ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР Telegram channel photo

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

@tariyxqa_nazerPublic Channel

Сиз бул жерде Қарақалпақстан тарийхы, тарийхый ўақыялар бойынша мағлыўмат аласыз!!! 28.01.2023 жыл саат 19:00 де канал ашылды Инстаграм канал instagram.com/tariyxqa_nazer Ютуб канал https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413

670

Last views

2k (2,005 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
36
Total Posts
Oct 17, 2026, 5:42 AM
Жаңартылған
Apr 24, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameТАРИЙХҚА_НӘЗЕР
Username@tariyxqa_nazer
CategoryВирустық бейнелер
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер2,005
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 24 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 4 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#61190+271
Тіл бойынша рейтинг
#73Өзгеріс жоқ
Санат бойынша рейтинг
#3844+29

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 2.0K30 Days growth: +894.6%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:20261,916
19:09:20261,936
20:09:20261,936
21:09:20261,936
22:09:20261,936
23:09:20261,936
24:09:20261,936
25:09:20261,936
26:09:20261,936
27:09:20261,936
28:09:20261,936
29:09:20261,936
30:09:20261,936
01:10:20261,936
02:10:20261,936
03:10:20261,936
04:10:20261,936
05:10:20261,936
06:10:20261,936
07:10:20261,936
08:10:20261,936
09:10:20261,936
10:10:20261,936
11:10:20261,936
12:10:20261,936
13:10:20261,936
14:10:20261,936
15:10:20261,936
16:10:20261,936
17:10:20262,005
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 20:04:20261,950
Week of 27:04:20261,950
Week of 04:05:20261,951
Week of 11:05:20261,951
Week of 18:05:20261,951
Week of 25:05:20261,951
Week of 01:06:20261,951
Week of 08:06:20261,951
Week of 15:06:20261,951
Week of 22:06:20261,951
Week of 29:06:20261,951
Week of 06:07:20261,919
Week of 13:07:20261,919
Week of 20:07:20261,919
Week of 27:07:20261,919
Week of 03:08:20261,919
Week of 10:08:20261,919
Week of 17:08:20261,913
Week of 24:08:20261,913
Week of 31:08:20261,919
Week of 07:09:20261,916
Week of 14:09:20261,936
Week of 21:09:20261,936
Week of 28:09:20261,936
Week of 05:10:20261,936
Week of 12:10:20262,005
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 20261,950
May 20261,951
June 20261,951
July 20261,919
August 20261,913
September 20261,936
October 20262,005
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
20262,005

Top 10 posts

Most viewed posts from this channel

By views
  1. #11992-жыл 14-декабрь "Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағ6.4K
  2. #2Қарақалпақ ханлары бойынша тарийхый кесте.5.6K
  3. #3Қарақалпақ пенен Қырғыздың байланысы неде?4.8K
  4. #4«Қарақалпақстан Республикасы аймағында Орта әсир қалалары ҳәм бүгинги 3.5K
  5. #5Ахмед Заки Ўалиди Тоган "Бүгинги Түркили (Түркистан) Ҳәм Жақын Тарийхы3.5K
  6. #6Нийет етип суў ишер екенмен тап өзимди Түркистандағы Арыстанбаб қорған3.3K
  7. #7XX әсир басында Әмиўдаьря делтасындағы қарақалпақ урыўлары ҳәм олардың3.1K
  8. #8Мағлыўмат алынған китап3.1K
  9. #9Ахмед Заки Ўалиди Тоган "Бүгинги Түркили (Түркистан) Ҳәм Жақын Тарийхы2.6K
  10. #10#Еслеу2.4K

Соңғы посттар

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 14 қаз., 01:22

Photo1/6
#Тарийх_бетлеринен

Қабыл бий улы Ерназар (1818-1898)

Қабыл бий улы Ерназар (1818-1898) аталықтың бийлерди жыйнап мәсләҳәтлесетуғын төбеси "Аталық төбе". Ҳәзирге шекем орны сақланған болып Кегейли районы "Көкшийел" АПЖ "Добал" аўылының батысында жайласқан.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
1,4900021
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 13 қаз., 12:19

Қарақалпақлардың XVIII әсир екинши ярымындағы турмысы ҳаққында орыс-европа мағлыўматлары.


Шама менен 1743-жылдан бери олар өз алдына жеке орданы қурайды. Султан Айшуўақты 1771-жылда хан етип көтерди. Ҳәзирги ўақытта олар Арал теңизиниң арқасынан Қоңыратқа шекемги аралықта ҳәм одан да кең аймақларда жасайды.

Олар қазақларға қарағанда әдепли ҳәм мағрипатлы мусылманлардур. Сондай-ақ олардың уламалары көп болып, олар жасларды оқыў, жазыў, есаплаў ҳәм өз дининиң тийкарларына үйретеди. Соған қарамай олар қазақлардан аз тонаўшылық етпейди. Қазақлар менен дерлик турақлы урысып бир-бириниң шарўаларын ҳәм адамларын тутқын етеди. Будан тысқары илажы табылса Бухара кәрўанларын ҳәм өз аймағына келген жолаўшыларды талайды.

Ҳүкимдар хан бар болыўына қарамастан оның өз ордасындағы ҳәкимяты қазақ ханы сыяқлы күшли емес. Олар өзлериниң улыўмалық әсиресе туўысқанлық ҳәм экономикалық турмыс-салты жағынан башқуртларға күтә уқсайды. Башқуртлар сыяқлы олар да тийкарынан шарўашылық пенен шуғылланады, дийханшылық та етеди. Олардың қысқы аўыллары сондай-ақ көшетуғын жазғы үйлери бар.

