«Қызкеткен»нен суў алған,
Үш сулыў қыз киятыр.
Шығып кетпей қанаңнан,
Ҳаў, жүрегим! Туратур.
Тебирентип бар болмысым,
Бир жалт еткен жанарың.
Сезимлерим кеўлимниң,
Жықты кетти кәнарын.
Қызыл ғыжым бәшпентиң,
Қыпша белиң қынап тур.
Қурдасларың қызыға,
Қарағышлап сынап тур.
Талма бойың таўлана,
Майда-майда адымда.
Күлим қағып қуўана,
Қарағаның ядымда.
Шийрин еди не деген,
Сол бир мыйық тартыўың.
Билип-билмей өзиме,
Дәрт жүклерин артыўым?
Кетәри емес. Жол күткен...
Неге сонда ермедим.
Әлле кимдей қаңғымай,
Көзлерим-әй, гөрмедиң?
Излеп барып арнайы,
Сөз таппаған қонымлы.
Өлимши етип қамшылап,
Тилсе де аз жонымды.
Соң сени деп бир өмир,
Жүрегимниң сазғаны.
Болар екен тәғдирде,
Маңлайға не жазғаны.
...Көкирегимде қулазып,
Босап қалған уя тур.
Қыялымда еле сол:
«Гүл-гүл жанған зия тур.
Қызыл ғыжым бәшпенти,
Қыпша белин қынап тур.
Сәдеплери үзиле,
Жазлап зорға шыдап тур... »
Қәтелестик, адастық,
Бу Ялғаншы жалғанда.
Енди дийдар көрисиўмиз,
О дүньяға қалған ба?!
Көкиреги соқырлық,
Ўаз кешиў өз бахтынан.
Өтсин тартып азабын,
Халиланың ҳаққынан!...
*
Аўылымыз қәдимги,
Бәҳәр еди, гүз еди.
Адамлары мийзамкеш,
Жадыраңқы жүз еди.
Жазы әптап шыжғырған,
Қысы боран, қарлы еди.
Жоқ-жуқалаң болса да,
Жүдә намыс-арлы еди.
Қатар өскен ул-қызлар,
Кем-кемнен бой дүзеди.
Бир қуралай көзлиси,
Жүрек-баўрым үзеди.
Айра-түсип соқпақлар,
Өмиримше излеткен.
Ой-қыялым бәнт әйлеп,
Гүлзар деген қыз өткен.
Қумыры қустай бийазар,
Жипектейин минези.
Жан дүньямды жақтыртқан,
Мисли Ай ҳәм Күн өзи.
Сәўги деген паслымда,
Туңғыш атқан таң еди.
Көкирегимде сол қыз деп,
Тыпыршыған жан еди.
Сүйрик сүзимлеримди,
Көгерткен сол көзгене!
Жоқты ондай мәргия,
Басқасы бос сөзгене...
Өтмишимнен жаңғырық,
Бул бир өшпес из еди.
Сәўгимдеги шар бузған,
Гүлзар деген қыз еди.
Канал:










