ҚӘСТЕРЛЕП САҚЛАҢЛАР БИР-БИРИҢИЗДИ
Ҳасылдың қыяғы, тулпар туяғы,
Бәриңиз ақыллы, бәриң зыялы.
Әй, әзиз халқымның әзиз уллары,
Қәстерлеп сақлаңлар, бир-бириңизди.
Бул жерге келгениң теңизден тамшы,
Бабамыз әзелден көп жеген қамшы,
Дүнья өткиншидур, дүнья ялғаншы,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.
Мен, мен деп көкирек кере бермеңлер,
Әзәзул, шуғыллық сөзге ермеңлер,
Ҳасла абырайды қолдан бермеңлер,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.
Батырсаң, сендағы, сен де батырсаң,
Халқыңа хызметти етип атырсаң,
Жәмлессең бириңиз, мыңға татырсаң,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.
Күншиллик не теңиң кимди күнлейсең,
Өз иниң, өз ағаң кимди жерлейсең?
Әзел ҳақдур, енди қайта келмейсең,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.
Шайырсаң бәриң де елди жырласаң,
Данышпансыз ели-журтты сыйласаң,
Келешек әўладтың ғамын ойласаң,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.
Көп емес дүньяда, қарақалпақ аз,
Сол ушын көксиңди қаға берме-жаз,
Ҳәр бириң ушыға, ҳәр бириң алмаз,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.
Өзинди шер билсең, басқаны зор бил,
Ҳәмме де өзиңдей, өзиңе тең бил,
Бәри де сен киби, мийнеткеш себил,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.
Бириңиз гәўҳарсыз, бириңиз дүрсиз,
Дүньяда теңи жоқ, ҳақыйқый ерсиз,
Жасамақ мүшкилдур бириң-бириңсиз,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.
Тамырында аққан қан, геўдеңдеги жан,
Бәриң де бир текли дин ҳәм де ийман,
Сизлер қаналассыз буған жоқ гүман,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.
Көп емес дүньяда, қарақалпақ аз,
Сол ушын көксиңди қаға бермес-жаз,
Ҳәр бириң ушыға, ҳәр бириң алмаз,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.
✍🏻Минайхан ЖУМАНАЗАРОВА
Каналымызға ағза болың
@Minayxan_Jumanazarovaa