Оларда түйе, ат, қойлар аз, бирақ қарамал көп. Қойлардың азлығы себеп олардың отаўлары тек қамыс пенен оралады. Жазғы қонысын өзгертип атырғанда олар үлкен еки дөнгелекли арбалардан пайдаланады, қарамаллар жегилген арбаларда буйымларын тасыйды.

Олардың қысқы қоныслары киши ылайдан исленген үйлер болып оны ағаш қадалар менен беккемлеген. Бул үйлер жанында олардың егислик жерлери ҳәм киши бағлары орналасқан. Өзлери ислеўге ерингени ушын егин егиўде қулларды жумсайды. Сол ушын қуллар қысқы аўылларда турақлы қалыўға мәжбүр болады.

Олардың темиршилери де бар. Бул темиршилери ҳәтте батпақтағы руданы еритип, одан балта, пышақ, найза, қылыш ҳәм басқа турмыслық буйымларды соғады.



Дерек: Falk, Johann Peter. Beyträge zur topographischen Kenntniss des Russischen Reichs. Dritter Band, welcher Beyträge zur Thierkenntniss und Völkerbeschreibung enthält. Mit Kupfern. Herausgegeben von Johann Gottlieb Georgi. St. Petersburg: Gedruckt bey der Kayserl. Akademie der Wissenschaften, 1786.


Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
8030017
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 12 қаз., 21:39

Photo1/4
Жыззақ қаласының 1866-жылғы картасы, қалаға суў дереги үш канал арқалы келген олар 1) қарақалпақ 2) түркмен 3) қуяват. Басқа мағлыўматларда Жыззақ атрапында қытай, қыпшақ, қырық ҳәм қарақалпақ урыўлары отырғаны туўралы жазылған.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
9530020
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 11 қаз., 23:06

СЕРНАЗАР ШАБАНДОЗ


Қарақалпақ халқының сыртқы жаўлардан елин қорғаўда, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаўда ат спорты, соның ишинде, ат шабыслары айрықша орын тутады. Ерте дәўирлерден баслап-ақ ат тәрбиялаў, жүйрик атларды таңлаў ҳәм оларды бәйгилерге таярлаў халқымыздың руўхый ҳәм материаллық мәдениятының ажыралмас бөлеги есапланған. Усы бағдарда, ХХ әсирдиң басларында жасап өткен ақ тоғын кенегес Сейтназар бий улы Серназар шабандоздың өмир жолы ҳәм оның тарийхый илажлардағы қатнасы миллий ат спорты тарийхын үйрениўде әҳмийетли дәрек болып хызмет етеди. Серназар ақ тоғын кенегес Сейтназар бий улы 1905-жылы ҳәзирги Кегейли районы Көкшиел тәрептеги ақ тоғын аўылында дүньяға келген. Оның әкеси Сейтназар ақтоғын кенегеслердиң белгили, ел арасында абыройлы бийи болған. Халқына көп хызмет еткен. Серназар жаслайынан атқа қызығып өсип, сол дәўирдиң белгили инсаны болыс Сейтназар ҳажының исенимли ҳәм шебер шабандозына айланады. Ол удайына ҳажының атларын үлкен той-мерекелерде шаўып, ат тәрбиялаў, яғный сейислик сырларын шеберлик пенен меңгереди. Соның ишинде, Сейтназар ҳажының «Ялта» атлы жүйрик, ярым тулпарын тәрбиялап, үлкен бәйгилерге қосқанлығы оның жаслайынан-ақ атқа болған меҳирин көрсетеди.
Дәўирдиң ири тарийхый ўақыяларының бири сыпатында 1916-жылы Жүзимбақлы Шынықул байдың берген үлкен тойын атап өтиў орынлы. Бул тарийхый той өз дәўириниң ең танылмалы ҳәм белсенди тулғаларын бир жерге жәмлегенлиги менен өзгешеленеди. Тойдың жоқары дәрежеде өтиўи ушын
Лепес сейис, Юсуп болыс, Темирхан болыс, , Ибрайым болыс, Сейтимбет болыс, Палўанияз бий, Тоқымбет ахун, Барлықбай болыс Арзымбет қазы хәмде Хожамет болыс Ерназар аталықтың баласы сыяқлы инсанлар тик аяқтан турып хызмет еткен. Бул жағдай сол дәўирдеги қарақалпақ халқының аўызбиршилигин ҳәм миллий дәстүрлерге болған ҳүрметин айқын сәўлелендиреди.
Тойдың ең тийкарғы илажы болған биринши бәйги шабысына аймақтың ең танылмалы жүйриклери қосылады. Бәйгиге Қазалыдан арнаўлы келген Нәўше сейистиң нәўше гүрени, Хан мақсымның қара қасқа шуңқары, Хожахмет болыстың бөртеси ҳәм Алыўшының қара аты сыяклы халық арасында аңызға айланған атлар қатнасады. Хан мақсымның қара қасқа шуңқарын сол дәўирдиң шебер ат таярлаўшысы Лепес болыс бәйгиге арнап баплайды. Шуңқар атқа алтын баслы ер салынып, үстине сол ўақытлары 11 жасар өспирим бала болған Серназар мингизиледи. Атлар Шымбайдағы май заводтың қасынан бәйгиге жиберилип, оғада қызғын ҳәм тартыслы өткен бул шабыста Хан мақсымның шуңқар аты Серназар шабандоздың шеберлиги арқасында мәрреге биринши болып келеди. Бул жеңис Серназардың шабандозлық талантын елге танытқан үлкен ўақыя болады.
Тарийхый естеликлердиң бүгинги күнге шекем сақланыўы үлкен әҳмийетке ийе. Солардың бири — 1916-жылғы тарийхый бәйгиде Хан мақсымның шуңқар атына салынған алтын баслы ердур. Бул қымбатлы естелик ерди Нөкис қаласында Серназар шабандоздың перзенти, тарийх илимлериниң кандидаты Муратбай Сейтназаровтың үйинде әкесиниң ўәсияты бойынша бүгинги күнге шекем сақланып келмекте.
Солай етип өз өмирин миллий ат спорты мәдениятына бағышлаған Серназар әқ тоғын кенегес Сейтназар бий улы 1997-жылы дүньядан өткен болса да, оның өмир жолы, шабандозлық мектеби ҳәм ол қатнасқан бәйгилердиң тарийхы Қарақалпақстанның ХХ әсир басындағы социаллық-мәдений турмысын үйрениўде қымбатлы мағлыўмат сыпатында илимде өз орнын табады.



