Yurist Awezbekov Telegram channel photo

Yurist Awezbekov

@yurist_awezbekovPublic Channel

Ҳуқықтаныўшы Абдибек Аўезбековтың телеграм каналына хош келдиңиз! Пуқаралар ҳәм юридикалық шахсларға шәртнама тийкарында юридикалық жәрдем көрсетиледи. Лицензия: L70667038 Байланыс ушын: @Awezbekov_abdibek Тел: +99899-952-15-98

455

Last views

498 (498 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
21
Total Posts
Oct 18, 2026, 12:57 AM
Жаңартылған
May 11, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameYurist Awezbekov
Username@yurist_awezbekov
CategoryВирустық бейнелер
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер498
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 11 мам.
Last Updated2026 ж. 18 қаз. • 6 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#218102+206
Тіл бойынша рейтинг
#257+3
Санат бойынша рейтинг
#14523+17

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 49830 Days growth: -10.2%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:2026499
19:09:2026499
20:09:2026502
21:09:2026502
22:09:2026502
23:09:2026502
24:09:2026502
25:09:2026502
26:09:2026502
27:09:2026502
28:09:2026502
29:09:2026502
30:09:2026502
01:10:2026502
02:10:2026502
03:10:2026502
04:10:2026502
05:10:2026502
06:10:2026502
07:10:2026502
08:10:2026502
09:10:2026502
10:10:2026502
11:10:2026502
12:10:2026502
13:10:2026502
14:10:2026502
15:10:2026502
16:10:2026502
17:10:2026498
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 11:05:2026521
Week of 18:05:2026521
Week of 25:05:2026521
Week of 01:06:2026521
Week of 08:06:2026521
Week of 15:06:2026521
Week of 22:06:2026521
Week of 29:06:2026521
Week of 06:07:2026505
Week of 13:07:2026505
Week of 20:07:2026505
Week of 27:07:2026505
Week of 03:08:2026505
Week of 10:08:2026505
Week of 17:08:2026495
Week of 24:08:2026495
Week of 31:08:2026495
Week of 07:09:2026499
Week of 14:09:2026502
Week of 21:09:2026502
Week of 28:09:2026502
Week of 05:10:2026502
Week of 12:10:2026498
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
May 2026521
June 2026521
July 2026505
August 2026495
September 2026502
October 2026498
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
2026498

Top 10 posts

Most viewed posts from this channel

By views
  1. #1Бизде және бир жеңис!1.1K
  2. #2Алимент ўаз кешсе қайта алимент өндирсе болама970
  3. #3Бизде және бир жеңис905
  4. #4Дүнядағы 5 күшли нызам.854
  5. #522-апрельден банк қосымшаларына кириўде нелер өзгереди?800
  6. #6Мәмлекетлик уйымларда вакант лаўазымлар қандай тәртипте таңлаўға шығар777
  7. #7САЎАП АЛАМАН ДЕП ГҮНА АРТТЫРЫП ҚОЙМАҢ747
  8. #8Кредит дем алысынан қалай пайдаланса болады?720
  9. #9Пенсиядан кредит усланғанда да жасаў ушын қаржы қалдырыў мәжбүрий бола714
  10. #10Май айында тек ғана 17 жумыс күни - бул айлығыма тәсир етеме?687

Соңғы посттар

Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 02 қыр., 13:08

Сабақ бөлистирилиўинен наразысызба: қай жерге мүрәжат етиў керек?

Әмелият соны көрсетеди, сабақ бөлистириў бойынша келиспеўшилик көпшилик жағдайларда ол келип шыққан мектептиң өзинде шешилмейди. Себеби бөлистириўди әмелге асырған педагогикалық кеңес ҳәм мектеп басшылығынан өз қарарын бийкарлаў соралады.

Деген менен, дәслеп директор атына жазба мүрәжат етип, сабақларды Реже (3271) ниң 15-16-бәнтлери тийкарында қайта көрип шығыўды, педагогикалық кеңес протоколы ҳәм тарификация дизиминен көширме бериўди сораң.

Егер мәселе шешилмесе, төмендеги уйымларға мүрәжат етиўиңиз мүмкин:

1. Аймақлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими ямаса басқармасы.

Реже (3271)ниң 20-бәнтине бола, мектеп муғаллимлер ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм сабақ саатларын электрон бағдарламаға киргизеди. Режениң 21-24-бәнтлерине муўапық болса тарификация дизими аймақлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў ушын жибериледи.

Демек, бул уйым тек ғана улыўма қадағалаўшы уйым емес, ал тарификациялық дизимди тиккелей көрип шығатуғын ҳәм тастыйықлайтуғын ўәкилликли уйым есапланады. Мүрәжатта тарификацияны тастыйықламаў ямаса қайта көрип шығыў ушын мектепке қайтарыў соралыўы керек.

2. Мәмлекетлик мийнет ҳуқықы инспекторы.

Сабақ саатларының тийкарсыз қысқартылыўы хызметкердиң мийнет шараятлары ҳәм мийнет ҳақысына тәсир етеди. Сол себепли бул жағдай мийнет ҳуқықының бузылыўы сыпатында Мәмлекетлик мийнет инспекциясында да көрип шығылыўы мүмкин.

Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 7-ноябрьдеги 706-санлы қарарына 1-қосымшада тастыйықланған режениң 43-45-бәнтлерине бола, Мәмлекетлик мийнет инспекциясы шөлкемлерде мийнет нызамшылығына әмел етилиўин қадағалайды, нызамбузылыўларды тексереди ҳәм оларды сапластырыў бойынша жумыс бериўшиге көрсетпе береди.

