертеңине азанғы саат 5 лерде Асияны телефонға шақыртып` «Балам, барған жериң қутлы болсын. Енди, «өзиң жаққан отқа өзиң ысына бер». Азанда ерте турып, анаỹ үлкен кемпирдиң «таҳарет суỹын» таярлап, адамлар қозғалып кетпестен бурын есигиңниң алдын сыпыр», деген қусайды. (Ол ỹақытта Нәжим Дәỹқараевтың анасы тири еди).
Ҳәдисте «Ең дәслеп анаңды, оннан кейин анаңды ҳәм оннан кейин де анаңды ҳүрметле» делингенин есапқа алып, мақаламыз тийкарынан Тилеỹберген шайыр ҳаққында болса да, усы Орынбасқан жеңгей ҳаққында азғана айтпақшыман.
Бабамыз Әл-Беруний адам бахытлы болыỹы ушын ең тийкарғы үш нәрсени айрықша көрсетип кеткен болса, соның екиншиси – ер жеткеннен кейин өзиңе ылайық жупты таỹып турмыс қурыỹ екен. Усы жағынан қарағанда Тилеỹберген ағаның Аллатаала инам еткен ҳақыйқый шайырлығынан кейинги бахты усы Орынбасқан жеңгей еди.
Шайырды, жазыỹшыны, актёрды, қулласы, нағыз талант ийелерин мәжилислерде, сахнада көрип, жазғанларын оқый бер. Белгили қурылысшы Жумамурат Әбдимуратов бир шайыр менен бир-еки рет отырысқаннан кейин: «Пай аға, шығармаңды оқып, өзиң менен таныспай жүре бериỹим керек екен ғой», дегенин еситип едим. Сол айтқандай, талантлы адамлар менен күнделикли бирге жасаỹ аңсат емес.
Тилеỹберген ағаның басқалардан парқы, оның қосықларын оқып отырып, ҳадал сөзли, ақ көкирек, халқын ҳәм оның ҳәр бир адамын ҳүрметлеỹге таяр, хош минезли, дилỹар ҳәм сатирасы пәкидей адам көз алдыңа елеслесе, өзи де турмыста тап сондай, сөзи менен иси бир еди. Қолы ашық, миймандос адам еди. Шәкиртлериниң бир қатары жол бойынша ишкени азлық етип, «кишеме сәлемге киятырмыз» деп кирип келгениниң артында не бар екенин сезсе де, билмегендей болып, олардың да басына «қатық қуйып» жиберетуғын кеңлиги бар еди.
Жеңгемиз де, перзентлери де әкесиниң күтилмеген ỹақта бир топар қонақты ертип келип қалатуғынына көнлигип кеткен. өзим талай мәртебе, атақлы бақсы Генжебай Тилеỹмуратовтың азанда келип таң атқанша гә саз, гә сәỹбет пенен, ал академик художник Жолдасбек Қуттымуратовтың қонып қалып, азанға дейин шахмат ойнап қалғанларын көргенмен.
366000
Қарақалпақ жасларының гештеклери хаққында Тилеуберген шайырдың айтқаны:

Билесиз ғой, қарақалпақ дəстүрин,
Қыз-жигитлер жыйналысар кешқурын.
Бəйит, жуўап, ойын-күлки, бəз-байрам,
Пəренжисин көрген емес ескиниң.

Адам улын өзинен жат санамас,
Қул да болса отырады аралас,
Мейли төре, мейли жарлы, мейли бай,
Ҳеш бириниң дəрежесин сорамас.

Алды менен қəдирлейди ағаны,
Мейли, оның жыртық болсын шапаны,
Жасы киши отырады сүўреттей,
Рухсатсыз қыймылдамай табаны.

Қонақ келсе есапланар уллырақ,
Мейли төре, мейли болсын қул, бирақ,
Иззет пенен орын берер төринен,
Хызметинде пəйик болар қулдырап.

