Шайырдың бахытсызлығы— жақсы қосық жаза алмай қалған ўақты....
Бахтыяр Генжемуратов
Базда сағынаман жойтаман излеп,
Сенлик сезим бөлек, сенлик жол алыс.
Қыяллар гезеди ышқыста, ҳәлек ,
Шаршаған кеўлиме тек бир сен кемис.
Мен бахытлы шайыр,
Бахытсыз ашық.
Өз дүньяма өзим султанлық еттим,
Сен барда туйғылар турған таўланып,
Жоғыңда сөтилип баратыр сезим.
Сен кеттиң...сөз кетти... сезимлер кетти...
Меннен қайғы кетти, жоқ енди муңым.
Улыған қасқырым уйқыға кетти.
Қосық сулыўлығы. Сен едиң бахтым?!
Мәжгүнлик те бахыт, айралық ығбал.
Оларсыз мен бахытлы, бахытсыз делбе.
Қәлбим қосық айтып бәлким жубанар...
Көзлерим байланған бир қара көзге.
Мен бахытсыз шайыр,
Бахытлы ашық.
Өзге дүньяларда гезип жүриппен,
Үнсиз қыял менен турман таўланып,
Сағынып, сөтилип баратыр сезим.
Айгүл Қосымбетова
@sheginisten