Baxıtlı SARÍBAEV Telegram channel photo

Baxıtlı SARÍBAEV

@baxitlisaribaevPublic Channel

Саған аз-кем сөз унатсам, Басқа бахыт сорамайман. Ибрайым Юсупов Жас шайыр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Қырғызстан Республикасы "Қырғыз ақын-жазыўшылары" жәмийетлик фонды ағзасы Бахытлы Сарыбаевтың дөретиўшилик каналы

OnlyFansқазақ тіліҚазақстан

55

Last views

1.1k (1,087 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
34
Total Posts
Oct 17, 2026, 5:43 AM
Жаңартылған
Apr 24, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameBaxıtlı SARÍBAEV
Username@baxitlisaribaev
CategoryOnlyFans
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер1,087
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 24 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 5 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#103627+243
Тіл бойынша рейтинг
#124-2
Санат бойынша рейтинг
#3100+7

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 1.1K30 Days growth: +201.9%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:20261,067
19:09:20261,074
20:09:20261,074
21:09:20261,074
22:09:20261,074
23:09:20261,074
24:09:20261,074
25:09:20261,074
26:09:20261,074
27:09:20261,074
28:09:20261,074
29:09:20261,074
30:09:20261,074
01:10:20261,074
02:10:20261,074
03:10:20261,074
04:10:20261,074
05:10:20261,074
06:10:20261,074
07:10:20261,074
08:10:20261,074
09:10:20261,074
10:10:20261,074
11:10:20261,074
12:10:20261,074
13:10:20261,074
14:10:20261,074
15:10:20261,074
16:10:20261,074
17:10:20261,087
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 20:04:20261,094
Week of 27:04:20261,094
Week of 04:05:20261,098
Week of 11:05:20261,098
Week of 18:05:20261,098
Week of 25:05:20261,098
Week of 01:06:20261,098
Week of 08:06:20261,098
Week of 15:06:20261,098
Week of 22:06:20261,098
Week of 29:06:20261,098
Week of 06:07:20261,081
Week of 13:07:20261,081
Week of 20:07:20261,081
Week of 27:07:20261,081
Week of 03:08:20261,081
Week of 10:08:20261,081
Week of 17:08:20261,071
Week of 24:08:20261,071
Week of 31:08:20261,063
Week of 07:09:20261,067
Week of 14:09:20261,074
Week of 21:09:20261,074
Week of 28:09:20261,074
Week of 05:10:20261,074
Week of 12:10:20261,087
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 20261,094
May 20261,098
June 20261,098
July 20261,081
August 20261,071
September 20261,074
October 20261,087
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
20261,087

Соңғы посттар

Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 20 қаз., 21:34

Данышпан устаздан сорапты:
- Инсан қалайынша сабыр етиўи мүмкин?
Уллы инсан жуўап берипти:
- Ҳәммесин умытып жибересиз. Бул ең гөззал сабыр.
- Не жүз берсе қабыл етесиз. Бул ең туўры сабыр.
- Ҳәммесинен ўаз кешесиз, кейин сабыр етесиз. Бул ең қыйын сабыр.
- Және биреўи бар, барлық исти Аллаға тапсырасыз, кейин сабыр етесиз. Бул болса сабырдың ең үлкени ҳәм уллысыдур.
@Psixolog_Baxit
55004
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 20 қаз., 09:40

"Вести Каракалпакстана" газетасының дөретиўшилик жәмәәтине шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз. Итибар илҳамландырады! @BaxitliSaribaev
1660015
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 20 қаз., 09:02

Photo1/2
"Вести Каракалпакстана" газетасының дөретиўшилик жәмәәтине шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз. Итибар илҳамландырады!

