Baxıtlı SARÍBAEV Telegram channel photo

Baxıtlı SARÍBAEV

@baxitlisaribaevPublic Channel

Саған аз-кем сөз унатсам, Басқа бахыт сорамайман. Ибрайым Юсупов Жас шайыр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Қырғызстан Республикасы "Қырғыз ақын-жазыўшылары" жәмийетлик фонды ағзасы Бахытлы Сарыбаевтың дөретиўшилик каналы

OnlyFansқазақ тіліҚазақстан

87

Last views

1.1k (1,087 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
48
Total Posts
Oct 17, 2026, 5:43 AM
Жаңартылған
Apr 24, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameBaxıtlı SARÍBAEV
Username@baxitlisaribaev
CategoryOnlyFans
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер1,087
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 24 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 8 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#102743+484
Тіл бойынша рейтинг
#121+2
Санат бойынша рейтинг
#3062+4

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 1.1K30 Days growth: +201.9%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:20261,067
19:09:20261,074
20:09:20261,074
21:09:20261,074
22:09:20261,074
23:09:20261,074
24:09:20261,074
25:09:20261,074
26:09:20261,074
27:09:20261,074
28:09:20261,074
29:09:20261,074
30:09:20261,074
01:10:20261,074
02:10:20261,074
03:10:20261,074
04:10:20261,074
05:10:20261,074
06:10:20261,074
07:10:20261,074
08:10:20261,074
09:10:20261,074
10:10:20261,074
11:10:20261,074
12:10:20261,074
13:10:20261,074
14:10:20261,074
15:10:20261,074
16:10:20261,074
17:10:20261,087
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 20:04:20261,094
Week of 27:04:20261,094
Week of 04:05:20261,098
Week of 11:05:20261,098
Week of 18:05:20261,098
Week of 25:05:20261,098
Week of 01:06:20261,098
Week of 08:06:20261,098
Week of 15:06:20261,098
Week of 22:06:20261,098
Week of 29:06:20261,098
Week of 06:07:20261,081
Week of 13:07:20261,081
Week of 20:07:20261,081
Week of 27:07:20261,081
Week of 03:08:20261,081
Week of 10:08:20261,081
Week of 17:08:20261,071
Week of 24:08:20261,071
Week of 31:08:20261,063
Week of 07:09:20261,067
Week of 14:09:20261,074
Week of 21:09:20261,074
Week of 28:09:20261,074
Week of 05:10:20261,074
Week of 12:10:20261,087
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 20261,094
May 20261,098
June 20261,098
July 20261,081
August 20261,071
September 20261,074
October 20261,087
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
20261,087

Соңғы посттар

Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 24 қаз., 07:14

Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Айтыўына қарағанда мынаў салы қараз тамандағы үстине бесиги, ойыншығы қойылған жаңа мазар соның "шаппаттай" нәрестесиниң мазары қусайды, "ядыма түссе емшеклерим булақтай ийип сала береди! Ядыма түспеген сирә бир күниң бар ма, шырағым-аўў!" деп гүңиренип емизе береди Сазтурғанды, сөйтип атып уйқылап кетеди де: "аҳҳ, қарар көзим-ай!.." деп, тағы оянып атқаны... Көзи илинбестен "сылт" еткен дыбысқа қулақ түрип жатқан Нурлепес буның бәринен хабардар, қасындағы баласының уйқыламай атырғанын да биледи. Баяғы есин билер-билмес гезинде усы мешитте бир түнегенин анасынан еситкенинде: "ўий-ўийй, қорқаман, апа, әўлийеде гилең өлилердиң арасында адам қалай түнейди?" деп, изин айтқызбағанлары есинде. Мине, енди өзи түнеп атыр, ағасының ояў жатырғаны, анаў ақ көзли ҳаялдың сергеклиги де жақсы болды. Буның ойынша қойымгершилик дегенде өликлердиң сасық ийисинен адам жата алмаўы керек еди, жақ, олай емес, мешиттиң сынық айналарынан самал ҳүўлеп келип тур, ҳеш қандай ийис жоқ, туў анаў жақтағы асфальт гүзардан өткен тракторлардың гүрилдиси де еситилип, бала өзин о дүньяда емес, бул дүньяда сезинип атырғанында айнаның ғана дәл түбинен кийикти ме, ешкини ме, қулласы, бир нәрсени бир нәсе тасырлатып қуўып өтти де, балаға бир сәтте о дүньяны да, бул дүньяны да умыттырып жиберди, әкеси:
- Шырағым, шырағым, қорқпа, қорқпа! - деп, қолларын жаздырғанында әкесиниң мойнынан тарақлап қушақлағанын билди ҳәм нәм-нәҳән ғой, қорққанына қысынды. - Буйерлерде қоянды ийтлер де қуўып жүре береди!..
Соннан қайтып, бала кирпик айқастырыўдан бас пүкил гүдерин үзди, оның үстине Төк таўы беттен шағаллар улып, ҳүрейди ушырады. Лекин, Нурлепестиң де еки қулағы сынық айнада екен. Туўў Ақмаңғыт тәрептен әлле кимниң сыңсып жылағанына усаған сес шыққанында апалақлап турып кетти де, Медет хожаны жулқыды:
- Медет, Медет, мынаў бизиң ҳаялдың сести емес пе?
- Не де болса, - Медет басын көтерместей уйқысырап сөйледи. - Таңды күт, мусылман-ан, ойылып өлесеең!..
- Жақ, жақ маған фонаригиңди берип тур!..
Медет көпшигиниң астын сыйпап, фонарикти берди де: "Бир, бийсабыр адам екенсең!" деп тоңқылданыўы менен жастыққа гелле таслады, бала бәрин де билип атыр, әкесиниң: "Я-аа алла!" деген қалтыраған даўысын да, тақырлап, сыртқы қапының жаўылып атырғанын да еситти, бирақ: "қойып тур, аға, мен де бирге барайын!" деўге жүреги даўамайды, тили гүрмелмейди. Ол турып кеткен соң әкесиниң көрпедеги орыны гөрдей үңирейип қалған сыяқланып қорқты баласы.
Әкеси әллен ўақытта қайтып келип, қасына шешинбестен жатты, сонда да ояў еди Нурқасым, лекин негедур: "апамды таппадың ба?!" деп сораўға тили гүрмелмейди.
Нурқасым да, Нурлепес те өлдим азарда таңды тырнап атқызды, бир зияратшы ҳаял ерте турып, мыс қуман болмағанлықтан ақ шойын қуманларға суў қуйып қойып атты, әлле ким таң намазын оқып, әлле кимлер ешеклер арқанланған жақтағы жыңғыллықлар бетте таҳрет алып жүргенинде таҳретин ерте алған Нурлепес жайнамазын жыйнап, сыртқа шықты. Күн шықпаса көлеңке болмайды, күн түўе шапағы да жоқ, лийкин аспанның басқа жақларына қарағанда шығыс таманы ағарып, күлирең көгис көктеги ақ отаўдың жабығындай кем-кемнен жоқары түрип баратыр. Аяқ асты рәўшан, атар таң атты, енди нени күтеди, кеше кешки бағдар бойынша жол - соқпақсыз қойымгершиликке кире бергенинде артынан шыққан тысырлыға жалт қараса баласы Нурқасым да ерип киятырған екен.

