Достымның отаўы
Пайтахтымның қақ орайында,
Жан достымның үйи бар көркем.
Мениң ушын хан сарайындай,
Жаным толқып кетеди көрсем.
Көп қабатлы жайдың ишинде,
Көз тартады алтыншы қабат.
Бул ҳақыйқый дослық күши ме?!
Илҳамландым төменнен қарап.
Терезени көриўден таныс,
Көкирегим алып ушады.
Сезим бийлеп бир ғайрынағыс,
Дослық леби мени қушады.
Көтерилгим келип жоқары,
Жайғасаман лифтке дәрҳал.
Жеңиллесер басар жолларым,
Жеткереди қабатқа гөззал.
"Уялады келгенше қонақ",
Дегениндей тартындым баста.
Сағынышым күш бермей бирақ,
Мен қағаман қапысын әсте.
"Кел, жоражан, төрле, мәрҳамат!",
Деп шын достым қушақ ашады.
Руўхландырып сый-ҳүрмет, мирәт,
Ишке кирсем кеўлим тасады.
Дәстурханды безеп қурдасым,
Атағанын қояр алдыма.
Таңлайымда татыр дуз-асы,
Сақланады мәңги ядыма.
Сөзге шешен жорам басқылап,
Қысындырар сөз қозғап тойдан.
Отраман кеўлим тасқынлап,
Ырза болып көрсеткен сыйдан.
Түсиниссек ҳәзил жарасар,
Жақын алып ойнар, әлбетте.
Тырысады бермеўге ҳазар,
Заўықландым шийрин сәўбеттен.
Ул-қызының көрип бойларын,
"Көз тиймегей!" деймен сүйсинип.
Тек үлги алыўды ойладым,
Көрки унап достың үйиниң.
Пайыз, ығбал, берекет, ырыс,
Шаңараққа жайғасқан екен.
Өмир сүрер парахат, тыныш,
Бир-бирине ышқысы беккем.
Сүйип татып дослық тағамын,
Жаным мениң алады азық.
Умытылып турмыстың ғамы,
Сырласаман кеўлимди жазып.
Дос отаўы жақты дүньяда,
Мениң ушын бахыт тымсалы.
Талпынаман мамық уяға,
Шайда еткен теңсиз жамалы.
Қәдирлеўден кеўилим толып,
Периштели үйден қайтаман.
Кең пейлине миннетдар болып,
Жан достыма рахмет айтаман!
19-октябрь, 2026
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev