Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи Telegram channel photo

Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи

@adebiyatmuzeyiPublic Channel

Бул канал Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейиниң рәсмий каналы болып есапланады.

Pinay контентіқазақ тіліҚазақстан

148

Last views

375 (375 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
27
Total Posts
Oct 17, 2026, 4:30 PM
Жаңартылған
Apr 29, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameҚарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
Username@adebiyatmuzeyi
CategoryPinay контенті
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер375
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 29 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 5 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#127856+193
Тіл бойынша рейтинг
#161-3
Санат бойынша рейтинг
#1307+10

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 37530 Days growth: +41.1%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:2026371
19:09:2026371
20:09:2026369
21:09:2026369
22:09:2026369
23:09:2026369
24:09:2026369
25:09:2026369
26:09:2026369
27:09:2026369
28:09:2026369
29:09:2026369
30:09:2026369
01:10:2026369
02:10:2026369
03:10:2026369
04:10:2026369
05:10:2026369
06:10:2026369
07:10:2026369
08:10:2026369
09:10:2026369
10:10:2026369
11:10:2026369
12:10:2026369
13:10:2026369
14:10:2026369
15:10:2026369
16:10:2026369
17:10:2026375
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 27:04:2026389
Week of 04:05:2026390
Week of 11:05:2026390
Week of 18:05:2026390
Week of 25:05:2026390
Week of 01:06:2026390
Week of 08:06:2026390
Week of 15:06:2026390
Week of 22:06:2026390
Week of 29:06:2026390
Week of 06:07:2026380
Week of 13:07:2026380
Week of 20:07:2026380
Week of 27:07:2026380
Week of 03:08:2026380
Week of 10:08:2026380
Week of 17:08:2026371
Week of 24:08:2026371
Week of 31:08:2026369
Week of 07:09:2026371
Week of 14:09:2026369
Week of 21:09:2026369
Week of 28:09:2026369
Week of 05:10:2026369
Week of 12:10:2026375
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 2026389
May 2026390
June 2026390
July 2026380
August 2026371
September 2026369
October 2026375
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
2026375

Соңғы посттар

📖Гейбир инсанлар өмири менен, ал гейбиреўлери қалдырған сөзи менен жасайды. Бабаш Исмайлов — әдебиятта өз изин қалдырған сондай тулғалардың бири.

🏛Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде шайыр, журналист, илимпаз,  аўдармашы ҳәм жәмийетлик ғайраткер   Бабаш Исмайловтың 100 жыллығына бағышланған «Әдебиятта садық дос тымсалы» әдебий кешеси болып өтти.

📌Кешени музей директоры
Ш.Пайзуллаева ашып берди. Филология илимлери бойынша философия докторы Б.Нурабуллаев әдебияттағы дослық ҳәм садықлық темалары ҳаққында пикирлерин, филология илимлериниң докторы П.Дабылов шайыр поэзиясының көркемлик өзгешеликлерин таллады. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы Б.Жолдасбаев оның муғаллимшилик хызмети ҳәм оқыў қуралларын таярлаўдағы мийнетин атап өтти.

📝Қатнасыўшылар шайырдың поэзиясы, сатиралық шығармалары ҳәм әдебий мийрасты изертлеў жолындағы мийнети ҳаққында пикирлести.

🔖Бул Б.Исмайловтың өмири ҳәм дөретиўшилигин еске алыў кешеси оның әдебиятта қалдырған изине және бир мәрте нәзер аўдарыўға мүмкиншилик берди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
148001
Photo1/2
📣📣 ДЫҚҚАТ, ДАҒАЗА! 🔊🔊

📚 «ӘДЕБИЯТТА САДЫҚ ДОС ТЫМСАЛЫ»

🏛 Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде шайыр ҳәм алым Бабаш Исмайловтың туўылғанына 100 жыл толыўына бағышланған әдебий кешеге мирәт етемиз!

📅 2026-жыл, 16-октябрь

⏰ Саат: 10:00 де

📍 Өтетуғын орны: Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи.