Қыз-жигитлер отырыпты сап тартып,
Жеңгелери жигитлерге шəрт айтып,
Жилўа менен пинҳамы сөз қозғайды,
Ишки сырын ҳəзил менен ақтарып.

Сөз  таппаса, қозғастырып қыйнайды,
Ҳəлин билсе, масқараға қыймайды.
«Шырп» еттирип айтып қойыў бийўаж гəп,
Отырыспаның қəдесине сыймайды.

Жигитлери ғаздай қатар дизилип,
Қызлар отыр қаршығадай сызылып,
Түргеп келип кесе берсе арыўлар,
Мийман кеўили көтерилер қызығып.

Ишип қонақ көтермекте кесесин,
Күлим қағып, еплеп басып өкшесин,
Гөззал алып кейин қарап жылыслап,
Тик қадалып келтирмекте нəшесин.

Сөз айтылмас берилгенше гезеги,
(Гей жасларды дүзейтуғын тез еди).
Қуўқыл сөзли, өр минезли тентекти,
Дəлкек күлки балғасында езеди.

Адамшылық ушын кетти жарыспақ,
Үлкен айып-ерегиспек, тарыспақ,
Отырыспа ҳəр биреўдиң минезин,
Өлшеп қояр бармақ пенен қарыслап.
----------
Тилеуберген Жумамуратов. "Отырыспа" деп аталған Аббаз шайырға арналған поэмасынан үзинди.
4380013
СОНЕТ

— Тлеуберген, ты был такой пригожий!
Что ж ныне сталось? — Выцвел, полинял...
Чтоб седину весь мир увидел божий,
С меня шутник и шапку снял — нахал!..

Ну что ж! Цветы весенние — как пламя.
А в осень — красок им не сохранить.
Не вечна красота. Поймите сами,
В том некого и некому винить.

Судьба цветка — не длинная дорога.
Расцвел, созрел, увял... А смысл в одном:
Поникнув, он семян оставит много,
И по весне — опять цветы кругом.

Былую красоту, что тронул иней,
Вновь обретаю в дочери и в сыне.

ТЛЕУБЕРГЕН ЖУМАМУРАТОВ.
Перевод Г. Ярославцева.
746005
КӘКІМБЕК САЛЫҚОВ
Қазақ ақыны
---------
АСЫЛ АҒА
Тілеуберген Жұмамұратовқа
-------------------------
Алтынға ат тақпаймын қалайы, деп,
Дүлдүлді кемітпеймін, жабайы деп.
Тілеуберген ақынды мен айтарем,
Қарақалпақ халқының Абайы деп.
---------------------------------
Беу, ажал!
Ойлашы, кімді әкеттің?!
Нәр тұлғалы ақын-дария пірді әкеттің.
Ту ұстар тарлан мінез тарланды алдың,
Шәңкилдек туын жықпай бір шәпеттің.
-----------------------------------
Ер еді жаны құрбан ел дегенде,
Өмірін нұрлы, сырлы берді өлеңге.
Шіркін-ай, үлкейсе де ұқсаушы еді,
Тұлпарға шауып шыққан зор белеңге.
---------------------------
Дауылпаз алқа топта саңқылдаған,
Сол еді-ау қыран мінез қарқынды адам.
Мәрт ақын -
Сертті жерде айтқан сөзден,
Найзағай дәл түссе де тартынбаған.
----------------------------------
Бойында сарқылмайтын қызу бар ма?!
Құмарта қараушы еді сұлуларға,
Жасырмас сезім сырын, ол ақын ғой,
Шыдамас жарқ еткенге бұрылмауға.
---------------------------
Үстінде жыл белгісі сары көйлек,
Тұрғаны қызық еді-ау, қызып сөйлеп.
Тілдің шетін тигізетін жері қандай,
Бір шетін кең жалғанның бұзып сөйлеп.
------------------------------
Ол сезді өзге жұрттың сезбегенін,
Сондықтан өтті өмірден көрмей тыным.
Өлді деп Тілеу аға аузым бармас,
Артында сөз қалды ғой өлмейтуғын.
-----
1990-жыл.
-------
Қосық дереги:
Кәкимбек Салықов. «Көкжийекке тартқан көш» атлы жыр китабы.
(Алматы, «Жазыӯшы» 1997, 110-бет).
8430012
Егин тәрбиясы бастан болады,
Адамға тәрбия жастан қонады.
Қараўсыз егиннен ҳеш ҳасыл күтпе,
Тәрбиясыз бала душпан болады.

