ӨМИР ӨТИП КЕТЕДИ
Бул өмирдиң қызығын да, бузығын да,
Көре берип бул кеўил қатып кетти.
Арасат дүньядағы сызығын да,
Биразлар өмир дәмин татып кетти.
Шын өмирди билместен кеткиң келмес,
Жалғаншыда жалғанға көмилсең де.
Жасаў деген тойымсыз өткиң келмес,
Бул өмирге тойынған көринсең де.
Таўсылмастай бул өмир көринеди,
Гейпаралар менменсип шалқайғанда.
Пул,ҳәмелди көтермей кериледи.
Кийим кийип байсынып талтайғанда.
Есабы жоқ мийнетлер неге керек,
Бир басыңа жасаўға имкан болса.
Боларма изиңдеги саған тирек??
Қартайыўға таярлан шамаң болса.
Сүйеўим деп исенген балаң болса,
Күшиң кетсе саған күш бола қойса.
Барар болсаң сол балаң панаң болса,
Аўырыңды өзине ала қойса.
Балам дейип бир өмир тырбанарсаң,
Ержеткен соң сол исди билермекен??
Өмир өтсе қартайып қарманарсаң,
Нарыйза боп биразлар өлер екен...?!
Қәне бүгин қыялый қартайып көр!
Мийрим таппай муң шексең нетерсең сен??
Еңкейип көр қәддиңди шалқайып көр,
Көзде жас, кеўилде муң кетерсең сен.
Қус тойғандай тамағың болса болды,
Азы-кем итибар да керек болар.
Ошақда жылтырап от жанса болды,
Бир жақсы сөз жүрегиң тилеп турар.
Бир жақсы сөз жүрегиң тилеп турар,
Паянында өмирдиң қалтақлайсаң.
Кеўилиң әлле нени қәлеп турар,
Улларыңа бирме-бир жалтақлайсаң.
Өмир өтип кетеди самалдайын,
Өтмишти еслей берип өкинерсең,
Ҳәр күниң де жасағыл адамдайын,
Болмаса қамсығып өксинерсең.
Абат Крамов.
2025-жыл. 14- октябрь.
Каналымыз:
@Kramov_Abatbay_poeziya