📖 Бабаш Исмайлов қарақалпақ әдебиятының раўажланыўына үлкен үлес қосқан шайыр, алым, әдебияттаныўшы ҳәм аўдармашы сыпатында белгили. Ол қарақалпақ классик поэзиясын үйрениў, фольклорлық шығармаларды жыйнаў ҳәм баспадан шығарыў, туўысқан халықлар әдебиятын халқымызға таныстырыўда жемисли мийнет етти.

✨ Барлық әдебият сүйиўши халқымызды әдебий кешеге мирәт етемиз!

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
371001
✨ Қурбанбай жыраў — «Қырық қыз» дәстанын дүньяға танытқан жыраў ✨🎶

🏛 Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде халқымыздың жыраўшылық дәстүрлерин кеңнен нәсиятлаў ҳәм жас әўладқа жеткериў мақсетинде «Қурбанбай жыраў — «Қырық қыз» дәстанын дүньяға танытқан жыраў» атамасында әдебий кешеси шөлкемлестирилди.

🎙 Саз-сәўбетли кешени музей директоры Ш.Пайзуллаева кирис сөз бенен ашып, жыраўшылық өнериниң тарийхый тамырлары, оның миллий мәдениятымыздағы орны ҳәм бүгинги күндеги әҳмийети ҳаққында айтылды.

📖 🎶 Кешеге Өзбекстан Мәмлекетлик Көркем-өнер ҳәм Мәденият Институты Нөкис филиалының оқытыўшылары, Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары, сондай-ақ
№1 санлы академиялық лицей оқыўшылары қатнасты.

Археология кафедрасының профессоры, тарийх илимлери кандидаты Ж.Айтмуратов, Қарақалпақстан халық жыраўы Б.Сырымбетов, педагогика илимлери докторы, профессор А.Ережепов, ҚМУ Көркем-өнер факультетиниң «Вокаль ҳәм саз әсбапларын атқарыўшылық» кафедрасының баслығы С.Аяпов мазмунлы баянатлары менен қатнасты. Қурбанбай жыраўдың өмири ҳәм оның жыраўшылық өнерин раўажландырыўдағы хызметлери ҳаққында пикирлерин билдирди.

📜 Илаж барысында Қурбанбай жыраўдың «Қырық қыз» дәстанын халық арасында кеңнен танытыўдағы орнына айрықша итибар қаратылды. Дәстанда халқымыздың батырлық үлгилери, елге садықлық, бирлик, мәртлик ҳәм азатлық идеялары көркем сәўлеленгенлиги атап өтилди. Дәстанның басқа тиллерге аўдарылғанын, оның көркемлик қәдир-қымбатын халықаралық дәрежеде танылыўындағы әҳмийети ҳаққында сөз етилди.

🎺«Қарақалпақстан халық жыраўы» «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Ж.Пиязов тәрепинен «Едиге» дәстанынан үзинди атқарылды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
295002
🎶✨ «СӨЗ МҮЛКИНЕ ЖАН БЕРГЕН БАҚСЫ» ✨🎶

📍 Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Қарақалпақстан халық артисти, бақсы Турғанбай Қурбановтың 80 жыллығына бағышланған «Сөз мүлкине жан берген бақсы» атамасындағы саз-сәўбет кешеси жоқары шөлкемлескенлик пенен, көтериңки руўхта өткерилди.
🎵 Кешениң ашылыўында Турғанбай Қурбанов атқарған «Хожа бала» намасына Бердақ шайырдың сөзи менен дөретилген «Маған бер» қосығы 100 ден аслам бақсылар тәрепинен бир ўақытта атқарылды.

Бул шығарма кешеге тек көркемлик мазмун берип қоймастан, устаздан шәкиртке жеткен миллий өнер дәстүрлериниң бүгинги күндеги даўамын да көрсетти.

🎵 Кешеде Турғанбай Қурбановтың өмир жолы хәм дөретиўшилик хызмети хаққында пикирлер билдирилди.

