Минайхан Жуманазарова Telegram channel photo

Минайхан Жуманазарова

Қәстерлеп абайлаң бир-бириңизди! Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыра Минайхан Жуманазарованын жеке дөретиўшилик каналы

68

Last views

317 (317 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
37
Total Posts
Oct 17, 2026, 5:42 AM
Жаңартылған
Apr 24, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameМинайхан Жуманазарова
Username@minayxan_jumanazarovaa
CategoryВирустық бейнелер
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер317
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 24 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 4 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#280143-474
Тіл бойынша рейтинг
#323-1
Санат бойынша рейтинг
#19020-44

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 31730 Days growth: -30.9%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:2026320
19:09:2026322
20:09:2026322
21:09:2026322
22:09:2026322
23:09:2026322
24:09:2026322
25:09:2026322
26:09:2026322
27:09:2026322
28:09:2026322
29:09:2026322
30:09:2026322
01:10:2026322
02:10:2026322
03:10:2026322
04:10:2026322
05:10:2026322
06:10:2026322
07:10:2026322
08:10:2026322
09:10:2026322
10:10:2026322
11:10:2026322
12:10:2026322
13:10:2026322
14:10:2026322
15:10:2026322
16:10:2026322
17:10:2026317
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 20:04:2026343
Week of 27:04:2026343
Week of 04:05:2026345
Week of 11:05:2026345
Week of 18:05:2026345
Week of 25:05:2026345
Week of 01:06:2026345
Week of 08:06:2026345
Week of 15:06:2026345
Week of 22:06:2026345
Week of 29:06:2026345
Week of 06:07:2026331
Week of 13:07:2026331
Week of 20:07:2026331
Week of 27:07:2026331
Week of 03:08:2026331
Week of 10:08:2026331
Week of 17:08:2026321
Week of 24:08:2026321
Week of 31:08:2026319
Week of 07:09:2026320
Week of 14:09:2026322
Week of 21:09:2026322
Week of 28:09:2026322
Week of 05:10:2026322
Week of 12:10:2026317
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 2026343
May 2026345
June 2026345
July 2026331
August 2026321
September 2026322
October 2026317
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
2026317

Соңғы посттар

КҮНГЕ БАҚҚАН АЙҒАБАҒАРМАН

Туў сыртымнан қадалған көзлер,
Өңменимди тесип өтеди.
Көмейиме тығылған сөзлер,
Баўырымды кәбап етеди.

Күнге баққан айғабағарман,
Запырандай сарғыш жүзлерим.
Есапта жоқ, қорада барман,
Қар астында қалмыш излерим.

Бас кессе де тилди кеспек жоқ,
Бийкар екен тилимди кести.
Емин-еркин енди беспек жоқ,
Ышқысталық ишиме түсти.

Етек-жең көп, жаға таппайман,
Аяқ-қоллар бассыз шабысар.
Атқосшы көп, аға таппайман,
«Сумлар намазшамда табысар».

Туў сыртымнан қадалған көзлер,
Өңменимди тесип өтеди.
Көмейиме тығылған сөзлер,
Баўырымды кәбап етеди.

✍️ Минайхан ЖУМАНАЗАРОВА

Каналымызға ағза болың👇
@Minayxan_Jumanazarovaa
68006
Photo1/2
АНАЖАН

-Төлеўи жоқ қарыз
не?-

Бир данышпан
Сорапты ел-журтынан:
Ата-ананың меҳри,
Перзентке берген,
Төлеўсиз екен.
Еситип ҳайран болдым,
Келисе алмай.
Не себеп булай...
Мен хызмет етемен
ата-анама,
Сол сөз сиңди санама.
Мехрине меҳир беремен.
Қәлесе қоянның сүтин
таўып келемен.
Бирақ...
Анамның меҳрин
Шеккен азап-мәнетиң,
қайтара алмадым.
Биринши айыбым,
Меҳринен қаштым.
Өзгени сүйип,
Баўырыма бастым.
Төркинлеп барып
турдым,
Анажан!.
Керегимди алып турдым.
Қайтқанша асықтым,
Себеби, ойымда ашығым.
Соң перзент көрдим,
Бәрше меҳримди соған
бердим.
Аналық меҳир не?,
Сонда сездим.
Ананың кеўли балада,
Баланың кеўли далада.
Ҳақ сөз...
Халқымыз не деген дана.
Анажан, төлеўсиз, хызметиң.
Шеккен азап-мәнетиң,
Меҳир-муҳаббетиң.
Алдыңда қарыздарман.

