Алланазар Абдиев творчествосы Telegram channel photo

Алланазар Абдиев творчествосы

@allanazar07Public Channel

Қарақалпақстан Республикасы халық жазыушысы, "Дослық" ордени ийеси, филология илимлериниң кандидаты, "Антик дүнья" халықаралық академия академиги, "Алтын қәлем" сыйлығы ийеси.

Романдарқазақ тіліҚазақстан

44

Last views

324 (324 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
40
Total Posts
Oct 17, 2026, 5:42 AM
Жаңартылған
Apr 24, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameАлланазар Абдиев творчествосы
Username@allanazar07
CategoryРомандар
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер324
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 24 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 5 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#444670-752
Тіл бойынша рейтинг
#492-2
Санат бойынша рейтинг
#4022-9

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 32430 Days growth: -154.4%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:2026339
19:09:2026335
20:09:2026335
21:09:2026335
22:09:2026335
23:09:2026335
24:09:2026335
25:09:2026335
26:09:2026335
27:09:2026335
28:09:2026335
29:09:2026335
30:09:2026335
01:10:2026335
02:10:2026335
03:10:2026335
04:10:2026335
05:10:2026335
06:10:2026335
07:10:2026335
08:10:2026335
09:10:2026335
10:10:2026335
11:10:2026335
12:10:2026335
13:10:2026335
14:10:2026335
15:10:2026335
16:10:2026335
17:10:2026324
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 20:04:2026345
Week of 27:04:2026345
Week of 04:05:2026345
Week of 11:05:2026345
Week of 18:05:2026345
Week of 25:05:2026345
Week of 01:06:2026345
Week of 08:06:2026345
Week of 15:06:2026345
Week of 22:06:2026345
Week of 29:06:2026345
Week of 06:07:2026342
Week of 13:07:2026342
Week of 20:07:2026342
Week of 27:07:2026342
Week of 03:08:2026342
Week of 10:08:2026342
Week of 17:08:2026349
Week of 24:08:2026349
Week of 31:08:2026346
Week of 07:09:2026339
Week of 14:09:2026335
Week of 21:09:2026335
Week of 28:09:2026335
Week of 05:10:2026335
Week of 12:10:2026324
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 2026345
May 2026345
June 2026345
July 2026342
August 2026349
September 2026335
October 2026324
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
2026324

Top 10 posts

Most viewed posts from this channel

By views
  1. #1Анасы баласын уйқылатпақшы болып атыр:80
  2. #2Жарысып не бар еди 😂76
  3. #3Китап шықса, өзиң бир қууанасаң, усындай! Хәм кишкентайларға рухый азы76
  4. #4Балалар турмысынан қысқа уақыялы гүрриңлерин жазыуға уқыбың күшли. Тас74
  5. #5Қутлықлайман.74
  6. #6Жаңа китап, жаңа илҳам: Гүлнара Турдышеваның дөретиўшилик табысы71
  7. #7Китабым шыкты бугин. Кудакалесе Сизге алып бараман устаз.70
  8. #8Ассалаума алейкум. Алланазар ага калайсыз аман отырсызба.70
  9. #9ТАРЖИМОНДАН61
  10. #10Post #1360361

Соңғы посттар

Турмыстан түйгенлерим

Апа-сиңлиге пайлы

«Төрт аяқлыда бөле татыў, еки аяқлыда бөле татыў», оған қосымша кейинги дәўирлерде айланысқа енген «Бажа татыў» деген де ушқыр гәплер имиз бар.
Ойланып қарасақ, боталардың татыўлығы аналарына байланыслы емес шығар-дә, ал, бөлелердиң ҳәм бажалардың татыўлығы апа-сиңлилердиң татыӯлығынан екени аттан анық. 27.03.21.
Қарақалпаққа

Ҳәр бир қарақалпаққа: Қыпшағымыздың жаўынгерлиги, Қытайымыздың уламалығы, Кенегесимиздиң дилўарлығы, Маңғыттың кәтқудалығы, Мүйтенимиздиң мийнеткеш-мәртлиги ҳәм әлбетте, Қоңыратымыздың ержүрек, қайсар-ғайбарлығы дәркар.


Тирисинде ӯақыт таппай, өлисинде барыўға әдетленгенбиз

—Ҳаӯ, ажаға, пәленкес ажағам аўырып атыр екен. Көрип қайтайық па?
—Ӯақтым жоқ, басабаспан.
—Жағдайы төмен, ҳал үстинде қусайды. Өлип кетиӯи де мүмкин екен…Биреўден екеў жақсы, бирге барсақ, кеўлин алсақ дегеним ғой…Бизлерди көрип кеўли сергек тартар, бәлким…
—Ӯақтым жоқ, дедим ғой. Өлсе хабар келер намазы, деп. Барармыз-дә, сонда.

Не жаўыз, тойымсыз?

Ҳайўанның базылары гөш жейди, базысы шөп пенен аўқатланады. Қуслар да сондай: гөш ҳәм шөп-дән. Ал, Адам деген мақлуқат гөш те, шөп те, мийӯе, палыз ба, сүт пе, ҳайӯан, қустың өзи ме, парықламай, ашкөзленип жей береди.
Ҳайўан, қуслар гүзде, я бәҳәр де ғана қосылысып, көбейсе, Адам және парасатсыз, тойымсызлығына, инсапсыз, көрсеқызар, қызғаншақлығына барып, мәўсим, ай, ҳәпте, ҳәтте, күниңе де қарап отырмайды, жупласып, қәлеген пайытта көбейе береди. ( 31.03.21)
Зыят нәрсе көз шығарады

«Дәрт көзге урса жылайсаң, тилге урса сөйлейсең» деген. Ал, ең қорқынышлысы, иште қалып кеткени: зыят заттың тәннен қандай жол менен болса да шықпағы лазымдур.

