Charjau_Elmuratov Telegram channel photo

Charjau_Elmuratov

@charjau_elmuratovPublic Channel

Жаңалықлар ҳәм жеке пикирлер, сондай-ақ автордың жеке дөретиўшилик каналы

Саясатқазақ тіліҚазақстан

95

Last views

250 (250 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
29
Total Posts
Oct 17, 2026, 5:42 AM
Жаңартылған
Apr 24, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameCharjau_Elmuratov
Username@charjau_elmuratov
CategoryСаясат
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер250
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 24 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 6 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#376847-767
Тіл бойынша рейтинг
#407-5
Санат бойынша рейтинг
#8683-12

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 25030 Days growth: -62.3%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:2026256
19:09:2026253
20:09:2026253
21:09:2026253
22:09:2026253
23:09:2026253
24:09:2026253
25:09:2026253
26:09:2026253
27:09:2026253
28:09:2026253
29:09:2026253
30:09:2026253
01:10:2026253
02:10:2026253
03:10:2026253
04:10:2026253
05:10:2026253
06:10:2026253
07:10:2026253
08:10:2026253
09:10:2026253
10:10:2026253
11:10:2026253
12:10:2026253
13:10:2026253
14:10:2026253
15:10:2026253
16:10:2026253
17:10:2026250
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 20:04:2026280
Week of 27:04:2026280
Week of 04:05:2026279
Week of 11:05:2026279
Week of 18:05:2026279
Week of 25:05:2026279
Week of 01:06:2026279
Week of 08:06:2026279
Week of 15:06:2026279
Week of 22:06:2026279
Week of 29:06:2026279
Week of 06:07:2026265
Week of 13:07:2026265
Week of 20:07:2026265
Week of 27:07:2026265
Week of 03:08:2026265
Week of 10:08:2026265
Week of 17:08:2026258
Week of 24:08:2026258
Week of 31:08:2026257
Week of 07:09:2026256
Week of 14:09:2026253
Week of 21:09:2026253
Week of 28:09:2026253
Week of 05:10:2026253
Week of 12:10:2026250
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 2026280
May 2026279
June 2026279
July 2026265
August 2026258
September 2026253
October 2026250
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
2026250

Соңғы посттар

Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 12 қаз., 10:08

Photo1/20
#Үлкемизде_гүз

Көринислерде Шымбай районы "Кеңес" аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы пахта атызлардың дөгереги.

Фотолар авторы: Ш.Маденов

Каналға ағза болыў - @charjau_elmuratov
95004
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 08 қаз., 11:52

Video
#Интервью

«Маданият ва маърифат» телеканалында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында илимий бағдарда алып барылып атырған кысқа интервьюмиз жәрияланды.

Толық видеода тамашалаң!

Каналға ағза болыў - @charjau_elmuratov
130003
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 01 қаз., 10:32

USTAZ DEGEN SIZDEY BOLADI EKEN ORALBAY AGA 2222 (1)<unknown>
УСТАЗ ДЕГЕН СИЗДЕЙ БОЛАДЫ ЕКЕН...

Жүзинен нур тамған жыллы шырайы,
Жаздай жайма-шуўақ кеўил ырайы,
Шәкирт, оқыў десе жаны пидайы,
Устаз деген сиздей болады екен.

Нәллериңниң нарттан нешше мың түри,
Олар гүллеў ушын ашар бүртигин.
Жүриўши, дүньяның жамап жыртығын,
Белиңизде дослық кәмары екен.

“Ушан кеме” шалқар теңизге шыққан,
Қоршап жүзип барар қанша қайықлар.
Дәрьясаң,—алғыслар жасыл жағыслар, 
Өмириңиз нешше салалы екен.

Кеўил бағыңыздың алтын есигин,
Қуяш күтип алар ашсадағы ким.
Әдиўли әкемдей таныйман бүгин,
Жүзиңизде меҳир жамалы екен.

Жипек сөзиңизгекеўил кийинген,
Мен де бир түймеңиз кешлеўтүйилген,
Сыйлы орныңыз бар жүрек-үйимнен,
Өмириңиз сулыў намалы екен.

