Аллаяр Дарменов Telegram channel photo

Аллаяр Дарменов

@allayar_darmenovPublic Channel

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы. Қарақалпақ, қаңлы. Балалар каналым: @Allayar_bala Байланыс: @AllayarDarmen Топар: t.me/AllayarDarmenov Инстаграм: https://instagram.com/allayardarmenov?utm_medium=copy_link

OnlyFansқазақ тіліҚазақстан

433

Last views

1k (1,020 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
24
Total Posts
Oct 17, 2026, 5:43 AM
Жаңартылған
Apr 24, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameАллаяр Дарменов
Username@allayar_darmenov
CategoryOnlyFans
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер1,020
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 24 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 6 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#249339-110
Тіл бойынша рейтинг
#290-1
Санат бойынша рейтинг
#6670+1

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 1.0K30 Days growth: -60.6%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:20261,026
19:09:20261,019
20:09:20261,019
21:09:20261,019
22:09:20261,019
23:09:20261,019
24:09:20261,019
25:09:20261,019
26:09:20261,019
27:09:20261,019
28:09:20261,019
29:09:20261,019
30:09:20261,019
01:10:20261,019
02:10:20261,019
03:10:20261,019
04:10:20261,019
05:10:20261,019
06:10:20261,019
07:10:20261,019
08:10:20261,019
09:10:20261,019
10:10:20261,019
11:10:20261,019
12:10:20261,019
13:10:20261,019
14:10:20261,019
15:10:20261,019
16:10:20261,019
17:10:20261,020
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 20:04:20261,119
Week of 27:04:20261,119
Week of 04:05:20261,101
Week of 11:05:20261,101
Week of 18:05:20261,101
Week of 25:05:20261,101
Week of 01:06:20261,101
Week of 08:06:20261,101
Week of 15:06:20261,101
Week of 22:06:20261,101
Week of 29:06:20261,101
Week of 06:07:20261,057
Week of 13:07:20261,057
Week of 20:07:20261,057
Week of 27:07:20261,057
Week of 03:08:20261,057
Week of 10:08:20261,057
Week of 17:08:20261,039
Week of 24:08:20261,039
Week of 31:08:20261,029
Week of 07:09:20261,026
Week of 14:09:20261,019
Week of 21:09:20261,019
Week of 28:09:20261,019
Week of 05:10:20261,019
Week of 12:10:20261,020
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 20261,119
May 20261,101
June 20261,101
July 20261,057
August 20261,039
September 20261,019
October 20261,020
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
20261,020

Соңғы посттар

Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 08 қаз., 22:09

Photo1/2
Әдебият хожалықты баға алыўы керек. Бай қылыўы шәрт емес дә, бирақ күнделикли руўзыгершилигин тәмийинлеўи керек.

Оразбай Әбдирахманов

@Allayar_Darmenov
4330028
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 26 қыр., 23:53

Video
Солдат хаты
(Қазақстанда Каспий теңизинде оқыў-шынығыў гезинде қаза тапқан әскерлер руўҳына бағышлайман)

Мама, жоралар менен бирге едик,
Үстимизде бир кийим, бирдей етик,
Буйырса қайтамыз бир ҳәптелерден,
Уялтпа ел алдында еркелетип.

Билемен, келин излеп тентенесең,
Түсиме арыў емес сен енесең,
Ерси көрме келиниңниң алдында,
Ақлығыңа қосылып еркелесем.

Қәнекей, туўған елди гезип шықсам,
Суўға сүңгип, Каспийди кесип шықсам,
Бабам ат шаптырған мына далада,
Қайың емес, байрақ боп өсип шықсам.

Аўа, мийзан түсти, суўытты суўлар,
Билмедим, негедур жүрегим суўлар,
Көк ҳәм жер арасы саўаш майданы,
Кимге ем дәри усы соғысыўлар!?

Ўатсапта видеом бар жоллаған жаңа,
Сағынсаң жыламай қайтадан қара.
Яқшы, мийзан түсти, түспеймен суўға,
Буйырса, бир ҳәптеден қайтаман, мама…

Аллаяр Дарменов

25,26-сентябрь, 2026-жыл.


https://www.instagram.com/reel/DdwkY7-tkFe/?stkn=ZWg1eXFwbm41Zm5x

@Allayar_Darmenov
1,5000063
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 29 там., 10:19

xittoximbetovnuraddin30
Еки аяқлыда татыўым — бөлем Нуратдин мына қосығымды жасалма интеллектке айтқызыпты. Маған унап қалды.
Сизге ше?