@BaxitliSaribaev
1,1700010
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 20 қаз., 07:11

Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
- Ўәәәй, керегиң бир машин ба?! - Тәжимурат жүдә үмитлендирип кетип еди, ертеңине түски көкнардың ўағында:
- Келиспейди екен, - деди басын шайқап. - Ҳәзиргиниң баллары қудайдан қорқпаса да партиядан қорқады. Әўлийеде КГБның жансызлары жүреди екен ғой, қайсы автобазадан қандай машина барды, бәрин жазып береди екен-дә, әне, оннан соң директорлардан тәкибайды ала береди екен! Өзлеримиз партия болмаған соң билмеймиз-аў, партиядағыларға журттың көзинше өлиге қуран оқыўға, қол жайып сақал сыйпаўға болмайды, әўлийелерге зыярат етиў ғой, сирәда қуўыш! Жақында: "қарақалпақлар сондай нәмәрт пе, қатындай ўай-ўай салып турады, қойдырайық сол дәстүрди!" деп шығыпты биреўлер, булар "қойдыраман" десе, қойдырады! Мерекемиз тым-тырыс тарқамай ўай-ўайдың барында өле қойсақ болар еди-аў!
- Әўели өлип алайық, ўай-ўай қашпас!
- Күлесең-аў. Нурлепес! Булардың қолынан бәри келе береди деймен. Кеше, усы жерден шығыўдан сениң буйымыңды айтайын деп, баланың кеңсесине барып едим. Мәжилис ашып атыр екен, баламыз орысшаны салдырый-ып тур. Залға қарасам я бир орыс, я бир кәрис болсеш! Ҳайран қалдым, бәри қарақалпақ, қазақ, өзбек шоферлар, солар түсинбей ме қарақалпақшаға! Сыртта турған биреўден: "бунысы не?!" десем, "жоқарыдан тәртип сондай, барлық жыйналыстың орысша өтип жүргени қашша-ан!" дейди маған жаңағы шофер. Директордың әкеси екенин билмеди-аў деймен: "Сен, старик, қайда өсип жүрсең өзиң! Асханада бир орыс болмаса да орысша аўқат писириледи! Коммунизмде тек орысша сөйлеўимиз керек" дейди...
- Орысша билмейтуғын бизлердиң аўҳалымыз қандай болады?...
- Әўеле жетип алайық-тә коммунизмине, Нурлепес-аў, сөйлеўи қашпас!..
- Ҳаў, жетпеге гөри қалдыма, сексенинши жыл деген келип қалды-ғо!..
- Оған шекем еле иси кө-өп, - деп үмитсизлик пенен қолын силикти Тәжимурат. - Оған шекем еле Аралдың астын қурғатып болса да болар, еле оның астына "салы егемиз" деп те жүреди булар. Оған шекем еле "Хожа көлге" еки жүз мың үйректиң шөжесин әкелип өсириўи кере-ек. Бизиң баланың айтыўына қарағанда совминде бир қақ шеке орыс: "Аралды қуртыўға болмайды" деп, қыңырлық көрсетип ҳәм атырған қусайды-ы!..
- Үҳҳҳ! - Жумагүл ыңырсынып гүрсинди. - Мениң жаным көзиме көринип атырса, булар қайдағы бир Аралды қозғай ма-аў! Еле аман болсаңыз Аралыңыз ҳәм қурыр, үстинен былай-былай жүрерсизәм! Сонда да мырқ болмассыз, биррр, иреҳимсиз адамлар екенсиз! - деп, еңиреп жылап жиберди. - Маған жан қайғы, буларға кәмиўнийзим!
Сол гәпти еситиўи мәтдал, "ўай-бай, кетейин онда!" деп, Тәжимурат түргелиў менен бола берди. Түс онша аўып жалшымаған еди. Қатынының азарланғанынан жаны азарланып, Нурлепес Жәлимбет бақыраўықтикине келип, ешеги менен арбасын сорады.
- Ешек қалдырды ма елде мынаў домком! Кешеги айда келген Мәскеўдиң циркине тапсыртты-ғо! Сүйреп кетемен десең арба әне!
Руўҳы түсип қайтып баратырса Қосберген кемешиниң тусынан ешек аңқырды, бүлбилдиң сести бүйтип руўҳын көтермес! "Питейин деген исти қоя бер, сирә! Жумашқа шыпа болар иншалла!"
Таза көпир салынып, кемеси менен бирге дәўлети де қайырлап қалған Қосберген саяманда тоқым жамап отыр екен.

