ҚР МКО - Ибрайым Юсупов Telegram channel photo

ҚР МКО - Ибрайым Юсупов

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсупов - поэзия ықласбентлери Сизлер ушын

Pinay контентіқазақ тіліҚазақстан

367

Last views

575 (575 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
32
Total Posts
Oct 17, 2026, 5:42 AM
Жаңартылған
Apr 24, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameҚР МКО - Ибрайым Юсупов
Username@qrmko_ibrayim_yusupov
CategoryPinay контенті
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер575
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 24 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 6 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#151158+203
Тіл бойынша рейтинг
#190-5
Санат бойынша рейтинг
#1516+4

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 57530 Days growth: +30.5%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:2026572
19:09:2026574
20:09:2026574
21:09:2026574
22:09:2026574
23:09:2026574
24:09:2026574
25:09:2026574
26:09:2026574
27:09:2026574
28:09:2026574
29:09:2026574
30:09:2026574
01:10:2026574
02:10:2026574
03:10:2026574
04:10:2026574
05:10:2026574
06:10:2026574
07:10:2026574
08:10:2026574
09:10:2026574
10:10:2026574
11:10:2026574
12:10:2026574
13:10:2026574
14:10:2026574
15:10:2026574
16:10:2026574
17:10:2026575
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 20:04:2026528
Week of 27:04:2026528
Week of 04:05:2026540
Week of 11:05:2026540
Week of 18:05:2026540
Week of 25:05:2026540
Week of 01:06:2026540
Week of 08:06:2026540
Week of 15:06:2026540
Week of 22:06:2026540
Week of 29:06:2026540
Week of 06:07:2026585
Week of 13:07:2026585
Week of 20:07:2026585
Week of 27:07:2026585
Week of 03:08:2026585
Week of 10:08:2026585
Week of 17:08:2026578
Week of 24:08:2026578
Week of 31:08:2026574
Week of 07:09:2026572
Week of 14:09:2026574
Week of 21:09:2026574
Week of 28:09:2026574
Week of 05:10:2026574
Week of 12:10:2026575
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 2026528
May 2026540
June 2026540
July 2026585
August 2026578
September 2026574
October 2026575
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
2026575

Соңғы посттар

Photo
Бүгин Өзбекстан Қаҳарманы, атақлы шайыр Ибрайым Юсуповтың туўылған күни

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсупов 1929-жыл 5-майда Шымбай районында туўылған.

Шайырдың «Күншығыс жолаўшысына», «Бахыт лирикасы», Йош», «Аласатлы дүнья бул», «Үйлер», «Жети асырым», «Дала әрманлары», ««Дузлы самаллар», «Кеўилдеги кең дүнья», «Беглигиңди бузба сен…», «Кеўил кеўилден суў ишер», «Тумарис ҳәм басқа поэмалары», «Ҳәр кимниң өз заманы бар» атамасындағы қосық китаплары ҳәм «Таңламалы шығармалары» топламлары басып шығарылған.

Оның қосықлары түркий тиллер әдебиятының гүлтажына айланды. Бир қатар дөретпелери қазақ, украин, беларусь, грузин, болгар ҳәм басқа да халықлардың тиллерине аўдармаланды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң арнаўлы қарары менен Нөкисте Ибрайым Юсуповтың естелиги ҳәм оның атындағы дөретиўшилик мектеби қурылды.

Әдебиятымыздың уллы тулғасының мийрасы барқулла ардақланып, еске алынады. 

Республикамызда өткерилиўи дәстүрге айланған «Үш әўлад» ушырасыўларында да шайыр Ибрайым Юсуповтың өмири ҳәм дөретиўшилиги айрықша тилге алынып келинбекте.  