Гүлсиз, адамларға шашқан жупарын,
Қанша шәкиртиң бар қанша шәҳәриң,
Бәҳәр болып өнер, берген бәҳәриң,
Кеўлиңизде илҳам самалы екен.

Мийўеси сырғыған гөззал бағ болып,
Суўсынды қандырар бир булақ болып,
Бәрҳә жайнап-жаснап, жасаң ҳақ болып,
Заман, ҳақыйқатлық заманы екен!

Каналға ағза болыў - @charjau_elmuratov
181005
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 01 қаз., 10:10

Ҳүрметли муғәллимлер ҳәм устазлар!

Сизлерди 1-октябрь - кәсиплик байрамыңыз бенен шын-жүректен қутлықлайман!

Биз қандай кәсипти ийелемейик, оның бәри-бәриниң сағасында сиз әдиўли кәсип ийелери турасыз. Мектепке шекемги, мектеп жоқары ҳәм билимлендириўдиң ҳәр қандай басқышында бизиң қоллаўшымызсыз!

Халқымызда устаз атаңдай уллы, бир ҳәрип үйреткен устазыңа қырқ жыл сәлем бер, деген даналық сөзлер бийкарға айтылмаған.

Себеби, Сиз бизге ҳәрип үйретип қоймастан, меҳир бердиңиз, дурыс жол көрсеттиңиз, билим-илим менен дүньятанымымызды байыттыңыз. Жәмийетте өз орнымызға ийе болыўымызға, таңлаған кәсибимиздиң маманы болыўға шақырдыңыз. Қәте-кемшиликлеримизди көрсетип, жетискенликлерге ериссек қуўандыңыз ҳәм еле де бизди жақын-алыстан қоллап-қуўатлап келмектесиз!

Әзиз устазлар ! Сизлер ели-халқымыздың раўажланыўы, бүгинги абадан турмыстың тирегисиз! Мектепке шекемги, мектеп, жоқары ҳәм билимлендириўдиң ҳәр қандай басқышында  да бәрҳә тилекшимиз, қоллаўшымызсыз!

Байрам мүнәсибети менен Сиз уллы кәсип ийелерин және бир мәрте қутлықлай отырып, Сизиң ҳәр бириңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, қут-берекет ҳәм алдағы ийгиликли жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймен!

Ҳүрмет пенен, Чаржаўбай Елмуратов

@charjau_elmuratov
177000
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 23 қыр., 19:40

Video
«Ассалаўма әлейкум Қарақалпақстан!» көрсетиўиниң бүгинги санынан

Каналға ағза болыў - @charjau_elmuratov
184002
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 23 қыр., 09:23

Photo1/6
Бүгин Қарақалпақстан телеканалының таңғы "Ассалаўма әлейкум Қарақалпақстан!" көрсетиўинде бир қатар кәсиплеслер менен бирге мийманда болдық.

Онда баслаўшылар - Гүлзар Алланиязова ҳәм Наўрыз Башпаевлар менен бирге Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилип атырған ҳәр қыйлы республикалық ҳәм халықаралық таңлаўлар, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалындағы илимий-инновациялық, сондай-ақ, жергиликли ҳәм халықаралық грант және инвестицияларды тартыў бағдарындағы жумыслар ҳаққында сәўбет болды.

Тиккелей эфирди телеканалдың арнаўлы youtube (https://youtube.com/@qaraqalpaqstan_mtrk) каналында тамашалаўыңыз мүмкин.

Каналға ағза болыў - @charjau_elmuratov
223004
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 04 қыр., 11:52

Video
#Анонс

Бәримиздиң өткендеги қуўанышлы мәўритлерди еске салатуғын ретро фильмлерге ықласымыз жоқары.

Себеби, онда халқымыздың сап таза тили, миллий үрп-әдетлери менен юмор-сатиралық, шешенлик сөзлери жәмленген.

Қарақалпақстан телеканалының архив фонды мине, усындай ретро спектакллер менен видеофильмлерге бай болып, дөретиўшилик жәмәәт буннан былай төмендеги социаллық тармақлар арқалы усы видео өнимлердиң сапасын заманагөй форматта қайта ислеп, сизиң нәзериңизге усынып барыўды баслады.