(Даўамы бар)
Канал мәнзили: t.me/BaxitliSaribaev
20. 10
278009
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 19 қаз., 22:11

Photo1/14
Ózbekstan jaslar awqamı Qaraqalpaqstan Respublikası Keńesi tárepinen ádebiyatqa hám kórkemlep oqıwǵa qızıǵıwshı jaslar ushın “Watan ushın jasayıq!” ádebiy kórkemlep oqıw tańlawı járiyalanǵan edi.

Tańlawǵa jiberilgen videorolikler arasınan 10 qatnasıwshınıń roligi tóreshiler tárepinen saylap alınıp,"Ashıq dawıs beriw" basqıshı nátiyjeleri boyınsha jeńimpazlardı sıylıqlaw máresimi ótkerildi.

Jeńimpazlar hám belsene qatnasqanlar diplom hám pul sıylıqları menen sıylıqlandı.

***

O‘zbekiston yoshlar ittifoqi Qoraqalpog‘iston Respublikasi Kengashi tomonidan adabiyotga va badiiy o‘qishga qiziquvchi yoshlar uchun "Vatan uchun yashaylik!" adabiy badiy o‘qish tanlovi e’lon qilingan edi.

Tanlovga yuborilgan videoroliklar orasidan 10 nafar ishtirokchining roligi hakamlar tomonidan tanlab olinib, "Ochiq ovoz berish" bosqichi natijalari bo‘yicha g’oliblarni taqdirlash marosimi o’tkazildi.

G’oliblar va faol qatnashuvchilar diplom hamda pul mukofotlari bilan taqdirlandi.

Telegram | Instagram |YouTube |Facebook
167008
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 19 қаз., 14:26

Video
"Assalawma  áleykum, Qaraqalpaqstan"       19-10-2026                                                                   Gúz saǵınıshı shayır qáleminde           Sociallıq  tarmaqlar  arqalı  bizdi  baqlap  barıń:                                                                                     Telegram I Instagram I Youtube I Facebook I QTRK ONLINE
169006
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 19 қаз., 11:58

Достымның отаўы

Пайтахтымның қақ орайында,
Жан достымның үйи бар көркем.
Мениң ушын хан сарайындай,
Жаным толқып кетеди көрсем.

Көп қабатлы жайдың ишинде,
Көз тартады алтыншы қабат.
Бул ҳақыйқый дослық күши ме?!
Илҳамландым төменнен қарап.

Терезени көриўден таныс,
Көкирегим алып ушады.
Сезим бийлеп бир ғайрынағыс,
Дослық леби мени қушады.

Көтерилгим келип жоқары,
Жайғасаман лифтке дәрҳал.
Жеңиллесер басар жолларым,
Жеткереди қабатқа гөззал.

"Уялады келгенше қонақ",
Дегениндей тартындым баста.
Сағынышым күш бермей бирақ,
Мен қағаман қапысын әсте.

"Кел, жоражан, төрле, мәрҳамат!",
Деп шын достым қушақ ашады.
Руўхландырып сый-ҳүрмет, мирәт,
Ишке кирсем кеўлим тасады.

Дәстурханды безеп қурдасым,
Атағанын қояр алдыма.
Таңлайымда татыр дуз-асы,
Сақланады мәңги ядыма.

Сөзге шешен жорам басқылап,
Қысындырар сөз қозғап тойдан.
Отраман кеўлим тасқынлап,
Ырза болып көрсеткен сыйдан.

Түсиниссек ҳәзил жарасар,
Жақын алып ойнар, әлбетте.
Тырысады бермеўге ҳазар,
Заўықландым шийрин сәўбеттен.