Қарақалпақ әдебиятының қос байтерегиниң бири, белгили шайыр, Өзбекстан қаҳарманы, «Эл-юрт ҳурмати», «Дўстлик» орденлерине мүнәсип деп табылған пазыйлетли инсанды халқымыз барқулла ядында сақлайды. Оның өлмес мийрасы болса әдебиятымыздың гүлтажы сыпатында әўладларға үлкен руўхый азық дереги болып хызмет етеди.
—
Бугун Ўзбекистон Қаҳрамони, атоқли шоир Ибрайым Юсуповнинг туғилган куни

Ўзбекистон ва Қорақалпоғистон халқ шоири, Ўзбекистон Қаҳрамони Ибрайым Юсупов 1929 йил 5 майда Чимбой туманида туғилган.

Шоирнинг «Күншығыс жолаўшысына», «Бахыт лирикасы», Йош», «Аласатлы дүнья бул», «Үйлер», «Жети асырым», «Дала әрманлары», ««Дузлы самаллар», «Кеўилдеги кең дүнья», «Беглигиңди бузба сен…», «Кеўил кеўилден суў ишер», «Тумарис ҳәм басқа поэмалары», «Ҳәр кимниң өз заманы бар» номли шеърий китоблари ва «Таңламалы шығармалары» тўпламлари нашр этилган.

Унинг шеърлари туркий тиллар адабиётининг гултожига айланди. Бир қатор асарлари қозоқ, украин, беларус, грузин, болгар ва бошқа халқларнинг тилларига таржима қилинди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевнинг махсус қарори билан Нукусда Ибрайым Юсупов ёдгорлиги ва унинг номидаги ижод мактаби барпо этилди.

Адабиётимизнинг буюк сиймосининг мероси ҳамиша ардоқланиб, хотирланади.

Республикамизда ўтказилиши анъанага айланган «Уч авлод» учрашувларида ҳам шоир Ибрайым Юсуповнинг ҳаёти ва ижоди алоҳида тилга олиниб келинмоқда.

Қорақалпоқ адабиётининг қўш байтерагидан бири, атоқли шоир, Ўзбекистон Қаҳрамони, «Эл-юрт ҳурмати», «Дўстлик» орденларига сазовор деб топилган фозил инсонни халқимиз доимо ёдида сақлайди. Унинг ўлмас мероси эса адабиётимиз гултожи сифатида авлодларга улкан маънавий озуқа манбаи бўлиб хизмат қилади.

Каналға ағза болыў: https://t.me/joqargikenes

✉️ https://t.me/joqargikenes 🌐 https://joqargikenes.uz/ 📱 https://www.instagram.com/orinbayev_a/ 📱 https://www.facebook.com/OrinbayevAmanbayTleubayevich 📱 https://twitter.com/Orinbayev_A
947000
Интизар сағанQqbyai
ИНТИЗАР САҒАН

Әмиўдиң бойында турған қарындас,
Кеўил толы ышқы сазым бар саған,
Сени қушсам дейип еткендей талўас,
Асаў толқынлар да интизар саған.

Бүлбиллер сайраса, сен деп сайраған,
Гуллер сениң ушын ғумша байлаған.
Сүмбил шашларыңды желпип ойнаған,
Салқын самаллар ҳәм интизар саған.

Ақ көбик шайпалған дәрья кәнары,
Боз думан артында таўлар мунары,
Таңда талўас еткен ис қарыйдары,
Алтын далаларым интизар саған.

Қос бурымың ақ балтырды аймалар,
Сен жүрген жолларда көзлерим талар.
Ақ алтын патшасы, ай жүзли дилбар,
Туўып өскен еллер интизар саған.

И.Юсупов 1962-жыл. Май.
474000
СУЛЫЎЛАР ҲӘМ ШАЙЫРЛАР

Гүлалшы Тәбият шайы қонғанда
Кәсибине кейип етедимиш.
Кемпиринен жасырып сонда
Сулыўларды дөретедимиш.

Соққан затын сығалап көрип,
Ырза болып күледи екен.
Соннан кейин оған жан берип,
Базарына жибереди екен.

Жәйран жүрис жилўа-наз бенен,
Салланысып шығар сулыўлар.
Ийне кирпик, шаҳла көз бенен
Еркеклердиң жүрегин уўлар.