Интернет материаллары тийкарында топлаған ҳәм таярлаған: Марина Абдуллаева

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
1,0200022
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 11 қаз., 23:06

Photo1/2
#Тарийхый_тулғалар_өмири

Шабандоз Серназар ақ тоғын кенегес
Сейтназар улы
(1905-1997 ж-ж)
9350010
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 09 қаз., 09:01

Photo1/2
Хорезм Совет Социалистик Республикасының аймақлық бөлиниўи (1923-1924-жылларда).

Россия Империясы 1873-жыл Хийўа ханлығы үстинен протекторатын орнатқан соң хан қараўында тек шеп жағалықтағы аймақлар қалды. Ханлық 1920-жыл сапластырылды, орнына Хорезм Халық Совет Республикасы дүзилди, ол 1923-жыл Хорезм Совет Социалистик Республикасына айлындырылды. ХССР да 1924-жыл сапластырылды.


Дерек: Территория и население Бухары и Хорезма. Часть 2. Хорезм. Ташкент, 1926

Каналымыз:https://t.me/Tariyxqa_nazer
1,0400011
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 07 қаз., 14:47

#Тарийх_бетлеринен #Репрессия_қурбанлары Дәмеш болыс 1894-1960
1,5500022
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 07 қаз., 14:47

#Тарийх_бетлеринен #Репрессия_қурбанлары Дәмеш болыс 1894-1960
1,4100016
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 07 қаз., 14:46

Photo1/2
#Тарийх_бетлеринен #Репрессия_қурбанлары Қарақалпақ қызынан биринши «Болыс» лақабын алған Дәмештиң шығысы қандай? Кегейли аймағында Сапармурат бай болыс отыз жыл , соң Әбдимурат бай Серекеев “болыс” лаўазымында, соң Дәмеш « болыс» Досымбет бийдиң келини…
1,3900015
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 05 қаз., 16:47

Photo1/2
Уллы инсанлар шежиреси.


Дерек: "Бердақтың туўысқанлары ҳәм урпақлары" Б. Утамбетов, А Қдыров, Нөкис. 1999.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
1,8200047
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 28 қыр., 22:07

Photo1/4
XX әсир басында Әмиўдаьря делтасындағы қарақалпақ урыўлары ҳәм олардың ағзалары саны.



Дерек: «Территория и население Бухары и Хорезма. Часть 2. Хорезм, Ташкент» 1926.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
3,1300017
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 20 қыр., 14:21

«Қарақалпақстан Республикасы аймағында Орта әсир қалалары ҳәм бүгинги дәўирдеги жайласқан районлар»

Қалалары👇

1) Якке-Парсан, IV-VIII әсир, Елликқала.

2) Атызқала, IV-VI әсир, Елликқала.

3) Адамлықала, VI-VII әсир, Төрткул.

4) Уйқала, IV-VI әсир, Елликқала.

5) Хазарасп, XI-XIII әсир, Хорезм ўәлаяты.

6) Ийшанқала, XVII-XIX әсир, Кегейли.

7) Тесикқала, IV-VI әсир, Елликқала.

8) Төкқала (Дарған), б.э.ш. IV— b.e XIII әсир
Нөкис район.

9) Шахсәнем, XII-XIII әсир, Хорезм ўәлаяты.

10) Бүркитқала VI-VIII әсир, Елликқала.

11) Қырыққыз, I, V - VI әсир, Елликқала.

12) Күйикқала VII-VIII әсир, Шымбай.

13) Қыятқаласы XII-XIV әсир, Беруний.

14) Кердерқаласы, VI-IX әсир, Нөкис район.

15) Қырантаў, VI-IX әсир, Нөкис район.

16) Миздакхан комплекси, B.e.sh. V- b.e XIV әсир, Хожели.

17) Гәўирқала, B.e.sh. IV- b.e XIV әсир, Хожели.

18)Анқақала, I-III—X-XII әсир, Төрткул.

,19) Топыраққала, I-VI әсир, Елликқала.

20) Аязқала-2, VII-VIII әсир, Елликқала.

21) Қабатқала, XII-XIII әсир, Елликқала.

22) Хайуанқала, VII-X әсир, Нөкис район.

23) Шорахан IX-X әсир, Төрткул.

24) Гургандж (Гөне Ургениш) Джуржания IX-XVI әсир, Түркменстан Республикасының Ташаўыз ўәлаяты.

25) Нәринжанқала, VII-VIII, X-XI, XIII-XIV әсир, Елликқала.

26) (Үлкен) Гүлдирсин XII-XIII әсир, Елликқала.

26) Гәўирқала II-IV әсир, Қараөзек.

27) Жампыққала, IX-XI—XIII-XIV әсир, Қараөзек.

28) Ярбекир, XII-XIII әсир, Хорезм ўәлаяты.

29) Замахшар, XII-XIII әсир, Хорезм ўәлаяты.

30) Шехрлик, XII-XIII әсир, Хорезм ўәлаяты.

