Байнияз Қайыпназаров Telegram channel photo

Байнияз Қайыпназаров

Мен бир кеўли нәзик, гүлқумар жанман... «Гүллердиң шайдасы», «Гүл ашығы» «Қарақалпақстан халық шайыры», Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, шайыр Байнияз Қайыпназаровтың поэзиялық каналы. Байланыс ушын: @Bayniyaz_Qayipnazarov_bot

Pinay контентіқазақ тіліҚазақстан

559

Last views

289 (289 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
18
Total Posts
Oct 17, 2026, 5:42 AM
Жаңартылған
Apr 24, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameБайнияз Қайыпназаров
Username@bayniyaz_qayipnazarov
CategoryPinay контенті
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер289
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 24 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 7 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#186831+373
Тіл бойынша рейтинг
#233+1
Санат бойынша рейтинг
#1856+16

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 28930 Days growth: +00%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:2026289
19:09:2026287
20:09:2026287
21:09:2026287
22:09:2026287
23:09:2026287
24:09:2026287
25:09:2026287
26:09:2026287
27:09:2026287
28:09:2026287
29:09:2026287
30:09:2026287
01:10:2026287
02:10:2026287
03:10:2026287
04:10:2026287
05:10:2026287
06:10:2026287
07:10:2026287
08:10:2026287
09:10:2026287
10:10:2026287
11:10:2026287
12:10:2026287
13:10:2026287
14:10:2026287
15:10:2026287
16:10:2026287
17:10:2026289
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 20:04:2026308
Week of 27:04:2026308
Week of 04:05:2026306
Week of 11:05:2026306
Week of 18:05:2026306
Week of 25:05:2026306
Week of 01:06:2026306
Week of 08:06:2026306
Week of 15:06:2026306
Week of 22:06:2026306
Week of 29:06:2026306
Week of 06:07:2026300
Week of 13:07:2026300
Week of 20:07:2026300
Week of 27:07:2026300
Week of 03:08:2026300
Week of 10:08:2026300
Week of 17:08:2026285
Week of 24:08:2026285
Week of 31:08:2026291
Week of 07:09:2026289
Week of 14:09:2026287
Week of 21:09:2026287
Week of 28:09:2026287
Week of 05:10:2026287
Week of 12:10:2026289
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 2026308
May 2026306
June 2026306
July 2026300
August 2026285
September 2026287
October 2026289
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
2026289

Соңғы посттар

Байнияз Қайыпназаров logo
Байнияз Қайыпназаров

2026 ж. 25 там., 10:47

Photo1/2
🍀🍀🍀🍀🍀

...Желкилдеген жериңизде,
Мен бир жанлы гүлиңизбен,
Ықтыярым өзиңизде,
Көтериңки үниңизбен.

...Алға шыйрақ қәдем таслап,
Жүрмесем кең далаңызда,
Қолға қағаз, қәлем услап,
Көринбесем араңызда.

Мени еске алатуғын,
Қарақалпақ халқым мениң,
Меннен соңға қалатуғын,
Ҳәрбириңиз даңқым мениң.

Байнияз Қайыпназаров

Бүгин, 25-август қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкили, гүллер шайдасы, гүл ашығы, шайыр Байнияз Қайыпназаровтың туўылғанына 110 жыл толып атыр.

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov
5590018
Байнияз Қайыпназаров logo
Байнияз Қайыпназаров

2026 ж. 09 там., 17:11

МЕДСЕСТРА ОКСАНАҒА

Қанлы майдан қан түпирип жатқанда,
Мени де бир мийримсиз жаў атқанда,
Буғып келип жаўған оқтан жасқанбай,
Шинелимнен сүйреп кейин тартқанда,

Тийме деппен, саў қолымды сермеппен,
Көк желкеме оқ тийсе де өлмеппен,
Сонда сениң бар күшиңди сарп етип,
Оттан алып шыққаныңды билмеппен.

Ал, сен болсаң пәйик болып жүрипсең,
Желкемдеги оқтың орнын көрипсең,
Дәри жағып, қалтамдағы бинт пенен,
Қанын тыйып байлап жәрдем берипсең.

Бир ўақлары сәл-пәл келип өзиме,
Қарағанда көзим түсти көзиңе.
Басындағы бес жулдызлы пилотка,
Жарасып тур екен ысық жүзиңе.

— Батыр жигит, қайтпай қарсы бардың деп,
Өз қолыңнан он фашисти аттың деп,
Қуўанасаң, денеңдеги жараның,
Зияны жоқ, өзиң аман қалдың деп.

