ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚 Telegram channel photo

ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚

@adebiyaziqPublic Channel

ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚 shares Ас мәзірі мен рецепттер updates and media on Telegram. Join to stay updated.

320

Last views

28 (28 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
10
Total Posts
Oct 17, 2026, 4:30 PM
Жаңартылған
Apr 29, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚
Username@adebiyaziq
CategoryАс мәзірі мен рецепттер
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер28
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 29 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 5 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#71310+200
Тіл бойынша рейтинг
#85+1
Санат бойынша рейтинг
#358Өзгеріс жоқ

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 2830 Days growth: +13.7%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:202627
19:09:202627
20:09:202627
21:09:202627
22:09:202627
23:09:202627
24:09:202627
25:09:202627
26:09:202627
27:09:202627
28:09:202627
29:09:202627
30:09:202627
01:10:202627
02:10:202627
03:10:202627
04:10:202627
05:10:202627
06:10:202627
07:10:202627
08:10:202627
09:10:202627
10:10:202627
11:10:202627
12:10:202627
13:10:202627
14:10:202627
15:10:202627
16:10:202627
17:10:202628
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 27:04:202628
Week of 04:05:202628
Week of 11:05:202628
Week of 18:05:202628
Week of 25:05:202628
Week of 01:06:202628
Week of 08:06:202628
Week of 15:06:202628
Week of 22:06:202628
Week of 29:06:202628
Week of 06:07:202626
Week of 13:07:202626
Week of 20:07:202626
Week of 27:07:202626
Week of 03:08:202626
Week of 10:08:202626
Week of 17:08:202628
Week of 24:08:202628
Week of 31:08:202627
Week of 07:09:202627
Week of 14:09:202627
Week of 21:09:202627
Week of 28:09:202627
Week of 05:10:202627
Week of 12:10:202628
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 202628
May 202628
June 202628
July 202626
August 202628
September 202627
October 202628
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
202628

Top 10 posts

Most viewed posts from this channel

By views
  1. #1https://t.me/ustazhamhauesker443
  2. #2Ассалаўма алейкум азизлер.409
  3. #3Әдебияттағы (илимий жақтан) қосықтың анықламасын ҳәм турлерин илажы бо367
  4. #4Ассалаўма алейкум, жуўмаққа ҳеш кимниң қосымшасы жоқ болса онда тастый342
  5. #5Демек шайыр деген ким дегенге ҳәммениң пикиринен келип шыққан ҳалда тө337
  6. #6Ассалаўма алейкум, қосық деген не деген теманың жуўмақлап көрейик. Бул320
  7. #7Главное слово в поэзии Евгения Евтушенко - слово гражданина, главные р272
  8. #8Ассалаума алейкумлер.251
  9. #9Шайыр деген ким деген сораўға, төмендегише жуўап берер едим.📍235
  10. #10Руссша түсинбегенлер болса өзимше русс шайыры Евгений Евтушенконың қан214

Соңғы посттар

ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚 logo
ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚

2026 ж. 03 қыр., 13:21

Ассалаўма алейкум, қосық деген не деген теманың жуўмақлап көрейик. Бул жердеги пикирлерден келип шығып қосық бул - шайырдың дөңгеленген пикири; кеўилге мәлҳәм беретуғын шайырдың кеўил кеширмеси; төрт қатарға сыйдырылған манили ҳәм мийға қонымлы әдебий шығарма; эмоционал мәниси күшейтип көркемленген сөз ойыны; автордың өзи көрген, сезинген кеўил дуньясының нәшелеп өрилген имараты; ишинде әпиўайы сөз бенен айта алмаған шайырдың қәлб сөзи; қара сөзлерди уйқастырып кең мәнини төрт қатарларға сыйдырылған кеўил мүлки; кеўил асқазанын азықлантырыўшы витамин; халықтың еркин айталмағанын, кумсаған әрманын сүўретлеўши делбеў;

Қосымшалар болса айтыңлар кеште тайтыйқлаймыз
320000
ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚 logo
ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚

