Алым Сейтекли Telegram channel photo

Алым Сейтекли

@alimseytekliPublic Channel

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Әлимбай Сейтековтың дөретиўшилиги усы каналда

677

Last views

111 (111 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
10
Total Posts
Oct 17, 2026, 5:42 AM
Жаңартылған
Apr 24, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameАлым Сейтекли
Username@alimseytekli
CategoryКорей драмалары (K-Drama)
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер111
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 24 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 5 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#191306-375
Тіл бойынша рейтинг
#233-2
Санат бойынша рейтинг
#1960-4

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 11130 Days growth: +00%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:2026111
19:09:2026111
20:09:2026111
21:09:2026111
22:09:2026111
23:09:2026111
24:09:2026111
25:09:2026111
26:09:2026111
27:09:2026111
28:09:2026111
29:09:2026111
30:09:2026111
01:10:2026111
02:10:2026111
03:10:2026111
04:10:2026111
05:10:2026111
06:10:2026111
07:10:2026111
08:10:2026111
09:10:2026111
10:10:2026111
11:10:2026111
12:10:2026111
13:10:2026111
14:10:2026111
15:10:2026111
16:10:2026111
17:10:2026111
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 20:04:2026122
Week of 27:04:2026122
Week of 04:05:2026123
Week of 11:05:2026123
Week of 18:05:2026123
Week of 25:05:2026123
Week of 01:06:2026123
Week of 08:06:2026123
Week of 15:06:2026123
Week of 22:06:2026123
Week of 29:06:2026123
Week of 06:07:2026116
Week of 13:07:2026116
Week of 20:07:2026116
Week of 27:07:2026116
Week of 03:08:2026116
Week of 10:08:2026116
Week of 17:08:2026114
Week of 24:08:2026114
Week of 31:08:2026113
Week of 07:09:2026111
Week of 14:09:2026111
Week of 21:09:2026111
Week of 28:09:2026111
Week of 05:10:2026111
Week of 12:10:2026111
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 2026122
May 2026123
June 2026123
July 2026116
August 2026114
September 2026111
October 2026111
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
2026111

Соңғы посттар

Алым Сейтекли logo
Алым Сейтекли

2026 ж. 04 қыр., 11:51

ТАНЫМАДЫҢ БА ?

Мине бүгин ушырастық тосыннан,
Бир нәзер салмадың танымадың ба ?
Дым ғана бийпәрўа өттиң тусымнан,
Әзийзим сен мени танымадың ба ?

Жүректе муҳаббет ышқы кернеген,
Хатлар жазып сирә тыным бермеген,
«Үсен жап» бойынан төте жол менен,
Келетин жигитти танымадың ба ?

Муҳабеттиң салдаўында айдалған,
Дәртли кеўли жалықпастан ойлаўдан,
«Тоғыз үй» тәрептен, арғы жайлаўдан,
Келген сол жигитти танымадың ба ?

Қуяш қызылланып геўгим тартқанда,
Садық гүзетшиңдей айлы ақшамда,
Түнги аязларда, қысқы тоқсанда,
Жүрген Ғәрийбиңди танымадың ба ?

Сылтаў таўып сен таманға келгишлей,
Түрли бәне менен жүрген ергишлей,
«Ләйлитүл-қәдир»ди күткен дәрўиштей,
Күткен бийшараны танымадың ба ?

Аўылыңа желдирип буўрыл жорғаны,
Өзиңди бир көриў жалғыз әрманы,
Қызылланып муҳабеттиң қырманы,
Бос қалған ашықты танымадың ба ?

«Шоқ тораңғыл» бетте жаслығы қалған,
Өтмиштен бир мәўрит қағазға салған,
Шерек әсир аслам ышқыңда жанған,
Алым Сейтеклини танымадың ба ?

Нөкис - 2005 жыл
677009
Алым Сейтекли logo
Алым Сейтекли

2026 ж. 04 қыр., 11:51

Туўымсаң
(Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик байрағының 30 жыллығына арнайман)

Мийрас қалмасаңда Адам-атадан,
Тәғдийр сени еншимизге атаған.
Суверенли Қарақалпақстан байрағы,
Таўарың бар жүрек деген матадан.