Мени алып барып паналаў жерге,
Денең таңғы гүлдей малынып терге,
Саўаш майданына кеттиң жуўырып,
Жәрдем бериў ушын жарадар ерге.

Әжел анталаған, алдың тар еди,
Кеўлиңде тәўекел, бахтың яр еди,
Ҳасла ескермедиң қәўип-қатерди,
Өзиңде айрықша мәртлик бар еди.

Көре сала оққа ушқан солдатты,
Жетип барғаныңда салып ғайратты,
Жатыр екен бүйиринен қан ағып,
Ақырғы ирет, «суў» деп зорға тил қатты.

Буны да сен қалдырмадың далада,
Жайғастырдың жумсақ жерге панада,
Ким биледи еле күтип жүргенди,
Келеди деп үмит үзбей ана да.

Айдай қарап күтер, улы бийдәрек,
Аман болса қайтып келиўи керек,
Жақынлап турғанда жеңис сааты,
Мүмкин бир саўашта болғанды ҳәлек.

Ондайда болады адам басында,
Ким билипти от кешерин жасында,
Талай ата-ана жаўыз Гитлерге,
Ата-ата кетти ғәзеп тасында.

Мен болсам саўалдым, және атыстым,
Не бир қырғын саўашларға қатыстым,
Тыныш елге басып кирген душпаннан,
Қан ушын — қан, жан ушын — жан алыстым.

Ал сен болсаң даўам етип жолыңды,
Жарадарға созып жәрдем қолыңды,
Жараланған ҳәр солдаттың үстинен,
Қуўып турдың қорқынышлы өлимди.

Бир саўашта тағы тийди оқ маған,
Зардабынан сай сүйегим қақсаған,
Жан жериме пәнже урып сум өлим,
Деп турғандай енди жасаў жоқ саған.

Бәд айбат өлимди көзге илмедим,
Бетпе-бет гүресте жеңдим, өлмедим,
Ең изинде жеңис пенен аўылға,
Мен қайттым-аў, сен қайттың ба, билмедим.

Сен де мендей елге аман жеттиң бе,
Шала оқыўыңды даўам еттиң бе,
Парахат күнлерде өмирге қорған,
Ең шыпакер доктор болып кеттиң бе?!

Тыныш бағдан гүллер үзип тақсаңа,
Сондағыдай және күлип бақсаңа,
Гезлесиўди әрман етип жүриппен,
Сағынышлы сени излеп Оксана!

Сорайман самалдан, күннен, айдан да,
Бир дәрегиң шығар сениң қайдан да,
Тири болсаң тоғызыншы май күни,
Ушырасқайлы даңқлы қызыл майданда!

1975-жыл
Байнияз Қайыпназаров

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov
3600014
Байнияз Қайыпназаров logo
Байнияз Қайыпназаров

2026 ж. 26 сәу., 21:25

Video
Талантлы жаслардан «Гүлнара» қосығы

Кел деген жериңе келдим, келмедиң,
Кетип қалсам, узақ күттим дермедиң.
Сени бунша ким егледи билмедим,
Көп күттирмей кел тезирек, Гүлнара.

Ядымда кешеги кел деген сөзиң,
Мен билемен келмей қалмайсаң өзиң.
Үмит пенен қарар жолыңа көзим,
Көп күттирмей кел тезирек, Гүлнара.

Ўəделескен ўакыт баратыр өтип,
Умыттың ба турган достыңды күтип. 
Булттан шыққан айдай жүзиң жарқ етип. 
Көп күттирмей кел тезирек, Гүлнара.

Турсам, кешиккениң жүрегимди жеп,
Кимди күтип турсыз деўшилер де көп. 
Айтаман өзимниң күткеним бар деп,
Көп күттирмей кел тезирек, Гүлнара.

             1956- жыл
Байнияз Қайыпназаров

инстаграм

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov
1,7500018
Байнияз Қайыпназаров logo
Байнияз Қайыпназаров

2026 ж. 24 сәу., 13:55

Photo
Бүгин, 25-август қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкили, гүлқумар жан, шайыр Байнияз Қайыпназаровтың туўылғанына 108 жыл толып атыр.

Шайыр 1916-жылы Шымбай районының шығысындағы Саңмурын аўылында дүньяға келеди.

Каналымыз силтемеси:
871006
Байнияз Қайыпназаров logo
Байнияз Қайыпназаров

2026 ж. 24 сәу., 13:55

Photo
КЕТТИҢ

(Мийнет Каҳарманы, аты аңызға айналған врач Оразымбет аға Халмуратовтың естелигине)

Дүньяға келиўдин кетиўи де бар,
Қызықлы күнлердиң өтиўи де бар,
Ойлаған ойлардың питиўи де бар,
Халқыңның хызметин питкерип кеттиң.