31) Қумкент (Шемаха) XIV әсир, Шоманай.

32) Военган (Ардахушмийтан) IX-XI әсир, Хорезм ўәлаяты Шабат районы, Манах аўылы.

Телеграм каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
Инстаграм: https://www.instagram.com/tariyxa_nazaer
Ютуб канал:
https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413

Telegram

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

Сиз бул жерде Қарақалпақстан тарийхы, тарийхый ўақыялар бойынша мағлыўмат аласыз!!!28.01.2023 жыл саат 19:00 де канал ашылдыИнстаграм каналhttps://www.instagram.com/tariyxa_nazaer?Ютуб каналhttps://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413

VIEW CHANNEL
3,5300017
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 04 қыр., 11:51

Нызан ахун ҳәм оның Әўладлары: Тарийхый шежире


​Бул қолжазба — өткен әсирлердеги ел басқарған тулғалар, ахунлар ҳәм ханлар арасындағы қарым-қатнасты баянлаған қымбатлы шежире. Ондағы дереклер бойынша тарийхый көринис төмендегише тәрийпленеди.

​Нызан ахунның хызмети: Нызан ахун өз дәўиринде Жезқазған ҳәм Қарағайлы аймақларында төрелик етип, хәкимшилик бийликти қолына алған уллы тұлға болған.
​Әўлад ўәкиллери: Шежиреде Айтуғанның улы Нысан ағаның бийлиги, Жанназардың уллары — Бекберген ҳәм Емберген ахунлардың ел исине араласқаны атап өтиледи.
​Тарийхый ўақыялар: Қолжазбада Қиза ханының Нөкерди шақырып, Емберген ахун менен болған мәселелери ҳәм хан алдындағы тартыслы жағдайлар сүўретленеди.
​Шежирелик деректе. Бул жазбалар тек шаңарақлық шежире емес, соның менен бирге сол дәўирдеги басқарыў системасы ҳәм бийлер арасындағы саясий қатнаслардан дерек беретин әҳмийетли тарийхый мийрас болып табылады.
​Бул тарийхый мағлыўматлар Нызан ахун әўладлары тәрепинен маған жеке өзиме тапсырылып, қолжазбадағы жазыўларды оқып, аўдарып бериўимди өтиниш етти. Бул тарийхый мийрасты сақлап қалыў ҳәм келешек әўладқа жеткериў — ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз.


20-XII-2000-жыл.

​Нызан Ахун Дәстаны

1-бөлим

​Әзелде Айтұғанның улы Нысан ағаның
бийлиги, Нысанның өзи ҳаққында,
Қасақан деп, төреликте - Жезқазған,
Қарағайлыда - самал болды, батыста.

​Зәманбек - өткен елде ақын болып
бийледи. Нызан деген - қолға алды.
Зәманбек - ақыллы еди, қайта келди.
Бул заман - болмады деп, жүрген жоқ па.

​Ақпанбай - Қадырғұлұлы, Зердебай
бурында - бахытлы болды, соған күйдик.
Зердебайұлының - жас слыўы, Жезқазған
Құрбанбай - арстандай еди, бүгин кеттик.

​Айтуған - Қоскелдиұлы, биздиң бала,
бурынғы ел - солай болар, Қусайынға.
Айтуған мыйрасы - болып турды,
Құдайбай улы - еки шекли болды, келисти.

​Айтуғанның - биринши улы Алиакпараз,
екинши улы кейинги - Есенғазы.
Айтуғанның балалары - үшеў болған,
ең генжеси - Қоскелди Жанғазы.

Дауамы бар..

Каналымыз тәрепинен көширмеленди: М. Абдуллаева

Каналымыз:
1,9300013
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 04 қыр., 11:51

Photo
#Уллы_тулғалар_өмири

Емберген ахун улы Нызан мақсым
1,560000
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 04 қыр., 11:51

Ту​рақлы ўәкили О. Ерманов әҳмийетли сиясий — хожалық мәселелерин шешиўге белсене қатнасты.
​Бир миллет ўәкилиниң екинши миллет адамлары ушын туңғыш алфавитин дүзиў, сабақлықлар жазып шығыў — тарийхта жекке-сийрек ушырасатуғын қубылыс. Татар С. Мәжитовтың қарақалпақ халық шайыры болып кәлиплесиўинде, оның қарақалпақ мәдениятының атақлы ғайраткери болып жетилисиўинде Ораз Ермановтың тийисли үлеси бар. О. Ерманов шайыр тәбиятлы адам есланып, ол өзиниң бала-шағаларын, бирге ислескен жолдасларын қарақалпақ халқының мәдениятын ҳүрметлеўге, көркем әдебиятты сүйиўге тәрбиялайтуғын еди.
​Қарақалпақ халық шайыры Аяпберген Мүўаев та С. Мәжитовтың мәдений-ағартыўшылық, журналистлик хызметлерин Ораз Ермановтың искерлиги менен бирликте алып, былайынша сүўретлейди:

​Сөз еситиң Ораз, Сейфулғабиттен,
Бурыннан ис көрген гөне заводтан,
Ташкент үлкесинде уллы ис тутқан,
Газит басып, тил шығара баслады.