🎤 Кешени кирис сөз бенен музей директоры   Ш.Пайзуллаева ашып берди.
🎙️ Өзбекстан халық бақсысы       Т.Қәллиев «Турғанбай Қурбанов – инсанның ылайықлы өмир жолы» темасында сөз сөйлеп, устазының инсаныйлық қәсийетлери ҳәм дөретиўшилик усыллары ҳаққында айтып өтти.
Сондай-ақ, Нөкис қалалық «Нураный» қорының баслығы.   К.Қәлендеров, Өзбекстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген көркем-өнер ғайраткери Қ.Зәретдинов, Нөкис районы Нураный қорының баслығы Ж.Қайыпов шығып сөйледи.
🎶 Қарақалпақстан халық бақсысы Г.Алламбергенова хәм басқа да бир қатар жас бақсылар тәрепинен қосықлар атқарылды.

📖 Турғанбай Қурбанов 1946-жылы Шымбай районында туўылған. Бақсышылық жолында атақлы бақсы Генжебай Тилеўмуратовтан пәтия алып, соң өзи де көплеген бақсыларға устазлық етти. 🎓 Ол музыка оқытыўшысы, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң доценти сыпатында жас әўладты тәрбиялаўға да өз үлесин қосты.

🌍 Т.Қурбанов миллий бақсышылық өнеримизди Россия, Украина, Франция, Голландия, Белгия, Қазақстан ҳәм басқа да мәмлекетлерде таныстырды.
🏅 Көп жыллық пидәйы мийнетлери нәтийжесинде «Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист» ҳәм «Қарақалпақстан халық артисти» атақлары менен сыйлықланды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
352000
🇺🇿✨ ЕЛИМИЗДИҢ ЕҢ УЛЛЫ, ЕҢ ӘЗИЙЗ БАЙРАМЫ — ҒӘРЕЗСИЗЛИГИМИЗДИҢ 35 ЖЫЛЛЫҒЫ ҚУТЛЫ БОЛСЫН!🇺🇿

📜 «БИР ЎАТАН,  БИР ХАЛЫҚ БОЛЫП, ЖАҢА ӨМИР ҲӘМ КЕЛЕШЕК ЖАРАТАМЫЗ!»

🌿 ҚӘДИРЛИ ҲӘМ ӘЗИЙЗ ЎАТАНЛАСЛАР!

🎉Сизлерди Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы
елимиздиң азатлығы ҳәм еркинлигин, халықтың тынышлығы ҳәм аўызбиршилигин сәўлелендиретуғын ең қәдирли байрамымыз бенен 📚 Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик әдебият тарийхы музейи жәмәәти атынан қызғын қутлықлаймыз! 🎉🇺🇿

💐 Ғәрезсизлик жылларында ана тилимизди, миллий дәстүрлеримизди, әдебият ҳәм көркем өнеримизди қәдирлеўге кең имканиятлар жаратылды.

📖 Өз халқының тарийхын билетуғын, миллий қәдириятларын қәдирлейтуғын, елиниң бүгини ҳәм келешегине бийпәрўа қарамайтуғын жас әўлад — мәмлекеттиң ең үлкен таянышы. 🌟

🤝 Соның ушын жасларды Ўатанды сүйиўшилик, адамгершилик, мийнет сүйиўшилик ҳәм өз-ара ҳүрмет руўхында тәрбиялаў — бәршемиздиң улыўма ўазыйпамыз.

💫 Бүгинги күнде «Бир Ўатан, бир халық болып, жаңа өмир ҳәм келешек жаратамыз!» деген идея халқымызды бирлестирип, елдиң келешегине болған исенимди беккемлеўге шақырады.

🕊️ Елимизде тынышлық ҳәм татыўлық, халықлар арасында дослық ҳәм аўызбиршилик мәңги болсын!✨

🎊🇺🇿 ҒӘРЕЗСИЗЛИГИМИЗДИҢ 35 ЖЫЛЛЫҒЫ МҮБӘРЕК БОЛСЫН! 🇺🇿🎊

🌟 Жаңа Өзбекстанның айдын келешеги, Қарақалпақстанның раўажланыўы ҳәм халқымыздың абадан турмысы жолында биргеликте мийнет етип, уллы мақсетлерге қарай батыл қәдем таслайық!🌿