Күшиңди сарп етип емлеў исине,
Жеткенше асығып наўқас кисиге,
Машина жоқ жерде елдиң ишине,
Дәри-дәрмағыңды бөктерип кеттиң.

Доктор деген исенимди ақлаўға,
Күшти жумсап кеселликти саплаўға,
Халқымыздың ден саўлығын сақлаўға,
Медик кадрларды жеткерип кеттиң.

Инсанға көпсинип өмир сүриўди,
Әжел пәнже урса қысып жүримди,
Арашалап, узақ созып өмирди,
Гейде өлимге де пәнт берип кеттиң.

Кеселин анықлап, емин бергизип,
Аўыр қәстелерге диңке енгизип,
Бир көринсек болар еди дегизип,
Халыққа қәдириңди өткерип кеттиң!

1981-жыл
Байнияз Қайыпназаров

Бүгин, 28-февраль Оразымбет Халмуратовтың туўылғанына 124 жыл толды.

(Сүўрет Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архив фонды дереклеринен)

Каналымыз силтемеси:
1,3100019
Байнияз Қайыпназаров logo
Байнияз Қайыпназаров

2026 ж. 24 сәу., 13:55

Photo
#Архив_сүўретлер

1969-жыл. Ташкент қаласында Қарақалпақстан әдебияты ҳәптелигинде. Жазыўшылар форумы қатнасыўшылары.



"Қарақалпақ тарийхы, этнографиясы, мәденияты" фейсбук бетинен.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QRARXIV
1,700005
Байнияз Қайыпназаров logo
Байнияз Қайыпназаров

2026 ж. 29 нау., 04:41

Photo1/8
43 жыл...Жаўынлы гүз.
Ўатан ушын саўашта жүрмиз.
Ызылдаған оқлар ишинде,
Үш ай өтти, тағы келди гүз.

- деген қатарлардың авторы 110 жаста. Ҳәммемиз ядладыққо бул поэмадан үзиндини. Тек 1-куплет ядымда екен)
580008
Байнияз Қайыпназаров logo
Байнияз Қайыпназаров

2026 ж. 03 қаң., 21:04

Kewliń jaqsılıqqa mákan shayırsań

     (Qaraqalpaqstan xalıq shayırı
               B. Qayıpnazarovqa)

"Apam ketti, men qaldım"ǵa mantıqpay,
Sóz sarayın aǵıtqansań sandıqtay,
Sózlerińdi qurı dalaǵa qańǵıtpay,
Nıshanaǵa dál tiygizgen shayırsań.

Bir jańa gúzarǵa jańa iz berip,
Kewliń – báhár, kórinisiń – gúz kórik,
Báhár báhár bolǵan yańlı siz kelip,
Báhár ishindegi báhár shayırsań.

Qızıl gúl qıdırǵan júregiń appaq,
Ańsat pa shayırǵa xalıq kewlin tappaq?!
Qızǵa gúl, jigitke tal túbin saqlap,
Kewliń jaqsılıqqa mákan shayırsań.

Shın sadıqlıq etip túsken jolıńa,
Ózge qálem uslamadıń qolıńa,
Qal qoysam dep shayırlıqtıń qalına,
Dańǵıl jolǵa túsken náhán shayırsań.

Teńelbay Sársenbaev

«Debdiw» toplamınan (1977)

Kanallarǵa aǵza bolıwdı umıtpań:👇👇

@Bayniyaz_Qayipnazarov

@Tengelbay_Sarsenbaev
1,0600013
Байнияз Қайыпназаров logo
Байнияз Қайыпназаров

2026 ж. 03 қаң., 21:04

Кеўлиң жақсылыққа мәкан шайырсаң

     (Қарақалпақстан халық шайыры
               Б. Қайыпназаровқа)

"Апам кетти, мен қалдым"ға мантықпай,
Сөз сарайын ағытқансаң сандықтай,
Сөзлериңди қуры далаға қаңғытпай,
Нышанаға дәл тийгизген шайырсаң.

Бир жаңа гүзарға жаңа из берип,
Кеўлиң – бәҳәр, көринисиң – гүз көрик,
Бәҳәр бәҳәр болған яңлы сиз келип,
Бәҳәр ишиндеги бәҳәр шайырсаң.

Қызыл гүл қыдырған жүрегиң аппақ,
Аңсат па шайырға халық кеўлин таппақ?!
Қызға гүл, жигитке тал түбин сақлап,
Кеўлиң жақсылыққа мәкан шайырсаң.