✍️ Минайхан ЖУМАНАЗАРОВА

Каналымызға ағза болың👇
@Minayxan_Jumanazarovaa
70005
Video
ЖЕТПЕСИНЛИК ЖАМАН ДӘРТ

Жетпесинлик жаман дәрт,
Мәрттиң кәддин бүгеди.
Адым сайын берип пәнт,
Абырайынды төгеди.

Дастурхан тапса ас таппай,
Жигиттиң жүзи қызарар.
Гүриш тапса май таппай,
Ҳаялы қазан туўарар.

Жора-жолдас келгенде,
Дийдиндей хызмет кылалмас.
Барғызбасы барғызбай,
Той-мереке саўалмас.

✍️ Минайхан ЖУМАНАЗАРОВА

Каналымызға ағза болың👇
@Minayxan_Jumanazarovaa
179005
Video
Шайыра Минайхан Жуманазарова ҳүрметине бағышланған көрсетиў. Архив 2020-жылы Қарақалпақстан телеканалының «Яднама» бағдарламасы
173001
Video
СЕН БОЛМАСАҢ АСПАН ҚУЛАП ТҮСПЕЙДИ

СЕН

Мен болмасам питпейди ҳеш жумысың,
Қолыңды да қыйып кетер қамысың.
Мен болмасам аспан кулап түсердей,
Өзгелерге усамайды болмысым.

Қаққан есигимнен куры шықпайман,
Исим питпес жерге басым суқпайман.
Көп адамның айын алып қойғанман,
Анаў-мынаў нәрсеге мен буқпайман.

Сырым билген адам сырттан айланар,
Айланбаса жүрер жолы байланар.
Сыйлап емес қорыққанынан қол берер,
Буны көрип кеўлим мениң жайланар...

МЕН

- Иззет талап болғаннан соң бәрҳама,
Ҳеш кимде қарамас сениң баҳаңа.
Жақсы ислеринде кунын жойытар,
Ҳәтте, жағыў мүшкил туўған балаңа.

Бәлки ерте питер, бәлки кеш питер,
Ҳәр ким қолдан келген исини етер.
«Сен болмаған менен солмайды дүнья,
Ялғаншы бир демлик өтер де кетер»...

Болғың келсе ҳәммемизге ҳүрметли,
Еткен исиң болмасын хеш миннетли.
Сен болмасаң аспан қулап түспейди,
Сатып алып болмас ҳүрмет-иззетти.

✍🏻Минайхан ЖУМАНАЗАРОВА

Каналымызға ағза болың
@Minayxan_Jumanazarovaa
223009
Video
Шайыра Минайхан Жуманазарова ҳүрметине бағышланған көрсетиў. Архив 2020-жыл

Егер сизде де шайыр Минайхан Жуманазарова апамыз ҳаққында жақсы еске түсириўлер ямаса ол инсан менен байланыслы қандай да бир жыллы ўақыялар болса, усы пост астында биз бенен бөлисиң.

Апам сизиң ядынызда қандай адам болип қалган? Ол инсан менен байланыслы қайсы гүрриң, ушырасыў яки ўақыя ядынызда сақланып қалган?

Сизиң жазған ҳәр бир естелигиңиз биз ушын қәдирли🙏🏻
244000
Video
Қарақалпақстан телеканалының «Хабар» бағдарламасында Минайхан Жуманазарова еске алынды.
471005
Video
Бүгин - Минайхан Жуманазарованың туўылған күни

Бүгин, егер тири болғанда, әзиз кемпир апам Минайхан Жуманазарова 69 жасты күтип алған болар еди.

Олардың туўылған күнлеринде бир дастурхан әтирапында жәмлесип, жақынлар менен биргеликте Қуран оқыдық, өткенлерди еске алдық, олардың руўхына бағышлап дуўа қылдық.

Инсан бул дүнядан өтсе де, оның жақсы аты, айтқан сөзлери, қалдырған шығармалары ҳәм жақынларының қәлбиндеги естелиги мәңги жасайды.

Кемпир апамның қосықлары да биз ушын ол инсаннан қалған бийбаҳа руўхый мийрас болып табылады. Усы канал арқалы оның қосықлары, естеликлери ҳәм дөретиўшилик үлгилерин сақлап, келешек әўладларға жеткериў нийетиндемиз.

Бүгинги туўылған күнинде оны сағынып, және бир мәрте еске алдық.

Жайлары жәннетте, руўхлары шад болсын.