А.Әбдиев
44002
ТАҢЛАЎҒА ТАЯРЛЫҚ
18-май күни Нөкис қалалық 3-санлы мектеп китапханасында «Китап оқы ҳәм ата анаңа «Спарк» миндир» атлы таңлаўға қатнасатуғын 17 оқыўшы, устаздың таярлық барысы, жол-жоба бериў мақсетинде семинар өткерилди. Оған таңлаў қатнасыўшылары, класс басшылары, директордың руўхыйлық бойынша орынбасарлары М.Исмайлова, С.Зарликова, китапханашылар: А.Сапекеева, М.Каллибековалар қатнасты. Семинарды жазыўшы А.Әбдиев алып барды. Таңлаўға түсетуғын китаплар, тест сораўлары бойынша түсиниклер берилди. Ўақыттың аз қалыўына байланыслы тынымсыз таярлық жүргизиў ескертилди.
Ҳәр күни таярлық бойынша семинар өткериўге келисип алысты.
А.Сапекеева, китапханашы.
53000
ӘДЕБИЯТ ДӨГЕРЕГИ
2021-жыл 12-май күни Нөкис қалалық 3-санлы мектепте жазыўшы Алланазар Әбдиев мектептиң «Талант» әдебий-мәдений дөгереги ағзаларына гезектеги семинар (шеберлик) сабағын өтти. Оған устазлардан: М. Исмайлова, С. Зарликова, Бибихатша Қутыбаева, Гөззал Машарипова, Ф.Рузимбетова, Арзыгүл Каниязова, Ажимуратовалар менен бирге 60 тан аслам оқыўшы — дөгерек ағзалары белсенди қатнасты.
А.Әбдиев ҳәўескер дөретиўшилерге  жол-жоба берди. Қосық жазыў техникасынан сабақ берди. Буўын саны, уйқастың қосықта айрықша орнына тоқтады. Мушайра өткерилди. Оқыўшылар бир-бириниң дөретпесине пикирлерин билдирди. Оқыўшылардың жақсы деген шығармалары басыўға усынылатуғын болды.
Б.Қутыбаева, муғаллим.
52000
Photo1/2
❗️Ҳүрметли пуқаралар:

Өз қәўипсизлигинизди қорғаў ҳәм телефондағы жеке мағлыўматларыңызды сақлаў ушын «АPK қорғаўшы» бағдарламасын телефоныңызға орнатып алың!

Өз қәўипсизлигинизге бийпәрўа қарамаң! Бүгиннен баслап өзиңизди ҳәм мағлыўматларыңызды қорғаң.

Қәўипсизлигиңиз өз қолыңызда!

👉 @Karakalpak24
38000
Photo1/2
Және 18 293 қарақалпақстанлы пуқараның «незаконный» турақ жайы ҳәм артықша ийелеген жерлерине ҳүжжетлестириў ҳуқықы берилипти

Усы жылдың 19-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он төртинши сессиясы өткерилди. Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес депутатлары қатнасты.

Сессия күн тәртибинде өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы ҳәмде оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған пуқаралардың дизимин сессия қарары менен тастыйықлаў мәселеси қарап шығылды. 

Өзбекстан Республикасының арнаўлы Нызамын басшылыққа алып, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы және де оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған 18 293 пуқараның дизими сессия қарары менен тастыйықланды.

Енди бул пуқаралар усы қарарды алып кадастр ҳүжжетлерин ислетип алыўына болады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
42000
Photo1/2
❗️Енди тиленшилер 2,2 млн сўмға шекем жәриймаға тартылыўы ямаса 15 суткаға шекем қамаққа алыныўы мүмкин

Президент қарары менен Өзбекстанда тиленшилик пенен шуғылланыў ямаса адамларды бул иске тартыў ушын жәриймалар арттырылды.

Тиленшилик пенен шуғылланғаны ушын енди БЕМның 3-5 есеси (1,32 млн-2,2 млн сум) муғдарында жәрийма ямаса 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамақ жазасы қолланылады.

Басқа шахсларды тиленшиликке тартқаны ушын болса БЕМның 10-15 есеси (4,4 млн сум-6,6 млн сум) муғдарында жәрийма ямаса 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамақ жазасы белгиленди.

👉 @Karakalpak24
29000
Алланазар Әбдиев, Қарақалпақстан халық жазыўшысы

Ҳикметлер

• Алыстағы о дүньяның бейишинен жақындағы ғалма-ғаллы бул дүнья жақсы, дейтуғынлар да табылады.

• Бермеди деп қудайға өкпелеме, кеӯлиңди ҳақ, таза усласаң, қудайдың ғәзийнеси көп.

• Бир түйир дәнди, бир жутым суӯды өзге түӯе өзинен қызғанатуғын сөксанар, сықмарды көрдим, өзи түӯе өзгеге бул әлемниң бар байлығын бериӯге таяр сақый, мәртти де көрдим.

• Көпти көрип, көп оқып, сынап, салыстырып, изертлеп, өмир тәжирийбеме сүйенип айтар болсам, ҚАРАҚАЛПАҚ—ақсүйек халықлардан есапланады. Сонлықтан, олар ҳүждан-инсаплы, тәрбиялы, ар-намыслы, мәдениятлы, садық, исенимли адамлар болып келеди.