3. Аймақлық әдиллик органлары.

ПҚ-3666-санлы қарарына 1-қосымшада тастыйықланған режениң 9-бәнти және 10-бәнтиниң 6-киши бәнтине бола, әдиллик уйымлары пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин ҳуқықый қорғаў илажларын көреди, мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы шөлкемлер тәрепинен нызамшылыққа әмел етилиўин қадағалайды.

Әдиллик уйымы бундай келиспеўшиликте мектеп ҳәм ўәкилликли уйымлар тәрепинен Реже (3271) талаплары дурыс қолланылғанын үйренип, нызамбузыўшылықты сапластырыў илажларын көриўи мүмкин.

4. Аймақлық финанс органлары.

Бул ең көп итибардан шетте қалып атырған, тийкарында болса тарификациялаў процесинде шешиўши ўәкилликке ийе уйымлардан бири болып есапланады.

Бул орган тарификацияны жуўмақлаўшы тастыйықлаў процесинде әҳмийетли ўәкилликке ийе. Режениң (3271) 21-24-бәнтлерине бола, тарификация дизими экономика ҳәм қаржы уйымына да жибериледи. Кемшилик анықланса, ол тастыйықланбайды ҳәм қайта ислеў ушын мектепке қайтарылады.

Соның ушын сабақлар 15-16-бәнтлерге қарама-қарсы бөлистирилген болса, тарификация тастыйықланыўынан алдын аймақлық экономика ҳәм қаржы уйымына мүрәжат етиў айрықша әҳмийетли.

Мүрәжатқа диплом, қайта таярлаў дипломы, маманлық категориясы ҳәм сертификат нусқалары, педагогикалық кеңес протоколы, тарификация дизими ямаса сабақ бөлистириўге байланыслы бар дәлиллерди қосымша етиң.

http://t.me/yurist_awezbekov
455006
Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 31 там., 12:31

Бизде және бир жеңис!

Хызметкерди нызамсыз жумыстан босатқанлығы себепли оны алдыңғы жумыс орнына тикледи. Әдилликти тәмийинленгени ушын ПИБ Шымбай районлар аралық судының судьясына айрықша миннетдаршылық билдиремиз

https://www.instagram.com/stories/yurist.awezbekov/3864993045393504040?utm_source=ig_story_item_share&igsh=YXMyMG51bXZmNXR2

👉 👈
1,0500012
Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 29 шіл., 10:42

Әке перзентин анасының ықтыярынан суд қарарысыз алып кетиўи мүмкин бе?

Жуўап: Яқ, мүмкин емес.

Бәринен бурын соны билиў керек, әке баланы өзбасымшалық пенен анасынан тартып алыўға ҳақылы емес. Баланың қайсы ата-ана менен жасаўы мәселеси тек ата-ананың өз-ара келисими ямаса судтың қарары менен шешиледи.
Шаңарақ кодексиниң 75-статьясына бола, ата-ана бөлек жасап атырғанда баланың жасаў орны бәринен бурын олардың келисими менен белгиленеди. Егер келисимге ерисилмесе, келиспеўшилик суд тәрепинен баланың ең баслы мәплеринен келип шығып шешиледи.

Суд төмендеги жағдайларды ҳәр тәреплеме баҳалайды:
• баланың жасы;
• ата-ананың жеке ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлери;
• баланың қайсы ата-анаға көбирек байланысқанлығы;
• ҳәрбир ата-ананың баланы тәрбиялаў ҳәм камалға келтириў ушын жарата алатуғын шараятлары (жумис орни, дәраматы, жасаў шараяты ҳәм басқа жагдайлар).

Мәселен, егер бала 5 жаста болып, ҳәзир анасы менен жасаса, бақшаға қатнаса ҳәм анасы турақлы жумыс орнына ийе болса, бул жағдайлар суд тәрепинен әлбетте инабатқа алынады. Бирақ шешиўши өлшем - баланың ең үстин мәпи есапланады.
️ Шаңарақ кодексиниң 76-статьясына муўапық, баладан бөлек жасап атырған әке ямаса ана бала менен көрисиў ҳәм оның тәрбиясында қатнасыў ҳуқықына ийе. Егер бул мәселеде келисим болмаса, суд қәўендерлик ҳәм әменгерлик уйымы қатнасыўында көриў тәртибин белгилейди.

Демек, суд қарары болмағанша әке баланы өзбасымшалық пенен алып кетиўге ҳақылы емес.

️ Бул ҳуқықый көзқарас Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 1998-жыл 11-сентябрьдеги 23-сан қарарының 7-бәнтинде де түсиндирилген. Онда судлар баланың жасы, руўхый ҳәм физикалық жағдайы, ата-анаға ғәрезлилиги, қәўендерлик уйымының жуўмағы ҳәм басқа да барлық дәлиллерди биргеликте баҳалаўы зәрүр екенлиги атап өтилген. Зәрүр жағдайларда ҳәттеки суд-психологиялық экспертизасы да тайынланыўы мүмкин.

️Сондай-ақ, күйеўдиң "баланы алып кетемен" ямаса "аналық ҳуқықынан айыраман" деген гәплери өз-өзинен ҳеш қандай ҳуқықый күшке ийе емес. Бул мәселелер тек суд тәрепинен, нызам ҳәм баланың мәплеринен келип шыққан ҳалда шешиледи.

http://t.me/yurist_awezbekov
608006
Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 28 шіл., 18:10

Кредитке телефон алып, сатып жиберген адам жынаятшы ма?