        Тилеўберген Жумамуратов.
2,5200027
АТЛАР

Кузовына ат тийелген машина,
Жол бойында гидирмекте, қараңлар! -
Дегеннен соң мен де бардым қасына,
Аянышта ғаўырласты адамлар.

Бири бийе, биреўлери тай шығар,
Деп қарадым жәниӯарлар көркине.
Анаӯ бири қайшы қулақ байшубар,
Зытқыр еди жибергенде еркине.

Мынаӯ бири қайшы қулақ көк дөнен,
Гөруғлының ғыйратына усаттым.
Сары ғунан үш жасына жетпеген,
Қурығына илинипти дузақтың.

Анаӯ мәрт Қобланның торы тайындай,
Айтөбелли маңлайында қасқасы,
Талпынып кийиктиң қуралайындай,
Мөлдир көзлер жалтылдап тур хошласып.

Бәриниң негизи ушқыр аргыымак,
Озып шыққан талай-талай айлаӯдан,
Қыйын емес машинадан ғарғымақ,
Әттең бирақ, аяқ -қолы байланған.

Атты қанша қәдирлеген қаракең ...
Анаў бир, жылқының ақ боз реңи.
Түрли-түрли жайсаңлары бар екен,
Әне, Нурлыбайдың бала гүреңи!

Ақ баслы ер, қос сийнебент тағынып,
Мәрт жигитлер отырғанда үстинде,
Ескен желдей кетер еди ағылып,
Айлық жолды асып түсип үш күнде.

Қызлар минип бөгенекли арбаға,
Гүмис яңлы сыңқылдасып күлискен.
Биреўлер мингесип сәмен жорғаға,
Ҳайтта, тойда сайран етип жүрискен.

Қас жүйриктиң тулпар деген аты бар,
Мерекеде үлкен топты айырған.
Жүйрик минип жаў қайтарған батырлар,
Дәстанларын көп оқыған шайырман.

Даўыл турып, булт жаңбырын ақтарды ...
Машинасы жүрип кетти селкилдеп.
Көп жаўратты кузовтағы атларды,
Жал қуйрықлар дирилдеди желкилдеп.

Бағып минсең, гөзлер еди Қырымды,
Бул әтирапта қызыққандай адам жоқ.
Ет комбинат дийўалына бурылды,
Машинаны қайтарыўға шамам жоқ.

Атлар түнде енип шықты түсиме ...
Биреўлери таўдан-таўға секирген.
Биреўлери жалбарынып кисиге,
Киснегени еситилди “эфирден”.

Биреўлери қашқан екен босанып,
Ушып барып ай төсине қоныпты.
Ат баққышын судқа берген Нысанов,
Жәбиргөйи прокурорға жолықты.

Ат дүбирин еситпекте қулағым,
Байшубарлар озып келген байрақтан,
Уйқысырап кроваттан қуладым,
Муңлы қыял жығырданды қайнатқан.

Бабаларым қанат етти атларды,
Ел қорғаўда алып берди жеңисин,
Мың-мың жыллар мәртлик хызмет атқарды,
Бүгин, мине, азық болды ел ушын ...

Тилеӯберген ЖУМАМУРАТОВ
1989-жыл.
1,130009
А Н А

Әй ана, билемен тилегимдесең,
Сен мениң мудамы жүрегимдесең.