Телеканаллардың социаллық тармақлардағы силтемелери:

https://t.me/qrtrkmm_telekanali I https://www.instagram.com/qaraqalpaqstan_mtrk I https://youtube.com/@qaraqalpaqstan_mtrk I https://www.facebook.com/share/1CYJ266hQh/?mibextid=wwXIfr I https://qtrk.uz/
309000
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 04 қыр., 11:52

Photo
БАЛАЛЫҚ

Сениң соқпағыңда талай қағылдым,
Қағылтсаң да мен өзиңе жағындым,
Турмыстан қыйналсам сени сағындым,
Маған мәдет болған жаным балалық.

Ашшы айралықлар күйдирди мени,
Ҳижран азаплары ийдирди мени,
Айнымас ашықтай сүйдирди мени,
Сулыў жамалыңды жаным балалық.

Сени еслесем, еслеп үйим, анамды,
Қарса айырарман кеўилханамды,
Биз қалалы болып кеткен жабанлы,
Излеп табалмаспан жаным балалық.
525005
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 04 қыр., 11:52

Бүгин өзим жумыс ислеп атырған Филиалда Шымбайдың ширели ҳаўазлары – әпсанаўий «Сәўбет» ВИА ның ағзалары – Б.Пирназаров, Т.Қонысбаев, М.Наўрызалиева ҳәм соның ишинде, Ансамблдиң солисти – Бахтыяр аға Исметуллаев пенен ушырасыў бахты несип етти.

Мийманлар Филиал жаслары менен дөретиўшилик сәўбет қурып, С.Исметуллаевтың буннан 30-40 жыллар илгериде дөретилген, бүгинги күнде ретро дәрежесиндеги қосықларды атқарыўы кешениң көркемлигин және де байытты.

Жеке өзим, «Қарақалпақстан», «Шымбай» ҳәм «Гүлнара» қосықларын тыңлап жүдә заўықландым. Буннан тысқары, ҳәзирги күнде Қазақстан Республикасында жасап атырған М.Наўрызалиеваның ВИА репертуарындағы ески ретро қосықларды атқарыўы оның мисли жаслық жылларына, туўылған жерге деген сағынышынан дәрек берди. Соның менен берге, жыйналғанлардың биразын да сол мәўритлерге қайтарды, десем асыра айтпаған боламан.

Ретро сөзин қолланыўымыз тегиннен емес, ВИА атқарған өлмес қосықлар бүгинги күнде де жасап атыр, ҳәтте жас дөретиўшилер тәрепинен тәкирар атқарылып халқымызға және де руўхый суўсын берип атыр. Әҳмийетлиси, «Сәўбет» бираз тәнепистен соң және сахнаға қайтты.

Ушырасыўда бүгинги жас дөретиўшилер, соның ишинде миллий эстрада атқарыўшылығын таңлаған жаслар усы дөретиўшилерден үлги алыўы керек, деген жүдә орынлы пикир-усыныслар билдирилди.

Орны келгенде биз де толғанып, тыныш тура алмадық. Буннан 9 жыл алдын «Сәўбет» ВИА ҳаққында жазылған «Сол гөззал баҳәрим ядыма түсти» атамасындағы мақаламыз себеп, бизге де сөз берилди. Онда топар ҳәм ВИА тәрепинен атқарылған қосықлардың әҳмийети, тартымлылығы ҳаққындағы толғанысларымды жасыра алмадым.

Сүўретте Б.Исметуллаев пенен туңғыш мәрте қол алысып, дийдарласып турған көринисим. Әлбетте, биз еле коп мәрте ушырасамыз, деп ойлайман.

Төменде жоқарыда атап өткен мақалама силтеме қалдырыўды мақул көрдим.