Шын садықлық етип түскен жолыңа,
Өзге қәлем усламадың қолыңа,
Қал қойсам деп шайырлықтың қалына,
Даңғыл жолға түскен нәҳән шайырсаң.

Теңелбай Сәрсенбаев

«Дебдиў» топламынан (1977)

Каналларға ағза болыўды умытпаң:👇

@Bayniyaz_Qayipnazarov

@Tengelbay_Sarsenbaev
824004
Байнияз Қайыпназаров logo
Байнияз Қайыпназаров

2025 ж. 20 қыр., 15:15

Photo1/6
2025-жылы Москвада жарық көрген II томлық «Антология каракалпакской поэзии» жыйнағының 2-томында шайыр Байнияз Қайыпназаровтың қосығына да орын берилди.

Антологияның жарық көриўинде шайыр, эссеист Сағынбай Ибрагимов белсенди болды.

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov
1,0400013
Байнияз Қайыпназаров logo
Байнияз Қайыпназаров

2025 ж. 18 қыр., 08:03

Жасай бер сен, Кеңесбай
(шайыр Кеңесбай Рахмановтың 50 жыллық юбилейине)

Түнлерде тыншымай терең ой сүрип,
Кеўилге қонымлы сулыў сөз терип,
Жолмурза ағаның жолынан жүрип,
Изимизди баса шыққан Кеңесбай.

Қағаз-қәлем алса арқасы қозып,
Уллы әрман шыңларына қол созып,
Талай сөзге дилўар жүйриктен озып,
Иркилместен шыға шапқан Кеңесбай.

Ҳасылды излесең табылар тастан,
Ақылды излесең шығады жастан,
Жүректе йош жигер, таланты тасқан,
Көркем сөз шебери, шайыр Кеңесбай.

Қосық қумарлардың аўдарар зейнин,
Оқып көргенлердиң қандырар мийрин,
Жүрекке жағымлы сөзлери шийрин,
Китаплары қолдан түспес Кеңесбай.

Халқын қанат берсе көкке уша бер,
Дәўир илҳам берсе шағлап йоша бер,
Әдебий қазанға үлес қоса бер,
Шийрин сөзлер дөрете бер, Кеңесбай.

Қутлықлап қарасам елли жасыңда,
Бирли-жарым ақ көринди шашыңда,
Жазыў ушын аман болсын басың да,
Жүзден асып жасай бер сен, Кеңесбай.

1992-жыл
Байнияз Қайыпназаров

Каналымыз силтемеси:
https://t.me/Bayniyaz_Qayipnazarov

Telegram

Байнияз Қайыпназаров

Мен бир кеўли нәзик, гүлқумар жанман...«Гүллердиң шайдасы», «Гүл ашығы» «Қарақалпақстан халық шайыры», Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, шайыр Байнияз Қайыпназаровтың поэзиялық каналы.Байланыс ушын:@Bayniyaz_Qayipnazarov_bot

VIEW CHANNEL
757004
Байнияз Қайыпназаров logo
Байнияз Қайыпназаров

2025 ж. 25 там., 10:22

Photo1/2
Сөз маржанын дөретемен дәс берсе,
Оқығанлар кеўли толса, хош көрсе,
Халқым көтермелеп илҳам, йош берсе,
Толқынлы дәрьядай тасып өтермен.

Өмиримниң урқаны турса гүл атып,
Илҳам перилерин шайқап оятып,
Шийрин сөзлер таўып журтқа унатып,
Еле тилден дүрлер шашып өтермен.

Байнияз Қайыпназаров

Бүгин, 25-август қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкили, гүлқумар жан, шайыр Байнияз Қайыпназаровтың туўылғанына 109 жыл толып атыр.

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov
8960014
Байнияз Қайыпназаров logo
Байнияз Қайыпназаров

2025 ж. 15 сәу., 14:20

КӨК ЕМЕН (Баллада) Қырқ үшинши жыл. Жаўынлы гүз. Ўатан ушын саўашта жүрмиз. Ызылдаған оқлар ишинде, Үш жаз өтти. Тағы келди гүз. Шинеллер суў, жүрдик илгери, Өлимди де писент қылмадық, Басқыншылар ҳүжимге өтти, Биз де аттық, аттық тынбадық. Ғәзеп…
1,6100019
Байнияз Қайыпназаров logo
Байнияз Қайыпназаров

2025 ж. 13 сәу., 12:12

ТУЎЛА, ТЕҢИЗ

Самал шайқап толқып турды,
Балтик теңиз мөлдир суўлы,
Мен алыстан аңсап келдим,
Айдыныңды үйрек, қуўлы.