Қайерден үй алайық?

Кел, жаным!
Айды аялайық,
Қуяшты қуўалайық,
Жулдызларға жуўырмай,
Жерден жай алайық.

Марста мәс болармыз,
Айда аш болармыз,
Әрманлап аспанды,
Жерден бос қалармыз.

Квартира, домыңды,
Жыйнап тийин, сомыңды,
Биз де үйли болармыз,
Қудай берсе жолымды.

Шөлде, қырда я таўда,
Шет елде ме, атаўда?
Қала жақта қысласақ,
Жазда жайлаў, отаўда?

Китаплардың сал бәрин,
Саламаттың медалларын,
Сыймаса бизиң атақлар,
Қалағойсын бирли-жарым.

Гөне-қоқсы тасыма,
Қызыңды ал қасыңа,
Таза үйге таза көйлек,
Әперсин апасына…

Қудайға нар тәўекел,
Гилтим қайда, таўып бер,
Балларға қарап турайын,
Сыйырыңды саўып кел…

Аллаяр Дарменов,
23.07.2026.

@Allayar_Darmenov
1,5000037
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 26 там., 20:22

Photo1/2
Бүгин Қарақалпақстан халық шайыры, Устазымыз Рустем Мусурман туўылған күн.

Рустем аға қарақалпақ шайыр-жазыўшыларын өзбек китап оқыўшыларына таныстырыўда тынымсыз мийнет ислеп киятырған зәбердес аўдармашы, талантлы шайыр, журналист. Бизиң “Айдос” қосықлар топламымызды да өзбек тилине аўдарып, баспадан шығарған еди.

Устазға узақ өмир, беккем денсаўлық тилеймиз.

Видеода: И. Юсупов мектебине имтихан ўақты. Өзбекстанның футбол бойынша жәҳән чемпионатына шыққанына арнап Рустем аға өзи жазған қосығын оқып бермекте.


@Allayar_Darmenov
1,1000019
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 23 шіл., 22:19

Photo1/2
Қайерден үй алайық?

Кел, жаным!
Айды аялайық,
Қуяшты қуўалайық,
Жулдызларға жуўырмай,
Жерден жай алайық.

Марста мәс болармыз,
Айда аш болармыз,
Әрманлап аспанды,
Жерден бос қалармыз.

Квартира, домыңды,
Жыйнап тийин, сомыңды,
Биз де үйли болармыз,
Қудай берсе жолымды.

Шөлде, қырда я таўда,
Шет елде ме, атаўда?
Қала жақта қысласақ,
Жазда жайлаў, отаўда?

Китаплардың сал бәрин,
Саламаттың медалларын,
Сыймаса бизиң атақлар,
Қалағойсын бирли-жарым.

Гөне-қоқсы тасыма,
Қызыңды ал қасыңа,
Таза үйге таза көйлек,
Әперсин апасына…

Қудайға нар тәўекел,
Гилтим қайда, таўып бер,
Балларға қарап турайын,
Сыйырыңды саўып кел…

Аллаяр Дарменов,
23.07.2026.

@Allayar_Darmenov
1,8000063
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 17 шіл., 23:46

Photo1/8
Әзербайжанның Шуша қаласында болып өтип атырған Түркий дүнья жас шайырларының ll халықаралық фестивалында Молла Панаҳ Ўағиф көкирек белгиси менен сыйлықландық.

17.07.2026.

@Allayar_Darmenov
1,8700071
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 04 шіл., 20:54

Video
#Венеция_дәптеринен

ТАСБАҚА

Бесигин жаздырар жыласа бала,
Әжел жаздырмайды қанша жулқынсақ.
Қум жағыста жансыз жатқан бийшара,
Тасбақаны тербетеди толқынсақ.

Ол уйқыда, ҳәййиў айтар көк теңиз,
Суў түбинде сайран етер түсинде.
«Кешикти ғо бала» деп гәп етпеңиз,
Турмыз бәримиз әжелдиң есинде.