Ул-қызының көрип бойларын,
"Көз тиймегей!" деймен сүйсинип.
Тек үлги алыўды ойладым,
Көрки унап достың үйиниң.

Пайыз, ығбал, берекет, ырыс,
Шаңараққа жайғасқан екен.
Өмир сүрер парахат, тыныш,
Бир-бирине ышқысы беккем.

Сүйип татып дослық тағамын,
Жаным мениң алады азық.
Умытылып турмыстың ғамы,
Сырласаман кеўлимди жазып.

Дос отаўы жақты дүньяда,
Мениң ушын бахыт тымсалы.
Талпынаман мамық уяға,
Шайда еткен теңсиз жамалы.

Қәдирлеўден кеўилим толып,
Периштели үйден қайтаман.
Кең пейлине миннетдар болып,
Жан достыма рахмет айтаман!

19-октябрь, 2026
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
1830011
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 19 қаз., 06:50

Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Аўызынан суўы қурып сала берген Нурлепес кинәзленген жоқ, қап-қара, қырқ жарық қолларын Үбайда тутқан ләгенге усынды. Умытпаса, қоңсы болып, барыс-келис қылғалы өзиниң қолына Үбайданың суў алып атырғаны усы шығар, ғарры жүдәма ыразы болып пәтиясын берип атты.
Ҳаял "аўырыў" дегендей емес, аўызын сылпылдатып, гөшти аш көзлик пенен есерленип жемеге қарады "гүртиги жоқ екен, жүрекке тийер" деп те ойланатуғын емес, нан менен қосып та жемеди, аўызын үңирейте ашып, тобықтай қуйрық майды таслап жибергенинде мына жақта отырған Үбайданың жүреги "гилк" ете қалды ҳәм "ушынып қалмасам болар еди-аў!" деп гүманланды. Қысындырып алмаў ушын-ақ:
- Өйппей, сен дым қорқпай-ақ үйде туўа бересең-аў, шеше! - деп таңланды. - Роддомға барсаң болады-ғо, үйде телефон деген ба-ар, еки таўласаң нөл үштен машина гүйкилдеп келип тур!..
- Өйтиўге буның башқурты жоқ-ғо, менде де жоқ! Башқуртсызлығымызды билдирмеў ушын-ақ сондай жерден аўлақ жүремиз!..
- Бай-буўў, сада екенсизлер-аў, башқурт тексериспектиң қалғаны қашшан! Журт деген башқуртласып та болды-ғо!..
- Қашаннан бери?!
- Үш жылдан бери!
- Ўа-аҳ, - Нурлепес басын шайқады. - Сонда неге Айтбай меннен бир ешкини параға алып жүр. "Башқурт тексериўшилер келди" деди, "ешкини шақырып кел", депти тымсаллап, жаңағы келгенлер! Басына болғандай, бассына болды ҳәм-аў, ол да жағы тынбай маңырай берер ме, соның менен кетти де барды, шалынды барып пышаққа! Маңырамағанда еситпеспеди, еситпегенде келмеспеди Айтбай, әлле қайтер еди!..
- Сен буны бизиң үйдегиге айт, Айтбайдан ешкиңди өндирип береди.
- Өзим жалындым-ғо, "ала ғой, усы ешкини сойып бер, аўыз бастырғы қыл, бизди тексериспектен қутқар" деп, өзим айттым! Енди өйтсем намәртлик болар.
- Әйй, зәҳәри болсын, адамлар бузылып баратыр. Питегене уяты бар адам сизлерден жей ме, ҳа өлип баратырсаң Айбөректен же, бизлерден же!..
- Сизлерден қорқады. Бизлер бир ҳәр нәрсеге қолай, әри қайым..
- Өле қалсын! Қояйықш усы гәпти. Бирақ, мен ҳәм ақ халат кийип жүрмен ғой, шеше-аў, бир аўыз хабар жибергениңде келемен ғой желпилдеп! Өйппей, дәў жүрек екенсең! Ким қойдыңыз бөпениң атын?!
- Сазтурған.
- Өйипе-еей, журтта жоқ атты қоя қойыпсыз-аў!..
- Өзи журтта жоқ бала-дәғы ақыры! - Жумаштың түри жадырап күлди. Усы күлиўине, кеўилиниң сергеклигине қарап, "шүкир, жаман емес" деп қайтып еди Үбайда, кеште оның тағы бузылысқанын еситти Айбөректен, Айбөрек гүриш гөже писирип апарған екен, жөнлеп ише де алмапты. Бирақ "бағанағы гөштиң көбисин жеди, гөжесин қаяғына ишеди! Соған-ақ гүпти болып атырған шығар" деди ишинен, сыртқа еситтирип: "Ҳеш гәп болмас", деди де қойды.
Ҳаялының алжылы-булжылы сөйлей бериўинен гүдикленген Нурлепес: "Бурыннан соң аўырса әўлийеден шыпа таўып жүр ғой, тап, усыны бабаға түнетип көрейиниш!" деген ойға бир кетип еди, сол ойы оған тынышлық бермеди. Әмирханға: "машинаң менен апарып тасласаңо, иним", деў оның қыялына да келмеди, келгенде де, бәри бир айтыўға жүрексинбес еди. Соның ушын усындайда дурыс кеңес беретуғын, Нурлепестиң ойынша буқарағанның ең кәтқуда адамы Тәжимуратқа: "Тасқылығың автобазаға директор-ғо, аға, айтөссоңо, машин берсин, бизиң кемпирди бабадан айналдырып келейик", деди қутлы болсынға келгенинде көкнарға бөктирип отырып.