2026 ж. 03 қыр., 13:21

Әдебияттағы (илимий жақтан) қосықтың анықламасын ҳәм турлерин илажы болғанынша қысқаша түсиндириўге ҳәрекетленип көремен.
ҚОСЫҚ- бул көркемлик сөзлерден туратуғын, буўынлары тең қатарлардан дизилген, ҳәр қатардың изи уйқастырылған (рифмланған), поэзияның бир бөлимине тийисли (көбинесе лирикаға), көлеми бойынша онша үлкен болмаған әдебий шығарма.
Енди әдебиятың жанры 3 түрге бөлинеди: Эпос (поэзиялық ҳәм прозалық формасы бар), Лирика (толығы менен поэзияға тийисли), Драматургия (поэзиялық ҳәм прозалық формасы бар).
Бизлер бул жанрлардың қосықлар менен жазылатуғына тоқтап өтейик.
I. ЭПОС тың түрлери:
ТЫМСАЛ- бул астарлы мәниде жазылған, тәрбиялық қәсийетке ийе, тийкарғы қаҳарманлары ҳайўанлар, өсимликлер ҳәм күнделикли қолланатуғын жансыз затлар(нәрселер) болып, солар арқалы адамлардың жағдайын жеткерип беретуғын, ең ақырында тәрбиялық маңызын (мораль) түсиндиретин дидактикалық әдебий шығарма.
ПОЭМА-(грекшеден аўдарғанда poiëma-жаратыў дегенди аңлатады) бул көп бөлимнен ҳәм үлкен қосық қатарларынан туратуғын, ўақыяны кең сүўретлейтугын, белгили бир авторға тийисли, лирикалық характерге ийе әдебий шығарма.
ДӘСТАН- бул қандайда бир халықтың бурынғы батырлары ҳәм олардың ислеген қаҳарманлықларын, ҳалқы ҳәм мухабаты ушын гүресин сүўретлеп бериўши патриотлық тәрбияға ийе, көп бөлими қосықлардан туратуғын әдебий шығарма. Дәстанлар әўладтан әўладқа аўызеки формада өткени себепли оның авторы халық саналады.


II. ЛИРИКАның түрлери:
ЛИРИКАЛЫҚ ҚОСЫҚ- бул өмирди, мухаббатты, кыйыншылықларды, дүньяға көз-қарасты автордың жеке эмоциялық сезимлери, кеўил кеширмелери менен поэзиялық шығарма.
СОНЕТ (италияншадан sonet-сес, даўыс дегенди аңлатады) - бул қатаң поэтикалық формаға ийе болған, 14-қатардан (3 төртлик куплет және екилик ямаса 2 төртлик куплет және 2 үшлик куплеттен) туратуғын, кишкене бир эпизодты көрсететуғын, үлкен бир шығарманың кишкене бөлеги. Сонетлерди Шекспир шығармалары арқалы көп танылмалы болды. Көбинесе операларда көп қолланылады.
ГИМН (грекшеден аўдарғанда gimna-уллылаў дегенди аңлатады)- бул расмий түрде қандайда бир объектти (қудайды, мәмлекетти, қаҳарманларды, мекемелер-уйымларды, шөлкемлерди, қандайда зәрүрий бир ўақыя-ҳәдийселерди) көтермелеп, уллылап жазылған шығарма айтылады. Әдетте музыкасы менен бирге жүреди.
ЭПИТАФИЯ (грекшеден аўдарғанда epitaphios - қәбирге дегенди аңлатады) - бул биреўдиң өлими себепли, әдетте қулпы тасқа жазылатуғын қосық.
ЭЛЕГЕЯ - бул қысқаша айтқанда қайгылы қосық, жуўапсыз мухаббат, өмирден налыныў, кеўил қалыў, қайғылы философиялық ойлар, ғәплет басыў, бир нәрсени жойтыў ҳ.т.басқа кеўил кеширмелери сәўлеленген поэтикалық шығарма.
РОМАНС- бул лирикалық сезимлерди музыка менен айтатуғын қысқа қосық.
САТИРАЛЫҚ ҚОСЫҚ- бул ҳәзил ҳәм юмор менен жеңил түрде жазылған қосық.
АРНАЎ- бул қәлеген темадағы автордың қандайда бир адресатқа каратылған поэтикалық шығармасы. Адресат көбинесе адам болады, бирақ айрым жағдайларда ҳайўан, өсимлик яки жаны жоқ нарсе болыўы да мүмкин.
РУБАЙ - бул төрт қатар (тек бир куплет) менен кең философиялық ойды өзине жайғастырып мағанасын ашып бериўши әдебий шығарма. Рубайларды көбинесе шығыс халықларының көрнекли ўәкиллери кеңнен қолланған.
ГӘЗЕЛ- бул еки қатарлы куплетлерден туратуғын, ишинде қандайда бир философиялық маңызы бар уйқаслары баста "АА" кейнин "ВА, СА, DА......" типинде даўам ететуғын әдебий шығарма. Ғәзеллерди көбинесе шығыс шыйырлары жазған.