• Жақсы гәптиң аяғы екеӯ болса, жаман гәптиң аяғы сегиз.

• Ҳаял айыплы бола турып бир мәӯритте жәбиркешке айлана алыӯ қәсийетине ийе жан.

• Бурынғы заманда көрген, билип-сезген кемшилигин айтпағанды жаӯ билер еди, ал, ҳәзир айырым адамлар кемшилигин айтқанды душпан санайды.

• Биреӯлер несийбеси адамлардан, биреӯлер рызқысы Алладан болады. Парқы: адамнан несийбеси барлардики – паянсыз, Алладан ырысқаллыники – өмирлик.

• Адам болыӯ аңсат емес: қатты төзим, шыдам, сабыр-тақат, мийнеткешлик, кеңпейиллик, ақыллылық, ар-намыс, саӯатлылық…талап етиледи.

• Жақсының қәдирин өз халқыңа қарағанда өзге халық көбирек биледи.

• Бул дүньяның алдамшы екенлиги ҳақыйқат, өзиңди алдарқатып жасайсаң.

• Халыққа жазыӯшының өзинен гөре шығармасы әҳмийетли, қунлы, пайдалы.

• Биреӯдиң несийбеси адамнан, биреӯдики Алладан болады.

• Адам бир өмир (мәңгилик) ге Қудайға қараслы. Лекин, бир күн, ҳәтте, бир саат адамға қараслы болғанда аҳӯалы не кешер еди дейсиз?!

• Қызың бар болса береди. Жоқ болса да бере алады.

• Тамшы тама-тама тасты да теседи.

• Ата-ана меҳири—Қуяш, таӯсылмайды ҳәм барлық жерге теңдей түседи.

• Өзиниң ашыӯ-кегин, нәпсин жеңген адам —ең күшли адам.

• Дүньяда достан душпан көп.

• Адамлар тең емес, тең болмайды да. Ҳәтте, Қудай да ҳәммени тең қыла алмаған. (07.09.2021.)

• Өз тилиңди қәдирле,
Өзге тилди ҳүрметле.
43000
Video
#IQTIBOS

📹🇺🇿💼🗞 "Газеталар, журналистлар — ҳокимиятга кўмакчи. Чунки биз, газеталар орқали сиёсатимизни халққа етказамиз" — Эркинжон Турдимов, Ўзбекистон таълим ва илм-фан вазири

☝️ Бу ҳаётий ҳақиқатни "газета шарт эмас", "мажбурий обуна", дейдиган айрим амалдорлар, давлат хизматчилари чуқур англаб етиши даркор!

👇👇 БАТАФСИЛ: 👇👇
https://t.me/+T-VYk_YPDCKqJPhy

🌐 namangan24.uz
📲 Instagram 📩 Чат-мурожаат
🖥Facebook🎥 You tube
👉 @namanganim24
50000
ЎАҚТЫНДА ШЫҚҚАН КИТАП
Барлық нәрсе балалықтан басланыўы керек. Соның ишинде тәрбия, руўхый дүньяны байытыў да. Әне, сонда биз келешекте руўхы бай, жетик инсанларды жетилистиремиз.
Баланың ҳақыйқый, ҳәр тәреплеме жетилискен инсан болып раўажланыўында китаптың орнының үлкен екенлигин ҳәмме де мойынлайды.
Усы зәрүрликке қарамастан кейинги ўақытлары республикамызда балалар әдебияты, балаларға арналған китаплардың шығыўы жоқтың қасы, сийреклесип кеткен еди…
Белгили жазыўшы, журналист, филология илимлериниң кандидаты Алланазар Әбдиев-әдебиятымызда 80-жыллардан берли қәлем тербетип киятырған талант ийеси. Ол халқымызға өз қәлеминен дөреген бир неше роман, повестлери, көплеген гүрриң, новелла, көркем публицистикалары, илимий мийнетлери менен жақсы таныс.
«Биз бахытлы боламыз» (1992ж.), «Қызыл қлшантай» (1995ж.), «Жин-жыпырлап уясы» (2004ж.) көркем әдебий китапларының авторы А.Әбдиевтың жақында «Қарақалпақстан» баспасынан және бир жаңа топламы баспа жүзин көрди. 1000 нусқада шыққан. 3,25 баспа табақ көлеминдеги бул китап «Алтын балық» деп аталып, бунда жазыўшының усы күнге шекем газета-журналларда басылып шыққан балаларға арналған гүрриңлери, ертеклери, рәўиятлары менен бирге жумбақ, анекдотлары орын алған. Топлам өзиниң мазмуны, көркемлиги, балаларға тән болған жеңил тили, түсиниклилиги менен балалар кеўлине тез жетип баратуғынына исенемиз. Және де китаптағы шығармалардың балалардың руўхый дүньясын байытып, ақыл, ой, сана-сезимлериниң өсиўине, тәрбиясына унамлы тәсир ететуғынына гүман жоқ.
Соның менен бирге бул китапқа жас талант ийеси Айбек Идирейсовтың да қәлеминен дөреген бир қанша қосық, гүрриң, ертеклери «Қораздың туўылған күни» атамасында бириктирилген.
Китап бүгинги балалар оқыўына жеңил, аңсат болыўы ушын латын графикасында жазылған. Муқабасы да шырайлы етип художник Еркин Хожамуратов тәрепинен безетилген. Ҳәр бир шығарма ўақыясына сай сүўретлер салынып, бул балалардың және де қызығыўшылығын оятады. Соның менен бирге муқаба, ишки бетлери де аппақ, сапалы қағазға басылған. Полиграфиялық басылыўы да жүдә жоқары.
Биз еки авторға да келешекте әдебияттың ең бийик шоққыларына шыға бериўине тилеклеслик билдиремиз.
 Саламат Гүлимбетов («Мәденият ҳәм Спорт» газ. 12-август, 2006-жыл).
49002
ТАРЖИМОНДАН

