Әмелият соны көрсетеди, сабақ бөлистириў бойынша келиспеўшилик көпшилик жағдайларда ол келип шыққан мектептиң өзинде шешилмейди. Себеби бөлистириўди әмелге асырған педагогикалық кеңес ҳәм мектеп басшылығынан өз қарарын бийкарлаў соралады.
Деген менен, дәслеп директор атына жазба мүрәжат етип, сабақларды Реже (3271) ниң 15-16-бәнтлери тийкарында қайта көрип шығыўды, педагогикалық кеңес протоколы ҳәм тарификация дизиминен көширме бериўди сораң.
Егер мәселе шешилмесе, төмендеги уйымларға мүрәжат етиўиңиз мүмкин:
1. Аймақлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими ямаса басқармасы.
Реже (3271)ниң 20-бәнтине бола, мектеп муғаллимлер ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм сабақ саатларын электрон бағдарламаға киргизеди. Режениң 21-24-бәнтлерине муўапық болса тарификация дизими аймақлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў ушын жибериледи.
Демек, бул уйым тек ғана улыўма қадағалаўшы уйым емес, ал тарификациялық дизимди тиккелей көрип шығатуғын ҳәм тастыйықлайтуғын ўәкилликли уйым есапланады. Мүрәжатта тарификацияны тастыйықламаў ямаса қайта көрип шығыў ушын мектепке қайтарыў соралыўы керек.
2. Мәмлекетлик мийнет ҳуқықы инспекторы.
Сабақ саатларының тийкарсыз қысқартылыўы хызметкердиң мийнет шараятлары ҳәм мийнет ҳақысына тәсир етеди. Сол себепли бул жағдай мийнет ҳуқықының бузылыўы сыпатында Мәмлекетлик мийнет инспекциясында да көрип шығылыўы мүмкин.
Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 7-ноябрьдеги 706-санлы қарарына 1-қосымшада тастыйықланған режениң 43-45-бәнтлерине бола, Мәмлекетлик мийнет инспекциясы шөлкемлерде мийнет нызамшылығына әмел етилиўин қадағалайды, нызамбузылыўларды тексереди ҳәм оларды сапластырыў бойынша жумыс бериўшиге көрсетпе береди.
3. Аймақлық әдиллик органлары.
ПҚ-3666-санлы қарарына 1-қосымшада тастыйықланған режениң 9-бәнти және 10-бәнтиниң 6-киши бәнтине бола, әдиллик уйымлары пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин ҳуқықый қорғаў илажларын көреди, мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы шөлкемлер тәрепинен нызамшылыққа әмел етилиўин қадағалайды.
Әдиллик уйымы бундай келиспеўшиликте мектеп ҳәм ўәкилликли уйымлар тәрепинен Реже (3271) талаплары дурыс қолланылғанын үйренип, нызамбузыўшылықты сапластырыў илажларын көриўи мүмкин.
4. Аймақлық финанс органлары.
Бул ең көп итибардан шетте қалып атырған, тийкарында болса тарификациялаў процесинде шешиўши ўәкилликке ийе уйымлардан бири болып есапланады.
Бул орган тарификацияны жуўмақлаўшы тастыйықлаў процесинде әҳмийетли ўәкилликке ийе. Режениң (3271) 21-24-бәнтлерине бола, тарификация дизими экономика ҳәм қаржы уйымына да жибериледи. Кемшилик анықланса, ол тастыйықланбайды ҳәм қайта ислеў ушын мектепке қайтарылады.
Соның ушын сабақлар 15-16-бәнтлерге қарама-қарсы бөлистирилген болса, тарификация тастыйықланыўынан алдын аймақлық экономика ҳәм қаржы уйымына мүрәжат етиў айрықша әҳмийетли.
Мүрәжатқа диплом, қайта таярлаў дипломы, маманлық категориясы ҳәм сертификат нусқалары, педагогикалық кеңес протоколы, тарификация дизими ямаса сабақ бөлистириўге байланыслы бар дәлиллерди қосымша етиң.
http://t.me/yurist_awezbekov














