Раўаж ОТАРБАЕВ Telegram channel photo

Раўаж ОТАРБАЕВ

@rauaj1980Public Channel

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, шайыр Раўаж Отарбаев. БАЙЛАНЫС УШЫН: +99893 487-74-80 пикир-усынысларыңыз болса хабарлассаңыз болады

Романдарқазақ тіліҚазақстан

996

Last views

549 (549 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
10
Total Posts
Oct 17, 2026, 5:43 AM
Жаңартылған
Apr 24, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameРаўаж ОТАРБАЕВ
Username@rauaj1980
CategoryРомандар
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер549
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 24 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 6 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#185414+5
Тіл бойынша рейтинг
#229-5
Санат бойынша рейтинг
#1875+3

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 54930 Days growth: +00%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:2026549
19:09:2026545
20:09:2026545
21:09:2026545
22:09:2026545
23:09:2026545
24:09:2026545
25:09:2026545
26:09:2026545
27:09:2026545
28:09:2026545
29:09:2026545
30:09:2026545
01:10:2026545
02:10:2026545
03:10:2026545
04:10:2026545
05:10:2026545
06:10:2026545
07:10:2026545
08:10:2026545
09:10:2026545
10:10:2026545
11:10:2026545
12:10:2026545
13:10:2026545
14:10:2026545
15:10:2026545
16:10:2026545
17:10:2026549
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 20:04:2026576
Week of 27:04:2026576
Week of 04:05:2026575
Week of 11:05:2026575
Week of 18:05:2026575
Week of 25:05:2026575
Week of 01:06:2026575
Week of 08:06:2026575
Week of 15:06:2026575
Week of 22:06:2026575
Week of 29:06:2026575
Week of 06:07:2026560
Week of 13:07:2026560
Week of 20:07:2026560
Week of 27:07:2026560
Week of 03:08:2026560
Week of 10:08:2026560
Week of 17:08:2026557
Week of 24:08:2026557
Week of 31:08:2026550
Week of 07:09:2026549
Week of 14:09:2026545
Week of 21:09:2026545
Week of 28:09:2026545
Week of 05:10:2026545
Week of 12:10:2026549
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 2026576
May 2026575
June 2026575
July 2026560
August 2026557
September 2026545
October 2026549
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
2026549

Соңғы посттар

Раўаж ОТАРБАЕВ logo
Раўаж ОТАРБАЕВ

2026 ж. 24 сәу., 14:00

ҚАРАҚАЛПАҚТЫⱧ

Тандырында пискен ыссы нанындай,
Тамырында аққан таза қанындай,
Қол узатса, жазық алақанындай,
Мийрим, муҳаббаты Қарақалпақтың.

Бахты бәлент, жулдыз жанар көгинде,
Түп-туўысқан еллер дөгерегинде,
Мынаў кең дүньяның бир бөлегинде,
Бәлент имараты Қарақалпақтың.

Қобызында, ғаз сестиндей намасы,
Дуўтарында, жан дүньясы сазасы,
Шыңқобызда, қызларының “Муза”сы,
Шадлық, салтанаты Қарақалпақтың.

Қалмас орынланбай, айтылған лебиз,
Мәртлик, сақыйлыққа жаралған егиз,
Руўхы шөкпеген, шөкседе теңиз,
Таўдай матанаты Қарақалпақтың.

Алғыр қыран, батыр бол дер улына,
Шерик бол дер елдиң, бахыт,муңына,
Дақ түсирмеў, ел атына, туўына,
Уллы аманаты Қарақалпақтың.
9960029
Раўаж ОТАРБАЕВ logo
Раўаж ОТАРБАЕВ

2026 ж. 24 сәу., 14:00

Интернет ҳаққында

Бул тармақтың шеңбери кең,
Ҳәр минуты әсирге тең,
Кириссеңиз түринип жең,
Илим - билим кәни де бар.

Инсанға керек ақыл ес,
Айтар жети өлшеп бир кес,
Таңласаңыз шын пикирлес,
Сөзлеринде мәни де бар.

Ким керегин таўып атқан,
Ким дәрегин таўып атқан,
Базда ийттей қаўып атқан,
Жақсы - жаман кәри де бар.

Ерси көрмең сөзлеримди,
Сынап көриң өзлериңди,
Лекин, ашың көзлериңди,
Сергек болар жерлери бар.
9800022
Раўаж ОТАРБАЕВ logo
Раўаж ОТАРБАЕВ

2026 ж. 24 сәу., 14:00

Ашықлық

Мәжнун талға таянады,
Ашық кеўлин жазарында.
Муҳаббатқа таянады,
Шайыр қосық жазарында.

Көре берер, ғаўғалы бас,
Азабын да, ҳазарын да.
Жоқдур ҳеш ўақ тәрези-тас,
Муҳаббаттың базарында.

Тумлы-тусқа шабар ашық,
Билмес кимнен озарында,
Күйер жүрек ара қашық,
Ада болып дозағында.
5980022
Раўаж ОТАРБАЕВ logo
Раўаж ОТАРБАЕВ

2026 ж. 24 сәу., 14:00

АТА МИЙРАС, ҚОСЫҚ САЗЫМСАҢ ЎАТАН

Пайызлы күн, қайырлы ҳәр түниң бар,
Қуяш күлип, ақшам жулдыз жымыңлар,
Таллар арасынан самал сыбырлар,
Қәлбимде жаңлаған сазымсаң ўатан.

