МЕДСЕСТРА ОКСАНАҒА
Қанлы майдан қан түпирип жатқанда,
Мени де бир мийримсиз жаў атқанда,
Буғып келип жаўған оқтан жасқанбай,
Шинелимнен сүйреп кейин тартқанда,
Тийме деппен, саў қолымды сермеппен,
Көк желкеме оқ тийсе де өлмеппен,
Сонда сениң бар күшиңди сарп етип,
Оттан алып шыққаныңды билмеппен.
Ал, сен болсаң пәйик болып жүрипсең,
Желкемдеги оқтың орнын көрипсең,
Дәри жағып, қалтамдағы бинт пенен,
Қанын тыйып байлап жәрдем берипсең.
Бир ўақлары сәл-пәл келип өзиме,
Қарағанда көзим түсти көзиңе.
Басындағы бес жулдызлы пилотка,
Жарасып тур екен ысық жүзиңе.
— Батыр жигит, қайтпай қарсы бардың деп,
Өз қолыңнан он фашисти аттың деп,
Қуўанасаң, денеңдеги жараның,
Зияны жоқ, өзиң аман қалдың деп.
Мени алып барып паналаў жерге,
Денең таңғы гүлдей малынып терге,
Саўаш майданына кеттиң жуўырып,
Жәрдем бериў ушын жарадар ерге.
Әжел анталаған, алдың тар еди,
Кеўлиңде тәўекел, бахтың яр еди,
Ҳасла ескермедиң қәўип-қатерди,
Өзиңде айрықша мәртлик бар еди.
Көре сала оққа ушқан солдатты,
Жетип барғаныңда салып ғайратты,
Жатыр екен бүйиринен қан ағып,
Ақырғы ирет, «суў» деп зорға тил қатты.
Буны да сен қалдырмадың далада,
Жайғастырдың жумсақ жерге панада,
Ким биледи еле күтип жүргенди,
Келеди деп үмит үзбей ана да.
Айдай қарап күтер, улы бийдәрек,
Аман болса қайтып келиўи керек,
Жақынлап турғанда жеңис сааты,
Мүмкин бир саўашта болғанды ҳәлек.
Ондайда болады адам басында,
Ким билипти от кешерин жасында,
Талай ата-ана жаўыз Гитлерге,
Ата-ата кетти ғәзеп тасында.
Мен болсам саўалдым, және атыстым,
Не бир қырғын саўашларға қатыстым,
Тыныш елге басып кирген душпаннан,
Қан ушын — қан, жан ушын — жан алыстым.
Ал сен болсаң даўам етип жолыңды,
Жарадарға созып жәрдем қолыңды,
Жараланған ҳәр солдаттың үстинен,
Қуўып турдың қорқынышлы өлимди.
Бир саўашта тағы тийди оқ маған,
Зардабынан сай сүйегим қақсаған,
Жан жериме пәнже урып сум өлим,
Деп турғандай енди жасаў жоқ саған.
Бәд айбат өлимди көзге илмедим,
Бетпе-бет гүресте жеңдим, өлмедим,
Ең изинде жеңис пенен аўылға,
Мен қайттым-аў, сен қайттың ба, билмедим.
Сен де мендей елге аман жеттиң бе,
Шала оқыўыңды даўам еттиң бе,
Парахат күнлерде өмирге қорған,
Ең шыпакер доктор болып кеттиң бе?!
Тыныш бағдан гүллер үзип тақсаңа,
Сондағыдай және күлип бақсаңа,
Гезлесиўди әрман етип жүриппен,
Сағынышлы сени излеп Оксана!
Сорайман самалдан, күннен, айдан да,
Бир дәрегиң шығар сениң қайдан да,
Тири болсаң тоғызыншы май күни,
Ушырасқайлы даңқлы қызыл майданда!
1975-жыл
Байнияз Қайыпназаров
Каналымыз силтемеси:
@Bayniyaz_Qayipnazarov