Замонавий Эрон ҳикоячилигининг асосчиси Мухаммад Али Жамолзоданинг «Шўробод» асари, ХХ аср жаҳон ҳикоячилигининг энг ёрқин намояндаларидан бири Дино Буццати ҳикоялари, ХХ аср рус насрининг ёрқин намояндаси Фозил Искандарнинг «Қуёнлар ва бўғма илонлар» фалсафий эртаги, замонавий қозоқ ва қорақалпоқ насрининг пешқадам вакиллари Мухтор Мағавин ва Оллоназар Абдиев қиссаларини ҳам дунё адабиёти саҳифаларидан муносиб жой олган асар сифатида эьтироф этиш мумкин. Ҳар қалай, ёзувчи, таржимон ва мунаққид сифатида шуни комил ишонч билан айта оламанки, бу каби мароқ билан ўқишли ажойиб асарлар чексиз уммонга менгзагулик жаҳон адабиётида кам учрайди!
Жаҳон адабиётида умуминсоний қадриятларни, чин инсоний фазилатларни қадрловчи, инсон тафаккурини юксалтиришга хизмат қиладиган асарлар маънавий бойлигимиздир».
Отаули (Рахимжон Отаев)нинг «Ёзувчининг сири» («Шарқ», Тошкент —2012-жыл, 3-4-бетлер) китабынан.
61002
«ЭРАН САХИЙ»
Қисса
ХУДОЙИМ ҲАҚҚА БЕРСИН!

Ёзувчи Оллоназар Абдиевнинг «Эран саҳий» қиссасини ҳозирги қорақалпоқ насрининг яхши намуналаридан бири сифатида ўзбек ўқувчилари ҳукмига ҳавола этаётганимдан мамнунман.
...Сиқиқлик, тилнинг равонлиги, тасвирнинг аниқлиги, фикрнинг тиниқлиги Оллоназар асарларнинг етакчи фазилатлари деб ўйлайман.
Таржимон Отаули (Рахимжон Отаев) нинг «Ёзувчининг сири» («Шарқ», Тошкент —2012, 375-бет) китабынан.
58002
СТУДЕНТ — МУҒАЛЛИМНИҢ ТӘРЕЗИСИ
ямаса өзиме-өзимниң интервьюм
— Қайсы факультетте оқыйсыз?
— Филология. Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бөлиминиң 4-курсында.
— Онда жақсы екен. Анжақ-мынжағыңды танып қалыпсаң: сораў берсем болады екен. Билим берген муғаллимлериңнен кимлер унайды?
— Бундай сораў береди деп ҳасла ойламаған едим. Сонда да жуўап берип көрейин: пай, бала, енди факультеттиң муғаллимлериниң фамилияларын дизип шығыўым керек болды-аў: аға-инили Пахратдиновлар, А.Бекбергенов, К.Мамбетов, С.Ахметов... Жәмийетлик пән муғаллимлеринен Қыдырбаев, Ж.Арзыханов.
— Бул муғаллимлер сенде не ушын жақсы тәсир қалдырды? Усы ҳаққында да айтып, жуўабыңды конкретлестирсеңиз, олқы жерин толықтырсаңыз жақсы болар еди.
—Қуп-п, әжеп болады. Бирақ мына муғаллимниң мына жери унады, ананың ана жери унады деп бөлип-бөлип айтыў қыйынлаў. Себеби, адам, бул — бир пүтин организм. Сонда да баслы-баслы менде өзине деген жақсы сезим оятқан қәсийетлерин айтып көрейин: А.,Ю.Пахратдиновлар, К.Мәмбетов, Қ.Мақсетов, С.Ахметов, А.Бекбергенов, Қыдырбаев, Қ.Султанов, А.Дәўлетов, ... кеңпейиллилиги, әлпайым қатнаста болыўы, студентлерди реаль баҳалаўға умтылыўшылығы, тек айлық алыў ушын емес, ал билдириў ушын оқытыўы, соған умтылыўы адамды өзине тартады.
К.Мәмбетовтың тағы бир унаған тәрепи, бул устазымыз студенттиң билимин имтихан ўақтында ғана емес, ал сабақ процесинде билип алыўға қуштарлығы ҳәм сол арқалы баҳа қойыўы. Әлбетте, бул студенттиң билимин 5-10 минутлық имтихан дәўиринде баҳалаўға салыстырғанда реаллыққа анағурлым жақынласады.
Арзыхановтың билимданлығы, саўатлы лекциясы, имтихан дәўириндеги принципиаллығы, ҳадал баҳалаўға умтылыўшылығы нағыз студентте өзине деген муҳаббат оятады (Рети келгеннен соң айтайын «Арзыханов» десе көпшилик студентлер зир-зир етеди. Не ушын? Себеби ол имтиханда «танки»ге онша қарамайды).
Қонысбай Камалов деген муғаллимимиз де маған унаңқырап киятыр. Факультетимиздеги жетик саўатлы, ҳәзирги әдебияттағы мәселелерден бир қанша хабары бар әдебиятшылардан есапланады. Билими студенттен анағурлым жоқары болмаса муғаллимниң абыройы болмайды. Ал бул муғаллимимиз мени усы жағынан өзине тартады. «Базы бир оқытыўшылар сарғайған лекция дәптерлерин алып келип оқыйды. Ал өзи имтиханда студенттиң ҳеш бир китапқа, дәптерге қараўына жол бермейди. Усы дурыспа?» дейди ол. Усындай оқыў процесиндеги орынлы кемшиликлерди көрсететуғыны да студентлерде оған деген жақсы сезимди оятады.
Студент — муғаллимниң тәрезиси. Себеби ол барлық ўақыт устазын сынап жүреди: оқыўда да, көшеде де. Студентке жақсы көриниў де аңсат емес. Оның ушын барлық ўақыт ҳадал жүриў, ҳақыйқатлық ушын гүрестен тайынбаў, мәрт, реаль болыў... керек. Солай емес пе?
—Дурыс.
—Және бир нәзик жери: жақсы муғаллим бола берсин, егер оның кишкене бир кемшилиги сезилип қалса студентте оған деген жаман пикир туўып қалыўы итимал.
Жоқарыдағы оқытыўшылар мениң сынағымнан сүрникпей, мәрдана өткенлер. Ертең бир күн питкергеннен соң да оларды ҳүрмет етип малақайымды қолға алып:
«Сәлем, муғаллим!» деймен.
—Сәўбетиңиз ушын рахмет.
(1988-жыл).
57001
“КИТАП — ИНСАННЫҢ РУХЫЙ АЙНАСЫ”
Жәҳәнниң кѳплеген мәмлекетлери 2-апрель сәнесин Халықаралық балалар китаплары күни сыпатында белгилейди. Бул сәнениң де ѳзине тән тарийхы бар. qoyu-жылы Халықаралық балалар китаплары Кеңеси 2-апрель сәнесин «Балалар китаплары күни» деп белгилеў ҳаққында қарар қабыл етти. Бул сәне ѳз-ѳзинен таңланған емес. Ѳйткени, усы күни уллы ертекши-жазыўшы Ганс Христиан Андерсен дүньяға келген.
Усы жылдың 1-апрель күни Республикалық Балалар китапханасында 2-апрель—Халықаралық балалар китабы күнине арналған «Китап—инсанның руўхый  айнасы» атамасында байрам кешеси ѳткерилди. Бул жылғы байрам «Ѳзбекстан—китапқумарлар ели» сүрени астында болып ѳтти. Кешени Республикалық Балалар китапханасы директоры З.Сейтниязова ашып берди. Илажда китапқумарлар қәўимине таныс болған Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзалары, «Қарақалпақстан халық жазыўшысы» А.Әбдиев,  «Дослық» ордениниң ийеси Жуманияз Ѳтениязовлар менен бирге пайтахтымыздағы 11-19-38-санлы улыўма билим бериў мектеплериниң ҳәм   Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар мектеби оқыўшылары қатнасты. Жазыўшы-шайырларымыз  ѳзлериниң китап ҳаққында пикирлери менен жазған қосық қатарларын айтып берди. Китапхана хызметкерлери тәрепинен «Ертеклер әлеми» атамасында театрластырылған сахналық кѳринис қойылып берилди.
Илаж даўамында   тийисли шѳлкемлер менен биргеликте  «Бир перзентке үш китап акциясы»да шѳкемлестирилди.
 А.НУРЫЛЛАЕВА,
Республикалық Балалар китапханасы
Хабарлаў-библиография ҳәм
Үлкетаныў бѳлими баслығы
Ққ мәд. газ. 10-апрель, 2021-жыл
№17 (881)
54001
Photo1/2
Нөкисте футбол байрамы: “Арал” Суперлига жолламасын қолға киргизди