Көпшиликте сондай түсиник бар: "Кредитке алды, кейин сатты - демек алдаўшы." Бирақ ҳуқықый баҳалаўда мәселе буншелли әпиўайы емес.

Бул жагдайда бирнеше әҳмийетли тәреплери үйрениледи:

✅ Кредит шәртнамасы шәртлери - телефонды басқа шахсқа сатыў ямаса бийлик етиў бойынша шеклеўлер бар-жоқлығы;

✅ Кредит алыў ўақтындағы нийет - шахс бастан-ақ төлемеў мақсетинде ҳәрекет еткен бе ямаса ҳақыйқатында да миннетлемени орынлаў нийети болған ба;
✅ Шахстың кейинги ҳәрекетлери - кредит төлемлерин әмелге асырған ба, төлеўге ҳәрекет еткен бе яки қастан жасырынған ба;

✅ Финанслық жағдайы - кредит алыў ўақтында қарызды қайтарыў мүмкиншилиги болған ба;

✅ Алдаў белгилери - кредит алыўда жалған мағлыўмат берилген бе яки басқа шахсты алжастырыў жағдайы болған ба.

Мысалы, шахс телефонды кредитке алды, кейин күтилмеген финанслық қыйыншылыққа түсип қалды ҳәм телефонды сатты. Бул жағдайдың өзи оны жынаятшы деп есаплаў ушын жетерли емес.

Бирақ егер шахс телефонды алыў ўақтында-ақ кредитти төлемеўди режелестирген болса, жалған мағлыўматлар берген болса ямаса алдаўшылық жолы менен мүлкти қолға киргизгени дәлиллер менен дәлилленсе, ҳуқықый баҳа басқаша болыўы мүмкин.

Жуўмақ: ҳәр бир жағдайда тек нәтийжеге емес, ал шәртнама шәртлери, шахстың нийети ҳәм барлық дәлиллер жыйындысына баҳа бериледи.

http://t.me/yurist_awezbekov

Telegram

Yurist Awezbekov

Ҳуқықтаныўшы Абдибек Аўезбековтың телеграм каналына хош келдиңиз! Пуқаралар ҳәм юридикалық шахсларға шәртнама тийкарында юридикалық жәрдем көрсетиледи. Лицензия: L70667038 Байланыс ушын: @Awezbekov_abdibekТел: +99899-952-15-98

VIEW CHANNEL
523003
Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 28 шіл., 16:51

Шет елде жасап атырған пуқаралар некени бийкарлай алама?

Аўа, сырт елде болғаныңызда да Өзбекстанда дизимнен өткен некени нызамлы түрде бийкарлаў мүмкин.
Төмендеги жоллар бар:

1. Өзбекстан елшиханасы ямаса коньсуллығы арқалы - арза бериледи, ҳүжжетлер Өзбекстанға жибериледи ҳәм суд қарары шығады.

2. Сырт мәмлекет судлары арқалы ажырасыў - бирақ бул қарар кейин ала Өзбекстанда тән алыныўы ушын айрықша тәртипте тән алыныўы керек.

3. Ўәкил арқалы ажырасыў - сиз исенимнама бересиз, жақын адам яки адвокат Өзбекстанда судқа мүрәжат етеди.

Еслетпе: Некени бийкарлаў тәртиби юридикалық мәселе есапланады, соның ушын ҳәр бир жағдайда анық ҳуқықый мәсләҳәт алыў усыныс етиледи.

http://t.me/yurist_awezbekov
475006
Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 28 шіл., 13:07

520 мың пуқараның пенсиясы асты (өз пенсияныңызды қайта есаплап көриң)

Пенсия муғдары қалай өзгерди?

2023-жыл 1-январь жағдайына пенсия есаплаўдың базалық муғдары 324 мың сумды қураған.

Алдынғы тәртипке бола, пенсияны есаплаўда инабатқа алынатуғын орташа айлық мийнет ҳақының ең жоқары муғдары пенсияны есаплаў базалық муғдарының он есесине тең болған:

324 мың сум × 10 = 3 млн 240 мың сум.

Пенсия тайынлаў ушын талап етилетуғын мийнет стажына, яғный еркеклер ушын 25, ҳаял-қызлар ушын 20 жыл мийнет стажына ийе пуқараға усы мийнет ҳақының 55 проценти муғдарында пенсия есапланады:

3 млн 240 мың сум × 55 процент = 1 млн 782 мың сум.

2023-жыл 1-январьдан баслап пенсия есап-китабында итибарға алынатуғын орташа айлық мийнет ҳақының ең жоқарғы шегарасы пенсияны есаплаў базалық муғдарының он еки есесине шекем асырылды:

324 мың сум × 12 = 3 млн 888 мың сум.

Нәтийжеде талап етилетуғын мийнет стажына ийе пуқараның пенсия муғдары:

3 млн 888 мың сум × 55 процент = 2 млн 138 мың сумды қурады.

Усылайынша, бул мысалда пуқараның айлық пенсиясы алдынғы муғдарға салыстырғанда 356 мың сумға асты.

Юрист Ауезбеков
594008
Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 03 мау., 22:30

Video
ИНСОН ҲУҚУҚЛАРИ СУД ҲИМОЯСИДА

Нукус туманлараро маъмурий судининг 2026 йил 6 февралдаги ҳал қилув қарори билан Г.Реймованинг жавобгар Қорақалпоғистон қишлоқ хўжалиги ва агротехнологиялар институтининг “Таянч докторантура (PhD) учун ҳужжат топширган 06.01.09-Ўсимликларни ҳимоя қилиш бўйича исми кўрсатилган талабалардан кириш имтиҳонини қайта ўтказиш ҳақида” ги 17-15/154-сонли буйруғини ҳақиқий эмас деб топиш ҳақидаги аризаси қаноатлантириш рад этилган.

Қорақалпоғистон Республикаси маъмурий суди апелляция инстанция судининг 2026 йил 24 мартдаги қарори билан биринчи инстанция судининг ҳал қилув қарори ўзгаришсиз қолдирилган.

Г.Реймованинг тафтиш шикояти Хоразм вилоят маъмурий суди тафтиш инстанциясида кўрилиб, мазкур иш юзасидан қабул қилинган биринчи инстанция судининг ҳал қилув қарори ва апелляция инстанция судининг қарори тўлиқ бекор қилинди ва аризани қаноатлантириш ҳақида янги қарор қабул қилинди.

Г.Реймова суд жараёнлари ҳақида фикр билдирди.

Каналга уланиш: @xorazmviloyatisudlari
5930010
Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 25 мам., 14:17

ӨЗИН-ӨЗИ БӘНТ ЕТКЕНЛЕР ҚАЛАЙ ИС СТАЖИН АЛАДИ?

Өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтип, социаллық салық төлеп барсаңыз, ҳәр төленген жыл мийнет стажына есапланады.

Мағлыўмат ушын:
Бир жыллық социаллық салық - 412 000 сум (1 БЕМның 1 есеси).

Жумыс стажын алыў ушын 2 қәдем:
1️. Мy.gov.uz арқалы ямаса МХОда өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў
https://my.gov.uz/uz/service/491

2️."Салық," "Хазна," "Click" қосымшалары ямаса салық уйымлары арқалы социаллық салық төлеў

Еслетпе:
7 жыл мийнет стажы болмаса - пенсия тайынланбайды.

➤ Мағлыўмат ушын: 12-71

http://t.me/yurist_awezbekov
657005
Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 21 мам., 18:05

Мәмлекетлик уйымларда вакант лаўазымлар қандай тәртипте таңлаўға шығарылады?

Егер мәмлекетлик уйымда вакант лаўазым пайда болса, ол бойынша төмендеги тәртип әмел етеди:

Бәринен бурын, 10 жумыс күни ишинде ишки таңлаў жәрияланады. Бул таңлаў тек ғана усы уйым хызметкерлери арасында ямаса барлық мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери арасында өткерилиўи мүмкин.

Егер ишки таңлаў нәтийжесинде жеңимпаз анықланбаса ямаса 15 жумыс күни ишинде ишки таңлаў улыўма жәрияланбаса вакант лаўазым сыртқы таңлаўға шығарылады. Сыртқы таңлаўда болса басқа талабанлар (сырттан) да қатнасыўы мүмкин.

Итибар бериң: бир вакант лаўазым ушын ишки таңлаў тек ғана 1 мәрте өткериледи. (Тийкар: Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы, 19.06.2025-жылғы ПП-95-санлы)

Каналға ағза болыў ушын
http://t.me/yurist_awezbekov

Telegram

Yurist Awezbekov

Ҳуқықтаныўшы Абдибек Аўезбековтың телеграм каналына хош келдиңиз! Пуқаралар ҳәм юридикалық шахсларға шәртнама тийкарында юридикалық жәрдем көрсетиледи. Лицензия: L70667038 Байланыс ушын: @Awezbekov_abdibekТел: +99899-952-15-98

VIEW CHANNEL
777003
Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 21 мам., 12:39

Дүнядағы 5 күшли нызам.

1. Мерфи низамы. Егер сиз бир нәрсениң жүз бериўинен қанша көп қорқсансыз, ониң жүз бериў итималы артады

2. Кидлен низамы. Егер сиз машқаланы анық түсинген болсаңыз, сиз они 50% шештиңиз.

3. Вилсен низамы. Егер сиз ақыл менен билимге күш берсеңиз, пул сизге машқала болмайды.

4. Гилберт низамы. Егер сиз бир жумыс баслаған болсаңыз, мақсетиңизге ерисиў ушын тек өзиңиз жуўапкерсиз.

5. Фолклент низамы. Егер бир нәрсе ҳаққында қарар қабыл етиўиңиз шәрт болмаса, сол нәрсени умытың ҳәм басқа жумысларыңыз бенен шуғылланың.

http://t.me/yurist_awezbekov

Telegram

Yurist Awezbekov

Ҳуқықтаныўшы Абдибек Аўезбековтың телеграм каналына хош келдиңиз! Пуқаралар ҳәм юридикалық шахсларға шәртнама тийкарында юридикалық жәрдем көрсетиледи. Лицензия: L70667038 Байланыс ушын: @Awezbekov_abdibekТел: +99899-952-15-98

VIEW CHANNEL
854007
Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 21 мам., 10:58

Май айында тек ғана 17 жумыс күни - бул айлығыма тәсир етеме?

