,,Өмир сабақлары" Telegram channel photo

,,Өмир сабақлары"

@omirsabaqlariPublic Channel

Сабырлылық,шыдамлылық баслы ураным.

99

Last views

401 (401 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
40
Total Posts
Oct 17, 2026, 4:30 PM
Жаңартылған
Apr 29, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel Name,,Өмир сабақлары"
Username@omirsabaqlari
CategoryӨмірлік сабақтар
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер401
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 29 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 5 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#411476-782
Тіл бойынша рейтинг
#438Өзгеріс жоқ
Санат бойынша рейтинг
#2976Өзгеріс жоқ

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 40130 Days growth: -133.1%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:2026414
19:09:2026414
20:09:2026410
21:09:2026410
22:09:2026410
23:09:2026410
24:09:2026410
25:09:2026410
26:09:2026410
27:09:2026410
28:09:2026410
29:09:2026410
30:09:2026410
01:10:2026410
02:10:2026410
03:10:2026410
04:10:2026410
05:10:2026410
06:10:2026410
07:10:2026410
08:10:2026410
09:10:2026410
10:10:2026410
11:10:2026410
12:10:2026410
13:10:2026410
14:10:2026410
15:10:2026410
16:10:2026410
17:10:2026401
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 27:04:2026448
Week of 04:05:2026446
Week of 11:05:2026446
Week of 18:05:2026446
Week of 25:05:2026446
Week of 01:06:2026446
Week of 08:06:2026446
Week of 15:06:2026446
Week of 22:06:2026446
Week of 29:06:2026446
Week of 06:07:2026434
Week of 13:07:2026434
Week of 20:07:2026434
Week of 27:07:2026434
Week of 03:08:2026434
Week of 10:08:2026434
Week of 17:08:2026412
Week of 24:08:2026412
Week of 31:08:2026408
Week of 07:09:2026414
Week of 14:09:2026410
Week of 21:09:2026410
Week of 28:09:2026410
Week of 05:10:2026410
Week of 12:10:2026401
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 2026448
May 2026446
June 2026446
July 2026434
August 2026412
September 2026410
October 2026401
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
2026401

Соңғы посттар

,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 20 қаз., 06:59

Сынаў ушын берилген бул дүньяның,
Адам улы болмадық па мийманы?!
Мәрт жигитлер асығар деп шынлыққа,
Кеўли жара кең әлемге сыймады!

Ар-намыс деп ат жибермей айлаўға,
Бәдәр кеттик бир шөби жоқ жайлаўға,
Әрманымыз әл ҳаўада ушсақ деп,
Жалғыз ғазды таслап кеттик қайраўға...

Себет пенен суў тасыймыз қашанғы,
Дос дегенниң қылығы көп жасанды.
Дүнья шынын, ақыретти ойлаған,
Қайғы демей ким деймиз айт, Асанды...

Айта берсең өмир толы сыр екен,
Толғай берсең таўсылмастай жыр екен,
Асықсақта артымызға қайрылмай,
Әзирейил алдымызда тур екен.

Айтамыз көп алған емес, бергенди,
Қуяш теўип жылытса деп желкемди.
Усындайда дурыс гәпти айтпаса,
Қудай урсын Әбдирахман Зергерди!

Әбдирахман Зергер
99005
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 18 қаз., 11:39

Ашыўланыў менен өкпелеў-басқа адамның қәтелигиниң қунын өз денсаўлығың менен төлеў деген сөз.

Эрнест Хемингуэй
129000
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 17 қаз., 18:49

Сонын арасында Жадигердиң қол телефоны шынғырлады. Ар жагынан кыздың анасының даўысы шақ-шақ етти.
-Жадигер, анаңызды көрип, бир келисимге келе алмадық. Мениң қызым сизиң анаңыздың хызметине жарай алмаса керек. Бахтыңды өзиңе сай жерден излейғо, қызымды ендиги жағында тыныш қой.

Енди мине аўзы асқа тийейин деп турғанда усындай әўселеге тап болып,сергиздан болып турған уақытта улы Жадигер;
-Апа!Бир сөйлесип көрейин, анасының айтқанынан шықпайтуғын,хаял сақлаған еркек атағын алмайын.
Апа,қапа болма,мүмкин жақсылыққа шығар бәри ,-деп кесип сөйледи.
Қайсы ана баласының сақты сынғанын қәлейди дейсең?
Еле өзине келе алмай отырған Жумагүл;
-Балам жигиттиң сейдини,усындай жигиттен ўаз кешсе,ақмақ қыз екен.
Бәрин анасы шешеме дедим,әкесин көрмедимбе усы.Бир аўыз сорамаппан,қудамыз көринбейме,демейменбе?Сонда еки ҳаял қызының тәғдирин шешип қоя береме?
Жүмагул еле ҳайран.

*

Жәдигерге қыз бенен сөйлесиў аўыр кешти

-Қудай аў минип жүрген машыныңыз баслығыңыздики екен ғой,мен өзиңдики деп ойлаппан.

-Қайдан билейин,шыррыйып джип машын минип жүргенге ,,состоятельный" жигит деп қәтелесиппен.Мениң қунымды он миллионға баҳалапты анаңыз,еле де абырайымыз бар екен,анамның көрипкели усы рет бапламады.-дегенде Жадигер шоршып түсти.
-Сизиң баҳаңызды анам қымбат баҳалапты.Жол ашық,бахтыңызды таўып,кеўлиңиздегидей жасаўыңызға тилеклеспен.
Жәдигер өз көзине өзи исенбеди.Ушырасқанда майысып-қайысып,назланып,нәзик болып көринген сүйиклисиниң нағыз келбетин жаңа көрди.Көрди де бурылды,шалт бурылды.Анасын аяқ асты еткенине өзин-өзи кешире алмады.
Анажаным!Мехрибаным!Аяғыңа жығылып кеширим сорайман.Өмирин маған арнап,қулағына алтын тақпаған,қымбат кийим кийип тойға бармаған анажаным!.Аллатаалам сақлап қалыпты.
Қыздың жайған шашына , боянған көзине қарап,албаслы көргендей болды...көзи енди ашылды.

Салысы салпаўсып,мойны салбыраған баласын Жумагүл қатты аяды.
-Балам,мен араңызға түскен болмайын,жақсы көрсең еле де ғамланайық.
Үлкен баслығың қулағыма сыбырлап;
-Хе,аттанг уғлингизнинг севгани бор экан,бумасам набирамни берар эдим.Энди буёғида туянаси биздан,деп еди.
Қарыз сорайықпа,балам?
-Апа! Бул саўда қойылды.Ендиги жағында сизди сыйлаған ,сизди төбесине көтерген қызды аламан,-деди Жәдигер.

*
...Арадан еки жыл ўақыт өтти.Жумагүл еки бөлме жайдан кишигирим жер жайға өтти.Баласына ,болашақ келинге атап бир бөлмесин атады.Қолдан қурақ қурап ,,қуралып кетсин" деп ырымлады.
Баяғы сырғаны алмастырып Ташкентке және келди,және тырмышланды...елдиң ырымы деп баяғы түйин түйилди.Бул рет бир өзи емес,бирнеше жақын-жуўықлары,қәдирданлары менен келди.
Ташкенттиң мен деген ресторанында бүгин той.Устазы қарақалпақ жигити Жәдигерди ақлық қызына күйеўликке минасип көрди.Оқығаны-тоқығаны бар қыз нағыз периштениң өзи еди.
Сырнай-гернайдың даўысы Жумагүлдиң жесирлигин умыттырып жиберди.Дослары арасында күйеў төре болып жайнап турған баласын көрип, жағасына түпирди.
Саўлатлы,айбатлы,палўан пишим Жәдигер анасының алдында диз шөккенде, "уғил бола экан!" деп қонақлар еситтирип айтты.
Кейни жақсылық пенен питкен бул гүрриңиме ноқат қоймастан бурын ,енемниң бир сөзин еследим."Ҳаялдың еки бахты болады,бири күйеўиниң арқасында,бири перзентиниң арқасында"
-Жумагүл,бахытлы бол ,перзентлериңниң бахты менен аналық тахытқа мингейсең,дегим келеди.
Сизлер не дейсиз?
1400014
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 17 қаз., 18:49

-Балам менен кызыңыздың кеўли жарасыпты, жаслардың сезимин ,олардың шешимин куўатлап, өзим келе бердим. Айыпқа буйырмайсыз,-деди Жумагүл өзин услап.
Жайқайысқан ,үлде менен бүлдеге оранған қос келиншек буны әдейиден сындырып таслағысы келгендей көз- қараста екенин Жумагул сезгендей иши улы дүпилди.