​Демек, дәслепки оқыў қуралларын, газеталарды бастырып шығарыўда О. Ермановтың тийисли үлеси болғанлығы гүмансыз.
​1925-жылдың ақырында Қарақалпақстанда мәмлекетлик саўда мәкемеси шөлкемлесип, Ораз Ерманов оның баслығы болып тайынланды. Бул мәкеме тийкарынан ишки базарларды санаат товарлары менен тәмийинлейди ҳәм санаат орынлары ушын халықтан шийки затлар жыйнайды. Қарақалпақстан саўда мәкемеси областымызда ярмаркалар ашып, онда көтере ҳәм усақлап сатыў кеңнен раўажланады. Бул әҳмийетли илажлар, бириншиден, ишки базарлардан жекке меншик капиталын кем-кемнен қысып шығарды, екиншиден, қарақалпақ мийнеткелериниң экономикалық аўҳалын жақсылады ҳәм олардың Коммунистик партия менен Совет ҳукиметине исенимин беккемледи. Революциядан бурын саўда тараўында жетерли тәжирийбеге ийе болған Ораз Ерманов автономиялы республикамызда совет саўдасына тийкар салған ҳәм оның алға раўажланыўына тийисли тәсир жасаған басшы хызметкерлердиң бири.
​О. Ерманов 1927—1938-жыллар арасында автономиялы республикамыздың пахта таярлаў мәкемелеринде басшы жумысларда ислейди. Бул жыллар қарақалпақ дийханларының дара хожалықтан коллективлескен хожалықларға, гүндеден қуўатлы тракторларды меңгереўге, қол серппе менен шығырлардан бирнеше мың гектар жерлерди суўғаратуғын ири каналларды қазыўға атланған дәўир еди. Мийнеткелерди ҳәзирги заман аўылхожалық машиналары менен тәмийин етиў, оларды басқаратуғын маман кадрларды таярлаў ҳәм зәрүрли аўыл хожалық артельлерине бөлистириў зүрәтлиликти, мийнет өнимин арттырыў жумысларына Қарақалпақстан пахта таярлаў мәкемеси басшылық етти.
​Хорезм ойпатында жаңа жәмийетлик дүзимди орнатыў ҳәм беккемлеў ушын қаҳарманларша гүрескен, Хорезм Совет Социалистик Республикасының ҳәм Қарақалпақстан автономиялы республикасының экономикасы менен мәдениятын алға раўажландырыўға салмақлы үлес қосқан Ораз Ерманов жекке адамға сыйыныў жылларында қуўдалаўға ушырады. Ол 1938-жылы жазықсыз қамаққа алынды ҳәм 1939-жылы қайтыс болды. 1958-жылдың 17-июнинде О. Ерманов өлгеннен кейин қайтадан ақланды. Ораз Ермановтың өмири ҳәм хызметине тийисли айырым мағлыўматларды Түркстан Илимлер академиясының академиги Г. Непесовтың, Өзбекстан мийнети сиңген илим ғайраткери профессор Ж. Орынбаевтың мийнетлеринен оқыўымызға болады. Автономиялы республикамыздың тарийхшы илимпазлары бул баҳалы мағлыўматларды еле де толықтырады, деп ойлаймыз.

«Мағлыўматты топлаған автор ийеси Филология илимлериниң докторы Қырықбай Байниязов
«Елим деп еңиреген ерлер"
(Илимий-биографиялық очерклер)» китабынан алынды»

Каналымыз:
2,0700017
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 04 қыр., 11:51

және Түркстан АССР ының Әмиўдәрья областынан Қазақстан АССР ының составында Қарақалпақстан автономиялы областы дүзиледи. Бул туўралы О. Ерманов өз докладында былай жазады: «Төрткүлды Қарақалпақстанға қосыў мәселеси шешилгеннен кейин мен жолдас А. Досназаров ҳәм И. Бекимбетовлардың рухсаты менен Оренбургқа қайтып кеттим. Мен келгеннен кейин бул жерде КирЦИК тиң Пленумы болып өтті ҳәм № 47 протоколға муўапық мени Қырғызстан (Қазақстан — Б. Қ.) Орайлық Атқарыў Комитети Президиумының ағзалығына өткерди. Арадан бирнеше күн өткеннен кейин Москвадан жолдас А. Досназаров, И. Бекимбетов ҳәм Қ. Адинаевлар қайтып келди. «Мен Арал теңизиниң Қарақалпақстан автономиялы областына қосыў, халық билимлендириў ҳәм кооперация мәселелери бойынша доклад жасап, КирЦИК те бюджет, кооператив ҳәм саўда мәселелерин шешиўге қатнастым»¹. 1924-жылдың октябринде Қарақалпақстан автономиялы областы дүзилгеннен кейин Ораз Ерманов областымыздың Ташкент қаласында турақлы ўәкили болып ислейди. Ол дәўирде турақлы ўәкилге күте көп түрли ҳәм оғада әҳмийетли жумыслар жүкленетуғын еди. Автономиялы областымызға зәрүрли болған кәнигели кадрлар ушын жоқары қалалардағы оқыў орынларына оқыўшылар контингентин белгилеў, оларды зәрүрли жатақ жай ҳәм ақша менен тәмийин етиў, қарақалпақ мектеплери ушын сабақлықлар басып шығарыў — қулласы, Қарақалпақстан автономиялы областының гүллөн талаплары менен тилеклерин РКП (б) Орайлық Комитетиниң Орта Азиялық бюросына ҳәм басқа да жоқары партия, совет органларына жеткерип турды. Пикиримизди тастыйықлаў ушын архив документлеринен мысаллар келтиремиз:
​«Оренбург, КирЦИК, Ерманов Оразға. Усы телеграмманы алыўдан бизиң халықтың ўәкили сыпатында Ташкент қаласындағы бурынғы Түркстан республикасының мүлкин бөлистириўши комиссиясына тез барып жетиўиңизди буйыраман. Узсырзаг, Түрксельхозторг, Хлопком, Госсельхозсклад, Түркторг, Госиздат ҳәм басқа да санаат, саўда, мәдений мәкемелердеги бизиң областымыздың үлесин тәмийинлеўди қатаң түрде талап етиңиз.
​Булардан тысқары сельхозбанк ҳәм басқа да банклардағы бурынғы Түркстан республикасының капиталынан үлесиңизди алыңыз. Егер қандайда болмасын шөлкем ямаса мәкеме тарқатылатуғын болса, оның капиталынан да тийисли пайыңызды талап етиңиз. Егер имканияты болса, сельхозбанк, госбанк, промбанк ҳәм басқа да банклердиң бөлимлерин бизиң областқа өткериўди талап етиңиз. Наркомзем мәкемелеринде агроном персоналлары артықмаш болса, агроном ҳәм ветврачлардың бир бөлимин бизиң областымызға жөнелтиңиз. Ликвидациялық жумыслардың барысы ҳаққында тез-тезден хабарлап турыңыз. Керекли көрсетпени Сизге телеграмма арқалы берип турамыз... Облисполком председатели Ә. Қудабаев»¹.
​Ташкент қаласындағы Қарақалпақстан автономиялы областының турақлы ўәкили Ораз Ерманов жоқарыда атап өтилген жумысларды өз ўақтында инабат пенен орылады ҳәм ол Қырғызстан республикасының ликвидакомдағы ўәкили менен бирге иследи. Атап айтқанда, ол өз докладынды былай жазады:
​«1924-жылы 18-ноябрьде КирЦИК тен документлерди алып Ташкентке келдим ҳәм Әлипбаев пенен бирге Ликвидакомның баслығы жолдас Германға жолықтым... Жумыстың басланыўында бизлер, Қарақалпақстан автономиялы областының ўәкиллери Ташкент қаласындағы бизиң ўәкилханамыз ушын жай таўып бериў, сондай-ақ оқыўға келип атырған студентлер ушын жатақхана бериў мәселесин көрип шықтық. Орта Азия Ликвидакомының қарарына муўапық Ташкент қаласы Воронцов көшеси № 5 жайда орналасқан бурынғы Хорезм республикасының ўәкилханасына тийисли болған жай Қарақалпақстан автономиялы областының меншигине берилди. Ташкент қаласындағы ҚҚАО ның турақлы ўәкили Ерманов Ораз, қолы қойылған»².
​Турақлы ўәкилхананың жайы оқыўға барған студентлер ушын жатақхана хызметин атқарса, ҳәрқыйлы жумыслар менен командировкаға барған хызметкерлер бул жерде ўақытша жасайтуғын еди. Сөйтип Ташкент қаласындағы Қарақалпақстан автономиялы областының
1,260000
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 04 қыр., 11:51