Қарамы козыдай ессиз жәниўар,
Излеп те атқанды бала-шағасы.
Ақ көбик жөргекке орар толқынлар,
Венецияның өли тасбақасын.

Гөззаллық ақтарып келгенмен бунда,
Алыс Азияның қумлықларынан.
Ал тәғдир мазақлап ойнайды ол да,
Көрсетип әжелдиң сумлықларынан.

Теңиз жуўып барар басқан изимди,
Аз жасайман тасбақадан гөре мен.
Гейде мына өмирдеги өзимди
Тасбақадан сәл-ақ тәўир көремен.

Аллаяр Дарменов,
Июнь-июль, 2026.

@Allayar_Darmenov
1,9200037
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 01 мау., 10:23

БЕСИКТЕГИ БАЛАНЫҢ СӨЗИ

Айтпа маған космосыңды жаўлаған,
Мына бесигим ең бийик таў маған,
Тас төбемде ҳәййиў айтқан телефон
Эмбрионлық дәўиримнен жаў маған.

Қозып кетсе қәпелимде арқаңыз,
Қурып питер Арал түўе Арқа муз,
Көп боялған балалардың қанына
Шырайлы географиялық картаңыз.

Түс минберден, тоқтат самсам ўазыңды,
Шерт «Балашейит»те муңлы сазыңды,
Сизлер Юнисефте йошып сөйлеңлер*,
Жаў Ғазада қурсын қанлы бәзимди.

Қуяш Жерди, Жер оны айлана ма?
Қатқан теорияңды қайталама!
Маған биреў жер бетинде ҳешқашан,
Ата-ана ажыраспайды деп айта ала ма?!

Ал сорғышты, сорайман жалбарына,
Сорғышқа сүт бермеген Жаббар мына,
Бар тартылыс қушағында ананың,
Түсинбеймен Нютонның заңларына.

Бәлким дүнья, я тал бесик тарлаўды,
Үйрендим өмирди жылап жырлаўды,
Үйрендим адамға тилек тилеўди,
Үйретпеңлер маған бирақ ғарғаўды.

Аллаяр Дарменов,
29, 30.01.2025.

*UNİCEF — Жер жүзлик балаларды қорғаў шөлкеми.


@Allayar_Darmenov
10,0000045
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 27 мам., 22:03

Photo1/2
Ассалаўма әлейкум!
Қурбан ҳайыты қутлы болсын.

Байрамда ең үлкен саўғаның ең үлкен ийеси — БАЛАЛАР! Қалаберди, жақында олар өзлериниң меншик байрамына да бизлерден саўға дәме етип отырған болар.

Биз де усы келешегинен үмитимиз мол болған балаларымыз ушын қос байрамда кишигирим базарлық иследик. Буннан 13 жыл илгериде “Жеткиншек”те жәрияланған “Камаздың Тикоға айтқанлары” ертеклер дүркимин китап ҳалында қайта баспаға таярладық.

Китапты ҳәзирше өзимнен @AllayarDarmen ге байланысып ала аласыз. Несип етсе, ертеңнен китап дүканларына тарқатамыз. Баҳасы 15 мың сум.

@Allayar_Darmenov
2,0200032
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 12 мам., 14:32

Video
✨Jas shayır Allayar Darmenov "Jetkinshek" gazetasınan qálemi ısılıp shıqqan talantlı dóretiwshilerdiń biri.
Ol jaqında dóretiwshilik saparı menen Veneciyada sayaxatta boldı. "Jetkinshek" jáhánge jetelewine jáne bir márte gúwası bolǵanlıǵı haqqında óz pikirlerin bólisti.
✨Bárekella, Allayar! "Jetkinshek"ti jáhánge tanıtıwda hasla sharshamań! Sizge Alla yar bolsın!

Kanalǵa aǵza bolıw ushın:https://t.me/jetkinshek1932
1,6900044
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 24 сәу., 14:00

ҚАРЫЗДАР ТАРИЙХШЫЛАРЫМЫЗҒА АРЫЗНАМА «Бизиң тарийхшыларымыз халық алдында қарыздар. Олар қарақалпақтың нағыз тарийхын жазып берсин!» Ел ағасы Қәллибек Камаловтың ушырасыўда айтқаны.   Мен киммен? Айтың маған кимлигимди, Билсин бул дүнья мениң менлигимди,…
2,0400063
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 24 сәу., 14:00

ҚАРЫЗДАР ТАРИЙХШЫЛАРЫМЫЗҒА АРЫЗНАМА

«Бизиң тарийхшыларымыз халық алдында қарыздар. Олар қарақалпақтың нағыз тарийхын жазып берсин!»
Ел ағасы Қәллибек Камаловтың ушырасыўда айтқаны.

