🎶✨ «СӨЗ МҮЛКИНЕ ЖАН БЕРГЕН БАҚСЫ» ✨🎶
📍 Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Қарақалпақстан халық артисти, бақсы Турғанбай Қурбановтың 80 жыллығына бағышланған «Сөз мүлкине жан берген бақсы» атамасындағы саз-сәўбет кешеси жоқары шөлкемлескенлик пенен, көтериңки руўхта өткерилди.
🎵 Кешениң ашылыўында Турғанбай Қурбанов атқарған «Хожа бала» намасына Бердақ шайырдың сөзи менен дөретилген «Маған бер» қосығы 100 ден аслам бақсылар тәрепинен бир ўақытта атқарылды.
Бул шығарма кешеге тек көркемлик мазмун берип қоймастан, устаздан шәкиртке жеткен миллий өнер дәстүрлериниң бүгинги күндеги даўамын да көрсетти.
🎵 Кешеде Турғанбай Қурбановтың өмир жолы хәм дөретиўшилик хызмети хаққында пикирлер билдирилди.
🎤 Кешени кирис сөз бенен музей директоры Ш.Пайзуллаева ашып берди.
🎙️ Өзбекстан халық бақсысы Т.Қәллиев «Турғанбай Қурбанов – инсанның ылайықлы өмир жолы» темасында сөз сөйлеп, устазының инсаныйлық қәсийетлери ҳәм дөретиўшилик усыллары ҳаққында айтып өтти.
Сондай-ақ, Нөкис қалалық «Нураный» қорының баслығы. К.Қәлендеров, Өзбекстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген көркем-өнер ғайраткери Қ.Зәретдинов, Нөкис районы Нураный қорының баслығы Ж.Қайыпов шығып сөйледи.
🎶 Қарақалпақстан халық бақсысы Г.Алламбергенова хәм басқа да бир қатар жас бақсылар тәрепинен қосықлар атқарылды.
📖 Турғанбай Қурбанов 1946-жылы Шымбай районында туўылған. Бақсышылық жолында атақлы бақсы Генжебай Тилеўмуратовтан пәтия алып, соң өзи де көплеген бақсыларға устазлық етти. 🎓 Ол музыка оқытыўшысы, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң доценти сыпатында жас әўладты тәрбиялаўға да өз үлесин қосты.
🌍 Т.Қурбанов миллий бақсышылық өнеримизди Россия, Украина, Франция, Голландия, Белгия, Қазақстан ҳәм басқа да мәмлекетлерде таныстырды.
🏅 Көп жыллық пидәйы мийнетлери нәтийжесинде «Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист» ҳәм «Қарақалпақстан халық артисти» атақлары менен сыйлықланды.
Telegram|
Instagram|
Facebook|
Youtube