Базаршы журт таслап саўдасын,
Гүлал дүканына ағады.
Саўдаларға салып саў басын,
Жигитлердиң жаны шығады.

Жеңгей "алтын жүзик әкелип —
Бер" дегенин умытар ағайлар.
Жүз граммды таслап жиберип,
Бир литр мәс болар қақайлар.

Ғаррылардың жаслығы тутып,
Кемпирине "кет" деп қутырар.
Шофер қағыйданы умытып,
Қәпелимде ГАИ-ге тутылар.

Ҳәмелдарлар дым билмегенсип,
Алыстан байқап жолдың шамасын,
Торын қурып жатар менменсип,
Дәўлетлилер шашар дүньясын.

Қарт профессор бирден сақыйсып,
Иске салар аманат кассасын.
Донжуанлар кетер ақыйысып,
Сайлап шаншып қәлем қаслысын.

Ессиз Ғәриб ашықлар шығып,
Бенде болар Сәнем жолына.
Фарҳад таўда тасларды жығып,
Шийрин ушын қазады арна.

Ромеолар аямай жанын,
Мәжнүн кетер шөлге ылағып,
Баҳрам жоқлап өз Гүландамын,
Тәрк етермиш патшалық тағын...

Байғус Тәбият буларды көрип,
Өзи соққан сулыў затына
Ашық болып, мумдайын ерип,
Өртенермиш ышқы отына.

Сондайда ол иштеги ҳәўири
Сыртқа шығып болғанға шекем,
Шайырлардың ең бир тәўирин
Жылап отырып дөретеди екен.

Мәрт шайырлар сазлап лирасын,
Сулыўларды жырлайды екен.
Тәбият ийип ақ шашлы басын,
Ышқы қосығын тыңлайды екен...

Ўа, сулыўлар! Шығысымыз шерик,
Билдиңиз ғой енди неликтен:
Сулыўлықты сизлерге берип,
Шайырлықты бизлерге берген.

Июль, 1968-ж., Москва.
736000
Video
"Ўатан"

Маманбий Жумабаев

Сөзи: И. Юсупов
Намасы: Қ.Зарреддинов
TRT AVAZ "Altaylardan Tuna'ya"
1,150000
ТЫРНАЛАРQqbyai
ТЫРНАЛАР Əл ҳаўада қанатларын талдырып,  Жат мəнзилге сапар шеккен тырналар.  Айралық дəртинде бизди қалдырып,  Шадлығымды алып кеткен тырналар. Ҳаўазыңа қулақ салып қарасам,  Ақ қағаздай ғағырласып барасаң.  Хош аллияр айтысқандай боласаң,  Келмеске…
1,720000
ТЫРНАЛАР

Əл ҳаўада қанатларын талдырып, 
Жат мəнзилге сапар шеккен тырналар. 
Айралық дəртинде бизди қалдырып, 
Шадлығымды алып кеткен тырналар.

Ҳаўазыңа қулақ салып қарасам, 
Ақ қағаздай ғағырласып барасаң. 
Хош аллияр айтысқандай боласаң, 
Келмеске жол тартқан гөззал тырналар.

Жерге бир нəўбетдур, елге бир нəўбет, 
Қайтып баратқандай қайтасы дəўлет. 
Аш толқынлар урмас жағысқа гүрлеп, 
Соналы көллерден ушты тырналар.

Сизлер нəсил көрген атаўлар аўлақ, 
Əдира қалғандай айдынлы суўлақ 
Диң аспанда муңлы «қурыў-қурыў» лап, 
Не деп баратырсыз, байғус тырналар?

Не ис тапса, инсан пейлинен табар, 
Ол қаст етсе, терис ағар дəрьялар. 
«Бул жер бизге ҳарам» дегендей олар, 
Аҳ урып қыйқыўлап барар тырналар.

Таңларым оянбас толқын сестинен. 
Қайлардан аларман ондай күшти мен? 
Дузлы шаңғыт көмген көллер үстинен, 
Бул жағысқа түспей барар тырналар.