Мен киммен? Айтың маған кимлигимди,
Билсин бул дүнья мениң менлигимди,
Уйықлап жатса тарийхшылар бул күнде,
Сораўға тутайын мен енди кимди!?

Мениң де бар уллылыкқа таласым,
Гездик талай Дәшти – Қыпшақ даласын,
Қайта жазың жыртық «Тарийх» китабын,
«Жәҳән маған ҳәўес етип қарасын».

Бабам жазған Анасайдың битигин,
Едил таныр суў кешкен оның етигин,
Қысынасаң киси көрсе бул китап
Қурақ-қурақ, жулық-жулық бети дым.

Тарадық па туў Аттила хунлардан?
Алпамыслы алп қәўметли уллардан?
Алплығымыз отырғызбай бир жерде,
Астық па альпинист боп Алп шыңлардан?

Хабар алың Бердақ жазған «ғулпақ»тан,
«Мыздакхан», «Миздеккент» пе я «Маздакхан?»  
Салың терең кескир илим пазнасын,
Тарийхымыз шығып кетпесин таптан.

Қарақалпақпан ба, Қараалпақпан ба?
Я Мәликтен мийрас Разы ҳақпан ба?
Ең соңында төрели сөз айтыўшы,
Дәўқараевтай бир төреге жалтақпан-дә!
Қарызың көп өз халқыңнан ағалар,
Мурап болың, батыл қалды сағалар,
Тарта бермең бир арбаны ҳәр жақтан,
Бириксеңлер жыртық үй де жамалар.

Түсип кетпей гез келген жер ортадан,
Жазың бәрин баслап Адам Атадан,
Бул жерлер цивилизация ошағы,
Топыраққала, Шылпық, Аяз, Ақшахан…

Айып көрмең бул өкпемниң мәнисин,
Мен – баянлаўшы усы журт арызын,
Пүтин болар қалайынша уйқыңыз,
Өтемей турып мына елдиң қарызын!?

15.08.2020.

 Аллаяр Дарменов
3,5500056
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 24 сәу., 14:00

Photo
ЖАМҒЫР АСТЫНДАҒЫ ОЙЛАР

О жамғыр, жер менен көктиң жолдасы,
Самал тулпар, жегилер булт арбасы.
Сайлама мәўсим, силпиле де, гүркире,
Қорқақлар жаўыннан өзин қорғасын.

Тамшыла, қуй, тас жолға да, соқпаққа,
Қарама қыйналады деп батпаққа.
“Жаўын жети жиним” десер биреўлер,
Тыншымайды олар сени сотлап та.

Дәўран арғымағым алдында шаўып,
Жазғаным халықтың кеўилин таўып,
Биреўлер бар, сени хошламағандай,
Шайырларды да азмаз жатырқаўық.

Йош булағы сылдырласа таў жақта,
Тырмасаман төзим тилеп саўсаққа,
Қосық десе апасын да тыңламай
Уқсайман қашып кеткен «баўырсақ»қа…

Жамғыр айтты: Менде илҳам мол, бала,
Айқулақты аңлығандай жол қара,
Мен — қосықтың элементлик кестеси,
Менде жатыр шын шайырлық формула.

Әне гүлдирмама мылтығын оқлар,
Көк гүркиреп, мисли атылар топлар.
Жүреги барлар сүйсинеди өзиңнен,
Мәңги жабырқайды жүреги жоқлар.

Аллаяр Дарменов,
9,10-февраль, 2026.
1,8200029
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 24 сәу., 14:00

Video
MURATINO

Biziń Murat bilgish dá,
Ádeti bar bir jaman:
Ótirikti kóp júdá
Aytıwınan qorqaman.

Jalǵandı da ırastay
Isendirip taslaydı.
Oynap ayttım házil dep,
Keyin kúlip baslaydı.