Өзбекстан Про-лигасының жеңимпазға арналған кубоги усы жылдың 1-ноябрь күни 25-тур ойынлары шеңберинде өткерилетуғын «Арал» ҳәм «Ғазалкент» клублары арасындағы ойын алдынан салтанатлы түрде тапсырылады.

Буннан алдын болса, «Арал» 24-турда өзиниң тийкарғы қарсыласларының бири «Шүртан» клубы менен сапарда ойын өткереди.
____
Нукусда футбол байрами: «Арал» Суперлига йўлланмасини қўлга киритди

Ўзбекистон Про-лигасининг ғолибга бағишланган кубоги шу йилнинг 1 ноябрь куни 25-тур ўйинлари доирасида ўтказиладиган «Арал» ва «Ғазалкент» клублари ўртасидаги ўйин олдидан тантанали равишда топширилади.

Бундан олдин эса, «Арал» 24-турда ўзининг асосий рақибларидан бири «Шўртан» клуби билан сафарда ўйин ўтказади.

📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
49000
Video
Ҳүрметли Ўатанласлар, қәдирли футбол ықласбентлери!

Сизлерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан «Арал» футбол клубымыздың мүддетинен алдын Про Лига жеңимпазлығын қолға киргизгени ҳәмде Суперлигаға жоллама алғаны мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.
_____
Ҳурматли ватандошлар, қадрли футбол мухлислари!

Сизларни Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси ва Вазирлар Кенгаши номидан «Арал» футбол клубимизнинг муддатидан олдин Про Лига ғолиблигини қўлга киритгани ҳамда Суперлигага йўлланма олгани муносабати билан самимий табриклаймиз.

📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
52000
Тил- миллеттиң ары, намысы, жүзи, жыры, мақтанышы, бир сөз бенен айтқанда- бары ҳәм бәри.
***
Анадан күшли, Анадан әззи, Анадан мийримли, Анадан қәҳәрли, Анадан сақый, Анадан бүрис,... адам болмаса керек.
***
Өмирде қайғы болмаса қуўаныштың, жарлылық болмаса байлықтың, кеселлик болмаса денсаўлықтың,... қәдирин, баҳасын, қунын билмейсең.
***
Өз миллетин сүйиў- миллетшилик емес, басқа миллетти жеккөриў- миллетшилик.
26.12.2022.
***
Тамшы тама- тама қара тасты да теседи.
***
Адам ҳаққында пикир айтар болсақ, бириншиден жақсы жағын излеўимиз керек, таба алмасақ ғана кемисин айтайық.
***
Шәкиртсиз алым- қанатсыз қус.
***
Мийнет бахытқа, даңққа, мәртебеге жеткереди.
***
Жаңа достан ески жаў жақсы.
***
Бүгинги ақмақшылықлар, қәтеликлер келешекте айтылады, ал бүгин кешегисин айтып жүремиз.
***
Шайырлық –дөретиўшилик таланттың шыңы.
***
Шайыр бола алмағанлар жазыўшы болады; жазыўшы бола алмағанлар журналист ямаса әдебиятшы-сыншы болады; журналист, әдебиятшы бола алмағанлар блогер- ямаса ўазшы болады. 10.03.2023.
***
Жоқары оқыў орнында жақсы оқығанлар билимли, өз кәсибиниң маманы болады, ал төмен оқығанлары директор- басшы болып оларды басқарады.
***
Сырттан оқығанлар иштен оқығанларды басқарады.

А.Әбдиев
53000
Photo1/2
🌤 Бүгинги ҳаўа-райы болжаўы

Қарақалпақстанда күн алағат бултлы болады, жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Самал 7─12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы күндиз +17...+22°C, түнде +4...+9°C болады.

👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
51000
АЛЛАНАЗАР ИНИМЕ ХАТ
Ҳүрметли редакция
( Қараөзекли ҳәўескер шайыр А.Қайыпназаров себеби менен жазылған)

Бул жигитти тек қудадан тилеген,
Бенделердиң биреўи деп билемен,
Ол ҳаққында мағлыўматты автордың,
Қосықларын оқып көрсең билесең.

Ислейди екен ол қол ушы талапты,
Жақсы биледи екен обал-саўапты,
Мендеги ой: еллестирмек елшиден,
Мейли, сен-ақ тапқан бол бул талантты…
  10- июль, 2000- жыл.