📚 Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик әдебият тарийхы музейи жәмәәти

| https://instagram.com/berdakh_museum?igshid=ZGUzMzM3NWJiOQ==| https://www.facebook.com/groups/359587935941450/?ref=share&mibextid=NSMWBT| https://youtube.com/@berdaqmuzey7240?si=ANHA625mVg6TiUd-
141002
Photo
🎉 ҒӘРЕЗСИЗЛИГИМИЗДИҢ 35 ЖЫЛЛЫҒЫ МҮНАСИБЕТИ МЕНЕН! 🇺🇿

🎉Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллық мерекеси қарсаңында Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейиниң аға илимий хызметкери Әбдисалим Идирисов «Ўзбекистон Республикаси мустақиллигининг 35 йиллиги» естелик белгиси менен сыйлықланды.🏅✨

📚Ә.Идирисов көп жылдан берли музейде илимий хызметкер сыпатында жемисли мийнет етип, музейге келип түскен араб, парсы ҳәм түркий тиллердеги қолжазбалар менен танысып, оларды үйренип, илимий жақтан анализлеў ҳәм кең жәмийетшиликке таныстырыў бойынша бир қатар жумысларды атқарып келмекте. 📚🔬

🌟 Ә.Идирисовты «Ўзбекистон Республикаси мустақиллигининг 35 йиллиги» естелик белгисин алғаны менен шын жүректен қутлықлаймыз!

✨Оған беккем денсаўлық 💐, шаңарағында аўызбиршилик, илимий ҳәм педагогикалық хызметинде табыслар 📖, жаңа дөретиўшилик жетискенликлер 🌟 тилеймиз!

🇺🇿 Ғәрезсиз елимиздиң раўажланыўы жолындағы мийнетлериниң жемиси мол болғай!

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
258003
Photo
🌟 ҒӘРЕЗСИЗЛИГИМИЗДИҢ 35 ЖЫЛЛЫҒЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН! 🇺🇿

🎉 Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи шегирме жәриялайды! 🏛️✨

📅 29 август – 1 сентябрь аралығында музейимиз ашық болады ҳәм музейге келетуғын ҳәр бир мийманға 10% шегирме усынылады! 🎁

📚 Халқымыздың бай әдебий, мәдений ҳәм тарийхый мийраслары сақланып келинген музейимизге келип, өтмишимиз бенен танысың, уллы шайырларымыздың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўмат алың! 🖼️📜

💫 Тарийхты аңлаў — өзликти аңлаў!

🌿 Музейге саяхат етип, тарийхтан руўхый азық алып, мәдений мийрасымыздың қәдирин сезиниң!

📍 Мәнзил: Ч. Абдиров көшеси, 1-жай
🎟️ Шегирме: 10%

📅 Шегирме күнлери: 29 август – 1 сентябрь

🏛️ Музей усы күнлери ашық болады!

💐 Сизлерди Бердақ музейинде күтемиз!

| https://instagram.com/berdakh_museum?igshid=ZGUzMzM3NWJiOQ== | https://www.facebook.com/groups/359587935941450/?ref=share&mibextid=NSMWBT | https://youtube.com/@berdaqmuzey7240?si=ANHA625mVg6TiUd-
230000
📚 Музейимиз фонды жаңа тарийхый естеликлер менен байымақта

🏛Музейимизге ата-бабаларымыздан мийрас болып келген араб жазыўындағы ески қолжазба ҳәм баспа китаплардың келип түсиўи даўам етпекте.
Бул сапар музейимиздиң бөлим баслығы Ш.Ембергенова
Қанлыкөл районындағы мешиттен бир неше әҳмийетли қолжазба ҳәм баспа китапларды музей фондына тапсырыўға еристи.