#Тарийх
#Уллы_тулғалар_өмири


ЕЛ НАМЫСЫН ШЕККЕН ОРАЗ

2-бөлим

Хорезм республикасының хүкмет басшыларының бири сыпатында О Ерманов бир қанша әхмийетли жумысларды ислейди. 1922-жылы Орта Азия эканомткалық кесесиниң мәжилисинде доклад жасап, Ораз Ерманов өз сөзинде Хорезм республикасы ақшасының сатып алыў қуны төменлеп кеткенин, буның өз нәўбетинде республиканың экономикалық турмысына зыянлы тәсир етип атырғанын көрсетеди. Бул жағдайдан қутылыў ушын Хорезм, Бухара, Түркстан республикаларында да бирден-бир ақша бирлигин — РСФСР валютасын қолланыў зәрурлигин айтады. Нәтийжеде Хорезм республикасы қоныслас республикалар менен өз-ара экономикалық келисим жасаўға ериседи. Усындай шөлкемлестириўшилик хызмети ушын Ораз Ерманов Хорезмниң Мийнет Қызыл байрақ ордени менен де наградланды.
​1922-жылы Хорезм Орайлық Атқарыў Комитети қасында қарақалпақ бөлими дүзилип, оның жумысына О. Ерманов қатынасады. Бул бөлим Хорезм республикасында жасаўшы қарақалпақлардың тағдирине тийисли мәселелерди шешеди және ол өз нәўбетинде аз сандағы халықтың миллий ҳукимети ролин атқарады. Хорезм республикасының ишки ислер министри ҳәм қарақалпақ бөлиминиң басшысы Ораз Ермановтың жақын жәрдемшиси, жергиликли орынларда Коммунистик партияның көрсетпелерин булжытпай әмелге асырыўшы шайыр С. Мәжитов болды.
​РКП (б) Орайлық Комитетиниң Орта Азиялық бюросы 1924-жылдың жазында халқымыздың тилеги бойынша Ораз Ермановты миллий — мәмлекетлик шегараларды белгилеўши қарақалпақ территориялық комиссиясының составына қосады ҳәм ол Аллаяр Досназаров, Ибрайым Бекимбетовлар менен бирликте Қарақалпақ автономиялы областын дүзиўге қатынасады. Бул жағдайды биз О. Ермановтың РКП (б) Қарақалпақстан областлық шөлкемлестириў бюросының жуўаплы секретары А. Досназаровқа ҳәм Қарақалпақстан областлық революциялық комитетиниң председатели Ә. Қудабаевқа жазған төмендеги докладларынан анық билиўимизге болады:
​«Мен 1920-жылдан баслап Хорезм Совет Социалистик Республикасының ҳәрқыйлы назиратында (министрлигинде — Б. Қ.) ислеп, бирде мәртебе мийнет отпускасынан пайдаланбадым. Сол себепли 1924-жылы 28-июльде Совнархоз председатели болып ислеп турған ўақтымда отпускаға шықтым. Қоңыраттағы үйимде аз-
​ғана ўақыт болып, Оренбург қаласында оқып атырған балаларымды көриў ҳәм өзимнің аўырыўым жөнинде врачлар менен мәсләхәтлесиў мәқсетинде 1924-жылы 11-сентябрьде Оренбургқа кеттим. 1924-жылы 17-сентябрьде бул қалаға жеттим және 25-сентябрьде Ташкенттен жолдас А. Досназаров ҳәм И. Бекимбетовлардан төмендеги мазмундағы хат алдым: «Бул жерде Орта Азия республикасында миллий-мәмлекетлик шегараларды белгилеў мәселеси қолға алынып атыр. Қарақалпақстан да өз алдына автономиялы област болып биригип, Қырғыз (қазақ — Б. Қ.) республикасына қосылатуғын болды. Сизиң Оренбургта екенлигиңизди билдик және Хожели менен Қоңыраттың Қарақалпақстан автономиялы областына қосылыўына байланыслы Сизди қоңыратлы қарақалпақлардың ўәкили сыпатында Қарақалпақстан шөлкемлестириў бюросына ағза етип сайладық. Бизлер жақын күнлерде Москваға барамыз ҳәм жол-жөнекей Оренбургта ҳәрқыйлы мәселелерди шешиў ушын токтаймыз. Бизлер барғанша сол қалада күтип турыўыңызды өтинемиз және Москваға бәримиз бирге барыўымыз итимал».
​О. Ерманов өзине ҳәм бала-шағасына Москвада оқып атырған улы Қарабайды көрип қайтыў ушын 27-сентябрьде поездға билет алған еди. А. Досназаров ҳәм И. Бекимбетовтың хатына байланыслы бул билетлер пайдаланылмай қалдырылды. Олар Оренбургта еки күн болып, Қырғызстан (Қазақстан — Б. Қ.) Орайлық Атқарыў Комитетинде ҳәрқыйлы мәселелер бойынша кеңеслер өткерип, 29-сентябрьде Москваға жөнейди ҳәм 1-октябрьде бул жерге келеди.
​Ораз Ермановта Хорезм Совнаркомының председатели деген мандат болғанлықтан ол Москвадағы Хорезм консульствосының жайына орналасады ҳәм Хорезм саўда ўәкилханасында Хорезм республикасы ушын Москвадан және Нижегород ярмаркасынан сатып алынған затларды тийисли орынларға жөнелтиў мәселелери менен шуғылланады. Усы дәўирде РКП (б) Орайлық Комитетиниң Сиясий бюросы ҳәм ВЦИК тиң Миллетлер Советиниң қарары бойынша ХССР дың Хожели ҳәм Қоңырат районларынан
1,250004
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 04 қыр., 11:51