Байрақлар көп дүнья бойлап таралған.
Табыс пенен, байлық пенен оралған.
Оларға да қарасамда сүйсинип,
Сен жаныма дым жақынсан олардан.

Көп наймытлар ҳәррийтип кең танаўын,
Жоқ қылмақшы болды жоқтай сораўың,
Перзентлерин сени көкке көтерди,
Соннан болар көп еллерге тараўың.

Ел тәғдийри болғанында гүмилжи,
Әўладларың пайтахт таман ығылды.
Ўатан сатқынлары шетлеп турғанда,
Сениң уллылығың әбден билинди.

Жалаўым, туўымсаң, байрақ бир атың,
Үш белгиңғой елди Ўатан қылатын.
Сени аларда жанын пида еттиғой,
Садық улың Аралбаев Маратың.

Елим тыныш абат аўыл-аймағым,
Қутлы болсын 30-жыллық байрамың.
Желбирей бергейсен мәңги бәлентте,
Бес жулдызлы сары жолақ байрағым
14.12.2022 жыл Нөкис
1,190007
Алым Сейтекли logo
Алым Сейтекли

2026 ж. 04 қыр., 11:51

————-(2)——————-
Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Қазаяқлы Өтеш батыр,
Өзи салдырған қорғанда,
Мәңги тыныс алып жатыр.
«Қаңлы жап»тың жағасында,
Ярым ақшам шамасында,
Ийнине «дүпен» асынған,
Душпан бастырып тосыннан,
Аўыл иши азан – қазан,
Бенде келер емес аман.
«Дөңгелек көл» әтирапы,
Бул ҳәм яўмыт патыраты,
Өтеш батыр келди жетип,
Жаўдың оң жағына өтип,
«Алла» деп қылыш сермеди,
Зорлыққа көнер ермеди,
Сол саўашта жанын берди,
Өз халқын жаўға бермеди,
Жаў көрсе қозып әрўағы,
Усылайынша ел қорғады,
Жалғыз өзи жүзге татыр,
Келе бермес бундай батыр,
Ҳүр Ўатанның топырағы,
Баўырына алып жатыр.

Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Қоңыратлы Ырғақлыдан,
Алпамыстай Султан туўған,
Нағыз мәртлик жолын қуўған,
Байсынның таўын жағалап,
Қонғанда сан мың шаңарақ,
Душпан алғанда мазасын,
Жаўдың тарттырып жазасын,
Атланғанда жаў «Қалмақ»қа,
Қалмақтың жанын алмаққа,
Айланды аты аңызға,
Жыраў жырлар қыл қобызда.

Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Буннан басқа батыр азба ?
Бәрин салмадым қағазға,
Айта – алмадым атпа – ат,
Ахырлары болғай абат,
Қорғап саҳра далаларын,
Сыйынарым кәбаларым,
Ана - Ўатан аясында,
Мәңги тыныс алып жатыр,
Мениң батыр бабаларым.
Ҳәмме дүньяның мийманы,
Жолдасы болғай ийманы,
Зәрре бағыш әйлеп Ийем,
Жәннет болғай жатқан жайы,
Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри.

Нөкис – 1990 жыл.
7230012
Алым Сейтекли logo
Алым Сейтекли

2026 ж. 04 қыр., 11:51

ҚАРАҚАЛПАҚ БАТЫРЛАРЫ
(Бердақ жолына)

Баҳадуры бардур,
Йузгә сәрә – сәр,
Қудадан өзгегәдән,
Етмес қәўәтәр.
Әжинияз

Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Ели ушын ерек туўған,
Баҳадырлық жолын қуўған,
Қарсы жаўын талқан етип,
Көкирегин қалқан етип,
Мәңгилик жанған жалындай,
Қаҳарманлық тымсалындай,
Ана - Ўатан топырағында,
Шейит болып жатыр бәри.

Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Ҳәм Мәғриптен, ҳәм Мәшриптен,
Әмири Бухарый – Шарифтен,
Көрикли Самарқанд сайқалы,
Хорезм, Хийўа, Қоқаны,
Дәшти - Қыпшақ Ноғай ханы,
Ата журты Түркистаны,
Жаў жағының өр бетинде,
Патшалықтың хызметинде,
Садық болып қалды бәри.

Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Қара - Қыпшақ Туяқлыдан,
Мәрт баҳадыр Қоблан туўған,
Саўыт кийип Ақ маңғыттан,
Ер Едиге Әмир шыққан,
Басқарып Ноғай Орданы,
Жылаўында Қырым ханы,
Бир нешше жыл дәўран сүрди,
Қубла болып төрт таманы,
Кимдур буған гүман қылса,
Ашып көрсин жылнаманы.

Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Қоңыратлы Қолдаўлыдан,
Ашамайлы Сандаўлыдан,
Нөкер тартып атланғанда,
Ойын қурып мәрт – майданда,
Айдос, Бегис, Мыржық өтти,
Берген Аллам қүдретти,
Найзасының ушы менен,
Билегиниң күши менен,
Хорезмди титиретти,
Ол күнлер келмеске кетти.

Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Мың баланы жаў алғанда,
Ел – халқы шуўлап қалғанда,
Хожаназар батыр бас болып,
Әҳли яўмытқа қас болып,
Яд етип Қәдир Алланы,
Душпанға салып саўданы,
Мың баланы алып қайтты,
Жаўға ўайран салып қайтты,
Қарақалпақтың алды кегин,
Ашамайлы билсең тегин.

Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Қаңлыдан шыққан Төлеген,
Өзи ҳасылдан дөреген,
Ақыллы ҳәм сиятсатшыл,
Батыр болды дым көреген,
Қорғап Хорезм, Хийўаны,
Ис етпеди ҳеш биймәни,
Патшалыққа етип хызмет,
Хан ҳәзиреттен көрген ҳүрмет.

Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Алакөзли мәрт Ерназар,
Бул Туранның ойпатында,
Батырлықта кимлер озар,
Ҳақыйқатты қуран етип,
Еркинликти уран етип,
Халық ушын шаўды намысқа,
Уллы нийет атланыста,
Оны сатқын жазым етти,
Бул қайғылы ўақыяны,
Уллы Бердақ жазып өтти.

Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Айтсам батыр Ескенени,
Киятыр десе Ескене,
Жаўдың жаны сескенеди,
Елим деген батырларды,
Туўған халқы хош көреди,
Қуралланып саўыт кийип,
Атланғанда «Я ҳақ»,- дейип,
Душпан аман кеткен емес,
Оннан батыр өткен емес.

Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Аралбайлы батыр Марқабай,
Жаў майданнан қайтқан емес,
Урыста шери тарқамай,
Қоңыратқа жаў шапқанда,
Тыныш халықты шуўлатқанда,
Бийбастақлық бундай исти,
Батыр жаны унатқанба ?
Тез ертлеп жүрмел жорғаны,
Халықтың болып қорғаны,
Қапталында баҳадырлар,
Үстинде саўыт сайманы,
Жаўдың басын бурып қайтты,
Қарсыларын қырып қайтты.

Қарақалпақ батырлары,
Бири мыңға татыр бәри,
Перзенти Ийшан қаланың,
Нәзери түскен Қуданың,
Ахун Муфтий Уламасы,
Аллаға жеткен наласы,
Иймам ийшан түп сағасы,
Асынып қарыў жарақты,
Қырық мың үйли шаңарақты,
Алпыс үш күнлик қамалда,
Халықты сақлаған аманда,
Айтар едим Ханмақсымды,
Бундай батыр ҳәзиретке,
Алмаспайман сан мақсымды,
Усы бүгин бер мақсымды,
Әўлийелердиң кәраматы,
Жақсылардың шарапаты,
Батырлықтың үлгиси боп,
Мәңгиликке қалды аты.
628006
Алым Сейтекли logo
Алым Сейтекли

2026 ж. 04 қыр., 11:51

Гимн жаңлар Қарақалпақ тилинде

Инсанды ҳайўаннан тил қылды жүда,
Уллы шайыр жазған түркий тилинде.
Бизди ҳәм жаратқан ол қәдир Қуда,
Сөйлесин деп қарақалпақ тилинде.