-Бизиң қыздың кеўлинен шыққандай балаңыз зор болды ғо? Қызымның еркетайлығын көтерип, тәмийнлей алса, жаным менен қос қоллап, машын қосып беремен,бирақ қызым сениң Нөкисиңе баралмайды. Шаң- тозаңға Нөкистиң батпақ суўына аўырып қалады. Бул бир нәзик мәселе, қуры мухаббат деп жөн алды қарабарақ шаўа бериўдиң кереги жоқ. Сиз тәрептен баллардың кемшиликсиз жасаўы ушын не ислеп бере аласыз? -деди керилип.
Жумагул бирден баласы колынан кетип калатуғындай қысылды.
-Баламның келешеги алдында, балам аман болса қызымызды хеш хор кылмайды, мийнеткеш ,илимли-билимли, қыйыншылық пенен өскен жигит ,алдына койган әрманлары бар.
-Уайбу, сада екенсиз-аў апа, қуры әрманнан нан писпейди, ол заманлар өтип кеткен, хәзирде баллардың жақсы жасаўы ушын еки тәреп теңдей турыўы керек. Соған сизиң үлесиңиз қандай демекшимен? -шертилди қыздың анасы.
-Әўели тойды берип алайық, дүнья алдында. Байлығымыз усы жаслар емеспе, олар аман турса байлықты жыйнап алабереди, ең баслысы жаслардын бир-бирине деген сүйиспеншилиги емеспе?
-Уай, апасы қызық екенсиз, қуры мухаббат ас болмайды, оларға мүмкиншилик жаратып бериўимиз керек. Ҳәўес деген бар, әрман деген бар, адамлардың қыз узатып, қуда-қудагай болғанын көрип отырмыз. Асымның алды, суўымнын тынығы дегендей, мен де гүрилдетип той бергим келеди, сан-салтанат пенен узатқым келеди. Ташкенттиң маңлай алды ресторанын да той берип, халыққа дастурхан жайсам деймен. Дастурдиң бәрин қалдырмай, ислегим келеди, ел-халыктың алдында тик турып, жүзим жарқын болыўын қәлеймен. Усы мениң айтканыма кайыл болсаңыз , бүгиннен баслап кудағаймыз, яқ болатуғын болса бүгиннен баслап өзлериңиздиң аўылыныздан қыз излей бериң, -деди тиксине.
-Байбу, карагым, адамның баҳасы жок, бизде елмиз, ойласайык, ғамланайык, яр дегеннен суў көрмей, етик шешпейик. Жасларды демеп хожалык кылып жиберейик,деп шыжа-пыжа болды Жумагүл.
-Болатуғын нәрсе әдептен белгили болады апа, ал сизиң айтканыңыз болағойсын дейик, қанша менен пәтия оқыйжақсыз? -деди шытырлап.
-Онды түйип койыппан, -деди Жумагул айыплы адамдай төмен карап.
-Көгинен бе?
-Түсинбедим, көги дегени доллар дегени ме?
-Енди киятырсыз апа, оны көгинен болса ҳәм баллар ушын хәзирги салынып атырған жайлардан дәслепки баҳасын төлеп берсеңиз қыз сизики.
-Сол доллар дегениңди өмиримде қолыма услап көрмеппен, айлығымнан аўыстырып жыйнаған он миллион пулым бар, жаслар тойы болса баламның ғамлағаны бар Жумагүл ҳағынан жарылды.
-Әбзели усы саўданы коя- кояйык , әдептен қызыма келиспейтин саўда деп айттым, " мама анасы менен сөйлесип көрсе" дегеннен кейин, илажсыз сизди шақыртып едим. Усы саўданы кой болды ете кояйык! Мениң қызыма күшим жетеди, балаңызға түсиндирип айтың.
Келиншек гәпти кесип айтты. Ендиги сөз аўырлық ететуғынын сезген Жумагүл орынлықта отырып калды. Қолы менен ийесине жетпеген сырғаны сыйпалады. Кейинги күшин жәмлеп, қызыңыз не дер екен деўге ғана ҳалы келди.
-Қызым не дейтин еди, мениң айтқаным болады, келиспейтин нәрсе әдептен келиспейди. Бир ий болса, кейнине шекем ий болады. Енди сиз боссыз дегендей қасын керип қойды.
Жумагүл жаны алқымы тығылғандай дем жетпей, аўызга бетледи. Тырмышланған сумкалар еле қозғалмастан тур екен…
Әлленемирде үйине жеткен Жумагүлди баласы үрейлене күтип алды. Жүмагулдиң баласына бир нәрсе айтыў қыйын болды.
-Апа, сизге қыз унамады ма? -деп тил қатты баласы.
-Балам! Мен оларға унамадым, сениң бахтын ушын мен хәмме нәрсеге қайыл едим. Қай жерде журсең де аман жүр деп, тилегиңде едим, қызды көре алмадым,- деп көрген-билгенин баласына еплеп түсиндирген болды.
118003
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 17 қаз., 18:49

Тағылмаған жүзик.

Новелла

-Апа,ҳәзирше өзиң келе бер,тек танысып кетесең.Арқалана берме!- деген баласының сөзин елестирмей,барынша тырмышланды.
Сөйтип ,мине Ташкент қаласының темир жол вокзалынан түсейин деп тур.Аўыр-аўыр сумкаларды әсте жылыстырып,түсер аўызға жақынлатып қойды.
Бир студент жигит;
-Апа,жүгиңиз аўыр екен.Студент балаңызға ,я қызыңызға киятырсызба,деп қалды.
-Яқ балам!Балам институтты питкерди.Ташкентте жумыс ислейди,-деп көкиректи керип ,мақтанып қойды.

-Болашақ келинимниң үйи,ата-анасы менен таныса жақпан,деп йошланды ана.
Неси айып!Ташкентте мени танып атырма.Болажақ келиним деген я айыппа,деп өзин-өзи мақуллап қойды.
Тырмышланған сумкаларды вокзалда талап ислеп журген жукшиге көтертти.
Баласын Жумагүл узақтан таныды.Бойы дәўдей болып,басқалардан айрылып турған баласына қарап;
-Мына жигит мениң улым ,-³деп бақырғысы келди.
Жумагүл баласының узақтан келбетине қарап;
-Типай,типай,тил-көзим тасқа!Алла жеткергениңниң алды болғай деп,тап жасап қалған кемпирлердей гүбирленеди.
Аналы-балалы қушақласып көрисиўи жукшиге таң емес,бирақ анасын жерден көтерип алып,бир айналдырғанына жукши үндемей қала алмады.
-Уғлингиз бақувват экан,опа,-деса;
-Ҳәй көзиң тийер,қайтар бәлеңди,деп атыр Жумагүл.
Жумагүл ҳәр нәрсени ойлап,Ташкенттиң кең көшелерине қарап киятырып;
-Апа,келдик үйимизге,-деген баласының сөзинен селт ете түсти.Улы болса,тап әкесиниң қуйып қойған өзи,даўысының гүрилдеклигине шекем уқсайтынына таң қалды.
Бурын аңламадыма,я баласы кейинги жыллары расында да толысып,өзгердиме,өз баласының шырайына сүйсинип,қайта-қайта жағасына түпиреди.
Жумагүл былайынша еле әл келиншек, елиў жасқа қуда қәлесе усы гүзекте шығады.


***

Баласының ижараға турған үйине келип, кудағай дастурханды бир көрип алды. Шәҳәрге ылайық сумкаларға жайғастырды.
Аўылда арнап сүтке қарып,иш май салып нан жаўды,жигилдик жеген түйе таўық мазалы болады деп, тап Халкабадка еринбей барып қайтты.Бир банка таза майлы гүнжи ,бир шийше сары май,түйе таўыққа жүўери ун керек шығар деп унды да умытпады. Ең қымбатлысы қалтасында, муғаллимшилик айлығының арқасында керек болады деп бөлип бериўге алған бриллиант қаслы сырға менен жүзикти колы менен сыйпалап көрди. Керек болып қалса қайта-қайта келип жүременбе, болажақ келинимниң кулағына тағып кетемен деп өзинше топшылады. Шәхәрдиң орайлык көшелерине тамашалап, каланың көркине тоймай , кызыллы-жасыллы гүллердиң шырайына қанып, болажақ қудасының үйине келгенин билмей де қалды.
Жүмагулдин кеўлине солай көринди ме, буны салқын күтип алғандай көринди.Аманлық-есенликтен кейин үй ийеси, кудағай болмыш "хәзир "деди де шығып кетти. Мийманханасын да отырар екен ,уйдиң жиҳазына қарай бермеўге тырысты, сирескен мебеллер , қымбат ыдыслар, шағылысып турған люстралар , аяқты бассаң, аягың кирип кететугын Иран гилемлери Жумагулдиң мийин айландырып жиберди.Өли тынышлықты муйештеги адам бойы сааттың тық-тық, тық-тық еткен шықылдысы бузып, буны ермеклегендей түйилди.
Әлленемирде кудағай болмыш қасында достысы менен кирип келди. Жумагүл жаңа кирген сәтте онша серлемеген екен, еки келиншектиң салтанатына, олардың кийимлерине, түр-түсине итибар бере баслады. Шашларын коңкайтып түрмеклеген, жылтыраған қымбат көйлеклерди кийген, алтын зеби-зийнетлерге бөленген еки келиншектиң сусты басып кетти. Өзиниң әпиуайы көйлегине қысынғандай, көйлегиниң етегин тартып-тартып қойды.
Дастурхан лық толы. Жаныңнан басқасының бәри бар. Екзотика мийуелер дастурханға сән берип тур. Столдың лыққа толғанынан кесе қоятуғын орын жоқ. Ыдыслардың аса қымбат екени билинип тур. Бир-еки кесе шай ишкеннен кейин достысы гап баслады.
-Ал, апасы хош келипсиз, келген хызметимизди айтып отырайық деди. Жумагүлде ишинен бул қалай болды деп ойланса да, сыр бермей соқырдың ақырына бағайын дегендей келген жумысын баянлады.
110000
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 14 қаз., 22:23