Qoyıp berdim Muratqa,
«Buratino» kinosın.
Kórip bolıp bir waqta,
Basladı bılay sózin:

«Ótirikti kóp aytsam,
Murnım ósip kete me?
Onda bunday ádetti,
Búgin-aq tárk etemen!

Jaqsı jolǵa basladı,
«Altın gilt – Buratino».
Ótirikti tasladı,
Biziń úkem Muratino.


Allayar Darmenov

🐣🐣 https://t.me/Allayar_bala
1,5300035
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 24 сәу., 14:00

Photo
ҚАНДАЙ БАХЫТ!!


Быйыл 2026-жыл 1-класста оқып атырған кишкенелеримизге арналған “Ана тили” сабақлығына қосығым киргизилипти.

Алдын, 2022-жыл шыққан 3-класс “Ана тили ҳәм оқыў саўатлылығы” китабында да “Телескоп” ҳәм “Микроскоп” атлы қосықларым басылған еди.

Дөретпелерим балажанларға унаса қуўанышлыман.
Рахмет!

Жаңа каналға қосылдыңыз ба?
🐣🐣🐣 https://t.me/Allayar_bala
1,6000066
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 24 сәу., 14:00

Photo
Ассалаўма әлейкум!

Әдебиятта бүгинге шекем азлы-кем өз орнымызды табыўда БАЛАЛАР ӘДЕБИЯТЫ үлкен мектеп хызметин атқарды, атқарып киятыр да. «Жеткиншек»тен жетилгенлер қатарында болыў үлкен мәртебе! Балаларға арналған дөретпелерим ушын өз алдына канал ашыўды көп жыллардан берли кеўлиме түйип жүр едим.

Бүгин сол ойымды иске асырдым. Каналға тийкарынан өзимниң балалар ушын жазған қосық, гүрриң, ертек, тымсал ҳәм басқа да шығармаларымды салып бараман. Балалар талғамынан келип шығып басқа да қызықлы контентлер ислеўге тырысаман.

Сонлықтан, жаңа каналыма қосылып, дөретиўшилигимди, соның менен бирге балалар әдебиятын қоллап-қуўатлайсыз деген үмиттмен.

Рахмет!

Жаңа балалар каналым:
🐣🐣🐣 https://t.me/Allayar_bala
1,9700032
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 24 сәу., 14:00

Video
ҚАЛАДАН ХАТ

Мурынға көп енип шәҳәр самалы,
«Кимсең шайыр» болып кеттим шамалы,
«Контрактта оқытыўдаман баланы»
– Деп бир жүрислериң унайды, Ана.

Аўыл – Нөкис алыс емес арасы,
Жол емес жол пулы аўыр, ырасы,
Бир ай өтти, көринбес балаң қарасы,
Улың сабырыңды сынайды, Ана.

Аңсат емес оқыў, қалада жасаў,
Бунда ўақыт аты оғада асаў,
«Пул жоқ» әзелден студентке сылтаў,
Сылтаў да шынлыққа усайды, Ана.

Стипендия түссе қарызды жаппай,
Жаяў жүрдик сонша туфли шыдатпай,
Сонда да ақша сорап үйге сым қақпай
Балаң барын базар жумсайды, Ана.

Қолың нандай әзиз болған нан жаўа,
Адам Атасыз қалған Анасаң Ҳаўа,
«Сағындым, дейсең, – Сен-ше балам? – Аўа…
Балаң сағыныўға турмайды, Ана.

Аллаяр Дарменов,
2018, 2020.

Қыдырнияз Бабаниязов оқыды.

Видеоны Инстаграм бетимизге де өтип тамашаласаңыз болады: https://www.instagram.com/reel/DT5PNc4CIE6/?igsh=MTRtcnJ1dmZwcTdvaQ==
1,3700053
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 24 сәу., 14:00

Video
… О бийик дарлар, үшағаш,
Сен барда да қалмадық аш.
Басынан шоқып жарайық,
«Ғарғалар ушса қарайық,
Көздиң жасына шомыла,
Марғуланның жолына»...