Photo
#Еслеу

Бугин тууыскан иним Кууаттын тууылган куни, ол,тири болганында 63 жасын толтырган болар еди..Кууат ишки ислер уйымларында кишкене хызметлерден офицер денгейине дейин жетип хызметлер етти.Тагдирине жазган шыгар; омири келте болды саррас кырык жасында бул дунья менен хошласты. жас кетти...Омир солай;бирде ой-шукырлыклар,бирде донес,балентликлерден ибарат..екен.
Ол, артында ошпес из калдырды..
Омирлик жолдасы (келиним) Назигул саган мын рахмет!
Кууаттын калган еки улы менен уш кызын катарынан кем етпей аякка тургызып жаксы тарбияладын.Бугин онын калдырган перзентлери,билим орайларында окып атырган улкен аклыклары-Кууаттын ен улкен газийнеси хам мактанышы.Бариниздин бойынызда онын хадаллыгы,мартлиги хам кен пейиллиги бар.Менин кадирли укемнин жаткан жери жайлы , иманы жолдасы болсын.Ал балларым,кызларым сизлер кайда болсанызларда сау саламат журип бир биреулеринизге суйеу болгайсызлар..
Биз сизлер менен мактанамыз..аман болын..-деп

Палуанов Абат

Каналымыз:
2,4400049
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 24 сәу., 13:54

Хорезм республикасында жасаўшы халықлар миллий составы бойынша түрлише болып, басқарыў жумыслары ленинлик миллет саясатына енгизледи. Хорезм республикасының территориясында қырық бес мың шамалас қарақалпақ жасайтуғын еди. Сонлықтан усы халықтан өсип шыққан қайраткер сыпатында Ораз Ерманов Хорезм Совет Социалистлик Республикасында бир қанша басшы орынларға сайланды. О. Ерманов 1921—1924-жылларда Хорезмниң дахлия назири (ишки ислер министр) болып иследи. Усының менен бирге ол республиканың экономикалық кеңесиниң баслығы ўазыйпасын қоса атқарды. Ораз Ерманов қарақалпақ мийнеткешлеринен шыққан биринши министр болып, ол Хорезм республикасының экономикасы менен мәдениятын раўажландырыўға салмақлы үлес қосады. Хорезм республикасының Орайлық Атқарыў Комитети 1921-жылы «Мийнет» орденин шығарды. Хорезм революциясының жеңисин тәмийинлеўде ҳәм беккемлеўде актив гүрескен ушын 1922-жылы 1-майында Ораз Ерманов «Мийнет» орденин алыўға миясар болды.

Даўамы бар..