Барар интизамлы, жипке дизилип, 
Мен қарайман жүрек баўырым үзилип. 
Сиздей мен де, ата журттан безигип, 
Неге кете алмайман, айтың тырналар?

Октябрь, 1989-жыл.
1,120000
Video
ҚАРАҚАЛПАҚ ҲАҚҚЫНДА СӨЗ Мен кисилик таластырып, Киси менен жарыспайман. Тарийхшыға пал аштырып, Әййемгиме тарыспайман. Мәрт Тумарис — массагеттиң, "Қырқ қызы“ның ypпағыман, Перзентимен печенегтиң, Шөлдиң қарақалпағыман. Қара табан, қара пуқара, Бабам ғайбар…
1,220000
ҚАРАҚАЛПАҚ ҲАҚҚЫНДА СӨЗ

Мен кисилик таластырып,
Киси менен жарыспайман.
Тарийхшыға пал аштырып,
Әййемгиме тарыспайман.

Мәрт Тумарис — массагеттиң,
"Қырқ қызы“ның ypпағыман,
Перзентимен печенегтиң,
Шөлдиң қарақалпағыман.

Қара табан, қара пуқара,
Бабам ғайбар киси болған,
Кеўли ақ қалпағы қара,
Жаў менен көп иси болған.

Аттан қулап атырғанда,
Қан майданда сүйеп оны,
"Бир ўәсият айтып кет онда"
Деп сорапты оннан улы.

Ўәсият екен ал сондағы
Айтып кеткен урпағына,
"Тыр жаланаш қалсаңдағы,
Бек бол, бала, қалпағыңа!..."

Қарақалпақлар соннан баслап,
Қалпағы менен туўылыпты.
Көп заманды изге таслап,
Қалпақ шешпей жуўырыпты.

Көп заманның әндийшесин,
Көрседе көзи ағармаған,
Жоғалтсада көп нәрсесин,
Қалпағы ҳеш жоғалмаған.

Қатал сорап қысым етип,
Хан да оны шештире алмаған,
Жан шықпаса гелле кетип,
Жаўда оны шештире алмаған.

1972-жыл.
1,200000
САЛЛАНА — ДОЛАНА БАРАР БИР ЖАНАН…

Кең далада кеўли дәрьядай тасып,
Бир жигит баратыр таң сәҳәр шағы.
Шекпени желбигей, көкиреги ашық,
Жамбасқа шырпылдар қосбаў шашағы.

Өзин Бердақ сезер, өзин хан сезер,
Созса ҳәзир қолы жеткендей айға.
Кеўли кең даланы шарқ урып гезер,
Ысқырар сайраған пошша торғайға.

Қурашын желкеге сүрип бир ўақта,
Нәзерлеп ол қарсы алдына қарады.
Аңлай-аңлай серлеп көрсе, узақта—
Саллана-долана бир қыз барады.

Жигит көрди анық анадай жерден:
Қумырсқа сүўретли нәзик бел екен.
Қынама бәшпенти тамамы зерден,
Қыз екен әндамлы "келсең-кел" деген.

Қызыл көйлек лаўлап барар буралып!
Ким көрген буныңдай сулыўды бурын!
Назлы аяқлардан "жүр"деп соранып,
Өкшени қамшылап барар қос бурым.

Жем көрген қырғыйдай жигит жутынып,
Аш нәзерин тикти суғы өткенше.
Жүреги шәўкилдеп, көзлери тынып,
Асықты сол қызды қуўып жеткенше.

Мине, жақын келди, еситти ҳәтте
Сыртылдысын жез мыйықлы геўиштиң.
Жигит қурыжланып минди-де пәтке,
Және асып түсти бир қырдың үстин.

Жигит сәл иркилип шешти шекпенин,
Сол заматта көзден қыз болды ғайып.
"Кыз-ба я пери-ме қуўғаным мениң?
Я әжеп!" деп жигит турды аңқайып.

Жоллар қалды шетте, шекпен-де қалды,
Қураш қалды бир төбениң басында.
Етигин таслап, жеңилтекленип алды,
Ессиз қосбаў қалды шат арасында.