...Мине ,сол аухал және қайталанды.Журектеги қатпарланған шер кеуилге түсип,қатты қууанғанынан ха дегени, журегине ауырманлық тусирип ,шым ете қалды.
-Не дедиң?Еки қабат дедиңбе?
Я Алла!Кешир бендеңди!
Қолтықдағы еки балдақты атып урып,отыра кетти.Қолы менен жүзин басып өкирип жылады...

-Сен жоллы болып келдиң Гулсауир!Сениң аяғың қутлы келди.,,Сен туусаң таста туўады"деп еди былайлау абысыным бир илме-қармағында.Солардың табасына қалдырмай Алла таалам бергениңе шукир! Аймекен хағынан жарылды.
-Апажан! Әйтеўир алдымыз ашылып,сизге берди,маған да берер!Қудайтааламның ғәзийнеси мол ғой.Умит етемиз енди.

Уш ғәрип,шийрин ойлар ,арзыу-әрман менен жасаўын даўам етти.

Уақты-сәти келип Бектилеу туўылды.Баймурат ақсақ ауыл-елге гурилдетип той берди.
Гулсауир хызметте ,аяқ-аяғына тиймейди,зыр жуғырады.
Усындай қонақ келимниң изи узилмей атырған бир пайытта Гулсауиржанның қуса-қусы басланды.Иши үзилип кетердей бир нәрсе жесе болды ақтарылып атыр.Көзи жер көрмей,басын дастықтан алма дейди.

-Шабазым!Шуйинши!!!
Қудайымның бергениниң изи таусылмағай.Гулсауир көтерипти.Тур,ешегиңди ертле,Шымбайдың балық шарбағынан қуўырылған балықты жеткер!
ХАЯЛ күйеўине өмиринде биринши мәртебе мәтибийсинди.
-Алхаббыз!Шукир Аллаға!
Баймуратта жан барма.
Ауылдың улкен көлигин ертледи де ,қос балдағын тақымға байлап ,жолға түсти...

Эпилог орнына

Баймурат ақсақ ,узақ бахытлы өмир сурди.еки хаял бир жыңқ еткен емес..Үлкени Бектилеуден кейин сегиз перзент дуньяға келди.Қайсысы -қайсыныки,есап айтылмады.Бәри Аймекендики.Қурық тауықтай бар баланы баўырына алған Аймекен ғаррысының еншисине Гүлсауирди биротала берди.Апа-сиңлилердей турмыс кешкен бул еки хаял Баймураттын жаны узилерде ,,Бизден разы болың,жәннетте көрискеймиз Қуда қәлесе!"деп ғаррысын ақ жуўып,ақ арыулады.

Еки хаялда жөни менен ғаррысының изинен кетти.Жәннеттиң бағында үшеуи жүрсе әжеп емес...
1980010
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 14 қаз., 22:23

Еки хаялдын бир мухаббаты.

Урыстан кейинги жыллар еди...
-Шабазым!
Қулақ сал!
Билгиш болып ,сениң алдыңа түсип көрмедим,қатынлық орнымды билдим,денем сезбеген,көзим көрмеген нәрсеге араласпадым.Бул сениң тәрбияң,сениң айбатың,сениң саулатың еди.
Мына геудеңе,мына күш-қууатыңа,арысландай айбатыңа жаулардан қайтпаған журегиңе Аллатааламның бала бермеуи мумкин емес...
Айтайын дегеним төсек жаңалайсаң.Өзим келистирип қойыппан.Бесинши ауылдағы жеңгемниң сәл отырып қалған бийкеши бар,әйне жигирма бес жаста.Жас жан ғой,көтерип кетер...мен баға берейин...сизлер бахытлы болсаңыз болар!
Топа-торыстан айтылған хаялының бул сөзинен Баймурат албырап қалды.Ашыуы бетине шығып:
-Мнниң тәғдиримди сен шешетуғын болдыңба?
Және гәпти писирип қойыппан дейсең?
Яқ,олай болмас,өз ерким өзимде шығар!Аламан десем жигирма бес жасар емес ,он бес жасар аламан.
-Шабазым!Сен ашшылама!Әуелха бир көр.Ол пақыр да отырайын деп отырған жоқ,жағдайы солай болды,өлеси кемпир-ғаррыға қарады.Билесең жеңгемниң ажағасы урыста қаза болды,шымшырқадай баллар менен қалды емеспе?Соларға қол-қанат болған усы Гүлсауиржан.Отырған қыз орнын таўар деген ғой,соны мениң үстиме некеле шабазым.Алла разы,мен разы! Бизлер де өсип-өнейик!

Урыстан кейинги жыллар.Баймурат урыстан бир аяқтан айрылып ,қос балдақ пенен қайтты.Еңгезердей бойлы-сынлы жигитке қыз көп еди.Еки-үш қызға бир жигиттен туўры келген заман .Көп жигитлер урыстан қайтпады,қайтқанлары да ақсақ,майып,қыйсық-шолжық дегендей,бириниң оқ қулағын қағып кеткен шырқулақ,киминиң аяғы жоқ,киминиң қолы жоқ,саўы шамалы еди.
Усы келиншеги дайысының қоңсы қызы болып, дайысының үйи ,,жийенге бир ас берейин"деп шақырған, сонда хызметте тақ турған қызды,дайы жеңгеси айналдырып ғана алып берген.
Аймекен қыз болғанда қандай деген қызлардан.Ауылдың маңлай қызы.Урыс себеп оқый алмады,болмаса Шымбайдағы педучилищеге оқығысы келип ақ еди.Колхозда ортаң қолдай билек.Қолы шәпик ,шебер теримши.Үй жумысларына да бенде емес.

Мине,усы Аймекен менен қослас болғанына да он жыл толды.Еле бир шараналы болалмай Аймекен ишқыста,бүгинлиги Қудай қосқан күйеуине қыз айттырып отырған жайы бар.

Аймекенниң айтқаны болды. Гүлсауирди әкелип,отағасының қойнына салды.
Екеу ара бир күйеу,сенге-менге бармай еки жарты бир пүтин болған халлары бар.
Айлар өтти...дерек жоқ.
Аймекен пақыр Гулсауирге аўыр көтертпей, жумыстың аўырын өзи ислеп, аухаттың күшлисин жегизип,екеўин бирдей сейислегени.
Бир нәрсе бол қояма деп Алладан тилегени тилеген.
...Аймекен бүгин қолайсыз аухалға түсти.Қурығыр кеше пиштирилмеген текениң гөшин жеп тиксингендей болып еди,қуса-қусқа түсти.Майға қарағасыз болып,сулық жатыр.
,,Бу нес,бундайда болады екен аў! Жеп жүрген гөшимиз ғой."
Басы қараңғыланып,мийи айналып баратыр.Жерди баўырлап жатқаны жатқан болды.
-Хәй қарамаңлай,өлерге келдиңғой,ең болмаса көк чай иш!
Күйеуиниң аяғандағы күни.
Аймекен хәр нәрсени күседи,бирақ айтыуға уялып индемеди.
Болмады,Баймурат ауылдағы тәўип кемпирди шақырып келди.
-Ал,бала шүйиншиңди молдан таярла!
Қатыныңның басы қараңғы.
Қудай берипти саған.
Келин еки қабат!