«Мағлыўматты топлаған автор ийеси Филология илимлериниң докторы Қырықбай Байниязов
«Елим деп еңиреген ерлер"
(Илимий-биографиялық очерклер)» китабынан алынды»

Каналымыз:
2,4100019
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР logo
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

2026 ж. 24 сәу., 13:54

#Тарийх
#Уллы_тулғалар_өмири


ЕЛ НАМЫСЫН ШЕККЕН ОРАЗ

1-бөлим

Биз бул мийнетимизде Хорезм ойпатында революциялық гүресте, елимизди ишки ҳәм сыртқы душпанлардан мәртлерше қорғауға қатнасқан Хорезм Совет Социалистлик ҳәм Қарақалпақстан Автономиялы Совет Социалистлик Республикаларының экономикасы менен мәдениятын раўажландырыўға салмақлы үлес қосқан гүресшилердиң бири Ораз Ерманов туралы сөз етемиз.
О. Ерманов 1874-жылы Қоңырат қаласына жақын жердеги Қыпшақ ауылында дийхан семьясында туўылды. Ораз дәслеп ауыллық мектепте, соннан Қоңырат қаласындағы мешитлердиң биринде оқып, саўатын ашады.
Қоңырат қаласы Хийўа ханлығының административлик, саўда ҳәм мәдений орайларының бири болып, ол Аральск, Оренбург арқылы Россия менен, Үргенч, Хийўа арқылы Орта Азияның ири қалалары менен тығыз байланыс жасайды. Үргенчли бай саўдагер Жаббарберген Қылышов Қоңырат қаласынан дуканлар ашады ҳәм ол зейинли Оразды қызметкер етип алады. Енди ол өзиниң бай хожайыны менен бирге өтимли затлар излеп, орайлық қалаларға жийи барып туратуғын болады. Ел гезип Ораз ушын турмысты үйрениў мектеби болып атқарады. Бул жағдай Ермановтың класслық көз қарасының ертерек қәлиплесиўине себепши болды.
О.Ерманов өз заманының алдыңғы қатар адамлары менен тығыз байланыста болды. Мәселен, ол 1910-жылларда болажақ өзбек совет әдебияты баслаўшыларының бири, патша ҳүкимети тәрепинен қууғынға ушыраған шайыр Мухаммедшәрип Суфызада менен Хожели қаласында гезлеседи. Ораз Суфызаданың саўатлы алым ҳәм талантлы шайыр екенин билип, оны Қоңыратқа ертип келеди. Усы дәўирде белгили татар революционери Ахмедзаки Бакиров та Қоңыратқа келеди.
Уллы Октябрь революциясы шекем Қоңырат қаласында бир әскерий казарма болып, онда рус солдатлары туратыўғын еди. Ораз усы казарманың завхозына жәрдемши болып жумысқа орналасады ҳәм рус тиллин үйренеди. Солдатлардың арасындағы революциялық кейиптеги гүресшилер жергиликти миллет ўәкиллериниң класслық көз қарасының қәлиплесиўине унамлы тәсирин тийгизеди.
Қоңырат қаласы — «елдиң шети, жаўды келер бети» болғанлықтан, ол жерде жаңа турмысты орнатыў ушын кескин саўашлар алып барылады.
ХХ әсирдиң биринши шерегинде Қоңырат мийнеткешлери Өтеш батыр, Ескене батыр, Ернияз батыр, Нуржан батыр, Марқабай батырлар менен халқымыздың тарийхында өшпес из қалдырды. Ораз Ерманов усындай халық батырлары менен бирликте елдин тынышлығы, бахты, азатлығы ушын аянбай гүрести. О. Ерманов Октябрь революциясына шекем-ақ демократикалық-халықлық көз қараслары, ағартыўшылық ҳаракетлери менен Қоңырат мийнеткешлери арасында сүйинишликке ийе болды. Қарақалпақ халық шайыры Аяпберген Мусаев Ораз Ермановты усындай айрықша сипатларын өз уақтында дұрыс байқады ҳәм оны көпшиликке үлги етип, былайынша тәрийпледи:

Жайылған, майқы бий — түпки сағамыз,
Жаман-жақсы ҳаслымызға бағамыз,
Ел намысын шеккен Ораз ағамыз,
Уллы журттан хабар тута баслады.

Уллы журт — Россиядағы революциялық ўақыялардан ертерек хабардар болған Ораз Ерманов жаңа турмысты орнатыўшы гүресшилердиң ең алдыңғы қатарында болды. 1920-жылдың бәҳаринде Қоңырат қала-
сында орнатылды ҳәм ол округлик кәмбағаллар кәмитетиниң жуўаплы секретары болып сайланды. Кәмбағаллар комитети, мийнеткешлер массасы, әсиресе жарлы дийханлар арасында Коммунистлик партия менен Совет ҳүкиметиниң тийкарғы таянышы болды. О. Ерманов жарлы дийханлар менен рабочийлар класының бирлигин беккемлеў, орта дийханлар менен аўқамласып, оларды Совет ҳүкиметиниң тәрепине тартыў, ески байлар, хәмелдарлар менен дин ийелерине қарсы маўасасыз гүресиў ислерине актив қатнасты. Мәселен, 1920—1921-жылларда Қоңырат округине баспашылар бир неше мәртебе топалыс жасайды. Усының салдарынан бул жерде партия шөлкеми тарқатылады. 1921-жылы атақлы партиялық ҳәм мәмлекетлик қайраткер Аллаяр Досназаров Қоңыратқа келип, округлик пәртия шөлкемин қайтадан дүзеди. Мийнеткешлерди пәртия әтырапына тығыз жәмлеўде кәмбағаллар комитетиниң жуўаплы секретары О. Ерманов, округлик әскерий революциялық кеңестин секретары шайыр С. Мәжитовлар тийисли қызмет атқарады.
2,1300011

Showing 30 of 36 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР Telegram арнасы не туралы?+

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР (@tariyxqa_nazer) — tgdio сайтында Вирустық бейнелер санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 2 005 жазылушы бар.

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР (@tariyxqa_nazer) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @tariyxqa_nazer арнасына тегін жазылыңыз.

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР жақсы Вирустық бейнелер арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 2 005 жазылушы бар. ұқсас Вирустық бейнелер арналарымен салыстырыңыз.

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @tariyxqa_nazer бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.