Канал:
307002
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 04 қыр., 11:52

Photo
Әпсанаўий «Сәўбет» ВИА менен ушырасыў

👇👇👇
235000
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 04 қыр., 11:52

https://telegra.ph/KӨJLEK-ЎAҚYYASY-05-08

Көпшилик кәсиплес ҳәм заманласларымыздың сораўларына бола, жоқарыдағы түрк тилиндеги гүрриңниң қарақалпақшасы нәзериңизге усынылмақта

Канал:
294002
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 04 қыр., 11:52

Photo
Көйлек ўақыясы - Entari Vakası

Алдын хабар бергенимиздей, Aнкaрaдaғы "HECE" бaспaсынaн "Günümüz Karakalpak Öyküsü" aтлы топлам баспадан шығарылды.

Бул топламда бизиң қәлемимизге тийисли «Көйлек ўақыясы» (Entari Vakası) атамасындағы юморлық гүрриңимиз де киргизилди.

Қызығыўшылар гүрриңди жоқарыдағы фото-көринислер ҳәм pdf фаил арқалы оқыўыңызға болады.

Канал:
295007
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 04 қыр., 11:52

Video
#Balalarǵa_bazarlıq

«Túlkishek» telejurnalınıń jańa sanı:
«Nege onday?»

Scenariy avtorı Allayar Darmenov
https://t.me/Allayar_bala
------------------------------
«Qaraqalpaqfilm»niń balalar kontentin jaratıwdaǵı bul baslaması unamlı hám ol dawamlı boladı, dep isenemiz.
491006
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 04 қыр., 11:52

Photo
НӨКИСТЕ ЖАМҒЫР…

Нөсерлеп жаўмақта Аўылда жамғыр,
–деген хабар келди яраннан бүгин.
Дереземнен қарайман, ол қалай ақыр?
Қуяш  бунда  шашып турар шуғласын.

Сол таныс жаўынға көксимди тутып,
Елеслеп қыялда жамғырдың сестин.
Бир жаўрасам қәне, қумардан шығып,
Ана жердиң хошрей ийисин сүйип.

Аспан кеңисликқой, теңдей емес пе?
Ɵзге жерде жамғыр жаўмай ма дерсең.
Жоқ, жоқ бул аспан, мәкан өзгеше,
Бул туўған топрақтың жамғыры билсең.

Дерезеден сығалаған эй достым!
Шапаныңды кий де шық тез далаға.
Тыңласаң хошшыңның бир өтинишин,
Мен ушын жамғырда азырақ жаўра.


Ташкент-Дүрмен. 17-апрель, 2022-жыл.
425007
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 05 там., 21:34

Photo1/2
#Архив

Ҳәзирги «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 1981-жылдағы санларының бири

Сүўрет «ЖИ» жәрдеминде қайта исленди.

Каналға ағза болыў - @charjau_elmuratov
292001
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 05 там., 20:14

Photo1/2
АЛТЫНКƟЛ

Палўаныў-шабандоз, дийқанлар ели,
Нөсерлеткен қанша заманлар сели,
Сай-жылғалар менен буўылған бели,
Мәртликте мәрдана турған Алтынкөл.

Ҳәр пасылың ɵзгеше кɵрк шырайда,
Қыз-жаўаның бақпас кеўил ырайға,
Сулыўлығың кɵз қамасар нур-айна,
Алтынкɵл дегенше, алтын Алтынкɵл.

Жуўырысып ойнап талай кешелер,
Шаңы басылмаған эҳ, сол кɵшелер…
Қолымыздан сүйген әзиз шешелер,
Буншелли баўырман халқың, Алтынкɵл.

Ўатан тулғасындай уллы дийдарың,
Анам дийдарындай аңсап-қумсарым,
Бар ɵмиримди ел деп, келер жумсағым,
Мәдеткар болғайсаң өзиң, Алтынкөл.

Кеўилиң киби кең тынық аспаның,
Жырланса таўсылмас жырлап дәстаның,
Саған кепсерленген мениң жас жаным,
Ар-намысым, мақтанышым – Алтынкɵл.

Каналға ағза болыў - @charjau_elmuratov
290009
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 28 шіл., 17:12

Университетти тамамлап, диплом алған улына әкеси 50 жыл алдын ислеп шығарылған «VOLKSWAGEN BEETLE» автомашинасының гилтин берип, былай деди:

– Мине, оқыўыңды айрықша баҳаларға тамамладың. Бул машинаны мен кѳп жыллар алдын сатып алған едим. Анығы, оның ислеп шығарылғанына 50 жылдан асқан. Бирақ, оны саған саўға етиўимнен алдын қала орайындағы автосалонға алып барып, бул машина ушын олар қанша баҳа усыныс ететуғынын билип келиўиңди қәлеймен.