ДРАМАТУРГИЯ тийкарынан үш түрге бөлинеди: Драма, Комедия, Трагедия. Олардың поэзиялық формасы намаға салынып мюзикл деп аталады.
367004
ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚 logo
ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚

2026 ж. 03 қыр., 13:21

Ассалаўма алейкум азизлер.

Бүгин 2-тема: Қосық деген не?, Қосықлар қандай болып бөлинеди.

Бул жерде тек әдебияттағы анықламасы емес, Сизлердиң түсинигиңиздеги қосық деген ой-пикириңизди айтсаңыз болады. Меники қәте шығар деп пикириңизди айтпай қалыў керек емес, бизлерге ҳәр бириңиздиң пикириңиз зәрүр.
409001
ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚 logo
ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚

2026 ж. 03 қыр., 13:21

Ассалаўма алейкум, жуўмаққа ҳеш кимниң қосымшасы жоқ болса онда тастыйқлаймыз.

1. Еки күннен берли ҳәммемиз пикирлесип шайыр деген ким деген сораўға жуўап изледик ҳәм жәмлеген пикирлесиў арқасында аныклама кириттик.
Енди шайыр деген ким екенин билемиз, будан не келип шығады. Ҳәр биримиз жуўмақты жақсылап оқып шығайық ҳәм ендигиден былай өзимизди ШАЙЫР деп айтыўымыз ҳәм ойлаўымыздан алдын берилген анықламаның ишиндеги барлық пазийлетлер барлығына исеним қабыллап алайық заманласлар.
Мен бул сөзим менен Сизлер шайыр деген атқа турмайсыз дейжақ емеспен, керисинше Сизлерге(соның ишинде өзиме де) шайыр деген ат бир улкен таў екенин ҳәм оның бийик шыңына шығыў ушын жол көрсетиўге ҳәрекет етип атырман. Стимул ушын алдыңызға мақсет қойылды, енди тек сол таўдың басына шығыў қалды болғаны, ҳәр бириңизге (соның ишинде өзимеде) сол таўды ең бийик шыңына шығыўыңызға тилеклеспен, алға замаласларым.

2. Шайыр деген атты алыўды басқада жолы бар. Ол халық өзи Сизди шайыр десе демек Сиз сол атқа ылайықсыз, ҳәзир танысларыңыз, ағайын туўысқаныңыз, кәсиплеслериңиз, жора-жолдас, қурбыларыңыз Сизди шайыр деп атаўы мүмкин, оларда халықтың бир бөлими демек сол атқа ылайық болыўыңыз ушын биринши қәдем басылды деген сөз. Бирақ бәрибир жоқарыда көрсетилген пазийлетлерди умытып кетпең.

3. Шайыр деген атты мәмлекетте бериўи мүмкин, ҳәм бул жол менимше ең аңсатлаў жол деп ойлайман. Бирақ Сизге мәмлекет атақты берип халық бермесе, ол жол Сизге керек пе?