Қандай көретуғын болсаң сен мени,
Мен де тап жанымдай көремен сени.

Сеннен қымбат не бар маған дүньяда,
Сен болмасаң келмек қайда дүньяға!

Балалық дәўиримди еске алайын,
Өткен өмиримди ойлап қарайын:

Бөбек болдым, бала болдым, ер жеттим.
Адам етип сениң өзиң дөреттиң.

Туўған соң қырық күннен шақақлап күлдим,
Мен күлсем, сүйсиндиң, масайрап жүрдиң.

Жыласам жубаттың, көрсең қуўандың,
Аппақ сүтлериңнен емдим де қандым.

Еркелеп турғанда қушақты аштың,
Жуўырып барғанда, баўырыңа бастың.

Қанша қыйқаңшылық етсем, шыдадың,
—Аспандағы айды бей!- деп жыладым.

Пал берсең «сүт бер!»-деп қыңырлық еттим,
Сүт берсең, «пал бер!»-деп табақты төктим.

Неше тәртипсизлик исти еттим мен,
Айыпсынбай, кеўилиме жеттиң сен.

Бәрин ҳүрмет пенен ядқа аламан,
Ойлағанда уялып та қаламан.

Уллы-киши, аға, қарындас, иним,
Бәриңде де болды мениң минезим.

Ҳәммесиниң еркелигин кеширдиң,
Әлпешледиң, мәпеледиң, өсирдиң.

Ыссыдан, суўықтан бизди сақладың,
Аналықты ҳүрмет пенен ақладың.

Өмириңниң неше-неше жылларын,
Пидә еттиң, ержетсин, деп балларым.

Жаслығымда сондай тәрбия еттиң,
Мине, бүгин адам болып ер жеттим.

Исиңди умытсам, инсан емеспен,
Тутарман ҳәмириңди, болмас демеспен.

Енди сениң шын кеўлиңе жетейин,
Ҳадал жүрек пенен хызмет етейин.

Жаным пидә ҳәр бир айтқан сөзиңе,
«Баўырым» деген сөзиң қуўат өзиме.

Егер, еркелесең, мен де шыдайын,
Жалықтым деп, ҳеш етпеймен ўайым.

Сәҳар турып, пал бер, десең, берейин,
Қайда жумсасаң да барып келейин.

Егер, тап десең де қоянның сүтин,
Сөзиңди қайтармас ҳадал перзентиң.

Әкелип бер десең де қуланның майын,
Сениң ушын ол да болады тайын.

Терең теңизлерден тап десең балық,
Кетермен, ақыры келермен алып.

Отқа жумсасаң да оннан қайтпайман,
Қулласы, мен сени ҳеш муңайтпайман.

Мениң ықтыярым сениң қолыңда,
Өлсем де ырзаман, сениң жолыңда.

Меҳрийбаным анам, жүрегим, жаным,
Анамдай қәдирдан уллы Ўатаным!
Мойнақ, 1939-жыл.
1,330002
Тилеўберген Жумамуратов Қупбатулла улы (Жуматилеў̶).
Өзбекстан халық шайыры, Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы Мәмлекетлик сыйлық лауреаты, «Халықлар Дослығы», «Ҳүрмет Белгиси» орденлери ийеси.
690000
МӘСПАМБЕТТИҢ ТҮСИ. - Тилеуберген ЖУМАМУРАТОВ.

Жыйналыс кетти ашылып,
Мәспамбет отыр ортада,
Көтерилип, басылып.
Басланыўдан жыйналыс,
Питиўине асығып.
Көпшиликтиң көзинше,
Сақланбақшы өзинше,
"Пьян"лығын жасырып.
Арқаланған адамдай,
Орынлыққа асылып.

Сақланған менен болмады,
Денесин бийлей алмады.
Урты кетти бултыйып,
Еки көзи қылтыйып.
Ерни кетти бозарып.
Бет-ажары өзгерген,
Помидордай қызарып.
Симирип ғана қаныпты,
Есинен әбден таныпты.
Шалқая берип бүгилди,
Адамлар оған тигилди.