📜Музей фондына алынған қолжазбалар:
Қуранның ески қолжазба фрагменти
«Ҳафтияки Шарийф»
«Ийман шәртлери»
«Қырық парыз»
«Нурнама»
«Фиқҳи Кәйдәний»
Түркий тилдеги Пайғамбарымыз (а.с.) ҳаққындағы қысса
Ибраҳим Махмудий қәлемине тийисли парсы тилиндеги «Гүлшани таўҳид» шығармасы
«Мухтасарул ўиқая»
Тас баспа китаплар:
Қазандағы «Кәримия» баспаханасында ҳижрий 1322-жыл (мийләдий 1904-жыл) басып шығарылған «Кәлами шәриф»
«Муҳаммадий» баспаханасында басылған ески «Далаилул хайрат» атлы тас баспа китабы
Бир неше шығармалар жәмленген жыйнақ (мажмуа). Оның курамында: «Қутбий», «Шарҳуш-шамсия», «Абдулғафур», «Ҳашия Маўлаўий», Алишер Наўайы ҳәм Махтумқулы поэзиясынан үзиндилер, таҳарат ҳәм ҳәр қыйлы дуўалар, сондай-ақ Суўфы Аллаярдың «Сабатул ажизийн» шығармасы орын алған.
Усы китаплардың барлығы XIX әсир ҳәм XX әсир басларында халқымыз арасында кең тарқалған болып, көпшилиги ески мектеп ҳәм медреселерде сабақлық ретинде пайдаланылған.

🌿📚Биз өз гезегинде музей фондын байытыўға өз үлеслерин қосқан 🕌Қанлыкөл районы мешит жәмәәтине ҳәм музей бөлим баслығы Ш.Ембергеноваға 🌸 шын жүректен өз миннетдаршылығымызды билдиремиз! 💐✨
241001
📍 БЕРДАҚ МУЗЕЙИНИҢ НӘЎБЕТТЕГИ ЭКСПЕДИЦИЯСЫ — ШОРАХАН ЕЛАТЫНДА! 🏛️✨

Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи нәўбеттеги илимий-изертлеў экспедициясы Төрткүл районы Шорахан елатына ҳәм Қәлендер дағлы медресесине болды. 🗺️📚

📜 Аңызларға қарағанда, Шорахан елат аты Шора батыр-хан аты менен байланыслы. Бул жер — белгили жыраўлар Жийемурат ҳәм Қурбанбай жыраўлар туўылып-өскен қутлы мәкан.🎶

🏛️ Қәлендер дағлы медресесинде атақлы Муўса бақсы тәлим алған. Халық аўзында оның «Жети асырым» намасының дөретилиўине байланыслы қунлы аңыз сақланған. 🎵📜

🎼 Бердақ шайыр Муўса бақсының өнерин жоқары баҳалап, оның сазгерлик шеберлигин өз қосықларында жырлаған:

💐«Тәрийп етейин оны дослар,
Адамзаттың кеўлин хошлар,
Қайырылады ушқан қуслар,
Сазын еситсе Муўсаның».

👥 Экспедицияға композитор, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген көркем-өнер ғайраткери Қ. Зәретдинов, Қарақалпақстан халық артисти Д. Мәмбетмуратов, ҚМУ оқытыўшысы, PhD С. Пирниязов, Өзбекстан халық бақсысы Т. Қәллиев, сондай-ақ бақсы-жыраўлар, музей хызметкерлери, нураныйлар ҳәм ақсақаллар қатнасты.

🔎 Экспедиция барысында Шораханның тарийхы, бақсы-жыраўшылық дәстүрлери ҳәм халық арасында сақланған аўызша дереклер үйренилди.

✨ Топланған мағлыўматлар халқымыздың тарийхый-мәдений мийрасын терең үйрениў ҳәм келешек әўладларға жеткериў ушын әҳмийетли дерек болып хызмет етеди. 🏺📚

| https://instagram.com/berdakh_museum?igshid=ZGUzMzM3NWJiOQ==| https://www.facebook.com/groups/359587935941450/?ref=share&mibextid=NSMWBT| https://youtube.com/@berdaqmuzey7240?si=ANHA625mVg6TiUd-
351002
Photo
🎉 Туўылған күниңиз мүбәрек болсын, Ҳүрметли Президент!

🏛Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи жәмәәти атынан Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Миромонович Мирзиёевти бүгинги қутлы күни менен шын жүректен қутлықлаймыз!
Мәденият, көркем-өнер ҳәм миллий мийрасымызды раўажландырыў жолындағы ийгиликли ҳәм саўаплы жумысларыңызда ҳәмийше үлкен табыслар яр болсын.
Халқымыздың абаданлығы ҳәм елимиздиң тынышлығы жолындағы тынымсыз мийнетиңизде саў-саламатлық, узақ өмир ҳәм жаңа жетискенликлер тилеймиз!