Түп тийкары түркий, қыпшақ шеўасы,
Арқалаған әсирлердиң жүгин де.
Жаңғырғандай бәрҳа өтмиш сазасы,
Ески түркий қарақалпақ тилинде.

Ооў жапакеш халқым, қарақалпағым,
Еле жапа шекпектесен бүгин де.
Басыңнан шешилмей матам қалпағың,
Сарсыласаң қарақалпақ тилинде.

Тыңлайғойсаң қыл ғобыздың намасын,
Тарийх сөйлер қулағыңның түбинде.
Сыпыра жыраў, Асан қайғы наласы,
Еситилер қарақалпақ тилинде.

Гезип қазақ, башқурт, ноғай даласын,
Қолында дуўтары, сөзи тилинде.
Молла Зийўар шертип ышқы наласын,
Сөзлер ашқан қарақалпақ тилинде.

Бир Алладан сорап халқының бахтын,
Тилеклер тилеген күни-түнинде.
Сөз бенен титретти ханлардың тахтын,
Уллы Бердақ қарақалпақ тилинде.

Еллерге жеткенде ҳүррият заман,
Халық тағдийри мингенинде ийинге,
Сөз алып сөйледи Аллаяр бабам,
Ўатан сорап қарақалпақ тилинде.

Хан заманы қылышынан қан тамған,
Бабаларым кескен дардың жибин де.
Ханға қарсы Айдос, Ережеп бабам,
Жуўап урған қарақалпақ тилинде.

Сатқынлық-ҳийлелик, аўзы алалық,
Ерназарды жазым еткен түнинде.
Улынан айрылған Қумар аналық,
Жоқлаў айтқан қарақалпақ тилинде.

Уйқысын төрт бөлип түнде оянып,
Аналар отырар бесик түбинде.
Жипек даўыс пенен намаға салып,
Ҳәййиў айтқан қарақалпақ тилинде.

Өз тилин билмеген көтере саўлат,
Адамлар бар арамызда бүгинде.
Ондай кимселерге келешек аўлад,
Нәлет айтар қарақалпақ тилинде

Көп тиллер ишинде әзийзсең тәнҳа,
Сени қәдирлеймен ертең, бүгин де.
Алым Сейтеклидур улыңман бәрҳа,
Сөйлеп жүрген қарақалпақ тилинде.

Ана тилим, түркий тилимсен таза,
Сен мәңги жасайсаң жердиң жүзинде.
Ўатан жүрегинен жаңғырған саза,
Гимн жаңлар қарақалпақ тилинде.

Нөкис 1-декабрь 2021
1,7600011
Алым Сейтекли logo
Алым Сейтекли

2026 ж. 04 қыр., 11:51

ТАТЛЫ ТУЙҒЫ

Қыялым илесип жүйрик самалға,
Барғым келер «Шоқ тораңғыл» таманға,
Онда қалды бир хошүрей арыў қыз,
Қолаң шашы желкилдеген самалда.

Онда қалды муҳабеттиң сөзлери,
Онда қалды әрманлардың дизбеги,
Онда қалды сулыўлықтың тымсалы,
Қалды саҳибжамал айдай жүзлери.

Онда қалды жаслықтағы дәртлерим,
Қалаберди-аў айтылмаған гәплерим,
Туңғыш қәлем алып пәк сезим менен,
Ышқы толы питпей қалған дәптерим.

Оны еслесем қыс күним де жаз маған,
Көрсем кеўил сарайымда қозғалаң,
Дарайыдан пишкен ҳасыл кийимдей,
Оған болған муҳаббетим тозбаған.

Өтти бәҳәр. Есер гүзги ызғырық,
Өмир жолын қыс таманға бурғызып,
Елеберин сол бойжеткен түске енип,
Азап берер түн уйқымнан турғызып.