Қурылдап атыр байқасақ,
Оянбайды шайқасақ.
Қурылдап жатып түс көрди,
Бир тамаша ис көрди:
Теңизге жылым салыпты,
Тонналап балық алыпты.
Толмай жүрген планы,
Тап сол ўақта толыпты.
Толып ғана қоймастан,
Мың процент болыпты.

Оннан да асып барады,
Кем-кемнен тасып барады,
Бир жағына жылымның,
Шийшелер түсип барады.
Шампанский, шарапқа,
Арақ пенен коньякқа,
Қумарланыйп қарады.
Оннан да ишип тояды,
Көп запас жыйнап қояды.
Тек ғана оның бир даўыс,
Нәшесин бузып барады.

Оянып кетсе, түси екен,
Мәспамбетти шалқытқан,
Ақмамбеттиң күши екен
Теңиз болып көринген,
Үлкен клубтың иши екен.
Жылым деп тартып турғаны,
Стулының мушы екен.
Нәшесин бузған бир даўыс,
Докладшы қыз екен:

- Әдетин сирә қоймайды,
Арақ ишсе, тоймайды.
Бузылысқан турмыстан,
Шығарылсын жумыстан»,-
Деп журт сөзин пикерди,
Усынысын өткерди,
Мәспамбет өзи түсинбей,
Қосыла қолын көтерди.

Тилеуберген ЖУМАМУРАТОВ.
1954-жыл.
1,2500010
Photo
#QUTLÍQLAW

Berdaq atındaǵı Qaraqalpaq mámleketlik universiteti erkin izleniwshisi Seytnazarova Injayım Erjanovnanıń 10.00.03. – Qaraqalpaq tili qánigeligi boyınsha “Tilewbergen Jumamuratov shıǵarmalarınıń lingvopoetikalıq hám stilistikalıq analizi” temasındaǵı filologiya ilimleriniń doktorı (DSc) ilimiy dárejesin alıw ushın tayarlanǵan dissertaciyasın tabıslı qorǵawı menen shın kewilden qutlıqlaymız! Berdaq atındaǵı Qaraqalpaq mámleketlik universiteti rektoratı hám fakultet jámááti.

#TABRIK

Berdaq nomidagi Qoraqalpoq davlat universiteti mustaqil izlanuvchisi Seytnazarova Injayim Erjanovnaning 10.00.03. - Qoraqalpoq tili mutaxassisligi bo‘yicha "Tilevbergen Jumamuratov asarlarining lingvopoetik va stilistik tahlili" mavzusidagi filologiya fanlari doktori (DSc) ilmiy darajasini olish uchun tayyorlangan dissertatsiyasini muvaffaqiyatli himoya qilgani bilan chin qalbdan tabriklaymiz! Berdaq nomidagi Qoraqalpoq davlat universiteti rektorati va fakultet jamoasi.

Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:

✅ https://t.me/www_karsu_uz | 🌐 https://www.instagram.com/karakalpak_state_university_?igsh=MWtndTg1b3N5YnM2cw==| 📹 https://www.youtube.com/@karsu_news | ✅ https://www.facebook.com/karsu.official
842007

Showing 30 of 31 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

Тилеўберген Жумамуратов Telegram арнасы не туралы?+

Тилеўберген Жумамуратов (@tilewbergen_jumamuratov) — tgdio сайтында Достық санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 601 жазылушы бар.

Тилеўберген Жумамуратов (@tilewbergen_jumamuratov) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @tilewbergen_jumamuratov арнасына тегін жазылыңыз.

Тилеўберген Жумамуратов жақсы Достық арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын Тилеўберген Жумамуратов рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 601 жазылушы бар. ұқсас Достық арналарымен салыстырыңыз.

Тилеўберген Жумамуратов статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @tilewbergen_jumamuratov бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.