      «Мақул дегениңди пайдаланарсаң,
     Басқаларын «сейфлерге» саларсаң,
    Өйткени сен, исенимли, турақлы,
    Тахтакөпирдеги Алланазарымсаң,
    Қолға илинип турған қатар нарымсаң
Толыбай ҚАБУЛОВ,  2-октябрь, 2005-жыл. Нөкис қаласы, «Қумаўыл»
58000
АЛЛАНАЗАРҒА ЖУЎАП
Жаздым  алты ҳәзилиңди,
Төбең көкке жетсин дедим.
Қолландым бар тәсилимди,
Ызғар жерлер кепсин дедим.
Бирақ басқа қосығымды,
«Әмиўдәрьяң» көпсинбесин…
Дийхан адам дақылларын,
Боз жерлерге ексин дедим.
Мейли, мени мақулласын,
Мейли, мени сөксин дедим…
Сәлем менен Толыбай ағаң.
29. 12.1998.
59000
Кейин хожейини жоқ, шала питкен алты қабатлы жайға көштик. Пул төлемеймиз. Бирақ, соның есабынан, ийеси айтпаса да, жайдың барлығын — иши-сыртын епли жораларым менен ҳәкли сыбаўда сыбадым. Айна-қапылары әкелинген, оларды орын-орнына қурдым. Бул бир жағынан өзиме де керек, алдымыз қыс, өжирелер жылыўы керек, екиншиден бийпул отырғызған Полат ағаға деген миннетдаршылығым еди.
Деген менен ол жайдың жайсыз жери — қысында суўық болады. Котель жоқ, газ ошақ жағып, электр печки қосамыз. Бәри бир қыстың ызғырын, сыран суўығында бөлме иши музғала, шолан десең де артық емес. Қалың кийимлеримизди жамылып отырамыз. Сол жерде бәҳәрде сен туўылсаң, қысында сегиз-тоғыз айлық баласаң, бесиктен алмаймыз. Басыңа қабатлап еки-үш топпы, сыртынан малақай дегендей кийгизип, бесик үстине бар табылғанын таслаймыз. Бир жылы суўықтан еснегенде, тийе берсин, анамның жағы шығып кетип, әкем зорға салды. Айта берсең жанды жегидей жеген гәп көп. Ижарада турыў азабы еле умытылған жоқ. Қыста ық деп хожейинниң қоңсы иниси өзиниң мал, түйесин сыртқы есигимиздиң алдына байлайды. Түнде шықсаң малдың сидиги, жапасына тайып жығыласаң. Азанда ол емес, биз тазалаймыз. Усындайда «бир бөлмели қақыра болса да шүкирлик етер едим. Аяғыңды еркин созып жатқанға не жетсин», дер едик.
Кеўлимиз ҳақлықтан, қудайға шүкир, мине жетистик ғой. Сен де шүкирлик ете бер. Негизинде ата-ананың перзентке жай салып бериўи ўазыйпасы емес: перзент алдында ата-ананың миннети, биринши — сүннет еттириў (мусылманда), екинши — билим берип, тәрбиялаў, үшинши — үйлендириў, қыз бала болса қутлы жерине қондырыў. Басқалары ата-ананың қәлеўи, жағдайына бола исленетуғын қайырқомлықлар, түсиндиң бе, енди?
—Аға, бәри бир барлық қолайлылықларға ийе жайға жетпейди. Сизлер билмейсиз. Сизлердиң заманыңыздағыдай баспана табылса болды емес. Ҳәзир жигирма биринши әсир. Адамлар барлық шараятларды қәлейди. Қулласы, коттеджге аўмастырғым келип тур, — деп бала өжетлик етип, айтқанынан қайтпады.
Бул гәплерден кейин де айлар зымырап өтип атыр. Еки келин, еки ул себепли кесе-шәйнек дүгиспегени менен қағысыў басланды. Қарақалпақтың дәстүрине бола жол үлкен улдики. Сонлықтан әке және Атаниязды шақырып алды.
— Ал, балам, көшиў мәселеси не болды?
— Аға, айттым ғой, барлық шараятлар болмаса бармайман, деп.
— Нийетиң коттедж ғой.
— Аўа.
— Онда мен бир танысым менен сөйлесип, келистим. 25-киши райондағы коттеджлерде турады. Сол жерлер бола ма?
— Болғанда қандай! — деп баланың көзи, жүзи жайнап сала берди.
— Сол коттеджге аўмастырамыз, жайыңды. Сеники таза, ол гөне ғой, бола бере ме?
— Бола берсин, сонда да биз утылмаймыз, аға. Ол — қала орайында, бизики — шетте. Баҳаға салыстырғанда утылмаймыз.
— Бирақ, бир лийкини бар, балам.
— Не екен?
— Танысым Балтабай аға денсаўлығына байланыслы тығылыс, ҳаўасы патаслаў жер — киши районнан ҳаўалы, машынның түтини аз жерди гөзлеп, излеп жүр екен. Оның үстине жери төрт сотих, бизлердики сегиз — кең. Қартайғанда мал бағып, таза сүт, қатық ишкиси келеди екен. Тасландықтан жыйналған патас, жаман баклашкиге қуйылған сүт, қатықты ише алмайман, дейди. Мен оған үйдиң жағдайын, сызылмасын айттым. Сонда ол «мал қорасы жоқ екен. Егер салдырып берсең, утылсам да басма-бас үйимди алмастыраман», деп отыр. Не қыласаң, Атан?
— Болды. Гәп жоқ. Мал хана салып берейик те айнымастан бурын алмастырып жиберейик. «25» деген оқымыслы, зиялылар жасайтуғын аймақ ғой.
— Мениң жумысым баса-бас. Оның үстине имараттың ҳәлекшилигинен силикпем қурып, шаршаған адамман. Мал қораны өзиң саласаң.
— Ҳаў, мен қалай саламан? —Ол шоршып түсти.
— Мен салғандай жуўырып-жортып саласаң-дә, коттедж керек болса. Жайдың қасында пәскелтек, кишкене еки бөлме мал қора ҳәм жанына кишигирим етип бир жаз шәртек салыў ойыншық емес пе? Газ, свет тартып, котель қурмайсаң. Дийўалларын жақсылап ҳәклеп, сыбап, евро ислейин деп атырған жоқсаң: топан менен бир сыбасаң болды-дә. Төбесин де шиферлатып отырмайсаң — бир қара, бир топан ылай жүргизесең де қоясаң. Себеби үстине от жыйналады. Жаўын, қар өтпейди, сонсын.

ДБ
59003
Photo
❗️Ҳәким жәрдемшилери штатлары қысқартылады

Системадағы өзгерислер шеңберинде 2-3 мәҳәллеге бир ҳәким жәрдемшиси бириктирилиўи күтилмекте.

Сондай-ақ, ҳәким жәрдемшилериниң айырым функциялары мәҳәлле банкирлерине өткерилиўи режелестирилген.

