СИЗЛЕР БҮГИНГИ КҮН ҚАҲАРМАНЛАРЫ
"САМАТ аўыл" атлы қутлы елимде,
Дийқан фермер "Зако мақсым" * жеринде.
Күннен кунге пәт ендирип теримге,
Аппақ қырман үйди пахтакеш қызлар.
Жолын қуўып уллы мақсым атаның,
Шырағын сөндирмей дузеп Ўатанын.
Ел ишинде "Зако фермер" атанып,
Елге ырыс сыйлар фермер баламыз.
Фермер-жер ийеси, пахта баласы,
Пахта атыз - мол табыстың даласы.
Бүгин орынланып жыллық жобасы,
Мол қырманға ашық болды жулдызлар.
Бириң апам,сиңлим, бириң қурбымсыз,
Қызлар деп атасам болмас орынсыз.
Қызларға бергисиз бәриң арыўсыз,
Мийнетиңиз уллы теримши қызлар.
Қуяш пенен бирге турып сәҳәрде,
Журтлар шырт уйқыда жатқан мәҳәлде.
Үйдиң, дүздиң гүлин келтирип гүлге,
Атыздан табылған теримши қызлар.
Таңда барып,ымырттан соң қайтасыз,
Пахта терип тәрезиге тартасыз.
Кең далада "Айдынлар"ды айтасыз,
Жаны жайсаң шаққан теримши қызлар.
Жазда гүл жайнаса ғаўаша тапта,
Гүзде ақ кептердей ашылған пахта.
Ханасына сыймай ағылған ўақта,
Сепситпей жыйнайсыз қолы гүл қызлар.
Алтын гуздиң ашық - жарық шағында,
Терип алсаң қалмай жаўын-шашынға,
Дийқанның қырманы бийиклеп шыңға,
Табысың тасқынлар теримши қызлар.
Ғаўаша отадың ыссы-салқында,
Қыйынлықтың көби қалды артыңда.
Бүгин жәҳән базарында алтынға,
Теңдур терген пахтаң теримши қызлар.
Комбайннан қалыспайсыз базыңыз,
Мийнетке қарысқан ийбе-назыңыз.
Фатима,Элмира,Сәрбиназыңыз,
Көш басында келер теримши қызлар.
Гулпаршын,Зарафшан,Пәрўаз Нәбийра,
Қалийпа,Турдыхан,Бийназ,Нәзийра,
Сулыўхан, Зульфия айтсам тағы да,
Қатарың көп сениң теримши қызлар.
Шийрин, Анар, Бағда "Самат аўыл" дан,
Шаққанлықта көш басынан табылған.
Қаншайым, Зульфия, Гүләш апалар,
Көп қызларға үлги болып танылған
Уллы мақсет пенен атқан таңлары,
Сизлер бүгинги күн қаҳарманлары.
Быйыл "САМАТ аўыл"ының қырманы,
Сизлер менен тасқан теримши қызлар.
Ҳәр күни тергенсиз уш ярым тонна,
Фермердиң абырайын шығарып шыңға.
Ҳадал мийнетиңе елдиң алдында,
Мыңсан алғыс айтсақ арзыйды қызлар.
Келинимен мен де усы аўылдың,
Бийдай сөзден жасыл жипек жамылдым.
Тилегиңде болып ҳақтан жарылдым,
Ығбалың өрлесин теримши қызлар.
"Мың қосшыдан бир басшы" дер халайық,
Енди Зулфия*ны тәрийп қылайық,
Жақсының перзенти болып ылайық,
Жырыңды жырлап жүр зәбердес қызлар.
Ҳақыңызды алып берип фермерден,
Жол таўып жүр қыйын-қыстаў жерлерден,
Зулфияны кем көрмейсиз ерлерден,
Ҳәм арқа сүйейсиз теримши қызлар.
Гейде сыйлық берер таўып кеўлиңди,
Сөйтип тезлетеди пахта теримди.
Ҳәр жыл сайын ертип алып бәриңди,
Бир отряд болып жүреди қызлар.
Аўызбиршиликтен тобың бузылмай,
Қол усласып бир аўылдың қызындай.
"Ақ алтын" қырманын уйиң усындай,
Қолы гүл,зәбердес теримши қызлар.
Үйде де, дүзде де орныңыз бөлек,
Бүгин сөзлер айттым исиңди елеп.
Ислеген ислериң бахытқа бөлеп,
Мәңгиге саў болың,теримши қызлар!
Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА
▪️"Зако Мақсым"*- Қараөзек районындағы Қараөзек АПЖ аймағындағы Абдиуатов Закиратдин басшылық еткен фермер хожалығы.Бугин усы фермер хожалығы жыллық жобасын артығы менен орынлады.
▪️Зулфия Бауетдинова*- "Қараөзек" АПЖ орайындағы көше бийи, сол аймақтағы уй бийкелеринен жыйналған теримши қызлар отрядының баслығы.
👉
https://t.me/gulnara_nurlepesova