Май 2026-жылы неге 17 жумыс күни?
Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-257-санлы Пәрманына (24.12.2025) бола, 27-май Қурбан ҳайыты байрам күни, 28 ҳәм 29-май барлық хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күнлери, 30-май шемби ҳәм 31-май екшемби - әдеттеги дем алыс күнлери. Усы тәризде избе-из 5 күн дем алынады ҳәм май айында 5 күнлик жумыс ҳәптесинде жәми 17 жумыс күни қалады.

Айлық ставкада ислейтуғын хызметкерлерге тәсир етеме?
Яқ, тәсир етпейди. Айлық ставкада ислейтуғын хызметкер май айында да толық мийнет ҳақысын алады. Байрам ҳәм қосымша дем алыс күнлери олардың мийнет ҳақысын кемейтпейди.

Ўақытбай (саатпай) хызметкерлерге тәсир етеме?
Яқ, тәсир етпейди. Мийнет кодексиниң 245-статьясына бола, хызметкер өзиниң мийнет миннетлемелерин орынлаған жағдайда МҲТЕКМ кепиллиги толық ислейди. Қосымша дем алыс күнлери мәмлекет тәрепинен - Президент Пәрманы менен белгиленген. Демек, хызметкер ол күнлери ислемегени ушын айыплы емес, жумыс бериўши оны жумысқа шақырмаған. Сол себепли ўақытпай хызметкер май айында да әмелдеги МҲТЕКМ муғдарында - 1 271 000 сумнан кем болмаған мийнет ҳақы алыўы кепилленген.

Жумысты бөлип алып ислеўши хызметкерлерге тәсир етеме?
Аўа, тәсир етеди. Жумисбай системада хизметкерге ислеп шиғарған өними яки оринлаған жумысы муғдарына қарап ҳақы төленеди. Байрам ҳәм қосымша дем алыс күнлери исленбегени себепли өним көлеми азаяды, нәтийжеде мийнет ҳақы да азаяды. Бул жағдайда Мийнет кодексиниң 251-статьясы шеңберинде жумыс бериўши менен жәмәәт шәртнамасында қосымша кепилликлер белгиленген болса, хызметкер оннан пайдаланыўы мүмкин.

Жуўмақ
Май айындағы узайтырылған байрам дем алысы айлық ставкада ҳәм ўақытбай системада ислейтуғын хызметкерлердиң мийнет ҳақысына тәсир етпейди. Тек ўақытпай системасында ислеўши хизметкерлер ислеп шиғарған өними кемейиўи нәтийжесинде кемирек ис ҳақы алыўы мүмкин.
Нормативлик тийкар: Мийнет кодекси 245, 250, 251-статьялар; Президенттиң ПП-257-санлы Пәрманы (24.12.2025); әмелдеги МҲТЕКМ - 1 271 000 сум.

http://t.me/yurist_awezbekov

Telegram

Yurist Awezbekov

Ҳуқықтаныўшы Абдибек Аўезбековтың телеграм каналына хош келдиңиз! Пуқаралар ҳәм юридикалық шахсларға шәртнама тийкарында юридикалық жәрдем көрсетиледи. Лицензия: L70667038 Байланыс ушын: @Awezbekov_abdibekТел: +99899-952-15-98

VIEW CHANNEL
687008
Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 20 мам., 13:05

Ҳәзирде 1 ставка айлық қанша екенлигин билесизбе?

🔹Мектеп директоры:
6 млн 201 мың 209 сум (400 оқыўшыға шекем);
• 6 млн 622 мың 418 сум (401-880 оқыўшыға шекем);
• 7 млн 22 мың 21 сум (881-1600 оқыўшыға шекем);
• 7 млн 427 мың 724 сум (1600 ден артық);

🔹Директор орынбасарлары: (РАИБДО, ОИБДО)
• 5 млн 551 мың 728 сум (400 оқыўшыға шекем);
5 млн 943 мың 69 сум (401-880 оқыўшыға шекем);
6 млн 346 мың 484 сум (881 - 1600 оқыўшыға шекем);
• 6 млн 729 мың 437 сум (1600 ден артық);

🔹Директордың хожалық ислери бойынша орынбасары:
• 1 млн 957 мың 858 сум (400 оқыўшыға шекем);
2 млн 233 мың 302 сум (401-880 оқыўшыға шекем);
2 млн 322 мың 127 сум (881 - 1600 оқыўшыға шекем);
2 млн 515 мың 091 сум (1600 ден артық);

🔹Психологлар:
• Жоқары мағлыўматлы психолог - 3 млн 356 мың 916 сум;
• Екинши категориялы психолог - 3 млн 594 мың 851 сум;
• Биринши категориялы психолог - 3 млн 838 мың 851 сум;
• Жоқары категориялы психолог - 4 млн 72 мың 508 сум;

Муғаллимлер:
• Орта арнаўлы мағлыўматлы оқытыўшы - 3 млн 468 мың 585 сум;
• Жоқары мағлыўматлы оқытыўшы - 3 млн 729 мың 906 сум;
• Екинши категориялы муғаллим - 4 млн 175 мың 834 сум;
• Биринши категориялы муғаллим - 4 млн 653 мың 151 сум;
• Жоқары категориялы муғаллим - 5 млн 142 мың 053 сум;

🔹Кадрлар бойынша менеджери:
1 млн 758 мың 372 сўм.