Ул автосаланға барып, әкесиниң жанына келди ҳәм былай деди: «Олар маған кѳлик ушын 10 000 доллар усыныс етти, неге десеңиз машина жүдә гѳнерип кеткен».

Сонда әкеси: «Енди оны ломбардқа апарып кѳрсет, қәне, қаншаға алар екен?»– деди.

Ул ломбардқа барып келип: әкесине машина жүдә гѳнергени ушын ол жердегилер кѳликти 1 000 долларға баҳалағанын айтты.

Әке енди улынан машынаны антиквар автомобиллер ышқыпазлары клубина алып барып, сол жердегилерге кѳрсетиўди сорады. Ул кѳликти сол клубқа айдап барды ҳәм үлкен толғаныс пенен қайтып келип, әкесине:

–Клубтағылар маған машина ушын нақ 100 000 доллар усыныс етти! Олардың айтыўына кѳре, бул кѳлик жүдә бийбаҳа ҳәм коллекционерлер арасында ең кѳп изленип атырған модель екен!

Сонда әке улына былай деди:

– Мен буның менен сени бир ҳақыйқатты түсиниўиңди қәлеп едим: тек дурыс таңланған мәкан, орталық қәдириңе дурыс баҳа бере алады. Егер қай жердедур сени қәдирлемесе, сен буннан ҳасла ғәзепленбе, бул сениң надурыс орталықта екениңниң белгиси. Негизги қуныңды билетуғынлар – бул сени шын-жүректен қәдирлейтуғынлар. Солай екен, ҳеш қашан қәдириңди мойынламайтуғын, тән алмайтуғын орталықта қалып кетпе!

@deputatotemisov телеграм каналынан алынды.

@charjau_elmuratov
355006
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 24 сәу., 13:52

Photo
Бүгин "Jaslar TV" телеканалының "Дастурқан" көрсетиўинде мийманда болдық.

Онда баслаўшылар Бексултан ҳәм Минара менен этноспорт ҳәм миллий балалар ойынларының жас әўладлардың тәрбиясындағы әҳмийети ҳаққында азлы-кем сәўбет болды.

Сәўбетти ертең 18-март, азанғы 7:30 да "Jaslar TV" телеканалында тамашалаўыңыз мүмкин.

Канал 👉
826005
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 24 сәу., 13:52

Video
#Қарақалпақ_миллий_ойынлары

Теппек
Əўелемен-дүўелемен
Ләңки
Ақ терек пе, көк терек
Арпа-гүрпе

Сценарий авторы: Ч.Елмуратов
Оқыған: Н.Башбаев
Оператор-монтаж шебери: С.Ещанов

Канал 👉
264001
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 24 сәу., 13:52

Photo
#Архив

Республикалық "Еркин Қарақалпақстан" газетасы тарийхындағы бас редакторлар

Дөретиўшилик мийнет жолы менен таныс болсаңыз, пикир билдирсеңиз болады.

Канал:
374008
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 24 сәу., 13:52

Video
Бәҳәр келди...

Бекбосын Калмуратовтың facebook тармағындағы жеке бетинен алынды.

Канал:
399004
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 24 сәу., 13:52

Video
Бәҳәр келди

Сөзи: Толыбай Қабулов
Музыкасы: Шарапатдин Пахратдинов

Базаргүл Кәримова атқарыўында

Бәҳәр келди! Нәўбәҳәр келди,
Нурлы куяш жибитти жерди,
Қысқы тоқсан нәўбети енди,
Нәўбәҳәрдей асыға берди,
Әтшөк қуслар шақырғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Гүлден ҳәйкел тағынып келди.

Наз уйқыдан турып тәбият,
Қуслар көкти әйледи пәрият,
Үйрек ғазлар келген көклерге,
Нәўпир суўын тастырды дәрья,
Жерлер липас жамылғанында,
Сен бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Ол ышқына табынып келди.