Қыз барар сылаңлап қызыл түлкидей,
Жигит тазы болып түсти кейнине.
Әдира қалды барлық шадлы күлкилер,
Топасланып питти ақыл-зейни де.

Жигит жыйнап бойға ақырғы күшин,
Жуўырды кес-кеслеп қыздың алдынан.
"Аҳ, қаныңдай сулыў, не деген пишин!"
Деп ол туў сыртынан суқланды оған.

"Тоқта, ҳәй, қошшым!" деп ҳаплығып барып,
Тутты билегинен саҳыбжамалды.
Ҳәм байғус жигитиң жүзи қуўарып,
Ләбин тислеп, үнсиз силейди калды:

Таң азаннан кешке дейин қуўғаны
Қотыр ҳәм шылпық көз бир ҳаял екен.
Жигит кеўлин кернеп дәрт-пушайманы,
"Ялғаншы дүнья-ай!" деп, жылаған екен.
904000
Қарақалпақты көп мақтама көзимшеQqbyai
ҚАРАҚАЛПАҚТЫ КӨП МАҚТАМА КӨЗИМШЕ Қарақалпақты көп мақтама көзимше,  Қармаққа тез қабатуғын балықпан.  Ҳәр кимниң бар әззи жери өзинше,  Шортанымдай аңқылдақлаў халықпан. Бул кисини көзге мақтаўдан көре,  Пайдалырақ минин таўып сөккениң.  «Қарақалпақ жақсы…
1,170000
ҚАРАҚАЛПАҚТЫ КӨП МАҚТАМА КӨЗИМШЕ

Қарақалпақты көп мақтама көзимше, 
Қармаққа тез қабатуғын балықпан. 
Ҳәр кимниң бар әззи жери өзинше, 
Шортанымдай аңқылдақлаў халықпан.

Бул кисини көзге мақтаўдан көре, 
Пайдалырақ минин таўып сөккениң. 
«Қарақалпақ жақсы халық» дегенге, 
Бабам шешип берип кеткен шекпенин.

Жалғыз атын сойып берип қонаққа,
Жаяў қалып бул халық талай тарыққан. 
Соны айтып, мақтайғойсаң бирақта, 
Одан да зорын көрсететин халықпан.

Беглиги көп йошып кетсе бул халық, 
Дәстанларды қойдай дизип матаған.
Ҳәмме халықты қарақалпақтан шығарып, 
Өз тарийхын баслар Адам атадан...

Мийнет десе жең түринген палўандай, 
Арбаға таў тийе десең тийеген. 
Дослық десе жулдыз таўып алғандай, 
Халқымның ақ көкирегин сүйемен.

Жек көрсе ол, «жек керемен сени» деп, 
Саған барып айтпағанша тынбайды. 
Бир пул тапса, «бай деп санаң мени» деп, 
Есип жумсап қуртпағанша тынбайды.

Сумлық қылса сыр алдырар баладай, 
Кеўилшеклик минезине күйемен. 
Ал енди оның кең жазийра даладай 
Азаматлық кең пейилин сүйемен.

Тайын мақтап, атын минсең, – сынамас,
Мен бул халықтың минезине қанықпан. 
Кеўлим мениң Жәйҳүн менен сағалас, 
Сәл нәрсеге йошатуғын халықпан.

Жақсы сөзге жан семирер деген бар, 
Хошеметке ҳәр ким ҳәўес өзинше. 
Сондадағы өтинемен, адамлар, 
Қарақалпақты көп мақтамаң көзимше...

Январь, 1974 - жыл.
1,220000
ГҮЛЛЕР АҢЛАМАС.

Тобынан айрылған торы - ала ғаздың,
Ғаңқылдысын айдын көллер аңламас.
Гүл ышқында күйген бүлбил наласын,
Бәҳәрде ашылған гүллер аңламас.

Биреўге айралық, биреўге сайран,
Дүньяның исине қаларсаң ҳайран.
Суў излеп ылақса жаралы жайран,
Өзи суўсап атқан шөллер аңламас.