🔹Китапхана баслығы:
Орта арнаўлы мағлыўматлы - 2 млн 349 мың 447 сум;
• Жоқары мағлыўматлы - 2 млн 563 мың 442 сум;

Директорлардың айлығы 20% ке, орынбасарлардың айлығы 15% ке асырылған.

http://t.me/yurist_awezbekov

Telegram

Yurist Awezbekov

Ҳуқықтаныўшы Абдибек Аўезбековтың телеграм каналына хош келдиңиз! Пуқаралар ҳәм юридикалық шахсларға шәртнама тийкарында юридикалық жәрдем көрсетиледи. Лицензия: L70667038 Байланыс ушын: @Awezbekov_abdibekТел: +99899-952-15-98

VIEW CHANNEL
624005
Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 12 мам., 10:56

Кредит дем алысынан қалай пайдаланса болады?

Нызамшылыққа киргизилген өзгерислерден кейин банклер кредит төлемлеринде қыйналып атырған қарыйдарлар ушын шәртнаманы өзгертиў ҳәм жеңилликлер бериў тәртибин ислеп шығыў миннетлемесин алған.

Бул имканияттан дәраматы азайған ямаса наўқаслық, жумыссызлық, шаңарақлық жоғалтыўлар ҳәм басқа да қыйын турмыс жағдайлары себепли кредит төлемлерин өз ўақтында әмелге асырыўға қыйналып атырған қарыйдарлар пайдаланыўы мүмкин.

Буннан пайдаланыў ушын банклер тийисли арза менен мүрәжат етиўи керек болады.

Банклер бул ҳаққында өзлериниң рәсмий веб-сайтында мағлыўмат жайластырған:

⏺MKBank
⏺.pdf)Milliy bank.pdf)
⏺Ipoteka bank
⏺Asakabank
⏺Agrobank
⏺Xalq banki
⏺SQB
⏺Kapitalbank
⏺Hamkorbank
⏺BRB
⏺Anorbank
⏺TBC Bank
⏺Ipak Yuli banki
⏺InFinBank
⏺Uzumbank
⏺Asia Alliance Bank
⏺Davrbank
⏺Trastbank
⏺Garant bank
⏺Hayot bank
⏺Tenge Bank
⏺Octobank
⏺OFB
⏺Openbank
⏺Poytaxt bank
⏺Madad Invest Bank
⏺Saderat bank
⏺Apexbank
⏺AVO bank
⏺Universalbank
⏺Ziraatbank
⏺KDB Bank

Банклер үстине басып жаңа тәртип ҳаққында толық мағлыўмат алыў мүмкин.

👉 http://t.me/yurist_awezbekov 👈
720005
Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 08 мам., 08:40

САЎАП АЛАМАН ДЕП ГҮНА АРТТЫРЫП ҚОЙМАҢ

Ҳәр жылы 9-май сәнесинде гүллән халқымыз қәбирстанларға барады, ата-бабаларын еслеп, Қуран тиләўат етеди ҳәм ҳақларына дуўалар қылады.
Бирақ адамлар зыярат қағыйдаларына қаншелли әмел етип атыр?
Қәбирстанларды қандай зыярат етиў керек?
Бул сораўларға көпшилик жуўап бере алмаса керек, өйткени көп жағдайларда зыярат етип, саўап алыўдың орнына терис ислерди қылып жүргенлердиң гүўасы боламыз.
Көпшилик бул ислерди шәриятымыз буйырған, деп ойлайды. Негизинде бундай ислерден шәриятымыз қайтарған болады, ақыл тәрептен ойлап қарасақ та дурыс емес екени анық болады. Бундай әмеллер жақын тарийхымыздағы динсизлик дәўиринде кирип қалған. Солардан айырымларын санап өтсек:

1. Қәбирстанларда жанлық сойыў, аўқат тарқатыў. Шәрият тәрепинен қәбирстанларда аўқат жеў мәкруҳ әмел. Медицина тәрепинен де, қәбирстанларда аўқат жеў дурыс болмаса керек, өйткени, ол жерлердеги қазан-табақлардың таза болмаўы күндей рәўшан. Таза болған жағдайда да, бәрибир қәбирстан аўқат жейтуғын орын емес.
Садақаны өз орынларына бериў керек. Қоңсымыз баласының оқыўдағы шәртнама пулын төлеўге қыйналып отырса, ал бизлер жанлық сойып, оны садақаға мүтәж емес адамларға жедирсек, бул динимизге де, ақылға да туўры келмейтуғын ис. Оның орнына сол қоңсымызға жәрдем берген мың мәрте абзал.

2. Қәбир айланыў, топырағын маңлайға сүртиў. Бул ислер де шәриятымызда жоқ. Негизинде Каабадан басқа ҳеш орынды айланып таўап етиў дурыс ис емес. Қәбир айланып жүрип ҳәттеки ески қәбирлердиң үстинен басып та кетеди. Шәриятымызда марҳумның ҳүрмети тири менен бирдей, қәбирди басыў үлкен гүналардан.

3. Тиләўат қылатуғын адам излеп жүриў. Адамларға ҳайран қаласаң, мусылманман деп турып еки аятты билмеў мүмкин бе? Ҳәр қандай шаңарақта дастурхан басында, шаңарақ басшысы тиләўат етип, берген неъматлары ушын Аллаҳға шүкир айтыўы, еки аят болса да оқып, өткенлерге бағышлаўы, буларды балаларына да үйретиўи үрдис болған ис ғой. Қәбирстанға барып, жақыныңның қәбири қасына барып, еки аят оқый алмасаң, не деген адам боласаң?