Көк майсалар, таңғы шықтан нәр алып,
Қушағыңда, әлўан гүллер ырғалып,
Сейилге атланған, қыздай салланып,
Қәлбимде жайнаған, жазымсаң ўатан.

Қуяш сүйген, жемислериң мазалы,
Жанға ләззет, ылай суўдың сазаны,
Бирликте қайнаған елдиң қазаны,
Мақтанышым, ығбал-бахтымсаң ўатан.

Дала яңлы, халқымның кең пейли бар,
Дана яңлы, ул-қызының зейни бар,
Байрам-тойға, жарасықлы сейли бар,
Ата мийрас, қосық сазымсаң ўатан.

09.08.2023
7770021
Раўаж ОТАРБАЕВ logo
Раўаж ОТАРБАЕВ

2026 ж. 24 сәу., 14:00

ҲАРМАҢ, ТАХТАКӨПИР АЗАМАТЛАРЫ

Ўатан қушағында саўлатлы бир ел,
Шақырып турғандай шайыр бери кел,
Мени ийтермелер қәлбимде бир жел,
Ҳармаң, Тахтакөпир азаматлары.

Қонақ келсе, қут келди деп қуўанар,
Үлкен-киши, хызмет етип жумалар,
Дуўтар, домбырада жаңлар намалар,
Сазгер, Тахтакөпир азаматлары.

Тандыр, қазан ошақ, ғыжлап тур шоғы,
Тандырда шоқ болса, кеўилдиң тоғы,
Сөз деген, атылған кәманның оғы,
Шешен, Тахтакөпир азаматлары.

Кетседе созылып қыстың қәҳәри,
Қар, қыраў жарасқан сулыў шәҳәри,
Көзинде, жүзинде, жасар бәҳәри,
Жомарт, Тахтакөпир азаматлары.

Қаратерең, Бөршитаўдың жағасы,
Кеўлиң нама шертсе, илҳам сағасы,
Бири ини болса, бири ағасы,
Бир муш Тахтакөпир азаматлары.

Раўаж Отарбаев.
04.03.2025.
8540028
Раўаж ОТАРБАЕВ logo
Раўаж ОТАРБАЕВ

2026 ж. 24 сәу., 14:00

УЛЛЫЛАР ИШИНДЕ УЛЛЫСАҢ ҲАЯЛ

Сизлер абат еткен үйди даланы,
Сизлер абат еткен аўыл қаланы,
Бәрше дәўирлердиң уллы адамы,
Уллылар ишинде уллысаң, ҳаял.

Тарларға жарасқан сулыў намасыз,
Қәлби ҳикметлерге толы данасыз,
Апа, сиңли, опалы яр, анасыз,
Уллылар ишинде уллысаң, ҳаял.

Он бармағың өнер ушын жаралған,
Қәлбиңизден меҳир нуры таралған,
Қәдирдан, муқәддес, азиз саналған,
Уллылар ишинде уллысаң ҳаял.

Гөззаллық таралар сезимлериңнен,
Шаңарақ, журт абат төзимлериңнен,
Бул қосық гүлдәсте кеўил төримнен,
Уллылар ишинде уллысаң ҳаял.

Раўаж Отарбаев
1,4000037
Раўаж ОТАРБАЕВ logo
Раўаж ОТАРБАЕВ

2026 ж. 24 сәу., 14:00

Ассалаўма әлейкум!
Қәдирдан дөретиўшилик каналым ағзалары болған апа-қарындаслар, жеңгелер менен келинлер, кәсиплеслер менен заманлас досларым!

Сизлердиң ҳәр бириңизди, сизлер ушын қәдирли болған Халық-аралық ҳаял-қызлар күни байрамыңыз бенен шын кеўилден қутлықлайман!
Ҳәр бириңизге беккем ден-саўлық, узақ мазмунлы, бахытлы өмир, мол ырысқы-несийбе тилеймен!
Шаңарақта ҳәм жәмийетимиз турмысында орныңыз ҳәмийше гиреўли.
Және бир мәртебе байрамларыңыз қутлы мүбәрек болсын!
5380032
Раўаж ОТАРБАЕВ logo
Раўаж ОТАРБАЕВ

2026 ж. 24 сәу., 14:00

Ышқы сыры

Жүрекке түскен жалын,
Өртейди ҳәрне барын.
Басынан өтпегенлер,
Түсинбес ашық зарын.

Суў киби жутып болмас,
Қол менен тутып болмас,
Муҳаббат- татлы сезим,
Пул менен утып болмас.

Жүректе-суйгениң шын,
Ышқында куйгениң шын,
Жоғалтсаң өз бахтыңды,
Әрманлар түйгениң шын.
7120038

Showing 10 of 10 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

Раўаж ОТАРБАЕВ Telegram арнасы не туралы?+

Раўаж ОТАРБАЕВ (@rauaj1980) — tgdio сайтында Романдар санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 549 жазылушы бар.

Раўаж ОТАРБАЕВ (@rauaj1980) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @rauaj1980 арнасына тегін жазылыңыз.

Раўаж ОТАРБАЕВ жақсы Романдар арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын Раўаж ОТАРБАЕВ рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 549 жазылушы бар. ұқсас Романдар арналарымен салыстырыңыз.

Раўаж ОТАРБАЕВ статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @rauaj1980 бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.