Олсыз өттим бул өмирдиң жолларын,
Үмит пенен атты қанша таңларым,
Егер оған көше-күйде гезлессем,
Зыңң… етеди жүректеги тарларым.

Кетсектағы жетегинде өзгениң,
Еле татлы сезимлерден безбедим,
Оны көрсем той-мереке жыйында,
Баяғыдай қадалады көзлерим.

Елиў жасты келсемдағы еңселеп,
Сырларымды шашқым келер төкпелеп,
Сол асаў қыз мыйық тартса сәл ғана,
Кетким келер мен соңынан ентелеп.

«Шоқ тораңғыл» мениң әзийз аўылым,
Сенде өтти ең әндамлы дәўирим,
Ышқысында жанып өтиў сол қыздың,
Пешанама жазған екен тәңирим.

Нөкис 2007 жыл
606004
Алым Сейтекли logo
Алым Сейтекли

2026 ж. 04 қыр., 11:51

Қарақалпақстан деген атыңнан сениң.

Халқым жүрек сөзлеримди арнайман,
Не бар маған қымбат бахтыңнан сениң.
Өзиң деп сайраған пошша торғайман,
Ығбалың, дәўлетиң, даңқыңнан сениң.

Әўелҳә көриндиң тарийх басында,
Арпалыслы Түрк-қаҳанат тусында.
Орхон-Енесейдиң ески тасында,
Түркий тилде биткен хатыңнан сениң.

Уруў-уруў еллериң бар көп тәреп,
Олда ҳасылзадалықтан бир дерек.
Шайырлар жырлаған сен бир байтерек,
Шығысың, нәсилиң ҳаслыңнан сениң.

Бабаларым қайтқан емес жаўынан,
Бизлерди деп кешкен ҳәтте жанынан,
Тири шыққан тәғдийр дигирманынан,
Душпанға ийилмес басыңнан сениң.

Дүньяда ҳәммеден саўал алынса,
Гүнасы саўабы сынға салынса,
Инсаныйлық есап-санақ қылынса,
Тәрезини басқан тасыңнан сениң.

Алымларың мағрыйпетли көреген,
Әулийелериң ҳақтан ийман тилеген.
Қәбирине жолбарыслар түнеген,
Ийман-инсап ықтықатыңнан сениң.

Кемтар суўлы Әмиў, Жайҳун бурынғы,
Ишкирнелер байлап қуртты суўыңды.
Сонда да бәлентте туттың туўыңды,
Ярым ханлық, тажы тахтыңнан сениң.

Мийман келсе аўыл болып жыйылып,
Хызметинде болдың пирдей сыйынып.
Келинлериң табақ алар ийилип,
Баба мийрас дәстүр салтыңнан сениң.

Дәстүрханға бар бисатың қойылған,
Жомартшылық, мәртлигиңе қайылман.
Досқа да, қасқа да, теңдей жайылған,
Уллы нағмет дузың асыңнан сениң.

Өзиңде туўылып камалға келген,
Өзге журтты Ўатан тутып жүгинген.
Кимселер көп ақ дузыңа түпирген,
Бәрине шыдаған басыңнан сениң.

Ким жырламас туўып өскен мәкәнин,
Булбил қус сүйеди гүлли бостанын.
Бул жердиң үстинде жалғыз Ўатаным,
Қарақалпақ деген халқыңнан сениң.

Перзентлик сөзлерим болмағай ада,
Өзиң барда хасла болмайман гәда.
Алым Сейтеклидур саған жан пидә,
Қарақалпақстан деген атыңнан сениң!

Март 2020 жыл
Алым Сейтекли
8570011
Алым Сейтекли logo
Алым Сейтекли

2026 ж. 04 қыр., 11:51

ӨЗИҢ ЕКЕНСЕН!

Сен кеттиң, аўылдың сәни қалмады,
Өткен күнлеримде мәни қалмады,
Даўасыз, илажсыз ғарийп-қәстедей,
Ишкен асларымның дәми қалмады,
Өмиримниң мәниси өзиң екенсең.