Аллаҳ таала бәрше өткенлеримизди өз раҳметине алсын.
264003
Video
Ана

Сағынышым сарғайып,
Жапырақлары үзилди.
Изле-излей өзиңди.
Журек баурым езилди.
Келердейсең айланып,
Жолларыңа көзим төрт.
Өшпес дәртке байланып,
Жүрегимде лаулар өрт.
Қулыным деген даусыңнан,
Айланып ғана кетейин,
Дизеңе басым қойыуға,
Барымды сарп етейин
Шеги жоқ жырым өзинсен,
Сен мениң қарар көзимсең.
Жолларыма төгилген,
Үзилген лала гулимсең…

Р. Бердимуратова 2019  сентябрь
198004
ОРНЫНДА ТУРҒАЙ

Тоқтап қалды ана жер,
Көшеринде айланбай.
Бул дүньяның тәшўиши,
Бир басымда турғандай.
Солды үмит гүллери,
Мисли қыраў шалғандай.
Тәғдирдиң аўыр шөккиши,
Тас төбемнен урғандай.
Түсине алмай дағдардым,
Бул не аўҳал, не жағдай.
Әҳ қудай, деп аҳ урдым,
Әзел өзи оңғарғай.
Бәрин айтта, бирин айт,
Аллам нәзерин салғай.
Әй ығбалым, бери қайт,
Дәртим өткинши болғай.
Ана жер, орнында турғай!...

✍🏻Минайхан ЖУМАНАЗАРОВА

Каналымызға ағза болың
@Minayxan_Jumanazarovaa
212002
БОЛМАС

Заман курсын шыдағанға шығарған,
Кимди көрсең кеўилинде мың әрман,
Жетпесинлик қашшан көшин туўарған,
Көзим көргенлерин айтпасам болмас.

Елим деген ердиң түсти ийини,
Шеше алмай ҳеш бир истиң түйинин,
Ишерге асы жоқ, жыртық кийими,
Кеўил әндийшемди сөтпесем болмас.

«Бирин» берип алған болар кеўлинди,
Бири алып кетер соңыра жүзиңди,
Шанашта ун жоқ, телек түби көринди,
Тилимди кессе де айтпасам болмас.

Майлы кемик болса кимниң қолында,
Басшың, қосшың бәри соның жолында,
Бир қалта ун бермес намыс-арыңа,
Күйгеннен күй шығар, шертпесем болмас.

Ғәрезсизлик бизиң ушын түс болды,
Бастан ушып кеткен дәўлет қус болды,
Үмитим, әрманым бәри пуш болды,
Түн пердесин тилип сөтпесем болмас.

Баяғы бағлары енип тусине,
Булбилдиң пығаны түсти ишине,
Заман гәрдиши ме, пәлек иси ме,
Кеўлим қанға толды, төкпесем болмас.

Заман курсын шыдағанға шығарған,
Кимди көрсең кеўилинде мың әрман,
Айттым-айтпадым не, жоқ буннан дәрман,
Сонда да дәртимди төкпесем болмас.

✍🏻Минайхан ЖУМАНАЗАРОВА

Каналымызға ағза болың
@Minayxan_Jumanazarovaa
218006
ҚӘСТЕРЛЕП САҚЛАҢЛАР БИР-БИРИҢИЗДИ

Ҳасылдың қыяғы, тулпар туяғы,
Бәриңиз ақыллы, бәриң зыялы.
Әй, әзиз халқымның әзиз уллары,
Қәстерлеп сақлаңлар, бир-бириңизди.

Бул жерге келгениң теңизден тамшы,
Бабамыз әзелден көп жеген қамшы,
Дүнья өткиншидур, дүнья ялғаншы,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.

Мен, мен деп көкирек кере бермеңлер,
Әзәзул, шуғыллық сөзге ермеңлер,
Ҳасла абырайды қолдан бермеңлер,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.

Батырсаң, сендағы, сен де батырсаң,
Халқыңа хызметти етип атырсаң,
Жәмлессең бириңиз, мыңға татырсаң,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.

Күншиллик не теңиң кимди күнлейсең,
Өз иниң, өз ағаң кимди жерлейсең?
Әзел ҳақдур, енди қайта келмейсең,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.

Шайырсаң бәриң де елди жырласаң,
Данышпансыз ели-журтты сыйласаң,
Келешек әўладтың ғамын ойласаң,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.

Көп емес дүньяда, қарақалпақ аз,
Сол ушын көксиңди қаға берме-жаз,
Ҳәр бириң ушыға, ҳәр бириң алмаз,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.

Өзинди шер билсең, басқаны зор бил,
Ҳәмме де өзиңдей, өзиңе тең бил,
Бәри де сен киби, мийнеткеш себил,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.

Бириңиз гәўҳарсыз, бириңиз дүрсиз,
Дүньяда теңи жоқ, ҳақыйқый ерсиз,
Жасамақ мүшкилдур бириң-бириңсиз,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.