✅ Туўылған күниңиз қутлы болсын! 🇺🇿

| https://instagram.com/berdakh_museum?igshid=ZGUzMzM3NWJiOQ==| https://www.facebook.com/groups/359587935941450/?ref=share&mibextid=NSMWBT| https://youtube.com/@berdaqmuzey7240?si=ANHA625mVg6TiUd-
504000
📜ҚАРАҚАЛПАҚ ҲАҚҚЫНДА СӨЗ
                 ⚜⚜⚜

Мен кисилик таластырып,
Киси менен жарыспайман.
Тарийхшыға пал аштырып,
Әййемгиме тарыспайман.

                  ⚜️⚜️⚜️

Мәрт Тумарис — массагеттиң,
"Қырк қызының“ урпағыман,
Перзентимен печенегтиң,
Шөлдиң қарақалпағыман.

                  ⚜️⚜️⚜️

Қара табан, қара пуқара,
Бабам ғайбар киси болған,
Кеўли ақ қалпағы қара,
Жаў менен көп иси болған.

                 ⚜️⚜️⚜️

Аттан қулап атырғанда,
Қан майданда сүйеп оны,
"Бир ўәсият айтып кет онда"
Деп сорапты оннан улы.

                 ⚜️⚜️⚜️

Ўәсият екен ал сондағы
Айтып кеткен урпағына,
"Тыр жаланаш қалсаңдағы,
Бек бол, бала, қалпағыңа!..."

                    ⚜️⚜️⚜️

Қарақалпақлар соннан баслап,
Қалпағы менен туўылыпты.
Көп заманды изге таслап,
Қалпақ шешпей жуўырыпты.

                   ⚜️⚜️⚜️

Көп заманның әндийшесин,
Көрседе көзи ағармаған,
Жоғалтсада көп нәрсесин,
Қалпағы ҳеш жоғалмаған.

               ⚜️⚜️⚜️

Қатал сорап қысым етип,
Хан да оны шештире алмаған,
Жан шықпаса гелле кетип,
Жаўда оны шештире алмаған.

📆1972-жыл.

| https://instagram.com/berdakh_museum?igshid=ZGUzMzM3NWJiOQ==| https://www.facebook.com/groups/359587935941450/?ref=share&mibextid=NSMWBT| https://youtube.com/@berdaqmuzey7240?si=ANHA625mVg6TiUd-
98000
Photo
📖️Қарақалпақ әдебиятының үлкен байтереги, туўма таланты менен халқымыздың кеўлинен терең орын алған Ибрайым Юсупов быйыл 97 жаста.

✨ И.Юсупов өзиниң өмир жолында ҳәм жазған ҳәр бир қосық қатарында Ўатанға болған шексиз муҳаббатын жырлады. Оның қосықлары бүгин де заман менен бирге жаңлап келмекте.

✅ Музейимизде И.Юсуповқа бағышланған өз алдына көргизбеси бар.
Сондай-ақ, музей фондында шайырдың үй-архивинен алынған 2 мыңнан аслам китаплар сақланып келинбекте.

| https://instagram.com/berdakh_museum?igshid=ZGUzMzM3NWJiOQ==| https://www.facebook.com/groups/359587935941450/?ref=share&mibextid=NSMWBT| https://youtube.com/@berdaqmuzey7240?si=ANHA625mVg6TiUd-
100000
Photo
📚

🖋 Белгили илимпаз, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен илим ғайраткери Артық Каримовтыӊ туӯылғанына быйыл 100 жыл толмақта.

📜 Жақында усы илимпаздыӊ үй архивинде сақланып келген қолжазбалары ҳәм илимий мийнетлери музей фондына тапсырылды.

📖 Бул материаллар ишинде классикалық әдебият ӯәкиллери — Жийен жыраӯ ҳәм Өтеш шайырдыӊ дөретиӯшилигине байланыслы жыйналған изертлеӯлер, сондай-ақ шайырлар ҳаққында қунлы мағлыӯматлар орын алған.

📝Илимпаздыӊ мийнетлерин музейге тапсырыӯда оныӊ қызы Рәӯия Каримова жақыннан жәрдем көрсетти.