Аллаяр Дарменов.
1,6000023
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 24 сәу., 14:00

ҚУЗҒЫННЫҢ ҚОСЫҒЫ

Мениң қас жаўым — бөрилер,
Мениң бас жаўым — тирилер.
Мен өликсеқумар дәрўиш,
Адам не, ҳайўан — бәри гөш!
Еркек, ҳаял, ғарры, жас па,
Адам гөши таптырмас та!
Өли арыўдың жүзинен,
Шоқысам бир-бир көзинен,
Есимнен кетпес ҳеш мениң,
Қара түсли нәрестениң,
Күтпей ашлықтан өлгенин,
Шалажан лашын тилгеним…
Бурын журт Күнге сыйынып,
Өлимтик таўда үйилип,
Жатар еди. Ал, бул күни
Ким қайғырар биз сорлыны.
Қан сасыған далам қайда?
Дүзде жатқан тағам қайда?
Тат басажақ қылышлар да,
Көз тийди-аў урысларға.
Ўаҳ, сол саўашлар, қызыл қан,
Қузғынға ашыл дастурқан,
Солар нағыз еркек еди,
Айтсаң бәри ертек енди.
Тек ТЫНЫШЛЫҚ дәркар емиш,
БМШ деген бар емиш…
Ойлағаны қам, бәри пуш,
Мен — көпти көрген ғарры қус.
Атам қузғыннан қалған сөз:
«Адам жасай алмас қырғынсыз».
Модасы көшкен мылтықтан,
Бир түймеде миллион жан.
«Атом» деп оған ат қойған,
«Қара күнге» деп ап қойған.
Бурынғыдай дар қурып,
Жүрмейди енди, жарқылық.
О бийик дарлар, үшағаш,
Сен барда да қалмадық аш.
Басынан шоқып жарайық,
«Ғарғалар ушса қарайық,
Көздиң жасына шомыла,
Марғуланның жолына».
Шеттен атар биротала,
Шайыр, алым ура толы.
Ойшылдың етин ойып жеп,
Бир заманлар тойып-ек…
Ере алмай көштен қалып,
Биреў жатты естен танып.
Бир несийбем шөлден шығар,
Бир несийбем гөрден шығар.
Ашырқасам түске енер,
Еки аяқлы өлилер.
Ҳәй сен, болажақ жемтигим,
Кеңесим саған ендиги:
Қайрақты сал қылышыңа,
Түпир анаў БМШыңа,
Қара болсаң ақларды сой,
Ақ болсаң қараға от қой.
Баўызла қозғаса жиниңди,
Бомбала кемситсе диниңди.
Тарқат оба, тырыспайды,
Саған саў жүрген жараспайды.
Сасық тышқан аўлай берип,
Жалықтым, мен саған жерик.
Урыстың оты өшпесин,
Қузғынлар тойып гөш жесин!

Аллаяр Дарменов,
9, 11- январь, 2026-жыл.
1,5800040
Аллаяр Дарменов logo
Аллаяр Дарменов

2026 ж. 24 сәу., 14:00

Photo
КӨЗ АЙДЫН! «ЖЫРДӘРЬЯ» ЖАРЫҚ КӨРДИ!

Көптен берли баспаға таярлап атырған қосықлар топламымыз «Жырдәрья» бүгин баспа жүзин көрди. Китап тиражы 100 дана. Қатты муқабалы. 82 бет.
Баҳасы 55 000.
Байланысыў ушын https://t.me/AllayarDarmen ге жазсаңыз болады.

Китапты баспаға таярлаўда көрсеткен үлкен жәрдемлери ушын Халық шайыры, Устазымыз Халила Дәўлетназаровқа, шайыр Алтынай Тилегеноваға, художниклер Муҳаммед Бийсенов, Нурлан Қалбаев ҳәм Исметулла Жақсылықовқа, режиссёр ҳәм фотограф Баҳрам Сейтжановқа, баспа жәмәатине ҳәм барлық ықласбентлеримизге терең миннетдаршылық билдиремиз.
3,5800087

Showing 24 of 24 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

Аллаяр Дарменов Telegram арнасы не туралы?+

Аллаяр Дарменов (@allayar_darmenov) — tgdio сайтында OnlyFans санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 1 020 жазылушы бар.

Аллаяр Дарменов (@allayar_darmenov) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @allayar_darmenov арнасына тегін жазылыңыз.

Аллаяр Дарменов жақсы OnlyFans арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын Аллаяр Дарменов рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 1 020 жазылушы бар. ұқсас OnlyFans арналарымен салыстырыңыз.

Аллаяр Дарменов статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @allayar_darmenov бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.