Қызлар тағып алтын сырғасын,
Ат көтермес назын, жылўасын,
Нәўбаҳәрге көрсетиў ушын,
Ертип шықты қурбы-қурдасын,
Олар моншақ тағынғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Гүлден липас жамылып келди.

Бәҳәр келди бийғәрез елге,
Қуўат берди, күш берди белге,
Әбиҳаят суўы сылдырап,
Жан берди ҳәм сән берди жерге,
Той дабылы кағылғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Ашық болып аҳ урып келди.

Канал:
750006
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 24 сәу., 13:52

Video
#Жасалма_интеллект

«АЛТЫНКƟЛ» атлы қосығымыз жасалма интеллекттиң атқарыўында

Палўаныў-шабандоз, дийқанлар ели,
Нөсерлеткен қанша заманлар сели,
Сай-жылғалар менен буўылған бели,
Мәртликте мәрдана турған Алтынкөл.

Канал:
505003
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 24 сәу., 13:52

Video
#Туўылған_жер_ата_мәканым_мениң

Жасалма интелект емес, Замира Хожаназарованың жеке атқарыўында екен.

📜Алыс кетсем сағынышыӊ қыйнаған,
Қуўанышыӊ кѳкирегиме сыймаған,
Анам яӊлы жалғыз улын қыймаған,
Мен сени қыймайман ҳасла туўған жер...

✍️Улмамбет ХОЖАНАЗАРОВ

Канал:
471002
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 24 сәу., 13:52

ӨЗИМНЕН БАСҚАҒА ӨКПЕ-ГИЙНЕМ ЖОҚ

Ой-қыял жонғысы қәлбимди жонып,
Бахыт қусы гейде басыма қонып,
Ҳақыйқаттай қоллап, шынлықтай болып,
Ҳешким мениң көзлериме тийген жоқ.

Жаздырылып кетти көп өмирим орамы,
Шадлық шуғла шашты, тәшўиш борады,
Мениң бойымдағы менлик сорамы,
Жалған ҳүкимине мойын ийген жоқ.

Бул ҳалатты бастан кешкен биледи,
Үмит оты жанып-өшкен биледи,
Көксинде дәрт сеңи көшкен биледи,
Ҳешким яр ышқында биздей күйген жоқ.

Кисиге қаратлық қылмай күнимди,
Тумашалап өткердим ығбал түнимди,
Дүзетпеген кеўилшеклик минимди,
Өзимнен басқаға өкпе-гийнем жоқ.

Ҳаққа жәбир берсең тутар кийеси,
Бир жағылса кетпес пәслик күйеси,
Елим-журтым жан-тәнимниң ийеси,
Мәгар, ҳешким халқын мендей сүйген жоқ.

Жақсылардың тийди берген дуўасы,
Қосықларым – ким екеним гүўасы,
Шайыр, халықтың ең қайсар, ең жуўасы,
Халил дер: еле көк көйлек кийген жоқ.

Х.Дәўлетназаров

Канал:
423004
Charjau_Elmuratov logo
Charjau_Elmuratov

2026 ж. 24 сәу., 13:52

https://youtu.be/OHixJcP2zLQ?si=-SoEeY0xQhp3GIUK

Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтың "Жаслығым сен мени таслап барарсаң" қосығы жасалма интелект атқарыўында

Қосықты жоқарыдағы силтеме арқалы youtube тармағында тыңлаўыңыз мүмкин.

Канал:
Video Thumbnail
398002

Showing 29 of 29 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

Charjau_Elmuratov Telegram арнасы не туралы?+

Charjau_Elmuratov (@charjau_elmuratov) — tgdio сайтында Саясат санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 250 жазылушы бар.

Charjau_Elmuratov (@charjau_elmuratov) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @charjau_elmuratov арнасына тегін жазылыңыз.

Charjau_Elmuratov жақсы Саясат арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын Charjau_Elmuratov рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 250 жазылушы бар. ұқсас Саясат арналарымен салыстырыңыз.

Charjau_Elmuratov статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @charjau_elmuratov бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.