Қастың бардай сонша қыйнап жанымды,
Аяўсыз шертерсең кеўил тарымды,
Мениң сен деп шеккен азапларымды,
Қудаға мың шүкир еллер аңламас.

Гүл мәўсими өтер, бәҳәри - жазы,
Биймезгил урмағай қазан аязы,
Ашық Аяз сен деп питкен баязын,
Бийдәрт жанлар, алшақ диллер аңламас.

И.Юсупов.
513000
Video
БУ ДҮНЬЯ Адам уғлы, өз кеўлиңди шад əйле, Ашылсаң, ашыла берер бу дүнья. Өткенлердиң ўəсиятын яд əйле, Жыйнасаң шашыла берер бу дүнья. Ҳадал мийнет етип, тапса дүньяны, Бийғәрезлик ғош жигиттиң əрманы. Ҳийле қылсаң, алдайман деп сен аны, Сумлығын асыра берер…
953000
БУ ДҮНЬЯ

Адам уғлы, өз кеўлиңди шад əйле,
Ашылсаң, ашыла берер бу дүнья.
Өткенлердиң ўəсиятын яд əйле,
Жыйнасаң шашыла берер бу дүнья.

Ҳадал мийнет етип, тапса дүньяны,
Бийғәрезлик ғош жигиттиң əрманы.
Ҳийле қылсаң, алдайман деп сен аны,
Сумлығын асыра берер бу дүнья.

Журттан артық жасайман деп егер сен,
Тəсил қылсаң, өзиң азап шегерсең.
Түлкиниң изинен тазы жиберсең,
Туттырмай, қашыра берер бу дүнья.

Алтын деп жыйғаның темир тат болып,
Ақырында опық жерсең мат болып.
Сен қуўсаң, ол наймыт перизат болып,
Жүзлерин жасыра берер бу дүнья.

Бул дүньяның берген ашшы сабағын,
Ҳəр көргенде шүкирлик қыл, тоба қыл.
Ашық Аяз, ашық жүрсин қабағың,
Қапылсаң қапыла берер бу дүнья.

Бул дүнья «бес күнлик», «ялғаншы» демек
Бурынғылар айтқан сөзинде барды.
«Асығады бизден қалғанша» демек,
Бийопалық күлер жүзинде барды.

Тəңирим бул дүньяны жоқтан бар етти,
Бендем шалқысын деп, лалазар етти.
Лекин ғапыл бенде асқынлап кетти,
Көбинде инсап жоқ базында барды.

Дүнья деп, адамзат бир - бирин қырған,
Шайтан ғулғуласы ҳақ жолдан урған.
Бул жерде жазық жоқ дүньяда турған,
Ҳəр бəле адамның өзинде барды.

Бул дүнья ялғаншы емес шынында,
«Нəпсиңди тый» деп айтқан ғой бурында.
Бир қысым топыраққа толған соңында,
Аш көзлик адамның көзинде барды.

Ашық Аяз, ҳақ жолынан жүрмесе,
Бул дүньяның гөззаллығын көрмесе,
Бул сөзге ўақтында мəни бермесе,
Уллы пушайманлар изинде барды.

И. Юсупов. Декабрь, 1996 - жыл.
1,240000

Showing 30 of 32 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

ҚР МКО - Ибрайым Юсупов Telegram арнасы не туралы?+

ҚР МКО - Ибрайым Юсупов (@qrmko_ibrayim_yusupov) — tgdio сайтында Pinay контенті санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 575 жазылушы бар.

ҚР МКО - Ибрайым Юсупов (@qrmko_ibrayim_yusupov) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @qrmko_ibrayim_yusupov арнасына тегін жазылыңыз.

ҚР МКО - Ибрайым Юсупов жақсы Pinay контенті арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын ҚР МКО - Ибрайым Юсупов рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 575 жазылушы бар. ұқсас Pinay контенті арналарымен салыстырыңыз.

ҚР МКО - Ибрайым Юсупов статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @qrmko_ibrayim_yusupov бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.