Сен кеттиң суўларда тынып қалғандай,
Әтирап қулазып жымып қалғандай,
Жүрегимде астан-кестен қобалжыў,
Пүткил төзимлерим қурып қалғандай,
Кеўлимизде орнаған төзим екенсең.

Сен кеттиң үмитлер енди пуш яңлы,
Дым қысқа татлы бир көрген түс яңлы,
Гүзде ушпай қалған жалғыз тырнадай,
Жасарман қунысып алдым қыс яңлы,
Қәлбимди жылытар жазым екенсең!

Сен кеттиң, қосықлар жаңларма енди,
Дәртли намалардан тыңларман енди,
Ишки сырларымды кимлер түсинер ?
Мен байқусты бенде аңларма енди,
Сен өзин илхамым, сазым екенсең.

Сен кеттиң, аўылда балалық қалды,
Хошласалмай муңлы қабарып қалды,
Әлле неге үмидуўар көзлерим,
Жолларыңа мәңги қадалып қалды,
Дүньяда барлығым өзин екенсең!

Нөкис – 2008 жыл.
6100013
Алым Сейтекли logo
Алым Сейтекли

2026 ж. 04 қыр., 11:51

Қайырлы таң, Қарақалпақстаным!

Ана жер оянып, түнги тыныстан,
Қулан ийек таңлар атты шығыстан.
Өзиң аман болсаң әлем гүлистан,
Қуяшлы елимсең нурлы бостаным,
Қайырлы таң, Қарақалпақстаным!

Мийнетиңнен алтын өнген жериңнен,
Несибеңди шөпшеп маңлай териңнен.
Мийман келсе жай таярлап төриңнен,
Жомарт елим, досқа қушақ ашқаным,
Қайырлы таң, Қарақалпақстаным!

Топырағыңда бабалардың даңқы бар,
Оны тапталаўға кимниң ҳақы бар?
Байрағың бәлентте, гимниң жаңғырар,
Ырсқың пүтин, дәстүрханда ас-наның,
Қайырлы таң Қарақалпақстаным!

Сениң үйренилмеген тарыйыхларың бар,
Тилге тийек етер тәрийплериң бар.
Тағдийр ойынында кемтиклериң бар,
Мениң әзийз елим, тилде дәстаным,
Қайырлы таң, Қарақалпақстаным!

Тек өзиңе арналған жүрек сөзлерим,
Сенде өтер ең әндамлы демлерим.
Керек емес тас қаласы өзгениң.
Тилегим сол ашық болғай аспаның,
Қайырлы таң, Қарақалпақстаным!

Әйгәпир минезиң, қайсарлығыңды,
Сөз келсе қыпсырмай айтарлығыңды.
Биреў ерси көрсе, биреў уғынды.
Жасап келдиң кеўлин бағып басқаның,
Қайырлы таң, Қарақалпақстаным!

Жазылған тарийхлар шәлкем-шалыслаў,
Көпшилиги ҳақыйқаттан алыслаў.
Ҳәр ким көмешине тартып талқылар,
Керек пе сол лап тарийхы басқаның,
Қайырлы таң, Қарақалпақстаным!

Шайырлар жырлаған сен бир байтерек,
Әжайып диярсаң еллерден ерек.
Өзиңсиз бул дүнья кимлерге керек?!
Бул жердиң үстинде жалғыз Ўатаным,
Қайырлы таң, Қарақалпақстаным!

Алым Сейтекли

14.11.2024-жыл
3,4800013

Showing 10 of 10 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

Алым Сейтекли Telegram арнасы не туралы?+

Алым Сейтекли (@alimseytekli) — tgdio сайтында Корей драмалары (K-Drama) санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 111 жазылушы бар.

Алым Сейтекли (@alimseytekli) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @alimseytekli арнасына тегін жазылыңыз.

Алым Сейтекли жақсы Корей драмалары (K-Drama) арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын Алым Сейтекли рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 111 жазылушы бар. ұқсас Корей драмалары (K-Drama) арналарымен салыстырыңыз.

Алым Сейтекли статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @alimseytekli бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.