...1942-жыл.Тверь қаласы ушын Германия фащистлери менен болған урыста Баймурат 259 -шы атқышлар дивизиясында хызмет етти.Тап усы жерде Совет әскерлери қатты соққыға ушырады.Еки полктан бир полкқа ирикленип,Тверь қаласының бир қарыс жери ушын гурести. Шығын еки жақта да көп болды.Қара түтин, көзди аштырмайды,сондай бир пайытта снаряд Баймураттың тап қасына түсип, бир қапталын илип түсти.Жалбырап қалған аяғы тек сүйекке илинип,қан жосып ақты,сүйретилип шаң-тозаңның арасынан шығыуға урынды,дәрманы кетип, ашшы азапқа шыдамай талып түсти.
Соннан бир хәпте де көзин ашты,биринши көргени басында турған орыс медсестра болды.Дала госпиталында қырықтай солдат ыңырсып жатыр екен, аяғын тартпақшы болып еди,аяғы кескен геллектей өзине бағынар емес,одеялын серпип жибергени қызыл қанға боялып турған,сийлеге оралған,кесилген аяғын көрип ўай -уай деп бақырып жиберген.Ашшы өксик,қатты азаплы ауырыу жүрегин езип жиберген...
202000
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 11 қаз., 08:13

Жоллының хәсиретлери ямаса ийесине өкпеси

Әкемди көз-көреки қолдан бердим.Үш жыл аўырыўдың раҳатын көрген әкем уйқыда ақ кетип қалды.
Анам да көп егленбеди.Жүрек аўырыў болған екен.Әўели дем қыспа деди,кейин асқазанында зәҳәр ашыў пайда болды,кем-кем жүрекке өрлеп ,қолы менен ,,мына жерим қатты ашып тур аў"деп үйде бир хәпте жатты...уйқысынан турмай мәңги уйқыға кете берди.
-Әне Жоллы!
Мениң ҳәсиретлерим,мениң шалалығым,мениң аңқаўлығым бир шаңарақты уайран етти.
Жоллы гәпке түсингендей көзин алып қашты.
-Гүлжаҳан дейсеңбе?
Ол ,,зор "болып кетти ,деканның екиншиси.Уйли-жайлы,ҳаллы...
Маған Гулжахан хаккында еслетпе Жоллы!
Кеўлиме бәри сыймас,пяңшик болсам да еле жоғалтпаған нәрселерим бар.
Бүгинше болады Жоллы!
Күшиклериңе бар,адамдай ыңырсып атыр.
Қарның тоқ,көйлегиң көк!
Сен бахытлы ийтсең,Жолл

Жоллы ийт болғаны менен сезими күшли.
Ийесиниң бүгинги аўҳалын түсингендей,салпаң қулағын түсирип жатып қалды.Қақалып ишкен-жегенин қусты.
Күшиклери анасының демде қабысып қалған емшеклерин шандырдай тартып,созып ,тартып атыр.Сүтинен нәрсе жоқ.Тартылып қалыпты.
,,Ийтте болса ийединиң" кери болып атыр.Бүгин еки күннен берли ийеси жоқ.Жоллы қапа,қара қабағын ашалмайды.Хеш нәрсеге заўқы жоқ.

Жоллы аяғын сүйрегендей қоңсы көшеге сүрмелекленди.
Баратуғын жери белгили.Ийесиниң шийшелес жорасының үйин пайлап,бир мезгил шоңқыйып,орнынан қозғалмастан отырды.Майдалап жаңбыр жаўды,үсти сел-сел болды.Оған да көнди.Көзин есиктен бир айырмады.Ҳәзир ийем шықса ,мына жаўында жығылып қалар деп ойладыма,Жоллы селт етер емес.
Жаўын ыраслады,нөсерлеп аспан пөстегин қағып берди.Жоллының қалың жүни салпақлап,қара зили шықты.Салпаң қулағы салпаңлады да қалды.Бет-жүзинен аққан жаўын ,көзиниң жасы қосылып,Жоллының жүзин жуўар еди...
Ийесин сағынған Жоллыға күшиклери де көзине көринбеди.,,Ал,өлсем жаўынның астында мен өлейин "дегендей еки аяғын созып,басын қойды.Димары кетти.Тек көзин ашып,үмит пенен есикке көз тикти.

-Әне!Ийеси шықты!
Кейинги үмити жалт етти.Қуйрығын былай-былай былғаңлатты.Турайын десе ҳалы жоқ.
Ийеси Жоллы бетке адымлады.Аяғы шалынысып,өзин зордан услап,ийтиниң қасына жақынлады.
Шылқылдаған суў болып қалған Жоллыны қушақлап,абына жығылды.
-Жоллы!
Мени изледиңбе?
Кешир мени!
Жоллы ийесиниң мойнына тумсығын тийгизип,еркеленди.Қулағын тикирейтип,өңменин көтерди.Тумсығын айға қарата бир улыды.
-Жоллы!
Маған өкпеледиңбе?
Жоллы еңсесин көтерип,изиме ер дегендей белги берди.
Асфальтқа шығып алған Жоллы жортып отырды,арасында киятырсаңба дегендей изине қарап қояды.
Үйине жақынлаған уақытта күшиклердиң аштан ыңырсыған даўысы еситилди.Суўықтан қатып зирилдеп қалыпты.Үстилери жаўыннан салпақлап,жүнлери собалақ-собалақ болып қалыпты.Күшиклер қараңғыда ҳәр қайсысы ҳәр жаққа тарап кеткен .Дәрўазадан кирген Жоллы ана екени енди ядына түскендей күшиклерин тумсығы менен ийискелеп таўып ,кетекшесине тислеп,тасый баслады.
Күшиклери Жоллының жолына-қолына қарамай емшегине асылысып жүр.
Күшиклерин баўырына басқан Жоллының өне бойынан қан жүгирип,аштан силеси қатса да сүти ийип ,толып-тасты.
Күшиклер өзлерине тийесили бир-бир емшекти жулқына ,қушырлана тарта баслады
Ийесиниң де ҳүжданы оянып,жыйнап қойған ағаштың арасынан шыққан даўысты еситип,ағашларды геўлеп,бир-бирине тығылып атырған еки күшикти суўырып алды да Жоллының баўырына тықты.
,,Ийт опа,қатын жапа" гүбирленди ийеси.
,-Болды,жетти бәри!
Ертең аўылдағы дайыма дийханшылық егиўге кетемен!
Ҳәр сапары дайым келип,,аўылға жүр,аўыл турмысы сени өзгертеди,тәрбиялайды" деген сөзи бар еди.
Ертең кетемен.Жоллы сенде кетесең.Күшиклериңди де әкетемиз.
Жаўын силтидей тыныпты.
Барлық ғубарды жуўғандай,тәбият тынышланып қалыпты.
Жоллы аш екенин сезбеди.Көсилип ,бир жумысты питкергендей, хәз етип ,күшиклерин емизип атыр...

Тамам
290007
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 08 қаз., 10:20

тарам-тарам жас аққанын көрип,өзимниң айыплы екенимди сезип,кеўлим шөгер еди.
336000
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 08 қаз., 10:20