📜Музей жәмәати атынан Рәӯия Каримоваға өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

| https://instagram.com/berdakh_museum?igshid=ZGUzMzM3NWJiOQ==| https://www.facebook.com/groups/359587935941450/?ref=share&mibextid=NSMWBT| https://youtube.com/@berdaqmuzey7240?si=ANHA625mVg6TiUd-
297000
Photo
🎨 «ЖАС ӨНЕРМЕНТЛЕР»    
КӨРГИЗБЕСИ

🏛 Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Көркем-өнер факультети студентлери — жас өнермент ҳәм художниклер — Меҳригүл Аманиязова, Райхан Наўрызбаева ҳәм Айназар Узақбаевтың «ЖАС ӨНЕРМЕНТЛЕР» атлы дөретиўшилик көргизбеси болып өтти.

👥 Ашылыў мәресимине Өзбекстан Көркем-өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими баслығы У.Утегенова, Республикамызға белгили художниклер ҳәм студент жаслар қатнасып, жас дөретиўшилерге жоқары баҳа берди.

📌 Бул сыяқлы илажлар көркем-өнеримиздиң раўажланыўында әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

🖌 Көргизбеде заманагөй миллий колоритти сәўлелендириӯши композициялар ҳәм қол өнери үлгилери қойылды.🧵

✨ Ҳәр бир шығармада дөретиӯшиниӊ руӯхы ҳәм көркем-өнерге муҳаббат айқын сезиледи.

🌟 Бул көргизбе жас талантлар ушын көркем-өнер майданына қойылған қәдем болып, оларды жаңа жетискенликлерге илҳамландырады.

| https://instagram.com/berdakh_museum?igshid=ZGUzMzM3NWJiOQ==| https://www.facebook.com/groups/359587935941450/?ref=share&mibextid=NSMWBT| https://youtube.com/@berdaqmuzey7240?si=ANHA625mVg6TiUd-
259000
📚ҚАРАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТЫНЫҢ САҒАСЫ

📋СОППАСЛЫ СЫПЫРА ЖЫРАӮ
  XIV әсирде жасаған, қарақалпақ ҳәм басқа да түркий халықлар әдебияты тарийхында айырықша орын ийелеген көркем сөз шебери.

📜Филология илимлериниӊ докторы Н.Дәӯқараев өзиниң изертлеӯлеринде қарақалпақ әдебиятының тамырларын ноғайлы дәӯиринен, яғный Соппаслы Сыпыра жыраӯ, Асан Қайғы ҳәм Жийренше шешенлердиң дөретиӯшилигинен басланатуғынын илимий тийкарлап берген.

🖋Шохан Ӯәлийханов оны Тохтамыс ханның ең абырайлы кеңесшилериниң бири ҳәм ноғайлы дәӯири эпосларының тийкарғы атқарыӯшысы сыпатында баҳалайды.

🔖Академик Әлкей Маргуланның мағлыӯматларына қарағанда, Сыпыра жыраӯ қыпшақ урыӯынан шыққан. Халық арасындағы аңызларға қарағанда оның бир ярым әсирден аслам 180 жыл өмир сүргени айтылса, ал толғаӯларында 360 жас жасағаны айтылады. Бул оның көпти көрген, дана инсан жыраӯ болғанын ҳәм дөретиӯшилигиниң бир неше әӯладлар даӯамында толықтырылып бизге шекем жетип келгенин көрсетеди.

✨Жыраӯдың ең үлкен мийрасы — атақлы «Едиге» дәстаны ҳәм бир қатар толғаӯлары.

📝Профессор Қ.Мақсетов Сыпыра жыраӯды қарақалпақ жыраӯшылық мектебиниң баслаӯшысы болған уллы тулға деп есаплайды.

🎻«Едиге» дәстанының Ерполат, Есемурат, Қыяс, Өтенияз ҳәм Кәрим жыраӯлар тәрепинен айтылған вариантларының сақланып қалыӯы жыраӯ дөретиӯшилигиниң халық арасында терең тамыр жайғанын көрсетеди.