Жатсынбайсаң жақын келсем,
Жағаңда қыдырып жүрсем,
Бултсыз күнги аспандайсан,
Көлемиңе қарап көрсем.

Шағалалар шаңқылдасып,
Ғазлар ушар ғаңқылдасып,
Ақ көбикли асаў толқын,
Жарға урар шуўылдасып.

Өркешленип толқын келер,
Пәтке минип толқып келер,
Алға қарай еңтерилип,
Бирин-бири жулқып келер.

Аўдаңлаған ақ толқынлар,
Ада болмас көп толқынлар,
Мен тутайын көкирегимди,
Суў тынығын серип толқынлар.

Салқын лебиң зейним ашып,
Толқыныңдай турман тасып,
Сеннен қуўат йош алайын,
Туўла теңиз көбик шашып.

Тыныш турсаң ишим писер,
Сен толқысаң кеўлим өсер,
Әмиўдәрья, Аралымның
Толқынлары еске түсер.

Айдындағы ақ қуўды да,
Сағынаман таў, қумды да,
Еки теңиз еркелетип,
Бассын әбден маўқымды да.

1971-жыл
Байнияз Қайыпназаров

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov
838007
Байнияз Қайыпназаров logo
Байнияз Қайыпназаров

2024 ж. 04 қыр., 10:46

Photo1/2
ТОЛАДЫ КЕЎЛИМ

„Әлипбе“ ден баслап оқыған күнлер,
Билим шыңын гөзлеп шулғыған күнлер,
Бир биреўди көрсек түседи еске,
Көзиме елеслеп өтеди әсте.

Ўақыт өтти, талай оқыўлар питти,
Жасымыз, ойымыз толысып кетти,
Буйра шашымызға ақ араласты,
Бул ақ басымызға тән ақ жарасты.

Оқыған жыллардың алып есесин,
Ислеп жүрмиз елдиң тапсырған исин,
Хызметимиз халыққа жараса жақсы,
Басып өткен жолға қараса жақсы.

Сонда ислеримиз көринсе көзге,
Мийнеткеш адам деп сүйинсе бизге,
Болғаны емес пе, болады бәлким,
Усыларды ойлап толады кеўлим.

1965-жыл
Байнияз Қайыпназаров

(Каналымыз атынан "Жаңа оқыў жылыңыз бенен!" қутлықлап қаламыз.)

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov
2,930007
Байнияз Қайыпназаров logo
Байнияз Қайыпназаров

2024 ж. 30 там., 17:43

(Б. Қайыпназаровқа)

Жүреги тыңлаған самалдың сестин,
Гүлге ашық болмас оныңдай ҳеш ким,
Сөзлердиң дизбеги мөлдир булақтай,
Келеди тап мийриң қанғанша ишкиң.

Ўатанның сарғайған қәдирлеп шөбин,
Мийримиң кебирге еткендей төгин,
Қосыққа қосты да таслады кетти,
Излесек таппаймыз шайырды бүгин.

Бес күнлик екен дә, әттең-әй бир кем,
Қулата алады таўларды бекем,
Бирақ халқын сүйген қәлби гүл инсан,
Дүньяға қайтадан келер ме екен?

Зульфия Жийемуратова

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov
1,380008
Байнияз Қайыпназаров logo
Байнияз Қайыпназаров

2024 ж. 25 там., 17:38

Photo1/2
Қыял жетсе —
        Ой шыңының,
                  Уша басына,
Илҳам келер — 
        Көзи түссе,
                 Гүл шақасына,
Жағымталлы — 
        Сап ҳаўадай,
                 Ел арасына,
Сөзи тарар,
        Өзи қалар,
                 Байнияз болып.

Байнияз Қайыпназаров

Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov
1,030009

Showing 18 of 18 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

Байнияз Қайыпназаров Telegram арнасы не туралы?+

Байнияз Қайыпназаров (@bayniyaz_qayipnazarov) — tgdio сайтында Pinay контенті санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 289 жазылушы бар.

Байнияз Қайыпназаров (@bayniyaz_qayipnazarov) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @bayniyaz_qayipnazarov арнасына тегін жазылыңыз.

Байнияз Қайыпназаров жақсы Pinay контенті арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын Байнияз Қайыпназаров рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 289 жазылушы бар. ұқсас Pinay контенті арналарымен салыстырыңыз.

Байнияз Қайыпназаров статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @bayniyaz_qayipnazarov бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.