Көз алдыма үйдеги нәресте келеди.Доп-домалақ деканның жүзи қуйып қойған нәрестениң өзи еди.Мен хәмме нәрсеге түсингендей болдым,бирақ жигитлик жигерим кемлик қылдыма, Гүлжаханның берген пәнти сағымды сындырып кеттиме,ямаса дәлилим жетиспедиме деканға ләм-мим дей алмадым.
Сол күннен баслап оқыўға барыўға аяғым тартпады.Көк дүканға барып әўели вино ,кейнин араққа алмастырдым.
Ата-анам кудайдан тилеген жақсы адамлар еди.Нәрестени далаға тасламады,баға берди.Әкем пақыр арланама ,сеземе нәресте менен онша иси болмас еди.
-Әй балам ай!Жаңылыс бастың аў тикенди.
Ең болмаса оқыўыңды келистирсеңо,дейди.
Декан хаккындағы гүдигимди әкеме айтпағанман.Мен оқыўды қойыўыма Гүлжахан менен деканның айыбы бар екенин қалай айтайын?
Өзим күйип,өзим жанып парт болып жүрген күнлеримде группалас жораларым келип ;
,,Гүлжахан оқыўға келип жүр" деген хабарды жеткерди.
,,Неде болса,өзи менен сөйлесейин" деп университетке жол алдым.
Гулжахан окыйтугын факультет түстен кейин оқыйтуғын еди.Батылланып барайын деп арақтан бир кесени толтырып ишип бардым.
Гулжаханды аудиториядан суўырып алып шықтым.Ойым парктеги скамейкаларға апарып отырып,баланың мениң балам емес екенлигин дәлиллемекши едим...Бәри кери кетти.
Бақырып ,шарбаяланып,өзин жулып таслады.Студентлер жыйналып қалды.
Хәмме нәрсе қас қағымда болды.Милиция да тайын тур екен.Қараңғы машынға мингизди де үйдиң қасындағы қамақханадан бир шықтым.
Оқыўдан қуўылдым.
Қатын кетти.
Ислерге ис жоқ.Қәпелимде ҳешкимге керексиз кимсеге айналдым.
Ата-анам нәрестени далаға ылақтыра алмады.Ғәрип анам
баланы түн уйқысын төрт бөлип баға берди.
Бала енди бирге шығып аяғын тай-тай басқан уақытта Гүлжахан анасы менен келип нәрестени анамның қолынан жулып алып кетти.
Гөдекке анам үйренип қалған екен.Қолын алдына қойып,анам пақыр ислерге жумыс таппай қалғандай болды.
Нәрестениң қалған-қутқан кийимлерин,ойыншықларын терип әкелип ,ағама көрсетер,ағам болса;
-Енди күйине берме,сен дым баўыр басып қалыпсаң.Бала деген жақсы болсын,жаман болсын ана менен бирге болыў керек ғой,деп анамды жубатады.
Анам болса;
-Баўыр басып,жаман үйренип қалыппан.Түнниң бир ўағында қасымда балам бардай,оған аўхат таярлаўым керек деген ой менен ушып тура беремен ай,деп көзиниң жасын төгип отырады.
-Кеткен қатынға бәле келип атырған жоқ, ағасы.
Менде ызың-сызыңды еситемен.Биреўге басын екинши етип шатып алыпты деп еситип атырман.
Қурығанда мениң баламның маңлайы қурып қалды.Я оқыўы жоқ,я тайынлы иси жоқ.Бул енди кеткен қатынды аза тутып журе берермекен?Ағасы,сен еркексең ғой, балаң менен сөйлес.Қатын кетсе жоқ болсын!
Буны тек ,,тикенегимди сыртқа шығарып алсам болды" деп пайдаланған екен ғо,дейди.
Анамды кеш түсиндим.
Анам аўзын жасқап;.
-Келин қалай-қалай балам,ене болып бирер нәрселерди үйретейик,үйдиң мән-жағдайын түсиндирейик,барды-жоқты айтып отырайық десе,қабағын қарс жаўып,жайына кирип кетеди,деп гәп баслар-басламастан;
-Пай апа!Келиниңди қоймайсаң,қағындырасаңда отырасаң,деп анамды гүналар едим.
Ажапаларым болса,анамнан асып хешнәрсе демес,тыныш келип,тыныш кететуғын қыйлылардан еди.Еки ажапам үсти-үстине босанып,бала бастылықтанба,я екеўиде ата-енели үлкен хожалықлардың келинлери болғанлықтанба,я ата-анамның ҳадал тәрбиясынанба , ,,шыққан қыз ,шийден тысқары" еди.
Мениң арақтың көшесине әбден киргеним, ата-анамның жүзин төмен қаратып,еңсесин бүктирди.Пенсия пулларын үнемлеп,той-садақасына ,ишим-жемге жеткерип отырады.Маған ишиўге қаяқтан болса да таўылады.Бара-бара анамның жыйнап қойған таўарларын қойныма тығып,алып шығып ,бир шийшеге алмастырып ишемен..

Ишпеген күнлерим қурылыстағы жигитлер қасына қосып,өзлери бир пай болса,мени шерек пай қылып,мениң қара күшимнен пайдаланады.
Он күн саў болсам,бир күн қыйсайған мениң турқымнан әкем далаға,қоңсы-қобаға шыға алмай қалды.Инсульт аўырыўына тап болып,төсекте үш жыл жатып қалды.Бир жағынан аяқ-қолы ислемей қалған әкем ,ымлап түсиндирер еди.Гейде үнсиз ойланып қалар,гейде еңкилдеп жылайды .Анам пақыр аўзына ас тутып,астын-үстин тазалап қарайды .Менде саў ўақтымда әкемниң хызметинде болар едим,бирақ әкем ыжырқанып,қолымды қағып таслар,түсиниксиз етип гүбирлер,кейин көзлеринен
309004
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 08 қаз., 10:20

Жоллының хәсиретлери ямаса ийесине өкпеси

- Әне Жоллы,ишиңди босатып алдың.
Ийтте болсаң анасаң!
Енди мени аңлығанды қоярсаң?!
Сөйтип Жоллы, айтатуғын дәрт көп,буларды кимге айтайын былшыратып,ишимде қалғанша ең болмаса сен есит.
Соннан қәпелимде Гүлжахан басқы таўды.
,,Ишим-ишим" деп шырылдады да қалды.Мен жүрмен ишин сыйпап.

Бағана айттым ғой.
Әкем пақыр бәрин түсинген екен.
Анамның да қарыс қабағы ашыла қоймады.
Албырайын дедим.
Жағдайдан Гүлжаҳанның өзи шығарды.
-Толғақ шығар, тәўекел
туўыў үйине барайық,деди.
Қулласы Жоллы ул бала туўылды.
Балшықтай уш кило.
Ғәрип анам тил жармастан аўхат таярлап береди ,зыңғып апарып келемен.
Екинши күни әкем мени шақырып гәп баслады;
-Әй ләмсер!
Бала анық өзиңдикиме?
Я биреўдиң баласын сүйдире жақсаңба?
Мен ийнимди қыстым.
-Балам!Сен анық қолға түскен екенсең.
,,Үйренген әдет қалама,көтере бер мушыңды" болып турмасын" және...

-О не деген аға,деппен мен.
-Не болатуғын еди.Ишин босатып алып ,,Қайдан көрдим қара ешек" деп турмасын ,әй сада балам әй,деди әкем күйинип.
Тап усындай болды Жоллы!
Әкем ўәлий екен.
Усы Гүлжаханның мийимди жеўине ерип анама талай тилим тийди;
-Әп-әнедей хызметиңди етип жүрипти ғо,не қоймайсаң, енениң жини келин болады деп еситип едим,рас екен
Анам пақыр тилин тислеп қалды.

Гүлжаханның анасы үш қызы менен ижарада туратуғын еди.
Буларды хәмме таныйды екен,тек бизлер танымайды екенбиз.
Қулласы ,туўыў үйинен келди де,баланы анама таслап үйине ҳайт қойды.
,,Шығасыға ийеси себепши " биз болдық.
-Гүлжахан,расыңды айт!
Сениң менен танысқаныма алты ай болды...бала тоғыз айда туўылмайма?
Аўзымды ашқаным мәттал, Гүлжаҳаным ;
-Бала ,,крупный" ,негизинде алты айлық.Сен өзиң емеспе биринши бетимди ашқан,бузған да өзиң...
Сонда мен сени зорлады деп милицияға бериўим керек екен.Сонда көрер ең әўселени.Еле де кеш емес.Ойнаған екенсизлер.
Қара қабағын ашпай әкең менен шешең отыр.Бәриңиздиң ойыңыз бир екен!
Көзлериңизге көрсетемен!
деп бираз жулқынды.
Әне Жоллы!Көрген билгеним усы.
Үйден қалай сытылып кеткенин де билмей қалыппан.
Қайдан шығарғанын билмеймен,сумкасын таярлап қойған екен,анасы көшениң басынан затларын,өзин әкетипти.
Буны көрген қоңсылар,кейин анама айтып берипти.

Енди баланы не қыламыз?
"Қайғы жоқта қайғы болды ,қәйненемниң өлгени" болды.
Батпандай ул бала,атын Еруғлан қойғанман.Нәресте шыңғырып жылар,анам пақыр шыдамады.
-Маңлайымызда бул күнлерде бар екен көретуғын.Нәрестеде не жазық бар?
Бул аш болды аў ?
Қәне көтерип тур, қуры көтере бермей ,,ҳәў-ҳәўин "жеткер ,мен көк дүканнан баланың аўхатын алып келейин,деди.
Нәресте аш қусайды,
жалманып,аўзына тийип кеткен топпысының жибин сорый баслады.
Баланы услар екенмен,мениң балам емеслигине анық көзим жетти.
Көз алдыма деканның доп-домалақ жылтыраған,маңлайында шашы жоқ келбети келди.Бала да бүйтип уқсайды екен.
Қолым қалтырап,баланы жерге түсирип қояйын дедим.
Анам баланың аўхатын таярлап,шийшеге қуйып ишкизе баслады.Нәресте шийшениң емизигин тартып емип атыр,шала балаға уқсаса қәне?
Оқыўға барайын десем,аяғым тартпайды.
Неде болса барайын,сол жерде Гулжаханды көрермен деп ойладым.
Яқ!
Гулжахан оқыўға келмепди.
Анам баланы еплеп баға баслады.
-Бул келинди милицияға берсекпе екен ,дейди ағам.
-Оқыўдан қуўдырып,сотлатып жиберер ,көрейик,соқырдың кейнин бағайық ,дейди анам.
Нәресте улкейе баслады.Гулжахан ушты-күйди жоқ.