📕Соппаслы Сыпыра жыраӯдан бизге шекем жеткен тийкарғы шығармалары:

🔰 «Бабаңман»
🔰«Аӯыз айғақ, тил тайғақ»
🔰 «Төрелер»
🔰 «Қырымның қырық батыры»
🔰 «Бир дегенде не жаман»

🌏Мухтар Магауинниң пикиринше, Сыпыра жыраӯ — қарақалпақ әдебиятындағы ең үлкен эпостың ҳәм жыраӯлар мектебиниң негизин салыӯшысы.

📖Оның шығармалары тек қарақалпақ емес, ал қазақ, татар, башқурт ҳәм ноғай фольклорында да кеңнен сақланған.

| https://instagram.com/berdakh_museum?igshid=ZGUzMzM3NWJiOQ==| https://www.facebook.com/groups/359587935941450/?ref=share&mibextid=NSMWBT| https://youtube.com/@berdaqmuzey7240?si=ANHA625mVg6TiUd-
196001
📜

⚡️ Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде қарақалпақ әдебиятының көрнекли тулғасы, ағартыўшы ҳәм шайыр Ысақ ибн Ибраҳим Қоңыратийдиң (1836–1892) туўылғанына 🎉 190 жыл толыўы мүнәсибети менен 📚 «Вамбери ҳәм Молла Ысақ: халықлар арасындағы әдебий дослық көпири» атамасындағы конференция болып өтти.
📝 Конференцияны музей директоры Ш.Пайзуллаева кирис сөз бенен ашып берди.

🎤 Кеше даўамында алымларымыз өзлериниң қызықлы баянатлары менен қатнасты:
🔹 Ш. Абдиназимов (ҚМУ, ф.и.д., профессор) — «Қарақалпақстанлы туңғыш ағартыўшы»;
🔹 М. Қарлыбаев (Өз РИА ҚБ, т.и.д., проф.) — «Молла Ысақтан излеп...»;
🔹 П. Алламбергенова (ҚМУ, ф.и.к., доцент) — «Ысақ ибн Қоңыратый поэзиясының қарақалпақ әдебияты тарийхындағы орны»;
🔹 А. Идирисов (Музей аға илимий хызметкери, деректаныўшы) — «Ысақ Молла шығармаларында XIX әсирдеги қарақалпақлардың руўхый дүньясының сәўлелениўи».

🌍 Соныӊ менен бирге, конференцияға шет ел алымлары да айырықша итибар қаратып, өзлериниң видео қутлықлаўларын жиберди.

💬 Шығып сөйлеӯшилер

🔹 XIX әсир қарақалпақ әдебиятының белгили ўәкили болған Молла Ысақтың өмири ҳәм дөретиўшилиги;

🔹 Шығыстаныўшы Ҳерман Вамбери менен болған дослығы ҳәм оның Батыс Европа мәденияты менен байланысы;
🔹 Ж.Шамуратов ҳәм Ш.Пайзуллаева тәрепинен топланған шайырдың қосықларының әдебий-тарийхый әҳмийети додаланды.

📌 Академик С.Камалов атап өткениндей, молла Ысақ сыяқлы тарийхый тулғаларымыздың өмири ҳәм хызмети ҳаққындағы мағлыўматларды излеп табыў ҳәм келешек әўладқа жеткериў – бизлердиң муқаддес ўазыйпамыз.

📖 Қатнасыўшылар шайырдың дөретиўшилигин сақлап қалыў ҳәм илимий изертлеўлерди буннан былай да даўам еттириў зәрүрлигине айрықша тоқталды.

| https://instagram.com/berdakh_museum?igshid=ZGUzMzM3NWJiOQ==| https://www.facebook.com/groups/359587935941450/?ref=share&mibextid=NSMWBT| https://youtube.com/@berdaqmuzey7240?si=ANHA625mVg6TiUd-
265000

Showing 27 of 27 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи Telegram арнасы не туралы?+

Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи (@adebiyatmuzeyi) — tgdio сайтында Pinay контенті санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 375 жазылушы бар.

Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи (@adebiyatmuzeyi) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @adebiyatmuzeyi арнасына тегін жазылыңыз.

Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи жақсы Pinay контенті арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 375 жазылушы бар. ұқсас Pinay контенті арналарымен салыстырыңыз.

Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @adebiyatmuzeyi бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.