Көз алдыма үйдеги нәресте келеди.Доп-домалақ деканның жүзи қуйып қойған нәрестениң өзи еди.Мен хәмме нәрсеге түсингендей болдым,бирақ жигитлик жигерим кемлик қылдыма, Гүлжаханның берген пәнти сағымды сындырып кеттиме,ямаса дәлилим жетиспедиме деканға ләм-мим дей алмадым.
Сол күннен баслап оқыўға барыўға аяғым тартпады.Көк дүканға барып әўели вино ,кейнин араққа алмастырдым.
Ата-анам кудайдан тилеген жақсы адамлар еди.Нәрестени далаға тасламады,баға берди.Әкем пақыр арланама ,сеземе нәресте менен онша иси болмас еди.
-Әй балам ай!Жаңылыс бастың аў тикенди.
Ең болмаса оқыўыңды келистирсеңо,дейди.
Декан хаккындағы гүдигимди әкеме айтпағанман.Мен оқыўды қойыўыма Гүлжахан менен деканның айыбы бар екенин қалай айтайын?
Өзим күйип,өзим жанып парт болып жүрген күнлеримде группалас жораларым келип ;
,,Гүлжахан оқыўға келип жүр" деген хабарды жеткерди.
,,Неде болса,өзи менен сөйлесейин" деп университетке жол алдым.
Гулжахан окыйтугын факультет түстен кейин оқыйтуғын еди.Батылланып барайын деп арақтан бир кесени толтырып ишип бардым.
Гулжаханды аудиториядан суўырып алып шықтым.Ойым парктеги скамейкаларға апарып отырып,баланың мениң балам емес екенлигин дәлиллемекши едим...Бәри кери кетти.
Бақырып ,шарбаяланып,өзин жулып таслады.Студентлер жыйналып қалды.
Хәмме нәрсе қас қағымда болды.Милиция да тайын тур екен.Қараңғы машынға мингизди де үйдиң қасындағы қамақханадан бир шықтым.
Оқыўдан қуўылдым.
Қатын кетти.
Ислерге ис жоқ.Қәпелимде ҳешкимге керексиз кимсеге айналдым.
Ата-анам нәрестени далаға ылақтыра алмады.Ғәрип анам
баланы түн уйқысын төрт бөлип баға берди.
Бала енди бирге шығып аяғын тай-тай басқан уақытта Гүлжахан анасы менен келип нәрестени анамның қолынан жулып алып кетти.
Гөдекке анам үйренип қалған екен.Қолын алдына қойып,анам пақыр ислерге жумыс таппай қалғандай болды.
Нәрестениң қалған-қутқан кийимлерин,ойыншықларын терип әкелип ,ағама көрсетер,ағам болса;
-Енди күйине берме,сен дым баўыр басып қалыпсаң.Бала деген жақсы болсын,жаман болсын ана менен бирге болыў керек ғой,деп анамды жубатады.
Анам болса;
-Баўыр басып,жаман үйренип қалыппан.Түнниң бир ўағында қасымда балам бардай,оған аўхат таярлаўым керек деген ой менен ушып тура беремен ай,деп көзиниң жасын төгип отырады.
-Кеткен қатынға бәле келип атырған жоқ, ағасы.
Менде ызың-сызыңды еситемен.Биреўге басын екинши етип шатып алыпты деп еситип атырман.
Қурығанда мениң баламның маңлайы қурып қалды.Я оқыўы жоқ,я тайынлы иси жоқ.Бул енди кеткен қатынды аза тутып журе берермекен?Ағасы,сен еркексең ғой, балаң менен сөйлес.Қатын кетсе жоқ болсын!
Буны тек ,,тикенегимди сыртқа шығарып алсам болды" деп пайдаланған екен ғо,дейди.
Анамды кеш түсиндим.
Анам аўзын жасқап;.
-Келин қалай-қалай балам,ене болып бирер нәрселерди үйретейик,үйдиң мән-жағдайын түсиндирейик,барды-жоқты айтып отырайық десе,қабағын қарс жаўып,жайына кирип кетеди,деп гәп баслар-басламастан;
-Пай апа!Келиниңди қоймайсаң,қағындырасаңда отырасаң,деп анамды гүналар едим.
Ажапаларым болса,анамнан асып хешнәрсе демес,тыныш келип,тыныш кететуғын қыйлылардан еди.Еки ажапам үсти-үстине босанып,бала бастылықтанба,я екеўиде ата-енели үлкен хожалықлардың келинлери болғанлықтанба,я ата-анамның ҳадал тәрбиясынанба , ,,шыққан қыз ,шийден тысқары" еди.
Мениң арақтың көшесине әбден киргеним, ата-анамның жүзин төмен қаратып,еңсесин бүктирди.Пенсия пулларын үнемлеп,той-садақасына ,ишим-жемге жеткерип отырады.Маған ишиўге қаяқтан болса да таўылады.Бара-бара анамның жыйнап қойған таўарларын қойныма тығып,алып шығып ,бир шийшеге алмастырып ишемен..
Ишпеген күнлерим қурылыстағы жигитлер қасына қосып,өзлери бир пай болса,мени шерек пай қылып,мениң қара күшимнен пайдаланады.
Он күн саў болсам,бир күн қыйсайған мениң турқымнан әкем далаға,қоңсы-қобаға шыға алмай қалды.Инсульт аўырыўына тап болып,төсекте үш жыл жатып қалды.Бир жағынан аяқ-қолы ислемей қалған әкем ,ымлап түсиндирер еди.Гейде үнсиз ойланып қалар,гейде еңкилдеп жылайды .Анам пақыр аўзына ас тутып,астын-үстин тазалап қарайды .Менде саў ўақтымда әкемниң хызметинде болар едим,бирақ әкем ыжырқанып,қолымды қағып таслар,түсиниксиз етип гүбирлер,кейин көзлеринен