Гүлжаханның анасының ижарада турған үйин әкем излеп келди.Қаерге қоныс басқанын билмеймиз.
Соның арасында мени декан шақыртты.Бардым.Баяғы таныс-билисликтен нәрсе жоқ.
-Хожамуратова Гүлжахан деген студенткамыз оқыўға келмей атыр,қаяқда?Енди босанып алған шығар?.Оқыўға келсин.Ендиги жағында қараса алмайман,деди.
-Аға,туўа сала баласын таслап,өзи бир жаққа кетип қалды,өзлеримизде таба алмай отырмыз,дедим албырап.
-Ҳаў мына бала не дейди?!Таба алмадығы нес?
Қаяққа кетеди?
Сен бала ойнама?Келиншегиңди таўып,ертең оқыўға жибер, баска әңгимени қой,дейди.
187000
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 08 қаз., 09:03

Photo1/2
ЖАЗЫЛЫЎ  ҲӘМ РЕКЛАМА УШЫН ТӨЛЕМ -
ЕНДИ ЖӘНЕ ДЕ АҢСАТ!

Ҳүрметли "Қарақалпақ әдебияты" газетасы
оқыўшылары ҳәм бирге ислесиўшилери!

Енди абонемент, реклама ҳәм жәриялаўлар ушын төлемди телефондағы Click, Payme, HAZNA, Асакабанк сыяқлы мобил төлем қосымшалары арқалы әмелге асырады.
QR-кодты сканерлеў жолы менен аңсат әмелге асырыўыңыз мүмкин.
Төлеў тәртиби жүдә әпиўайы: қосымшаны ашың → QR -кодты сканерлең → төлемди әмелге асырың.
Төлемнен соң чекти (97 787-99-24 телефон номерине) телеграм арқалы жибериң!
Соннан кейин сизиң атыңызға жазылыўыңыз рәсмийлестириледи, реклама ямаса дағазаңыз болса келисилген тәртипте газетаның гезектеги санларында басып шығарылады.
"Қарақалпақ әдебияты" - жазылыў ҳәм реклама ушын төлем енди бир ғана QR -код пенен!
223000
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 08 қаз., 09:03

ЖАЗЫЛЫЎ  ҲӘМ РЕКЛАМА УШЫН ТӨЛЕМ -
ЕНДИ ЖӘНЕ ДЕ АҢСАТ!

Ҳүрметли "Қарақалпақ әдебияты" газетасы
оқыўшылары ҳәм бирге ислесиўшилери!

Енди абонемент, реклама ҳәм жәриялаўлар ушын төлемди телефондағы Click, Payme, HAZNA, Асакабанк сыяқлы мобил төлем қосымшалары арқалы әмелге асырады.
QR-кодты сканерлеў жолы менен аңсат әмелге асырыўыңыз мүмкин.
Төлеў тәртиби жүдә әпиўайы: қосымшаны ашың → QR -кодты сканерлең → төлемди әмелге асырың.
Төлемнен соң чекти (97 787-99-24 телефон номерине) телеграм арқалы жибериң!
Соннан кейин сизиң атыңызға жазылыўыңыз рәсмийлестириледи, реклама ямаса дағазаңыз болса келисилген тәртипте газетаның гезектеги санларында басып шығарылады.
"Қарақалпақ әдебияты" - жазылыў ҳәм реклама ушын төлем енди бир ғана QR -код пенен!
161000
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 08 қаз., 09:03

⚡️ Ҳүрметли әдебиятымыз ҳәм тилимиздиң жанашыр саналы, зиялы, жанкүйер, пидайы азаматлары !

❗️ "Мәрт майданда" сыналатуғын ўақыт келди, тилди, әдебиятты улығлаў - елди улығлаў,халықты, Ўатанды , миллийлигимизди сақлаў ҳәм  улығлаў деп түсинемиз.

🗞 Газета, журналлар елимиздиң айнасы ҳеш ўақытта өшип кетпейтуғын архиви болып табылады.Газета журналларымыз
шайырлардың , жазыўшылардың, илимпазлар менен студент жаслардың , устаз оқытыўшылардың , саналы жаслардың шыңланыў, раўажланыў мектеби ,руухый ғазийнеси
Бул газетамыздың келешегине неқурайды,  бийпарўалық пенен қараўға ҳақымыз жоқ.
Интернет бул архив емес.

📝 Шайыры, жазыўшысы, алымы, данышпаны, кәткудасы жоқ ел қанаты жоқ қусқа мегзейди.
""Қарақалпақ әдебияты" "газетасы сизлердиң қоллап қуўатлаўыңызға дым зәрур болып тур, ҳүрметли зиялы қәўим.

✅ Сонша жыллар бойы пидайылық, қыйыншылық пенен   көзимиздиң қарашығындай етип қәдирлеп сақлап киятырған  "Қарақалпақ әдебияты", газетасына 2027 жылға жазылыў мапазы басланды.
✅ Әдебиятымыздың органы болған 4 тилде шығып турған
"Қарақалпақ әдебиятына" жазылыўға оны сақлап қалыўға ел халық бола тура бийпарўа, немқурайды болмайық, зиялы замандастар!
Газетамыздың жағдайын  көрип билип турып салкын қанлық пенен қарамайық,  Ўатанласлар!

Газетамыз  24 бет көлеминде 2 айда бир ирет шығарылады.

♻️Подписка  Редакциядан

2027 жылға газетамызға жазылыу
Редакцияға жазылсаңызлар
3 айга - 117 000 сум
6 айга - 234 000 сум
9 айга -  351 000 сум
12 айга - 468 000 сум

Почта арқалы жазылсаңыз,:
3 айга -141 570 сум
6 айга- 283 140 сум
9 айга- 424 710 сум
12 айга -566  280 сум
Егер
<<Guldaulet>>мчж р\с 20208000907205168001  Асака банк 00873 инн: 311934761
Газетаға жазылыў ушын
усы счётқа салсаңыз да  болады
Жазылыү тәртибине анықлық киргизгиңиз келсе
☎️ "Қарақалпақ әдебияты" газетасы телефон номери арқалы +998977879924 .
бухалтери Әнжимниң  телефоны
Хабарласыўыңызға болады.
почта хызмети де онша қымбат емес почта арқалы  жазылсаңыз да болады.
Өз әдебиятымыз болған  ( қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм англичан) тиллеринде  шығып турған
"Қарақалпақ  әдебияты"" газетасына жазылыўға ҳаммемиз  асығайық, Барлық Қарақалпақстанлы  елимиздиң пидайы , саналы, зиялы  перзентлери.

Ел болып , халық болып
""Қарақалпақ әдебияты""
газетасына 6 айға , жағдайлары жақсы зиялылар ерлеп жиберип 1 жылға жазылып
газетамыздың сақланып қалыўына ат салысайық Ўатанласлар!

Газета редакциясы.
247000
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 28 қыр., 07:24

📚 Китоб — қалб ва тафаккур учун озуқа

Инсоннинг руҳий ҳолатига унинг кундалик машғулотлари катта таъсир қилади. Мутолаа эса инсонни хотиржамликка, фикрлашга ва ўз устида ишлашга ундайди.

Кайфиятимиз тушганида ёки бирор нарсадан чарчаганимизда кўпинча телефонга қўл узатамиз. Соатлаб ижтимоий тармоқларни кўриб, вақтимизни сезмай ўтказиб юборамиз. Аслида эса шу вақтнинг бир қисмини китобга ажратиш анча фойдали одат бўлиши мумкин.

Албатта, руҳий ҳолат жиддий даражага етса, малакали шифокор ёки психолог ёрдами зарур. Аммо оддий кунларда мутолаани ҳам ҳаётимизга киритсак, бу ўзимиз учун яхши одат бўлади.

Ҳар куни 30 дақиқа ёки бир соат телефонни четга қўйиб, яхши бир китоб мутолаа қилиб кўрайлик. Китоб инсонга янги фикр, янги қараш ва янги дунё эшигини очади.

📖 Телефонга эмас, баъзан китобга ҳам вақт ажратайлик. Бугун бир неча саҳифадан бошланг — эртага бу одат ҳаётингизнинг бир қисмига айланиши мумкин.

Муаллиф: Темиров Толибжон Турсинович
472000
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 03 қыр., 13:21

Сырт еллик Имом Ахмад деген инглиз тили мугаллимимизге квартира керек.
Толеми мамлекет тәрепинен шартнама тийкарында
Мениң личкама хабарласың
420000
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 03 қыр., 13:21

Ең болмаса мешитке апарып тасла найсап.
Перзентли болмаған я жағдайы келмеген алар еди.
Бесик кийели дүнья.
Әййемги заманларда елди суў басқанда урпағым аман қалсын деп аналар бесикке болеп ығызған екен...
Мен бесикпен ,мен Анаман!
Мен бесикпен,мен атаман!
Бесикти нәрестеден айырмаң!
Нәрестени бесиктен айырмаң!
Бесик-атаң,
Бесик-анаң!
8890018
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 03 қыр., 13:21

Муңлы бесик наласы.