Тамырында аққан қан, геўдеңдеги жан,
Бәриң де бир текли дин ҳәм де ийман,
Сизлер қаналассыз буған жоқ гүман,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.

Көп емес дүньяда, қарақалпақ аз,
Сол ушын көксиңди қаға бермес-жаз,
Ҳәр бириң ушыға, ҳәр бириң алмаз,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.

✍🏻Минайхан ЖУМАНАЗАРОВА

Каналымызға ағза болың
@Minayxan_Jumanazarovaa
5060012
Video
Минайхан Жуманазарова - шаңарақ, өмир ҳәм поэзия ҳаққында.

Шайыраның өз аўзынан айтылған еске түсириўлер ҳәм дөретиўшилик жолы ҳаққында ашық сәўбет.

Каналымызға ағза болың👇
@Minayxan_Jumanazarovaa
204005
Photo
📜КӨЗЛЕРИҢНЕН

Бунша, көзиң жаўдырап муңлы,
Жуўап сорар неге, негелеп?
Бағысында сыр бар пинҳамы,
Қазық еттиң мени шегелеп.

Ҳадал кеўлим, қулың болайын,
Шекпе ҳасла қайғы ҳәсирет,
Мейли жансам мен-ақ жанайын,
Көзлериңнен меҳир төгип кет...

✍🏻Минайхан ЖУМАНАЗАРОВА

🔵Каналымызға ағза болың
📱
257003
Тәбият жыласа…
Жолбарыс журекли батыр ең,
Бир өзиң мыңга татыр ең.
Ҳалықыңның ғамын ойлаған,
Ел ушын тууган шайыр ең.
Дәртине дәрман излесе,
Ҳалкың сени жоқлайды.
Мәусимлер келсе избе из,
Тәбият жойтып жылайды.
Бәҳәр келсе селлетип,
Жазы келер куйдирип,
Гузде қазан жапырақлар,
Қар астында туншығар.
Ҳәтте пасыллар төзбейди,
Өз жыршысын излейди,
Асқар таулар қулазып,
Булақ сууына шөллейди.
Ана тәбият, ана жер,
Өз баурына алдыма,
Жаны төзбей пасыллар,
Өз жайына қалдыма…

Р. Бердимуратова         2019 20-июль
483009
Video
Бүгин анамыздың бул дүньяны тәрк еткенине 7 жыл толды. Ўакыт өткен сайын орның билинип атыр Мама....
3190010
Video
"Мен өлсем"
М. Жуманазарова

Мен өлсем таўлар қулайды
Булақлар суў сорап жылайды
Тек ғана адамзат шыдайды
Өлгенниң изинен өлмек жоқ
Өлгенге қәйтип келмек жоқ

Пикирлериңизди комментарийди басып қалдырсаңыз болады.

https://t.me/baxtiyarjumataev

Каналға ағза болың.
Канал ҳаққында досларыңыз бенен бөлисиң.
262008
Video
Екинши жәҳан урыс қатнасыўшысы ҳәм кәҳарманы. 🎖️
“Қарақалпақ халық шайыры”

Байнияз Ата Қайыпназаров сөзи.(1943-жыл жазылған)
(Жайы жәннетде болсын) 🫡
401005
Ана
Сағынышым сарғайып,
Жапырақлары үзилди.
Изле-излей өзиңди.
Журек баурым езилди.
Келердейсең айланып,
Жолларыңа көзим төрт.
Өшпес дәртке байланып,
Жүрегимде лаулар өрт.
Қулыным деген даусыңнан,
Айланып ғана кетейин,
Дизеңе басым қойыуға,
Барымды сарп етейин
Шеги жоқ жырым өзинсен,
Сен мениң қарар көзимсең.
Жолларыма төгилген,
Үзилген лала гулимсең…

Р. Бердимуратова 2019  сентябрь
5280018

Showing 30 of 37 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

Минайхан Жуманазарова Telegram арнасы не туралы?+

Минайхан Жуманазарова (@minayxan_jumanazarovaa) — tgdio сайтында Вирустық бейнелер санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 317 жазылушы бар.

Минайхан Жуманазарова (@minayxan_jumanazarovaa) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @minayxan_jumanazarovaa арнасына тегін жазылыңыз.

Минайхан Жуманазарова жақсы Вирустық бейнелер арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын Минайхан Жуманазарова рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 317 жазылушы бар. ұқсас Вирустық бейнелер арналарымен салыстырыңыз.

Минайхан Жуманазарова статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @minayxan_jumanazarovaa бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.