(Даўамы бар)
Канал мәнзили: t.me/BaxitliSaribaev
24. 10
127006
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 23 қаз., 17:04

Photo1/2
#motivaciyatime

Қыйын жоллар ҳәмийше шырайлы мәнзиллерге алып барады. Өмирде өзиңниң алдыңа қойған мақсетиң ушын, шөлде қалған аш қасқыр сыяқлы қара, сонда сениң басқан адымың өнеди..


☀️ Биз бенен бир қәдем алдында болың....

@Psixolog_Baxit
136004
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 23 қаз., 06:52

Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Күн әлле қашшан Төк таўының артына батып, әтирапты иңир қаплай баслаған еди, "Жу-маааш! Жума-ааашш!" деп, ҳәр путаға бир үңиледи Нурлепес, қараңғы қойыўласқан сайын елп еткен самал менен ербеңлескен сексеўиллер де гөрден суўырылып шығып, одағайлап турған қара сүлдерге усай береди. "Тап, усы Жумаш емеспеекен?" деп кеп "Жумашлап" даўыслайды, жа-ақ, сес-семир жоқ. Жақты бир жойылса қараңғылықтың кийип кетиўи қыйын емес, кем-кемнен аяқ жолын көриўден қала баслаған Нурлепес өзине жанып-өшип, жанып-өшип, гөристанлықтың иши менен киятырған жақтының фонарик екенин урысқа бармағанында билиўи мүшкил едидағы, соны билмегенде ҳаўлыққаннан-ақ жүреги жарылармеди, әлле қайтер еди?!
- Ўәәй, қоя қояйық, үңилмеген гөрим қалмады! - деген Медет хожаның даўысы еситилди. - Сонша жыл буғалтер болып, сонша жыл урыста болып, сонша жыл Сибирьде орыс әўлийениң басында жасап, усындай ҳәдийсени еситкеним де жоқ, көргеним де жоқ. Атың ким!!
- Ә-ә, атым қурысын, Нурлепес-ғоо!
- Ҳә оның несине азарланасаң, а, Нурлепе-еес! Тири болса шығар тири болмаса кетси-ин, ҳаялсызлар өлип атыр ма? Бизиң орыс ҳаял еки баласын алып, Магаданға жоқларым болып еди, ба-ар, алсын алиментти, қырқ манат пенсияның ала қойсын жарысын, мени әўлийе-ақ асырайды! Не көп, әкесиниң басына қуран оқый алмайтуғын шала мусылман көп, бәри де бир манаттан кем бермейди. Ал енди ҳүкүўмет күши болса мениң усы табысымды есаплап, алимент алып көрсин. Жылама, ақсақал, ендиги бала-шаға ата-ананы асырамайды, булардан ертелеў қутылғаныңа шүкир ете бер, мәдирет!..
- Излесип жүргенге бир тәўир адам шығар десем, әй, болмадың! - Нурлепес түңиле сөйледи. - Болмадың, хожеке, болмадың!..
Шымбай шайханадан келген зыяратшының мешиттиң қазанына салған ешкисин жеп отырып: "ийт муты, дәрьяға таслағандай таслап кете бергенине мен де үсейтип, садақаны саўда бергенимде бул ислер болмағаймеди, әлле қайтер еди?!" деп өкине берди Нурлепес. Аўқаттан соң қыраҳәт пенен қуран шөгирилип, көк чай ишилип болынғаннан соң ҳәр ким ҳәр жерге томпайысып жатпаға қарады. Мешитке журт келтирип берген көрпе-төсек ҳәр пийшемби сайын бир сыпыра зияратшыға жамылғы, төсек болып турса да буннан тиксинип атырған, үйинен төсек әкелип жамылып атырған ийт жоқ. Ҳәммениң тилинде де, дилинде де бир: "зиярат қабыл болғай!" деген тилек бар. Нөкис райкомпартиясының бир ҳаял секретары өткен пийшембиде мешиттиң турақлы қонып болып атырған шыйықшысының қалтасын қарап, пулларын алып, жәрийма салып кеткели: "бас саўға, батыр, бас саўға!"лап қашқан шыйықшы бул әтирапларда қарасын көрсетпептидағы, ендиги белсендилик етип отырған буйердегилердиң айтыўына қарағанда "ҳүкиметтен де, қудайдан да қорқпайтуғын, тек бандиттен қорқатуғын Медет хожа" қусайды.
- Буйерге дәртсиз адам келмейди, - деди сол Нурлепеске. Ҳәммениң қайғысына қайыса берсем мениң қайғыма ийт те улымайды, соның ушын, бирәдар, ҳәммеден өзиңе аяў тәме етип жалтақлай бермей, көкирегиңди аллаға бер де жатсеш, неғып отырсаң енди?..
Бағанағы ымыртта Сазтурғанды "қудай ушын" емизген, еки көзиниң бирдей ағы бар, лийкин, сығарақлап шыраның жақтысын көретуғын әри соқыр, әри қыйсық ақ қатын "қудай ушын өзим алып жатайын, жаныма саўап-ты", деп, Сазтурғанды алып жатты.

(Даўамы бар)
Канал мәнзили: t.me/BaxitliSaribaev
23. 10
2580013
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 22 қаз., 17:57

Video
⭐️✨Juldızlı Xit parad✨⭐️
kórsetiwinde 1-orındı iyelegen qosıqshı Sultan Kewlimjaev
👈 Qayda 👉 atlı muzıkalıq kompoziciyası menen.                
📆 ➖ hápteniń hár Dúyshembi kúni  "JASLAR TV" telekanalında                  
⏰ ➖ Saat 2️⃣0️⃣🔤0️⃣5️⃣ te ótkerip jibermeń
   📺➖ONLINE JASLAR TV       
🌐➖INSTAGRAM                   
✅➖TELEGRAM       
📹➖YOU TUBE   
🎙➖NUKUSFM100.4
🌐➖SAYT                                
✅➖FACEBOOK       
🥳➖QUTLIQLAW
163003
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 22 қаз., 09:58

Photo1/2
Достымыздың кеўил кеширмелерин қағазға түсирдик.
1890010
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 22 қаз., 06:52

Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Жумагүл-Жумаш төсек тартып, еле көп жатпаған, етли-тәнли адам ғой, қанша "қарыўлыман" десе де мешитти Нурлепестиң бир айналдырыўға-ақ шамасы жетти, өкпеси өшип, қара суўға түсип қалған ол: "Аяғыңды басып, питегене жүрөс!" деп, аяғын жерге тийгизгени де сол, ҳаял оралған көрпесин бир шетке зыңғытып таслап, ўаҳаҳаны салыўы менен қойымгершиликтиң арасына жалаңаяқ, балағы жалпылдап, үстин қарабарақ, сексеўил, жыңғылларға тырнатып, өтә кетти! Бир зум аңырайып турып қалған Нурлепес: "гөрге ойылып кетер-аў!" деген гүдик пенен изинен жуўырды. "Тоқта, ҳәй, гүна қылып аларсаң, алла де, тоқта!" деген сайын изинен жаў қуўып киятырғандай жан ушыра қашады ҳаял, басындағы бир тартар шымшық көз орамалы да жоқ, шат илип қалды ма, я ашық гөрлердиң биреўине түсип кетти ме, окәрасын Нурлепестиң көрерлик шамасы жоқ, тек қуўып баратыр, қуўып баратыр, сирә бул ҳаял ҳеш қашан аўырмағандай жеделленгенлиги, шаққанласқанлығы, гә ашық гөрлерден ырғып-ырғып, гә сақаналарды айналып қашып, өзине туттырмағанлығы әдебинде "садағаң кетейин әўлийелер әрўақларының бирден тәсир етиўин қара!" дегизип, Нурлепести қуўандырды, усы қуўанышы оның питегене кеўилин жәмлетти ме, өкпеси өши-ип, шамалы солығын басып алыўы ушын бир сақананың дийўалына арқасын берип желпинип отырып қалды. Жумаштың ўаҳаҳалап күлген сести кем-кемнен узақласып, анаў жақларға жаңғырақлап кетип баратты. Мийине бирден қорқынышлы ой сап етти:
- Аппырмай, усы ҳәкисленген жоқпекен!!! - Орынынан шапшып турды да жаңғырақлап семип баратқан сестиң изинен жүрди. Соның арасынша сес мешит жақтан шыққандай болды ма-аў, қалай-қалай, демин ишине тартып, қулақ түрип тыңлады да солай жуўырды. - Апырмай, баласы есине түсип, солай жуўырдымекен?!
Жақ, бул жақтан ол табылмады. Өзинен өзи қақылдап жылай-жылай шалығып қалған Сазтурғанын бир зыяратшы ҳаялдың қудай ушын емизип отырғанын, дырдай жигит болып қалған Нурқасымның баладай пырқылдап жылап турғанын көрди.
- Апаң келген жоқ па?!
- Апама не болды?!
- Маңлайым сөйтип қурымаса болғаны-ғо!..
- Услай алмадың ба, не болды өзи?! - деди қолында "Таня" деген татировкасы бар, ҳәр сәрсембиден қалмай Тақыятастан келип, өзин "шыйықшыман" деп жүретуғын Мәдет хожа деген қара сақаллы жасы алпыслардан асыңқыраған адам. - Күн батып қараңғы түспесинен бурын таўып алмасаң табыў соң қыйын!
- Желиги басылған соң өзи келер, күтиңкирең! - деди иштен бир даўыс. - Шыра жансын, еси бар адам жақты шыққан жерге бир келер.
- Еси бары-жоғын анық билмей турмыз-аў соның! Медет хожа еки алақанын еки жаққа жайды, Нурлепес ҳәр кимниң аўызына бир аңырайып турғанында, Медет хожа бирден бақырып жиберди:
- Қызық ғарры, екенсең өзиң, өзиңе кемпир керек пе?!
Нурлепес әри қәўетерленип, әри қысынып, бетинен сорғалаған терди жеңиниң арты менен сыпырып, сексеўилликтиң арасындағы қоян соқпақ пенен кетип баратырғанында қазаншының:
- Адам емес екенсең, Медет хожа! - деген кейиснамасын қулағы шалды. - Көрмей турмысаң, ол киси аңын ушырып алған ғой, оған "кемпир керек пе?!" деп бақырғанша неге бирге излеспейсең, ҳәә, оңбаған, винодан басқа күтигиң жо-оқ, ба-ар, излес!..

(Даўамы бар)
Канал мәнзили: t.me/BaxitliSaribaev
22. 10
2960010
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 21 қаз., 21:27

Не ушын өзимиздиң үстимизде ислеўимиз әҳмийетли?

Бул дүньяда сондай нәрселер бар, ўақтында аңлап жетпеймиз. Бул аңлай алмаў нәтийжесинде биз өзимиз ушын жүдә әҳмийетли болған ислерди де әмелге асырмаймыз.
Бундай ислердиң қатарына адамның өз үстинде ислеўи де киреди. Бул аңлай алмаслықтың еки тәрепи бар:
* бириншиси - улыўма инсан өз үстинде ислеў кереклигин түсинбеў;
* екиншиси - не ушын адам өз үстинде пүткил өмири даўамында ислеўи лазымлығын түсинбеў.
Бул зәрүрликти аңламаў өзимиз бенен шуғылланбаўымызға яки бир неше китапты оқып я бир курсты тамамлағаннан соң раўажланыўды тоқтатып, өзимизди тап соңғы шыңларды ийелеп қойғандай сезиўимизге алып келеди. Негизинде болса - бул имкансыз. Инсан өзин раўажландырыў темасын пүткиллей жабыўы мүмкин емес. Бул тема өмиримиздиң ақырына шекем ашықлығынша қалады. Бүгин не ушын солай екени туўралы сәўбетлесемиз.
Биринши сораўдан баслаймыз.
Не ушын инсан өз үстинде ислеўи лазым? Сораўға жуўап излеп, Исламға мүрәжәт етемиз.
Алла таала инсанды кәмиллиги жетик ҳалатта жаратпайды. Көринисимиз жақсы ҳәм жағымлы болыўы, азада ҳәм пәкизе турыўы ушын мәлим ислерди ислеп турыўымыз лазым. Мәселен, тырнақларды алыў, жуўыныў сыяқлы. Буларды орынламасақ, қай ҳалға түсиўимизди бәршемиз жақсы түсинемиз. Соның ушын да биз өзимизди күтемиз, тәртипке келтиремиз.
Бирақ инсан тек сыртқы көринистен ибарат емес, оның ишки дүньясы - шахсыяты әҳмийетлирек.
Солай екен, инсанның кеўили де тап оның денеси сыяқлы күтимге мүтәж.
Сыртқы көринисимиз ҳаққында тырнақларды алыў, жуўыныў сыяқлылар бойынша қайғырсақ, ишки дүньямыздың күтими ушын ибадат етиў, жаңа билимлерге умтылыў, дүньяқарасты кеңейттириў, пикирлеў ҳәм жуўмақ шығарыў лазым. Егер инсан буларды әмелге асырмаса, бедени тазаланбағанда қандай жағдайға түссе, ишки дүньясы да сондай сықылсыз болып қалады. Соның ушын да адам ҳәм сыртқы тәрептен, ҳәм ишки тәрептен өзине итибар қаратыўы лазым.
Енди екинши сораўға өтсек: не ушын буны өмир бойы ислеў керек? Неге бир мәрте ислеп қойыў пүткил өмиримиз ушын жеткиликли болмайды? Ойлап көриң, тырнақларды бир өмирлик етип бир мәрте алып қойса болады ма? Қайтып жуўынбайтуғын етип шомылып алыўдың имканы бар ма? Әлбетте, жоқ. Буның имканы жоқ. Биз ҳәмийше денемизди күтип жүриўимиз керек. Қәлб де тап сондай - оның үстинде де бир өмир ислеў керек болады
Тек ғана тоқтаўсыз мийнет арқалы биз өзлигимизди аңлаў дәрежесине жете аламыз. Бул болса Аллаға шүкирлик етиўде жүдә әҳмийетли. Тек ғана пикирлейтуғын инсан ғана бенделиктиң негизин аңлай алады.