(Шығындыға шығарып тасланған муңлы бесик наласын хатқа тусирдим)

Мен шығындыға шыққан бесикпен.
Үш күн болды шығындылардың бәд ийиси,шыбынлардың тодасы астында ыссыға шытнап,бесик жаным қыйналып жатырман...

Мен қәсийетли ақ бесик едим,енди ким болдым билмеймен?!
Ийемниң анасы қызы биринши уллы болғанда,жүреги жарылып, бесик әкелгенде қызына қәсийетли ,кийели бесик хаккында бир аўыз айтпапды да...сонысы батады ,себеби ата-бабам не қыян кести дәўирде де әуладтан-әуладқа жеткерген бесиктиң орны енди ЖОҚ болса !!!
Ертеде ата-бабам ,,анаң да бесик,атаңда бесик" деп уйреткен.
Басымды қублаға қаратып әлпешлеген әжелер қайда кеттиңиз,аяқты тийгизиўге болмайды деп үйреткен хасыл аналар кайлардасыз?!
Бесикке ,яғный маған бөленип, ,,берекет тапқыр ийемниң" бир улы,бир қызы үлкейди.
Мени шығарып таслаў ойы ийеме келгенине көп уақыт болды .
Жақында үйин евроремонт қылғалы мен хешжаққа сыймай қалдым.
Кешеги хәпте де үйине қыдырып келген қурдасына;
-Үйди кеўлимдегидей қылып ремонтлап алдым..Бурын шифонердиң басына қоятуғын едим,енди мына ремонтыма жараспай тур,шығарып тасламасам ,-демеси барма?
Соннан жаным суў ете қалды.
-Енди туумайсаңба?-деп сораў қойды,-достысы.
-Бир қыз ,бир баланы ,,заказной"туўдық,болады.
Соларды бақсақта болар,енди перзенттиң кереги жоқ,-деди ийем.
Буларды еситип,бесик болып жаратылған ўақтым ядыма түсти.
Бесик усталары аса байыпта кетпейди,жарлы да болмайды.Жолы дүзиў,обалды-саўапты билетуғын ,сабырлы-диянатлы адамлар ғана бесик устасы болады.
Мениң негизим ақ талдан,ямаса тут ағашынан болады.
Жас талдан исленгеннен кейин қарақалпақ бесиклери жеңил ҳәм жорға келеди.
Жорға болыўының мәниси бир миллиметрине шекем мән берип,еки жағын теңдей етип қашайды.
Ақ талды жуқа етип кесип алып, қайнаған суўға салып қояды.Бир ҳәпте қәлипке салып,шегелеп ийип алады.
Соннан ийик ағашты кеўдирип бесик қәлпине келтиреди.Бесик онлаған кунде таяр болады.
Оннан кейин бесиктиң ийеси сатыўға шығарады.
Адам өмирге келгенде бесикке салынады,кетерде де ағаш атқа салынғаны ушын ,бесикти саўдаласпайды.Буның мәниси еки ара узақ болсын дегени.
Бурын бесик усталары тек бесикти соғып қоятығын еди,хәзир базардың сораўына ,халықтың итияжын қандырыў мақсетинде уста өзи бесиктиң кәле-кулесин өзи тигеди.
Бесиктиң қаўызы тарының қабығы,яғный қаўықтан исленеди.
Қаўыздың абзаллығы жуўыуға колайлылығы,қаўықтың емлик қәсийетиниң барлығында.
Еки тартқы баў тигиледи,бири аяқ жағына,бири көкирек жағына.Көкирек жағы анық бир қарыс узынлаў болады.Тартқы баўда да көп хикмет бар.Қалған өмири қуралып кетсин деп қурақлап тигиледи.
Басына дастықты да қурақтан ислеген.
Жабыўларын қысқы-жазғы мәўсимлерге арнаған.Қуяш бетине түспесин деп ,қараңғылап уйықлатқан.
Менде жатқан бала шоршымайды,аяқ-қолы дуп-дузиў болып жатады,арқасы аязламайды.
Тыныш,балбырап уйықлайды.
Уҳ,несин айтайын?!
Ҳәзирги заманда мийрим шапаат жоқ дейди.
Бул неликтен деп ойлайсыз?
Тай қулындай тебискен туўысқанлар бир бесикке бөленсе,бириниң арқасы тийген бесикке,бириниң арқасы тийсе бир-бирине баўырман,мийирман болады.
Келинлер жарыспақ заман ай!
Ким озар, қәде-қәумети көп заман ай!
Дәстүри пилге аўыр халқым ай!
Биринши рет қәдирли болып,улын салған уакытта ,,атасына шап,әжесине шап"деп қәдеге жарақлаған пулларды алған кейўанылар айтпадыма екен?
Бесикти далаға таслағаның-путкил келешегиңди аяқ асты еткениң деп?!

Хәзир бириниң бесигине бири жатпайды,бир аналар бесик зыян деп улыўма бесикке салмайды.
Бурынғы уакытта ата-бабаларымыз бир урыққа бир бесик болады деп тәрбиялаған.
Бир атаның төрт перзенти болса,бәри алма-гезек сол бесикке боленген.
Хәзир жарыспақ.
Бир келинниң баласы бир-бирине жатпайды.
Бирин-бири кореалмаушылық,тууысканлардың мийримсизлиги бир бесикке туспегеннен болып отыр.
Дәртимди кимге айтайын.
Өзим дийуанаман
Кимге пир болайын.
Қақсап шығынды да жатқаныма нешше кун болды.Обалды дейтуғын адам табылмағанына хайранлар қалып турыппан.
825001
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 03 қыр., 13:21

Мен қалай жазатуғын болдым?

Жазыў ушын көп оқыў азлық етеди.Әўелден санаға сиңдирилип,сөз маржанын орынлы қолланып билиў керек.
Дилуарлық,жуўабый ,илме жуўаплық қарақалпақ қызларының қанында бар.
Шешелеримиз ханды еки рет жумсаған халықтың қызларымыз.
,Сөз айтпайды,айтса да нақылсыз айтпайды"деген бизиң ата-бабамыз.
Айтайын дегеним нақыл-мақал өмиримизге кирип кеткен,накыл-мақалды түсинип,орынлы жерине қойып сөйлеўдиң өзи де дилуарлық болып саналады.
Мен усындай дилўар орталықта дуньяға келдим.
Кемпир апам Ибрайым болыс қызы Жаңыл диний саўатлы ,аса дуўпыяз,бекзада,гөззал хаял болған.
Кемпир апамның бизиң уйдиң балларының тәрбиясында тәсири көп болған.
Шыраның жақтысында үйимизде әкем даўыслап,дәстан китаплар оқыр еди,инилерим Алпамыс болыўға қызларымыз Гулбаршын болыўға умтылар едик...
Ертеклер дуньясына шүмип кирип кетер едик.Хәр кандай ертек жақсылық пенен таусылады,жас кәлбимиз ертеклерге кирип кетип,әрманларымыз бугин орынланатуғындай исенер едик.
Хәзир ертекке хешким исенбейди.Жас бала да ,,Ертегиңди қой!" дейди.
Оннан қалаберди қарақалпақ тили хәм әдебияты пәни муғаллимлеримиз жүдә күшли ,билимли еди.Сол оқыушы дәўиримизде жазған баян,шығармаларымызды еслесем...хәзирги әдебият пәни муғаллимлерине өкпемди жасыра алмайман.
Эпиграф,цитаталарды орынлы қолланып,режени дурыс дүзип, ,,қатырып" жуумақлап ,әжайып дөретпе дөретер едик.
Мәнерлеп оқыу деген болатуғын еди.Хәзир жоктың қасы.Муғаллимимиз қосық ядлата береди,ядлата береди,неге десең ядты раўажландырады,келешекте ядый дуньяң ағылып,булақтай қуйылады екен.
Тил бойынша да кеўлим толмайтуғын ,шешимин табыў керек машқалалар бар.
Сөзди саплаў ,таллаў,сөзди ,,пуштарлаў" деген бар.
Грамматикалық таллаў,стилистикалық,фонетикалық,морфологиялық хтб.таллаулар бар.
Хәзирги оқыушы грамматика менен морфологияны ажыратқанына қуўанып жүрмиз.
Бала тәбиятын китапқа жақын етип өсириў керек деймиз ,бирақ мына интернет хукимранлық еткен әлемде ,китапты ысырып таслап атыр.
Сонда да хәрекет ,хәрекет туби берекет қәбиле де ис тута бериўимиз керек.
Балларды өзлерин ертип китап дуканларға апарыў керек.
Иллюстрациялы ,сапасы жоқары китапларды сатып әпериу мақсетке муўапық.
Сондай бир дәуирдиң балларының балларын окытып атырмыз,көпшилик ата-аналардың өзлери китап оқымайды ,ямаса уақты жоқ.
Китапты оқыў,көп оқыў,сайлап оқыў дәрежесине жетиўде адамды жазыўға ийтермелейди.
Солай етип,мен қалай жазып басладым дегенге айтарым.
Көрген-еситкенлерим+әдебиятқа жақынлығым+өткен өмирге жуумақ мени жазыўға ийтермеледи.
Әўели поэзия жанрын көрип едим,устазым Алпысбай аға Султанов ,,Ибрайым бола алмасаң,Даулетова болмасаң қосықтан бахтыңды сынама.Сен де өмирлик багаж толы.Новелла жанры сен ушын жақын.Прозаны көр"деген кенесин тыңладым.
Әдепки жазған қосықларым бар екен.