Бәршеңизге саў саламатлық, таўдың басына шығыўыңызға талмас күш-ғайрат тилеймен. Соның менен биринши темамыз жуўмақланды, Сизлерге пайдасы тийген болса онда бизиң төбемиз көкте.
342000
ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚 logo
ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚

2026 ж. 03 қыр., 13:21

Демек шайыр деген ким дегенге ҳәммениң пикиринен келип шыққан ҳалда төмендегини айтамыз.

Қанында шайырлық таланты бар; өз үстинде көп ислениўши; дүнья қарасы өзгеше (әлемди гөззал реңлерде көрип билетуғын); ой өриси кең; ҳәр бир адамның қәлбине жол таба алатуғын; қосық жазбаса тура алмайтуғын, поэзияға меҳир қойған; ҳүжданлы, ақыллы, саўатлы, ер жүрек (ҳақыйқатты қорқпай айта алатуғын); қосықты жақсы жазатуғын (уйқаслары сулыў, буўынлары тең келген); көпти көрген (басынан көп қыйыншылықларды өткерген);
китап көп оқыйтуғын; териси жуқа (сезимлери жүдә сезгир); маржан сөзлерди шырайлы қурайтуғын шебер; халық тәрепинен тән алынған инсан айтылады екен.

Шайыр деген атақты халық береди екен, бирақ мәмлекетте сол атақ бере алады екен

Туўрыма, ҳәмме пикирди бир жерге жәмлей алдымба, яки қалып қойған жери барма, бар болса қосымша айтып жибериң
337000
ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚 logo
ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚

2026 ж. 03 қыр., 13:21

Ассалаума алейкумлер.
Ал мен кешиктим, кеширимли болсын.
Шайыр ким?-Шайыр ол қосық дөрете алатуғын адам.
Ал "жақсы шайыр" , "жаман шайыр" деген түсиник барма, қалай ойлайсызлар?
Мениңше, жаман шайыр "уже" шайыр емес!
Мысал ушын мениң сауатым жетеди-бирак мен сөзди заялап, тақлай бергим келмейди. Тақлауға, саплауға сауатым жетеди демекши едим.
Жоқарыда да айтылды. Қосық тууылады өзи. Сиз тек соны қағазға түсириуиңиз керек.
Ал, қосық тууылды. Ол сизиң ишки дебдиуиңиз. Ол сизиң дәртиңиз я қууанышыңыз болыуы мумкин, я кисиники, я сизиң фантазияңыз-қыялый қалеуиңиз болыуы мүмкин.
Бирақ миллион китап шығарсаңызда соның бир қатарын адамлар "цитата" қылып айтып жүрмесе пайдасы жоқ! Дурыс, ол сизиң ишки дебдиуиңиз! Жазылып болғаннан кейин халықтыки! Уақтында "сыртқа шықпасын, тарқап кетпесин" деп жүргенлер болды. Онда сайтларға қойып не қыласаң!
Енди жақсы қосықты шайыр да хәмме уақытта жаза ала бермейди.
Хәр бир қосықтың, қәлеген дөретпениң өз аудиториясы болады. Мәселен, мен жүда жеңил деп есаплаған дөретпени "ал ха" деп көпшилик көтермелеп кетиуи мүмкин. Сол көпшиликтиң қабыл етиу дәрежеси сол!
Сын баха хеш кимге жакпайды. Маған да.
Бирақ. дым қопал болып турғанда биреулерге айтсаң-жақтырмайды. Хәтте мениң менен урысқанлар да болды.
Негизи мен кимге итибар берип айтсам, қууансын)). Мениң хеш кимге жаман нийетим жоқ.
Уақтында "Шымбайымның шар базарын айланаманай" да хит болды. Сөзлерине бир итибар бериң.
Тап сондай "бәлентпаруаз" сөзлерди қойып жазыуға урынады көпшилик. Мейли, қазаншы сизлер....
Енди бууын бойынша.
Негизи жүдда әжайып қосық болыуы ушын бууынның да рифманың да болғаны дурыс. Бирақ ара тура "бузылыңқырап кетсе де", егер қосық әжайып болса, ол билинбей кетеди.
Бирақ шеберлик дегенниң мәниси-сол төрт тәрепи пүтин болып турғанын түсинемен. Бул мениң жеке пикрим. Дурыс, мен хеш ким емеспен. Әпиуайы оқыушы сыпатында айтаман. "Қауын егип билмесек те мазасын билемиз" дегениндей М. Нызановтың. Көп косыкларды бир куплетин оқыйман да, аржағына өтиуге , өзимди зорлап та шама таба алмайман.
Ал бир қосықларды оқысам, оқып болғанша асығып "ким екен авторы ким екен" деп тураман.
Қосық қосық болсын, проза проза болсын.
Мен жеке өзим, ақ қосық, көк қосықларды онша қосық деп тән ала бермеймен. Бул хаққында бәсекилеспеймен, бул мениң пикирим.
Сағынбай Ибрагимов тың да рифмасыз қосықларын-қосық деп есапламайман. Гейфрут дегендей... Мутант деген түсиниклер бар. Мениң көз қарасымда сондай. Хәтте жақсы , мәнили болса да.
Кейин Ойшыл бир еки жерде айтып атыр, намаға түспейтуғын қосықлары хаққында))
Бабур, Алишер Науайы, Бердақ, И.Юсуповтың қосықлары да бүгинги күнлерде намаға салынып атыр.
Сөздиң мәнисин түсинип қосық қыламан деген адам-келешекте де қосық қыла береди.
Еле сизиң қосықтың сазендеси табылған жоқ! Қадир Хилаловлар еле жетилисип шықпады. Жеңил желпи қосықлар бүгин бар-ертең жоқ! Сол керек пе сизге.
Поэт песенник дегенлер болады. Олар сол бууыны бойынша заказ береди, кейин намага тусиреди.
Бир куни бир шайырдың қосығын Усманова-мынаның бууынын кыскартып бер деп өтинипти.
Як депти шайыр. Себеби оны Эркин Комилов той жыйынларда усы халында окып журипти!-Мине шайырдың принципи.
Кейин халықтың дәртин хәмме де айта бермейди.
Уақтында "Қарақалпағым" деген қосық халық арасында тарқап, қосылып көбейип кеткен. Жазасы да ауыр болған,
Қосық бул ең биринши нәубетте-дәрт, қайғы, қууаныш.

Не пайда табасан буйтип журсиннен
Журегиннен ошир ! Кутыл гурсиннен
Бахыт тиле маган иши- ишиннен
Тагдийрим жазбаса илажым канша.

Ал мына қатарларға не дейсиз?


Оннан кейин, көпшиликтиң жиберетуғын қәтеси сол мен езип айта беретуғын "Сен" менен "сизди" былғау араластырып!
Мен ДИЛди де жақтырмайман))
251000
ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚 logo
ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚

2026 ж. 03 қыр., 13:21

Шайыр деген ким деген сораўға, төмендегише жуўап берер едим.📍

Шайыр болыў ушын ең биринши себеп бул мухаббат ҳәм басқа да сезимлер, эмоциялар.📍
Неге мухаббатты бөлеклеп айттым, себеби 90% шайырлар жаслығында биринши мухаббатына арнап, сол сезимди ҳәм сезим ийесин ишиндеги лаўлаған туйғы менен түсиндирип, тәрийп берип қәлем тербетеди.📍

Екинши себеп өмирдеги қыйыншылықлар, өзиниң басынан өткен сынақлар, сол кыйыншылықлар менен гүресиўде шайыр писип жетилисип келеди, дигирманнан өтпеген шайыр шайыр емес деп есаплайман.📍

Үшинши себеп илимге, әдебиятқа берилип көп оқыў, көп оқыўдың өзи сол оқып атырған китаптын авторының басынан өткен кыйыншылықларын көз алдыңа келтирип сол ўақияларды тап өзиниң басынан өткерип керекли көнликпелерди оқыў арқалы өзлестиреди сөзге шешенлик пайда болады.📍