4. Марҳумлардан сораў. Қәбирлерде жатқан пәленши бабадан, төленши атадан деп тилеп бир нәрсе сораў мүмкин емес. Өйткени, марҳумлар бизлерге ҳеш нәрсе бере алмайды, қайтама бизлер оларға бир нәрсе бериўимиз керек, яғный аят оқып саўабын бағышлаўымыз керек.

5. Кийиниў әдебине әмел етпеў. Ҳаял-қызларымыздың көшелерде кийинип жүриўи ҳәдден асып кеткен екени ҳеш кимге сыр емес. Бирақ қәбирстанда ең кеминде көйлек кийгенде ыштаны менен кийиўди умытпаўы, басын да жаўып келиўи шәрт. Енди, бул жерлерде де ярым жалаңаш, келте кийимлерди, еркеклердей шалбар кийиў, бул - барып турған әдепсизликтен дерек береди.
Ер-жигитлер де шорты сыяқлы келте кийим менен емес ҳәм басларына тақыя кийип барыўы тийис.

6. Қәбирге жасалма гүл қойыў. Бул әдет жақынға шекем тек христиан динине тийисли адамлардың қәбирстанларында болатуғын еди, ҳәзирлери мусылманлартыкинде де ушырап турыпты. Ҳәдиси шәрипте, еле ызғары кетпеген шақа, қәбирдегилерге пайда бериўи ҳаққында келген. Ал жасалма гүллер тек көзаба ис ғой, оларды ҳәмме алып барыўы менен қәбирстанлар патасланып атырғаны да сыр емес. Бундай ис қылыў ақылға уғрас емес.

7. Қәбирстанда күлиў. Қәбирстанда екижүзли адам күледи, делинген. Ол жерлер күлисип, ойнасып қайтатуғын орын емес. Ақыретти еслеп қайтатуғын орын. Мен де усы жерге келемен, мени де ағайин-туўысқанларым усы жерге таслап кетеди, соның ушын дүзиў жасаўым керек, бир күн келип ҳәммесине жуўап беремен, деген ойларды қәлбтен өткеретуғын орын.

Дерек: Paziylet.uz

👉 Юрист Ауезбеков 👈
7470012
Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 16 сәу., 19:47

22-апрельден банк қосымшаларына кириўде нелер өзгереди?

Жаңа тәртипке бола, жаңа қарыйдарлар дизимнен өтиўде телефон номери, ЖШШИР ҳәм банк карта мағлыўматларының өз-ара сәйкеслиги тексериледи.

Егер бул мағлыўматлар бир-бирине сәйкес келсе, банк қосымшаларынан пайдаланыўда ҳеш қандай машқала пайда болмайды.

Егер телефон номери жақын туўысқанның атында болса не?
телефон номер ата-ана, ажапа-сиңли, өмирлик жолдасы ямаса перзент атында болса да, аралықтан банк хызметлеринен пайдаланыў мүмкин.

Қашан машқала пайда болыўы мүмкин?

Машқала тек ғана телефон номери ямаса банк картасы басқа шахс атына рәсмийлестирилген жағдайларда жүзеге келиўи мүмкин.


Әҳмийетли тәрепи: бул тәртип тийкарынан 22-апрельден кейин жаңадан дизимнен өтетуғын қәрйдарларға қолланылады.

Ҳәзирги ўақытта банк қосымшаларынан пайдаланып атырғанлар ушын болса хызметлер алдынғыдай ислеўде даўам етеди.

👉 Юрист Ауезбеков 👈
8000010
Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 16 сәу., 15:35

Пенсиядан кредит усланғанда да жасаў ушын қаржы қалдырыў мәжбүрий болады

Кейинги ўақытларда айырым пуқаралардың пенсия қаржысынан кредит төлемлери услап қалынғаннан кейин қолында жүдә аз муғдарда пул қалып кетиўи менен байланыслы жағдайлар көбейгени бақланбақта. Бул болса халықтың социаллық қорғалыўын тәмийинлеў мәселесин және де әҳмийетли етпекте.

Усы мүнәсибет пенен жаңа нызамшылық басламасы ислеп шығылыпты. Оған бола, енди пенсиядан кредит төлемлери услап қалынған жағдайда да пуқараның қолына түсетуғын қаржы белгиленген ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болыўына жол қойылмайды.

Яғный, әмелдеги тәртиптен парықлы түрде, пенсия қаржысын толық кредит қарыздарлықларын қаплаўға бағдарлаў әмелияты шекленеди. Бул болса қарыздарлық бар болған жағдайда да инсанның күнделикли мүтәжликлери ушын жетерли қаржы сақланып қалыўын тәмийинлейди.

Бул өзгерислер пуқаралардың социаллық турақлылығын қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс дәрежесиниң төменлеп кетиўиниң алдын алыўға қаратылған.

дерек

👉 Юрист Ауезбеков 👈
714008
Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 16 сәу., 13:38

Жоқары маманлық категориясына (бас оқытыўшы лаўазымына) ийе педагогларға ипотека кредитлери бойынша субсидияға арзалар қабыллаў усы жылдың 20-апрель күни саат 14:00 де басланады.

Субсидия Министрлер Кабинетиниң 2026-жыл 19-февральдағы
69-санлы қарары менен тастыйықланған "үй-жай сатып алыў ушын жоқары маманлық категориясына (бас оқытыўшы лаўазымына) ийе болған педагогларға субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққында"ғы режеге муўапық ипотека кредити бойынша басланғыш төлемниң 25 процент бөлегин қаплап бериў ушын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан ажыратылады.