Тырналар.

Тырналар хәй тырналар
Канатларын талмагай
Манзил алыс,жер шалгай
Катарынан калмагай.

Тырналар хәй тырналар
Дизилисип кыйкыулар
Неден сетем алдыныз
Ыссы жакка сап тартар

Келмекте бол тырналар
Кормесек жан қыйналар
Елшиси боп бахардин
Келсен жаным нәр алар

Келмекте бол тырналар.
2020 жыл
Март

"Байшешегим байшешек"

Байшешегим бахарде
Ашылады сахарде
Елши болган бахарге
Мисли таза келиншек
Байшешегим байшешек!
Байшешегим кулпырып
Кыр атирапты толтырып
Кыс уйкыдан оянган
Тауыс кустай доланган
Байшешегим байшешек!
Жарып шыккан тонларды
Мисли келин коз жарды
Сагындырган бахарди
Сап-сары гул гулмисен
Гул ишинде дурмисен
Байшешегим байшешек!
Шешек -шешек ашканда
Атынды койган байшешек
Кар еримей атырып
Карды жарган мол шешек
Байшешегим коп шешек
Байшешегим байшешек!
2020 жыл
Февраль
379009
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 03 қыр., 13:21

Photo
Нөкис қалалық 22-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класы бар улыўма орта билим бериў мектеби

🔊
Төменде көрсетилген тараўлар бойынша 10-11 қәнигелестирилген классларға қабыллаўға конкурс өткериўди дағазалайды.
📚
-математика
-физика


📆 Конкурс 2026-жыл август айында өткериледи


⌛️Қәнигелестирилген 10-11-класс оқыўшылары  ушын ҳүжжетлер 10.08.2026-ден 20.08.2026 ге шекем онлайн ҳәм дәстурий тәризде қабылланады.


☎️ Қосымша мағлыўматлар ушын телеграм арқалы директор орынбасарларына хабарласың:
-А.Кадиров 91 393 71 07
-Б.Оразбаев 90 595 88 44
-Г. Махамбетова  +998  94  959-42-52

💥 Биз сизди күтемиз!!!

🏫 Бизиң мәнзил:
Нөкис қаласы 25-киши район,Сәрўи тал  көшеси номерсиз жай.
Бағдар: Кардиологиялық орай.
669003
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 03 қыр., 13:21

Photo
Общеобразовательная средняя школа с углубленным изучением ряда предметов №22 г. Нукус
🔊 Объявляет конкурс о приеме учащихся в 10-11 специализированные классы по направлениям :

📚
- математика;
- физика.

📆 Конкурс будет проводиться  ⏳В специализированные 10-11 классы документы учащихся будут приниматься  с 10.08.2026 по 20.08.2026 года в онлайн форме.

☎️ Для дополнительной информации обращаться через телеграм  заместителям директора:
- А. Кадиров -  +998 91 393-71-07,
- Б. Оразбаев - +998 90 595-88-44
- Г. Махамбетова  +998  94  959-42-52

💥 Мы ждем вас!!

🏫 Наш адрес: город Нукус, 25 м/р, улица Саруи тал б/н.
Ориентир: Кардиологический центр
573000
,,Өмир сабақлары" logo
,,Өмир сабақлары"

2026 ж. 03 қыр., 13:21

Мектеп аханасынан унемленген тийинлер...

Азанда шыпырласып оянамыз.Сегизбиз.Үлкени мен.Атам,апам таң намаздан кейин уйықламайды.Анам олардан кейин оянса,,байбу,қурып қалыппан,мени не ғәплет басты"дейтуғыннан.Төрт мәўсимниң әжайып күнлери ,бахытлы балалығым атам-апам, әкем-анам,баўырларым ортасында өткен.
Азанда тойымлы шайхалқастан кейин әкемниң қолына қараймыз.

Кимимизге он,он бес,кимимизге жигирма тийин береди.Қуўанысып папкимиздиң түсип қалмайтуғын жерине салып,оқыўға атланамыз.
Мектеп асханасы.Әжайып.Ийиси,мазасы еле аўзымда.Коржик бес тийин,компот бес тийин.Гуришли ,картошкалы пирожкилер бес тийин.Вафли он тийин,охо о замандағы вафлилар оғыры мазалы және алақандай келеди,пышыр-пышыр ететуғынын айт.

Ҳәр күни оқыў алты-жети саат.Рус тилин тереңлестирип оқыймыз.Ең кейинги сабақта ишимиз тартылып кетеди.Сол уақытта да әкем берген жигирма (басқаларға он тийин берсе де,маған 20)тийин папкимниң төринде тура береди,себеби ол тийинлер ...еле оқыўшы болсам да нәпсимди тыйып,нийетлеп жыйнап атырған бар байлығым .
Совхоз орайында китап дүканы жоқ,бирақ кишкене ғана киоск бар.Мени апай жақсы таныйды.
-Ҳе ,Жокениң қызы,келдиңбе?
Әкең тийин бердиме,пул бердиме,- дейди.
Мен шақырлатып прилавканың үстине тийинларды төгемен.
Киосканың полкаларында саўлат төгип турған ,,Мыңлардың бири","Ески мектепте","Жетимниң жүреги" қусаған китапларды он,жигирма, отыз,қырық тийинға сатып алып,тор сеткаға салып арқалап қайта беремен.
Анам китап оқығанымды жақсы көре бермейди,өзимде жөнсизбен.Сабақ таярлайман деп,әдебий китап оқыйман,бир китапты қолыма усласам анам айтқандай ,,қудайымды умытып кетемен"
,,Басыма шырақ жағасаңба?"
,,Хә китабың менен қосып"
,,Китабыңды отқа ылақтыр дейди",бундай сөзлерге етим үйренип кеткен.Қолым жырылса болды,әдебий китап оқый беремен.


Еле оқыўшы уақтымда жүзлеген жеке китапларым бар еди.
Әўели қолыма китап түссе оқый беретуғын едим,кейин сайлап-шүйиншип ,кейин таллап оқыйтуғын болдым.

Бугинги күни-ше?
Балларымыз китаптан үзилди,китап оқыўға шыдам-сабыры жетпейди.Ўақты жоқ.Бәрин интернет орнын басты,китапты өмирден қысып шығармақта.Жазыўшы ким ушын жазады?Оқыўшысы жоқ жазыўшы ,турғыны жоқ Детройтқа уқсайды.Шаң басқан,күн жеген,бети ашылмаған ,насбай оралған теңи тайы жоқ дурдана китаплар!

Китап болған да қандай!
Жоқары сорт қағаз,муқабасы қалың,түплеп тигилген китаплар!
Оқылмаған,шаң басқан,қорланған китаплар!Тили болса гүңиренип әлемди титиретер еди!
Китапсыз келешек жоқ!!! дейтуғын еди .Китап оқымаған балалардан,келешектен қорқаман.

Әзийз адамлар!
Балаларды китапқа қызықтырайық.Приз,саўға,пул тиксекте балларды китапқа қайтарайық!
Мектептеги көп жыллық тәжирейбемнен келип шығып айтаман,еки мың баласы бар мектептен көби менен жуз оқыўшы китап оқыйды,ертең жәмийетти,мәмлекетти басқаратуғын сол жүз бала болыўы әбден мүмкин.

Китаплар жансыз,солғын,қапа,шала өлик халында бизлерди күтпекте!!!...
4070015

Showing 30 of 40 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

,,Өмир сабақлары" Telegram арнасы не туралы?+

,,Өмир сабақлары" (@omirsabaqlari) — tgdio сайтында Өмірлік сабақтар санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 401 жазылушы бар.

,,Өмир сабақлары" (@omirsabaqlari) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @omirsabaqlari арнасына тегін жазылыңыз.

,,Өмир сабақлары" жақсы Өмірлік сабақтар арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын ,,Өмир сабақлары" рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 401 жазылушы бар. ұқсас Өмірлік сабақтар арналарымен салыстырыңыз.

,,Өмир сабақлары" статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @omirsabaqlari бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.