Көп шайырлар өзгеше табият адамлары болады, бирақ өзин сол әпиўайы адамлар арасынан излейтин адам ғана ҳақыйқый шайыр деген атаққа ылайық.
Енди шайыр деген атақты тек халық бере алады, каншама қосық жазган менен, көкрекке урып мен шайырман деген менен халық ол қосықты оқымаса, яки түсинбесе, яки мәнисин түсиндирип бералмаса ол шайыр бола алмайды📍

Турғанбай Қарлыбаев 🖋
235000
ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚 logo
ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚

2026 ж. 03 қыр., 13:21

Руссша түсинбегенлер болса өзимше русс шайыры Евгений Евтушенконың қандай адамды шайыр дей аламыз деген пикирин аўдармалаўға урынып көремен.
Бириншиден шайыр болыў ушын ҲҮЖДАН керек бирақ ол шайыр болыўға кемлик етеди. Екиншиден АҚЫЛ, САЎАТ (саналы ойлаў, өзинше ой-пикир жүритиўи) керек бирақ олда шайыр болыўға азлық етеди. Үшиншиден БАТЫРЛЫҚ, ЕРЛИК керек бирақ ол да азлық етеди. Төртиншиден шайыр болыў ушын тек өзиңиздиң емес басқалардыңда қосығын жақсы көриңиң керек бирақ олда азлық етеди. Бесиншиден қосықты жақсы жазып билиў керек, бирақ жоқарыдағы төрт пазийлет болмаса шайыр болыўға ол да азлық етеди. Себеби халықсыз шайыр болмайды, әкесиз перзенттиң болмағанындай.
Демек уйқаларды, рифмаларды туўры келтириў шайыр ушын тийкарғы пәзийлет емес, оған тийкарғы пазийлет әдиўлилик болып табылады. Себеби әдиўлиликсиз қосықлар сулыў, руўхый бай бола алмайды ҳәм инсан ишиндеги "жақсы, нәзик сезимлерди" оята алмайды. Инсады толқынлантырыў, тап сол оқырманның ининен шыққандай етип қосық жазыў барлық шайырларға нәсип етпейди.
214000
ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚 logo
ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚

2026 ж. 03 қыр., 13:21

Главное слово в поэзии Евгения Евтушенко - слово гражданина, главные раздумья - о совести, долге, любви. Какими качествами должен обладать поэт? Этот вопрос волнует многих лириков. Евтушенко отвечает так: «Первое: надо, чтобы у тебя была совесть, но этого мало, чтобы стать поэтом. Второе: надо, чтобы у тебя был ум, но этого мало, чтобы стать поэтом. Третье: надо, чтобы у тебя была смелость, но этого мало, чтобы стать поэтом. Четвертое: надо любить не только свои стихи, но и чужие, однако и этого мало, чтобы стать поэтом. Пятое: надо хорошо писать стихи, но если у тебя не будет предшествующих качеств, этого тоже мало, чтобы стать поэтом, ибо

Поэта вне народа нет,
Как сына нет без отчей тени».

Получается, что главное для поэта не умение подыскивать рифмы, а нравственные качества. Ведь без этого его стихи не будут делать людей духовно богаче, красивее, не будут пробуждать их «чувства добрые». Не каждому поэту дается «сомнительное право» волновать своими стихами,
272000

Showing 10 of 10 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚 Telegram арнасы не туралы?+

ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚 (@adebiyaziq) — tgdio сайтында Ас мәзірі мен рецепттер санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 28 жазылушы бар.

ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚 (@adebiyaziq) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @adebiyaziq арнасына тегін жазылыңыз.

ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚 жақсы Ас мәзірі мен рецепттер арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚 рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 28 жазылушы бар. ұқсас Ас мәзірі мен рецепттер арналарымен салыстырыңыз.

ӘДЕБИЙ АЗЫҚ📚 статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @adebiyaziq бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.