Сизиң психологыңыз Бахытлы Асеметдинова
@Psixolog_Baxit
171008
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 21 қаз., 18:19

Video
21-oktyabr — Ózbek tili bayramı kúni múnásibeti menen Qaraqalpaqstan Respublikası hám Xorezm wálayatı sudları menen birgelikte "Dástan hám lázgi sazası" atamasında ruwxıy-aǵartıwshılıq ilajı shólkemlestirildi.

Videokonferencbaylanıs túrinde ótkerilgen ilajda sudyalar, sud sisteması veteranları, sud apparatı xızmetkerleri, Berdaq atındaǵı Qaraqalpaq mámleketlik universiteti hám Úrgensh mámleketlik universitetiniń studentleri, Nókis qánigelestirilgen mádeniyat mektebiniń wákilleri qatnastı.

Ilajda ózbek tiline mámleketlik til biyligi berilgeniniń 37 jıllıǵı múnásibeti menen ana tiliniń milliy ózlikti ańlaw, xalqımızdıń ruwxıy qádiriyatları hám bay mádeniy miyrasın qásterlep saqlawdaǵı teńsiz ornı haqqında sóz boldı.
___________
21-oktabr — O‘zbek tili bayrami kuni munosabati bilan Qoraqalpog‘iston Respublikasi va Xorazm viloyati sudlari hamkorligida “Doston va lazgi sadosi” mavzusida ma’naviy-ma’rifiy tadbir tashkil etildi.

Videokonferensaloqa shaklida o‘tkazilgan tadbirda sudyalar, sud tizimi faxriylari, sud apparati xodimlari, Berdaq nomidagi Qoraqalpoq davlat universiteti va Urganch davlat universiteti talabalari hamda Nukus ixtisoslashtirilgan madaniyat maktabi vakillari ishtirok etdi.

Tadbirda o‘zbek tiliga davlat tili maqomi berilganining 37 yilligi munosabati bilan ona tilining milliy o‘zlikni anglash, xalqimizning ma’naviy qadriyatlari va boy madaniy merosini asrab-avaylashdagi beqiyos o‘rni haqida so‘z yuritildi.

Sayt | Telegram | Facebook
170006
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 21 қаз., 11:02

Өзбек тили

Билиўге туўысқан халықтың тилин,
Балалық дәўирден қулшынды кеўлим,
Өзбекстан атлы кеңпейил елдиң,
Ығбал-мәртебеси - бул өзбек тили!

"Ҳамса"ны дөретип Наўайы қунлы,
Поэзияда жеткен атаққа уллы,
Жоқары көтерген Ўатанның туўын,
Әсирлерге сырлас тил - өзбек тили.

Қарақалпақ тили менен түби бир,
Қандай жарасықлы сағалас тәғдир,
Бир-бирине жасар унамлы тәсир,
Туўысқан тилим - бул өзбек тили.

Атабек, Кумуштиң ышқысын тыңлап,
Тилдиң гөззаллығын жеткенмен аңлап,
Қашырымлар қалды кеўлиме унап,
Ықласымды тартқан тил - өзбек тили.

Журтқа баянлаған Қадирий ойын,
Оқыўшы нәр алған қабыллап сыйын,
Ҳүрметим артады түсинген сайын,
Сөзлик қурамы бай тил - өзбек тили.

Надирабегим сөзи қылыштай өткир,
Айта алған батыл түрде ой-пикир,
Тарийх ҳәм бүгинге сөз болды көпир,
Шайырды сайратқан тил - өзбек тили.

Сыйласығын көрдим өзбек ағамның,
Ширеси соныңдай жанға жағады,
Узақ Орхон-Енисейде сағасы,
Тамыры терең тил - бул өзбек тили.

Түркий тиллер ишинде өз орны бар,
Азық берип жүреклерге жол табар,
Турмыста қолланып халық бахтыяр,
Мәртебеси бәлент тил - өзбек тили!

21-октябрь, 2026
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
324009
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 21 қаз., 06:05

Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
- Ўай-бай, қыйын болған екен! - деди буның арзын тыңлап. - Апарып қайта ғой, зыяратың қабыл болсын, жора! Қартайғанда қостардан айырмағай, - деп, арбасын өзи қосып, дәрўазасынан шығарысып жиберди.
Бүгин сәрсемби, пийшембиниң ақшамын мешитте өткериўи керек. Нурлепес асығып-үсигип, арбаға ҳаялын мингизип, гөне көрпеге орап, "я-аа қырқ шилтер, ғайып еренлер, үш жүз алпыс әўлийе, өзиң яр бола гөр!.." деп асфальтты тақырлатып, тартып отырды! Кеўилине, жетти болды, ҳаялы диңкилдеп кететуғындай. Еле қырқынан шықпаған шақалағын көрпешеге орап, өзи услап отырдағы, арбаны Нурқасым айдап баратыр, бала гә жылап, гә жубанып, әйтеўир, өмир кешип атыр, жол өнип атыр...
Қәдимги, әўлийеден айналып, мешитте түнеп, гөр шырақ жағып, анаў-мынаў кеселинен айығып кетиўге бурыннан үйренген Нурлепес пенен Жумашқа жән-жақта томпайысып атырған, ойылып атырған, ағашы сынып, опырылып атырған, сырық шошайтылып, алағула шүбереклер байланған, темирден пәнжереленген, гүмбезленген ҳәм гүмбезленбеген, сүўретли, сүўретсиз саханалардың гөрлердиң ҳеш қайсысы тәсир етпегени қойымгершиликке оғада сийрек, үш-төрт жылда бир келсе келип, келмесе келмей жүрген Нурқасым әўлийешиликке кирип келиўден-ақ өзин о дүньяға кирип келгендей сезинип, ҳәўлире берди. Анаў жийделик, қара таллықтың астынан пақсаның кесеклери ағарып көринип турған мешитте қудай отырғандай туйылды оған.
Әўлийешиликтиң арасын қақ жарып өткен арба жол мешитке жақынлаған сайын көкирегине ғул-ғула кирип, ешегине "ҳыхх!" деген даўысы да өзиниң даўысына усамай, бәлентирек шыққандай бола берген соң "ҳых-ҳықлаған" да жоқ.
Төктиң таўының шоққысына бурын-соңғы Нурқасым көрмеген әпсанаўий бир қызыл отаў тигилди. Қып-қызыл, қып-қызыл, қызыл борлаттай қызыл-аў! "Бурынғылардың "Қызыл үй" деп жүргенлери усындай шығар, тап усы қызыл үйдей бир зум әтирапына қызыл сәўле шашып, сиңип кеткен шығар! Сол қызыл үйлер жер астына сиңип кеткен соң бине болған ақ үйлер қызыл сәўле шаша алмаған-ғоо!.." деген қызық қыял жылт етти баланың санасынан. Соның арасынша үкеси жылап, алаң қылды.
- Күшенин, ер-тоқымын сыпырып ал да анаўманға арқанлап қайт, - деди күнбатыстағы жыңғыллықтың арасын ийеги менен нусқап, Нурлепес баланы қолына алып, екшеп тур. - Тез кел, жақты барында анаңды мешиттен айландырып қалайық.
Нурқасым күшен менен арба ерди сыпырып алып, қара тал геллегине қыстырды да ешекти әкеси нусқаған жаққа алып кетти. Қызыл жыңғылдың қырмызы гүллеринен ғаў-ғаў ушқан нешшелер тап бир узақтан биреў ўай-ўайлап атырғандай сес шығарады. Ажырыққа ешегин аяғынан арқанлады ҳәм жән-жаққа нәзер салып: "Хрущевтың ешекти қуртқаны қайда-а! Әне, анаў Әмирхандай айғыр ешек, әне анаў Тәңирберген Шаббазовтай узын бел, әне анаў Нөкербайдай лаңғар ешек, әне анаў қасеки ешек Өтеп томпақтың дәл өзи!.." деди ишинен ҳәм ешеклердиң ҳәм адамларға усайтуғынына өзинен өзи таңланды. Сөйтип турғанында Нөкербайдай лаңғар көк ешек шыбынға шыдамай аўнап жиберип, бурқылдаған шаң булманнан тез кетиўге асықтырды.
- Келе қойсаң-о, балам-аў, күн батып кетеди-ғо! Мә, үкеңди ал! - Нурлепес жуқа көрпешеге оралған қызыл жарғақ Сазтурғанды баласының қарнына салды. - Жығып қойма, мениң изимнен "алла!"лап ере бересең!..

(Даўамы бар)
Канал мәнзили: t.me/BaxitliSaribaev
21. 10
3040011
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 20 қаз., 21:34

Данышпан устаздан сорапты:
- Инсан қалайынша сабыр етиўи мүмкин?
Уллы инсан жуўап берипти:
- Ҳәммесин умытып жибересиз. Бул ең гөззал сабыр.
- Не жүз берсе қабыл етесиз. Бул ең туўры сабыр.
- Ҳәммесинен ўаз кешесиз, кейин сабыр етесиз. Бул ең қыйын сабыр.
- Және биреўи бар, барлық исти Аллаға тапсырасыз, кейин сабыр етесиз. Бул болса сабырдың ең үлкени ҳәм уллысыдур.
@Psixolog_Baxit
55004
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 20 қаз., 09:40

"Вести Каракалпакстана" газетасының дөретиўшилик жәмәәтине шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз. Итибар илҳамландырады! @BaxitliSaribaev
1660015
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 20 қаз., 09:02

Photo1/2
"Вести Каракалпакстана" газетасының дөретиўшилик жәмәәтине шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз. Итибар илҳамландырады!

@BaxitliSaribaev
1,1700010
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 20 қаз., 07:11

Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
- Ўәәәй, керегиң бир машин ба?! - Тәжимурат жүдә үмитлендирип кетип еди, ертеңине түски көкнардың ўағында:
- Келиспейди екен, - деди басын шайқап. - Ҳәзиргиниң баллары қудайдан қорқпаса да партиядан қорқады. Әўлийеде КГБның жансызлары жүреди екен ғой, қайсы автобазадан қандай машина барды, бәрин жазып береди екен-дә, әне, оннан соң директорлардан тәкибайды ала береди екен! Өзлеримиз партия болмаған соң билмеймиз-аў, партиядағыларға журттың көзинше өлиге қуран оқыўға, қол жайып сақал сыйпаўға болмайды, әўлийелерге зыярат етиў ғой, сирәда қуўыш! Жақында: "қарақалпақлар сондай нәмәрт пе, қатындай ўай-ўай салып турады, қойдырайық сол дәстүрди!" деп шығыпты биреўлер, булар "қойдыраман" десе, қойдырады! Мерекемиз тым-тырыс тарқамай ўай-ўайдың барында өле қойсақ болар еди-аў!
- Әўели өлип алайық, ўай-ўай қашпас!
- Күлесең-аў. Нурлепес! Булардың қолынан бәри келе береди деймен. Кеше, усы жерден шығыўдан сениң буйымыңды айтайын деп, баланың кеңсесине барып едим. Мәжилис ашып атыр екен, баламыз орысшаны салдырый-ып тур. Залға қарасам я бир орыс, я бир кәрис болсеш! Ҳайран қалдым, бәри қарақалпақ, қазақ, өзбек шоферлар, солар түсинбей ме қарақалпақшаға! Сыртта турған биреўден: "бунысы не?!" десем, "жоқарыдан тәртип сондай, барлық жыйналыстың орысша өтип жүргени қашша-ан!" дейди маған жаңағы шофер. Директордың әкеси екенин билмеди-аў деймен: "Сен, старик, қайда өсип жүрсең өзиң! Асханада бир орыс болмаса да орысша аўқат писириледи! Коммунизмде тек орысша сөйлеўимиз керек" дейди...
- Орысша билмейтуғын бизлердиң аўҳалымыз қандай болады?...
- Әўеле жетип алайық-тә коммунизмине, Нурлепес-аў, сөйлеўи қашпас!..
- Ҳаў, жетпеге гөри қалдыма, сексенинши жыл деген келип қалды-ғо!..
- Оған шекем еле иси кө-өп, - деп үмитсизлик пенен қолын силикти Тәжимурат. - Оған шекем еле Аралдың астын қурғатып болса да болар, еле оның астына "салы егемиз" деп те жүреди булар. Оған шекем еле "Хожа көлге" еки жүз мың үйректиң шөжесин әкелип өсириўи кере-ек. Бизиң баланың айтыўына қарағанда совминде бир қақ шеке орыс: "Аралды қуртыўға болмайды" деп, қыңырлық көрсетип ҳәм атырған қусайды-ы!..
- Үҳҳҳ! - Жумагүл ыңырсынып гүрсинди. - Мениң жаным көзиме көринип атырса, булар қайдағы бир Аралды қозғай ма-аў! Еле аман болсаңыз Аралыңыз ҳәм қурыр, үстинен былай-былай жүрерсизәм! Сонда да мырқ болмассыз, биррр, иреҳимсиз адамлар екенсиз! - деп, еңиреп жылап жиберди. - Маған жан қайғы, буларға кәмиўнийзим!
Сол гәпти еситиўи мәтдал, "ўай-бай, кетейин онда!" деп, Тәжимурат түргелиў менен бола берди. Түс онша аўып жалшымаған еди. Қатынының азарланғанынан жаны азарланып, Нурлепес Жәлимбет бақыраўықтикине келип, ешеги менен арбасын сорады.
- Ешек қалдырды ма елде мынаў домком! Кешеги айда келген Мәскеўдиң циркине тапсыртты-ғо! Сүйреп кетемен десең арба әне!
Руўҳы түсип қайтып баратырса Қосберген кемешиниң тусынан ешек аңқырды, бүлбилдиң сести бүйтип руўҳын көтермес! "Питейин деген исти қоя бер, сирә! Жумашқа шыпа болар иншалла!"
Таза көпир салынып, кемеси менен бирге дәўлети де қайырлап қалған Қосберген саяманда тоқым жамап отыр екен.