👉 https://t.me/NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
55000
Усындай аўзынан қарақаны келип, шаршағаннан гә жумыс, гә жай тәшўиши, гә палақпан, гә салақпан дегендей еки-үш жылда төрт бөлмели жайды еплеп питкерди.
Күнлердиң күнинде екинши улы да үйленди. Үлкен баласына енди жайыңа бар, деп еди, ол:
— Кешегиде жолым түсип барып көрип едим, аға. Маған жай жойбары унамады. Заманагөй үлгиде cалынбаған екен. Ҳәжетхана, моншасы жоқ. Асханасы да бир шетте болыўы керек еди, сонда аўқаттың ийиси отырған өжиреге урмайды. Салғаннан кейин еки қабат, гаражына дейин қурғанда ғой, заманагөй етип... Қулласы, маған унамайды, — деп барыўдан бас тартты.
— Не қылсаң да барасаң? Туўылған уяңа сыймайсаң, енди. Еки келинди бир қосып, қызығына қарап отыра алмайман. Бет жыртыспай турып, басқа шығың. Алыстан қәдирли болып қатнасың.
— Таза жайды сатып, басқа унаған үй алағояйын, аға, — дейди үлкен перзенти Атанияз.
— Ол жайға қанша мийнетим сиңди. Мениң ушын қәдирли. Ҳәр бир гербишин таныйман. Ҳәр бир ағашын қушақлағанман. Өзиң отыр, рәҳәтиңе, гөр-жер дей бермей. Төрт жағы теңди кейин өзиң қурып аларсаң. Ал, мениң жағдайымның келип болғаны. Баня, ҳәжетханасы жоқ болса, өзиң отырып салып ала берерсең-дә. Ҳәзирги асхананы жатақ өжире етип, асхана, гаражды өз алдына қапталға қосып қурып алсаң да болады. Еки қабат жай маңлайыңа жазылған болса салып аларсаң, сатып аларсаң, көрерсең.
— Қоңсылар да ырақтан-жырақтан жыйналғанлар қусайды. Оқыған, жоқары мағлыўматлылары аз екен, сорастырсам... Аўмастырайық...
— Оқымаған адам адам емес пе? Жаманлар оқығаннан да шығады. Негизинде өзиң жақсы болсаң ҳәмме жақсы. Оқымағанлар саўатлыларды қатты сыйлайды. Қайта солардың арасында мәртебели болып жүре бермейсең бе, «жасы үлкенлер арасында жасы киши болғанша, жасы кишилер арасында жасы үлкен болып» дегендей...
— Яқ, — деп аяқ тиреп алды, сонда да Атанияз.
— Өзиң бил. Мениң саған салып беретуғын және жайым жоқ, жағдайым келмейди. Отырсаң да отырмасаң да сол үй сеники. Оннан артығына күшим жетпейди. Қалған үкелериңди оқытыў, кийиндириў, үйлендирип, турмысқа шығарып, оларды да баспаналы қылыўым лазым. Сонлықтан мен салып бергениме қайыл болмасаң да, қалған жағын өзлериң гүллендире бериң. Арқаңыз бесикте емес. Оқыўыңды да питкердиң. Жумысқа орналастырып жиберсем болды. Оны да сөйлесип қойыппан.
Бул гәплерден соң да Атанияз тық-тыққа турмады, сөзге қулақ аспады. Буннан кейин:
— Ҳә, бала! — деп ашыўға минди Бабанияз, — Мен де әке-шешемнен жай менен қосылып туўылған жоқпан. Үйленгеннен соң басқа шыққанда да үй қурып бермеди. Кирей жайға басқа шықтым. Туўрысында, мен сизлерди шалжаңлатып жиберген екенмен, анаў десе, мә, мынаў десе мә, деп!..
Кирейдиң минлети көп болады. Таза отырмаған, бүлдирген, газ, светти көп жағатуғын да сен боласаң. Түни менен уйқы бермейтуғын, ҳәтте, баласы тәртипсиз де биз болдық. Сен енди, балам, тыңла, аз-кем тарийхымнан айтайын: — Атанияз баласын ақылландырмақшы болып гәп баслады. — Мен бир кийиз, арша, бес-алты көрпе-төсек пенен өз алдына шаңарақ болып басқа шықтым. Үш-төрт жерде кирейде отырдық. Дайымыздың жериниң аяқ ушында пәскелтек бир ханалы үйи бар екен, үлкен жайын саламан дегенше өзлери баспаналаған. Печь, тахта едени бар. Жаман жери — кейинги үш-төрт жыллықта ишине таўық қамаған ҳәм пәс. Таўықтың дәретлерин қырып, сыпырып артып, дийўалларын ақлап, полларын ысқылап жуўып, зорға келеге келтирип, сол жерде жасадық. Еденди ҳәр жуўғанда таўықтың дәрети сасыйды. Қанша жуўған менен сиңип, жарықларына кирип қалған ғой: кетпейди. Суў менен жибип, сасыйды. Түнде болса саат оннан соң светти өширип таслайды. Ижара ҳақы басқа жерде қырық сум болса, ол ағайиншилик етип жигирма сумнан алатуғын болды. Қарасқанына рахмет. Лекин қырық сумнан қуятуғын гербишин маған жигирма сумнан қуйып берерсең деди. Не илаж, «жеген аўыз уялар» деген. Жазғы дем алыстағы еки айда (өзлеримиз де еки ай-ақ турғанбыз) төрт-бес мың гербишин қуйып бердим. Есапты ура бер, саўатлысаң ғой, ол жәрдем еткен бе, мен бе?!

ДБ
56002
Photo
https://kknews.uz/kk/293896.html

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз бес жыллығы мүнәсибети менен елимиздиң раўажланыўы жолында аянбай мийнет етип атырған, ғәрезсизлигимизди еле де беккемлеў, өсип киятырған жас әўладты Ана-Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўда жемисли мийнет етип атырған бир қатар ўатанласларымызды сыйлықлаў мәресими https://t.me/joqargikenes
___
https://kknews.uz/uz/293896.html

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесида Ўзбекистон Республикаси мустақиллигининг ўттиз беш йиллиги муносабати билан юртимиз ривожи йўлида меҳнат қилаётган, мустақиллигимизни янада мустаҳкамлаш, ўсиб келаётган ёш авлодни Она-Ватанга содиқлик рухида тарбиялашда сермаҳсул меҳнат қилиб келаётган қатор ватандошларимизни мукофотлаш маросими https://t.me/joqargikenes

📲 https://t.me/kknews_uz https://www.instagram.com/kknewsuz/ | https://t.me/kknews_live | https://t.me/kknews_sport
56000

Showing 30 of 40 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

Алланазар Абдиев творчествосы Telegram арнасы не туралы?+

Алланазар Абдиев творчествосы (@allanazar07) — tgdio сайтында Романдар санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 324 жазылушы бар.

Алланазар Абдиев творчествосы (@allanazar07) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @allanazar07 арнасына тегін жазылыңыз.

Алланазар Абдиев творчествосы жақсы Романдар арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын Алланазар Абдиев творчествосы рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 324 жазылушы бар. ұқсас Романдар арналарымен салыстырыңыз.

Алланазар Абдиев творчествосы статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @allanazar07 бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.