✅ Усы бағдарлама шеңберинде субсидия алыўда арза бериўши барлық социаллық нормаларға сай келиўи ҳәмде кредит тарийхы дәстүрде қатнасыўшы кеминде бир коммерциялық банктиң ишки талапларына мас келиўи талап етиледи.
Бунда, арза бериўшиде, соның ишинде, оның өмирлик жолдасының атында республиканың барлық аймақлары көлеминде еки ямаса оннан артық мүлк ҳуқықы менен турақ жай болмаўы, сондай-ақ, кеминде 15 жыл педагогикалық жумыс стажына ҳәм жоқары маманлық категориясына ямаса бас оқытыўшы лаўазымына ийе болыўы керек.

✔️ Субсидия алыў ушын төмендеги усыллар:

➡️ Мәмлекетлик хызметлер орайларына тиккелей мүрәжат етиў;
➡️ my.gov.uz мобил қосымшасы;
➡️ my.gov.uz порталында, усы силтеме (https://oldmy.gov.uz/oz/teachers-subsidy-v1/family-status-applicant/create) арқалы арза тапсырыўыңызға болады.

Әҳмиетли еслетпе!

➡️ Арза бериўши тәрепинен арза тапсырыў (баҳалаў) дәўиринде OneID системасында (https://t.me/MyGovUz/3691) шахсқа тийисли мағлыўматларды басқарыў панельи арқалы қатнасыўшы коммерциялық банклерге кредит тарийхын баҳалаў мақсетинде тийисли мағлыўматлардан пайдаланыў ушын рухсат берилген болыўы керек (коммерциялық банклер дизими төменде).

✅ Сондай-ақ, кредит тарийхын алыўға шеклеў ўақтынша орнатылмаған болыўы керек. Болмаса, арза бериўшиниң кредит тарийхын үйрениў имканияты шекленип, оның арзасы бийкар етилиўине себеп болады.
Арза бериўшиниң кредит тарийхы коммерциялық банклердиң ишки қағыйдаларына муўапықлығын баҳалаў арқалы субсидиялы ипотека кредитлерин ажыратыў бағдарламасында қатнасыўшы коммерциялық банклердиң дизими:

1. АТБ "Агробанк."
2. АТБ "Алоқабанк."
3. "Асакабанк" АЖ.
4. "Асиа Аллианце Банк" АКБ.
5. "Бизнести раўажландырыў банки" АКБ.
6. "Ҳамкорбанк" АКБ.
7. "Жипек жоли" АИТБ.
8. "Ипотекабанк" ОТП Гроуп.
9. АКБ "Микрокредитбанк."
10. "Ориент Финанс" ХАТБ.
11. "Трастбанк" ХАБ.
12. "Туронбанк" АКБ.
13. АТБ "Халқ банки."
14. "Өзмиллийбанк" АЖ.
15. АКБ "Өзсанаатқурилишбанк."

👉 Юрист Ауезбеков 👈
663007
Yurist Awezbekov logo
Yurist Awezbekov

2026 ж. 13 сәу., 15:37

Өзин-өзи бәнт қылған пуқаралар жумыс стажына қандай ийе болады?

Егер Сиз, өзин-өзи бәнт қылған шахс сыпатында дизимнен өткенсиз ҳәм белгиленген муғдарда социаллық салықты төлеп бергенсиз, ҳәр бир социаллық салық төлеген жыл Сизге “исленген жыл” сыпатында мийнет стажына есапланады.

💬 Мағлыўмат ушын: өзин-өзи бәнт қылған шахсларға бир жыл ушын социаллық салық муғдары – базалық есаплаў муғдарының бир есеси (бүгинги күнде 412 мың сўм).

☝️ Еслетпе: усы имканият тек өзин өзи бәнт қылған шахслар ушын енгизилген.

✅ Буны әмелге асырыў ушын еки жолдың өзи жеткиликли.

🔢 Биринши жол. My.gov.uz платформасында онлайн формада яки мәмлекетлик хызметлери орайларына барған ҳалда дизимнен өтиледи. Онлайн дизимнен өтиў ушын силтеме: https://my.gov.uz/uz/service/491

💬 Мағлыўмат ушын: Өзин-өзи бәнт қылыў ушын 104 түрдеги мийнет искерлиги түри таңланыўы керек (Усы мийнет искерликлери менен бул жерде (https://lex.uz/docs/4849607#4850688) танысың).

🔢 Екинши жол. Салық органларында яки «Салық», «Хазна»,
"Click" мобил қосымшалары арқалы онлайн социаллық салық төлемин әмелге асырылады.

☝️ Нызамшылыққа тийкар, 7 жыл жумыс стажына ийе болмаған пуқаралар пенсия алыў ҳуқықына ийе болмайды.

👉 http://t.me/yurist_awezbekov
622007

Showing 21 of 21 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

Yurist Awezbekov Telegram арнасы не туралы?+

Yurist Awezbekov (@yurist_awezbekov) — tgdio сайтында Вирустық бейнелер санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 498 жазылушы бар.

Yurist Awezbekov (@yurist_awezbekov) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @yurist_awezbekov арнасына тегін жазылыңыз.

Yurist Awezbekov жақсы Вирустық бейнелер арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын Yurist Awezbekov рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 498 жазылушы бар. ұқсас Вирустық бейнелер арналарымен салыстырыңыз.

Yurist Awezbekov статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @yurist_awezbekov бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.