(Даўамы бар)
Канал мәнзили: t.me/BaxitliSaribaev
20. 10
278009
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 19 қаз., 22:11

Photo1/14
Ózbekstan jaslar awqamı Qaraqalpaqstan Respublikası Keńesi tárepinen ádebiyatqa hám kórkemlep oqıwǵa qızıǵıwshı jaslar ushın “Watan ushın jasayıq!” ádebiy kórkemlep oqıw tańlawı járiyalanǵan edi.

Tańlawǵa jiberilgen videorolikler arasınan 10 qatnasıwshınıń roligi tóreshiler tárepinen saylap alınıp,"Ashıq dawıs beriw" basqıshı nátiyjeleri boyınsha jeńimpazlardı sıylıqlaw máresimi ótkerildi.

Jeńimpazlar hám belsene qatnasqanlar diplom hám pul sıylıqları menen sıylıqlandı.

***

O‘zbekiston yoshlar ittifoqi Qoraqalpog‘iston Respublikasi Kengashi tomonidan adabiyotga va badiiy o‘qishga qiziquvchi yoshlar uchun "Vatan uchun yashaylik!" adabiy badiy o‘qish tanlovi e’lon qilingan edi.

Tanlovga yuborilgan videoroliklar orasidan 10 nafar ishtirokchining roligi hakamlar tomonidan tanlab olinib, "Ochiq ovoz berish" bosqichi natijalari bo‘yicha g’oliblarni taqdirlash marosimi o’tkazildi.

G’oliblar va faol qatnashuvchilar diplom hamda pul mukofotlari bilan taqdirlandi.

Telegram | Instagram |YouTube |Facebook
167008
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 19 қаз., 14:26

Video
"Assalawma  áleykum, Qaraqalpaqstan"       19-10-2026                                                                   Gúz saǵınıshı shayır qáleminde           Sociallıq  tarmaqlar  arqalı  bizdi  baqlap  barıń:                                                                                     Telegram I Instagram I Youtube I Facebook I QTRK ONLINE
169006
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 19 қаз., 11:58

Достымның отаўы

Пайтахтымның қақ орайында,
Жан достымның үйи бар көркем.
Мениң ушын хан сарайындай,
Жаным толқып кетеди көрсем.

Көп қабатлы жайдың ишинде,
Көз тартады алтыншы қабат.
Бул ҳақыйқый дослық күши ме?!
Илҳамландым төменнен қарап.

Терезени көриўден таныс,
Көкирегим алып ушады.
Сезим бийлеп бир ғайрынағыс,
Дослық леби мени қушады.

Көтерилгим келип жоқары,
Жайғасаман лифтке дәрҳал.
Жеңиллесер басар жолларым,
Жеткереди қабатқа гөззал.

"Уялады келгенше қонақ",
Дегениндей тартындым баста.
Сағынышым күш бермей бирақ,
Мен қағаман қапысын әсте.

"Кел, жоражан, төрле, мәрҳамат!",
Деп шын достым қушақ ашады.
Руўхландырып сый-ҳүрмет, мирәт,
Ишке кирсем кеўлим тасады.

Дәстурханды безеп қурдасым,
Атағанын қояр алдыма.
Таңлайымда татыр дуз-асы,
Сақланады мәңги ядыма.

Сөзге шешен жорам басқылап,
Қысындырар сөз қозғап тойдан.
Отраман кеўлим тасқынлап,
Ырза болып көрсеткен сыйдан.

Түсиниссек ҳәзил жарасар,
Жақын алып ойнар, әлбетте.
Тырысады бермеўге ҳазар,
Заўықландым шийрин сәўбеттен.

Ул-қызының көрип бойларын,
"Көз тиймегей!" деймен сүйсинип.
Тек үлги алыўды ойладым,
Көрки унап достың үйиниң.

Пайыз, ығбал, берекет, ырыс,
Шаңараққа жайғасқан екен.
Өмир сүрер парахат, тыныш,
Бир-бирине ышқысы беккем.

Сүйип татып дослық тағамын,
Жаным мениң алады азық.
Умытылып турмыстың ғамы,
Сырласаман кеўлимди жазып.

Дос отаўы жақты дүньяда,
Мениң ушын бахыт тымсалы.
Талпынаман мамық уяға,
Шайда еткен теңсиз жамалы.

Қәдирлеўден кеўилим толып,
Периштели үйден қайтаман.
Кең пейлине миннетдар болып,
Жан достыма рахмет айтаман!

19-октябрь, 2026
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
1830011
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 19 қаз., 06:50

Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Аўызынан суўы қурып сала берген Нурлепес кинәзленген жоқ, қап-қара, қырқ жарық қолларын Үбайда тутқан ләгенге усынды. Умытпаса, қоңсы болып, барыс-келис қылғалы өзиниң қолына Үбайданың суў алып атырғаны усы шығар, ғарры жүдәма ыразы болып пәтиясын берип атты.
Ҳаял "аўырыў" дегендей емес, аўызын сылпылдатып, гөшти аш көзлик пенен есерленип жемеге қарады "гүртиги жоқ екен, жүрекке тийер" деп те ойланатуғын емес, нан менен қосып та жемеди, аўызын үңирейте ашып, тобықтай қуйрық майды таслап жибергенинде мына жақта отырған Үбайданың жүреги "гилк" ете қалды ҳәм "ушынып қалмасам болар еди-аў!" деп гүманланды. Қысындырып алмаў ушын-ақ:
- Өйппей, сен дым қорқпай-ақ үйде туўа бересең-аў, шеше! - деп таңланды. - Роддомға барсаң болады-ғо, үйде телефон деген ба-ар, еки таўласаң нөл үштен машина гүйкилдеп келип тур!..
- Өйтиўге буның башқурты жоқ-ғо, менде де жоқ! Башқуртсызлығымызды билдирмеў ушын-ақ сондай жерден аўлақ жүремиз!..
- Бай-буўў, сада екенсизлер-аў, башқурт тексериспектиң қалғаны қашшан! Журт деген башқуртласып та болды-ғо!..
- Қашаннан бери?!
- Үш жылдан бери!
- Ўа-аҳ, - Нурлепес басын шайқады. - Сонда неге Айтбай меннен бир ешкини параға алып жүр. "Башқурт тексериўшилер келди" деди, "ешкини шақырып кел", депти тымсаллап, жаңағы келгенлер! Басына болғандай, бассына болды ҳәм-аў, ол да жағы тынбай маңырай берер ме, соның менен кетти де барды, шалынды барып пышаққа! Маңырамағанда еситпеспеди, еситпегенде келмеспеди Айтбай, әлле қайтер еди!..
- Сен буны бизиң үйдегиге айт, Айтбайдан ешкиңди өндирип береди.
- Өзим жалындым-ғо, "ала ғой, усы ешкини сойып бер, аўыз бастырғы қыл, бизди тексериспектен қутқар" деп, өзим айттым! Енди өйтсем намәртлик болар.
- Әйй, зәҳәри болсын, адамлар бузылып баратыр. Питегене уяты бар адам сизлерден жей ме, ҳа өлип баратырсаң Айбөректен же, бизлерден же!..
- Сизлерден қорқады. Бизлер бир ҳәр нәрсеге қолай, әри қайым..
- Өле қалсын! Қояйықш усы гәпти. Бирақ, мен ҳәм ақ халат кийип жүрмен ғой, шеше-аў, бир аўыз хабар жибергениңде келемен ғой желпилдеп! Өйппей, дәў жүрек екенсең! Ким қойдыңыз бөпениң атын?!
- Сазтурған.
- Өйипе-еей, журтта жоқ атты қоя қойыпсыз-аў!..
- Өзи журтта жоқ бала-дәғы ақыры! - Жумаштың түри жадырап күлди. Усы күлиўине, кеўилиниң сергеклигине қарап, "шүкир, жаман емес" деп қайтып еди Үбайда, кеште оның тағы бузылысқанын еситти Айбөректен, Айбөрек гүриш гөже писирип апарған екен, жөнлеп ише де алмапты. Бирақ "бағанағы гөштиң көбисин жеди, гөжесин қаяғына ишеди! Соған-ақ гүпти болып атырған шығар" деди ишинен, сыртқа еситтирип: "Ҳеш гәп болмас", деди де қойды.
Ҳаялының алжылы-булжылы сөйлей бериўинен гүдикленген Нурлепес: "Бурыннан соң аўырса әўлийеден шыпа таўып жүр ғой, тап, усыны бабаға түнетип көрейиниш!" деген ойға бир кетип еди, сол ойы оған тынышлық бермеди. Әмирханға: "машинаң менен апарып тасласаңо, иним", деў оның қыялына да келмеди, келгенде де, бәри бир айтыўға жүрексинбес еди. Соның ушын усындайда дурыс кеңес беретуғын, Нурлепестиң ойынша буқарағанның ең кәтқуда адамы Тәжимуратқа: "Тасқылығың автобазаға директор-ғо, аға, айтөссоңо, машин берсин, бизиң кемпирди бабадан айналдырып келейик", деди қутлы болсынға келгенинде көкнарға бөктирип отырып.

(Даўамы бар)
Канал мәнзили: t.me/BaxitliSaribaev
19. 10
2830012
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 18 қаз., 12:51

❗️БҮГИН СИЗ БАСШЫСЫЗ...

Бир ойлап көриң: бүгин сизге тәжим етип атырғанлар сизди ҳүрмет етпекте ме яки лаўазымыңызды ма?

Бүгин есигиңиз алдында нәўбетлер, ертең болса үнсизлик болыўы мүмкин. Бүгин сизге умтылып атырғанлар ертең сизди танымай қалыўы мүмкин.

Бир күн келип кабинетиңизди босатасыз, хызмет машинасының гилтин тапсырасыз. Бирақ адамлардың жүрегинде қалдырған изиңизди ҳеш ким сизден тартып ала алмайды.

Сол ушын мәртебеңизге сүйенбең — адамгершилигиңизге сүйениң. Күшиниз барда адамларды кемситпең, қолыңызда имканият барда биреўдиң ҳуқықын аяқ асты етпең.

Себеби, лаўазым, ҳәмел инсанды уллы етпейди. Инсанның өзи ҳәмелге қәдир береди.

Есте сақлаң: бир күн лаўазымнан кетесиз. Бирақ адамлар сизди я жақсы инсан ретинде еслейди, я ҳеш қашан еслеўди қәлемейди.

Сондай басшы болың, кеткениңизде кабинетиниз босасын, бирақ орныңыз сезилип турсын!

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
2250013
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 18 қаз., 07:15

Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Узыннан-узақ пәтиядан, сақал сыйпаспақтан кейин Зарымбет молла қызыл шақаны қолына алды да қулағына:
- Исмиң Сазтурға-ан, исмиң Сазтурға-аан, исмиң Сазтурғаан! - деп, үш мәрте азан айтты да анасына қайтып берди.
Зарымбет молла нәзирин алып қайтқан соң "ат қойыў салтанаты жабылды". Соның менен "Сазтурған, Сазтурған" болып кете бергенинде бир сәри еди, ойда жоқта Жумагүл-Жумаш бир ҳәпте өтер-өтпестен мурттай ушып аўырды да изин сандыраққа айналдырды. Кеўил сораўға келген Айбөрек балаға ат қойылып, айдар тағылатуғын күни өзине бир аўыз хабарламағанына өкпесин айта келип, "Жумаш шешем турып кете берсин, баласын жуўамыз, арақ-шарабы, гөш-пөши мойыныма..." деп қайтты. Жолда өзине қарсы, дәстурханын томпайтып киятырған Үбайданы көргенинде: "Усылар менен жарысып не қыламан-аў, мейли, усылар-ақ озсын, ақмақ адам зыянына да жарыса береди, мен ондай ақмақ емеспен", деген ой кешти қыялынан.
- Жумаш қалай екен, аўырып қалды дей ме? Жумыстан қолым босамай, көз жарғалы да келе алмадым, - деп өкиниш билдирип атыр Үбайда. - Сен енди, жасы кишисең ғой, "сени хабар алар" деп ҳәм арқайынлаў болдым, ғаррысы қорқып отыр-ғо, бағана барып еди.
- Қорққанынша бар ма дедим! Әп-әнедей болып отырып-ақ алжылы-булжылы сөйлеп жибере береди.
- Не де болса көрип қайтқаның жақсы болыпты, - деп кербазланып өтти баяғы "астыртын күндесиниң" тусынан.
Нөкербайлар тек жайды бәнт етип қойғаны болмаса мынаў мектептен Сийсен де пияншиклиги ушын шығарылғалы бул үйде онша бола бермейди, өзлериниң айтыўларына қарағанда азаннан баслап кафе менен гастрономның аўызын аңлыйды. Таныс-тамырынан түсирген тийин-тебенине арақ-шарап алып ишип, жеткен жерде қонып жүрген қусайды. Жумаш көз жаратуғын күни сақал-шашлары, тырнақлары өсип, руўҳлары түсип, қабақлары қалқысып, сөйлегенде ләплери дирилдесип, ишлери қалтырасып, шығып кетип еди, соннан еле жоқ. Адам усындайда ийт те болса қасында биреў болғанын қәлейди екен, баласы "шопыр оқыўына" кеткели сыртқа шығайын десе Жумаш жекке қалажақ, Нурлепес: "Нөкерлер де келе қоймады-аў!" деп, қулазып отыр еди, есиктен үлпилдеп Үбайда киргенинде отырғызарға жер таба алмай қалды.
Бул үйге Үбайда жүдә сийрек - жылына бир-еки мәрте жумыс бабында басын суқса суғады, суқпаса суқпайды. Соның ушын ҳәм Үбайда келсе төрлетип, узақтан келген қонақтай күтиледи. Үбайданың келиўи де Жумагүл-Жумашты сергеклендирип таслады. Кисисине жүктен таза көрпешени алып төсеўди ымлады. Бул үйдиң таза көрпешесиниң өзи Әмирханның ийтиниң астындағы көрпешеден оңлы емес, бирақ бәри бир, ҳәр кимдики өзине дәри, өзине таза. Сонлықтан Нурлепес төсеген қурақлы көрпешеге Үбайда қанша медик болғанынан бийғәрез тиксингенин сездирмей шықты. Қутлы болсын айтты, ҳал-аўҳал сорады. Дәстурханын ашып, ортаға үсти жапқан нан менен бастырылған бир поднос гөш қойды.
- Ақшам писирип едим, гүртик салыўына қарағанда жейтуғын адам болмай қалды. Саған буйырған екен, шешежан, жеп ала ғой, пәкизе, бир қайнатып әкелдим. Былқылдаған ғана қозының гөши! - деп, дәстурханын жайып, өзи ортаға қойды. - Қайнаға, сен де жеп ала ғой, аўыл-аймағың менен жетеди!..

(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
18. 10
2650011
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 17 қаз., 19:00

Audio
Radio tánepis

Júrek heshqashan bosap qalmaydı.

Qádirli maǵan...♥️




Nókis-fm radiosında "Móldir tamshılar" rubrikası


Baslawshı: Minara Kalbaeva

Kanalǵa aǵza bolıw:👇

t.me/Moldir_tamshilar
194008
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 04 қыр., 11:50

Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Жердаш қурылдыны урып атырған мына жайға келгенинде жаңарақта көрген патаслық, бейбастақлығынан намыў-нышан қалмағанына Жеткерген: "Жеңил аяқ екенсиз!" деп, өзиниң таңланыўын ҳәм жасыра алмады. Айбөрек аўқат таярлаўға шығып кеткен соң әдеп: "қайсы жайда жатқарар екен", соң: "басқа жайда жатқарса буның қасына қалай келе аламан?" деген ойлар көкирегин ийелей берди.
Пуўы бурқыраған гөши бар картошка қуўырдақ қаймақ қуйылған қара чай менен бир ўақытта келтирилди. Соған шекем ҳаялдың өзи ең болмаса бир де дарымағанына ҳайран. Ең болмаса қарап отырмаўы ушын қонаққа бир чайнек көк чай менен ермек таўып бергенде болар ма еди!
- Мениң балам дырдай жигит болса да шоколад шыдатпайды, - деди шақмақ қантларды усақлап атырып қысынғанынан Айбөрек. - Сары май да түўесилген, - деп те қойды күнде сары май жеп отырғандай. - "Оның не кереги бар, аўқат пенен сары май алыса ма?" дегени менен бул үйдегилердиң шаппат пенен жүз қызартып отырған, аўқатына итибар бермесе де, дүнья жыйыўға жаңа-жаңа қызыға баслаған жарлыдан көтерилип киятырған хожалық екенлигин Жеткерген аңғарды. Кәттиң үстинде шалқасына таслап, шалынған малдай гә қарқырап, гә қырылдап атырған үй ийесиниң үстиндеги костюм да әри арзан, әри жуўылған, үйде арақтың ийиси болмағанда бас бармағы тесип шығып атырған кир-кир носкийиниң шуўашы да сасыр ма еди, әлле қайтер еди!
- Сизди кешигип қалар деп, шала-пула, жеңил-желпи дегендей...
- Дурыс ислепсиз. Отағасыны оятпайсыз ба?
- Бир ишсе, анық уйқысы қанбай оянбайды.
- Оери жақсы екен!
- Оның неси жақсы?!
- Ҳәр кимниң өз мәпи бар, - деп күлди Жеткерген. - Биреўлерге уйқылағаны, биреўлерге еркелескени мәп...
- Өйтип бузылыспаң, мынаў бир қол сизики ме?
- Меникине усайды екен! - Жеткерген келиншектиң белине барып қалған қолын танымай турғандай көзиниң алдына тутып көрди. - Ҳаўўа, меники екен!!!
Аўқат желинип, пәтия оқылып болған соң Жеткер кететуғындай кийинип сыртқа шықты да, көп узамай қайтып келди.
- Тас қараңғы! Таўық көз едим, қапылып қалды!..
- Адам жатырқамаймыз, "кел демек бар, кет демек жоқ", сиз жатқандай бир мүйеш табармыз. Залдағы диван тарлық ете ме?
- Әлбетте... тарлық етеди. Мен аўнап кетемен...
- Ҳимм, солай ма-а? - Жилўа-назы менен күлди Айбөрек.
"Қудай берди!" деп қойды ишинен жигит ҳәм жүреги дүпилдеп, залға көп өткермей-ақ Айбөректиң изинен келди.

(Даўамы бар)
Канал:
01. 09
3340012

Showing 30 of 48 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

Baxıtlı SARÍBAEV Telegram арнасы не туралы?+

Baxıtlı SARÍBAEV (@baxitlisaribaev) — tgdio сайтында OnlyFans санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 1 087 жазылушы бар.

Baxıtlı SARÍBAEV (@baxitlisaribaev) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @baxitlisaribaev арнасына тегін жазылыңыз.

Baxıtlı SARÍBAEV жақсы OnlyFans арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын Baxıtlı SARÍBAEV рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 1 087 жазылушы бар. ұқсас OnlyFans арналарымен салыстырыңыз.

Baxıtlı SARÍBAEV статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @baxitlisaribaev бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.