(Даўамы бар)
Канал мәнзили: t.me/BaxitliSaribaev
19. 10
2830012
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 18 қаз., 12:51

❗️БҮГИН СИЗ БАСШЫСЫЗ...

Бир ойлап көриң: бүгин сизге тәжим етип атырғанлар сизди ҳүрмет етпекте ме яки лаўазымыңызды ма?

Бүгин есигиңиз алдында нәўбетлер, ертең болса үнсизлик болыўы мүмкин. Бүгин сизге умтылып атырғанлар ертең сизди танымай қалыўы мүмкин.

Бир күн келип кабинетиңизди босатасыз, хызмет машинасының гилтин тапсырасыз. Бирақ адамлардың жүрегинде қалдырған изиңизди ҳеш ким сизден тартып ала алмайды.

Сол ушын мәртебеңизге сүйенбең — адамгершилигиңизге сүйениң. Күшиниз барда адамларды кемситпең, қолыңызда имканият барда биреўдиң ҳуқықын аяқ асты етпең.

Себеби, лаўазым, ҳәмел инсанды уллы етпейди. Инсанның өзи ҳәмелге қәдир береди.

Есте сақлаң: бир күн лаўазымнан кетесиз. Бирақ адамлар сизди я жақсы инсан ретинде еслейди, я ҳеш қашан еслеўди қәлемейди.

Сондай басшы болың, кеткениңизде кабинетиниз босасын, бирақ орныңыз сезилип турсын!

❇️Каналга қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati
2250013
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 18 қаз., 07:15

Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Узыннан-узақ пәтиядан, сақал сыйпаспақтан кейин Зарымбет молла қызыл шақаны қолына алды да қулағына:
- Исмиң Сазтурға-ан, исмиң Сазтурға-аан, исмиң Сазтурғаан! - деп, үш мәрте азан айтты да анасына қайтып берди.
Зарымбет молла нәзирин алып қайтқан соң "ат қойыў салтанаты жабылды". Соның менен "Сазтурған, Сазтурған" болып кете бергенинде бир сәри еди, ойда жоқта Жумагүл-Жумаш бир ҳәпте өтер-өтпестен мурттай ушып аўырды да изин сандыраққа айналдырды. Кеўил сораўға келген Айбөрек балаға ат қойылып, айдар тағылатуғын күни өзине бир аўыз хабарламағанына өкпесин айта келип, "Жумаш шешем турып кете берсин, баласын жуўамыз, арақ-шарабы, гөш-пөши мойыныма..." деп қайтты. Жолда өзине қарсы, дәстурханын томпайтып киятырған Үбайданы көргенинде: "Усылар менен жарысып не қыламан-аў, мейли, усылар-ақ озсын, ақмақ адам зыянына да жарыса береди, мен ондай ақмақ емеспен", деген ой кешти қыялынан.
- Жумаш қалай екен, аўырып қалды дей ме? Жумыстан қолым босамай, көз жарғалы да келе алмадым, - деп өкиниш билдирип атыр Үбайда. - Сен енди, жасы кишисең ғой, "сени хабар алар" деп ҳәм арқайынлаў болдым, ғаррысы қорқып отыр-ғо, бағана барып еди.
- Қорққанынша бар ма дедим! Әп-әнедей болып отырып-ақ алжылы-булжылы сөйлеп жибере береди.
- Не де болса көрип қайтқаның жақсы болыпты, - деп кербазланып өтти баяғы "астыртын күндесиниң" тусынан.
Нөкербайлар тек жайды бәнт етип қойғаны болмаса мынаў мектептен Сийсен де пияншиклиги ушын шығарылғалы бул үйде онша бола бермейди, өзлериниң айтыўларына қарағанда азаннан баслап кафе менен гастрономның аўызын аңлыйды. Таныс-тамырынан түсирген тийин-тебенине арақ-шарап алып ишип, жеткен жерде қонып жүрген қусайды. Жумаш көз жаратуғын күни сақал-шашлары, тырнақлары өсип, руўҳлары түсип, қабақлары қалқысып, сөйлегенде ләплери дирилдесип, ишлери қалтырасып, шығып кетип еди, соннан еле жоқ. Адам усындайда ийт те болса қасында биреў болғанын қәлейди екен, баласы "шопыр оқыўына" кеткели сыртқа шығайын десе Жумаш жекке қалажақ, Нурлепес: "Нөкерлер де келе қоймады-аў!" деп, қулазып отыр еди, есиктен үлпилдеп Үбайда киргенинде отырғызарға жер таба алмай қалды.
Бул үйге Үбайда жүдә сийрек - жылына бир-еки мәрте жумыс бабында басын суқса суғады, суқпаса суқпайды. Соның ушын ҳәм Үбайда келсе төрлетип, узақтан келген қонақтай күтиледи. Үбайданың келиўи де Жумагүл-Жумашты сергеклендирип таслады. Кисисине жүктен таза көрпешени алып төсеўди ымлады. Бул үйдиң таза көрпешесиниң өзи Әмирханның ийтиниң астындағы көрпешеден оңлы емес, бирақ бәри бир, ҳәр кимдики өзине дәри, өзине таза. Сонлықтан Нурлепес төсеген қурақлы көрпешеге Үбайда қанша медик болғанынан бийғәрез тиксингенин сездирмей шықты. Қутлы болсын айтты, ҳал-аўҳал сорады. Дәстурханын ашып, ортаға үсти жапқан нан менен бастырылған бир поднос гөш қойды.
- Ақшам писирип едим, гүртик салыўына қарағанда жейтуғын адам болмай қалды. Саған буйырған екен, шешежан, жеп ала ғой, пәкизе, бир қайнатып әкелдим. Былқылдаған ғана қозының гөши! - деп, дәстурханын жайып, өзи ортаға қойды. - Қайнаға, сен де жеп ала ғой, аўыл-аймағың менен жетеди!..

(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
18. 10
2650011
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 17 қаз., 19:00

Audio
Radio tánepis

Júrek heshqashan bosap qalmaydı.

Qádirli maǵan...♥️




Nókis-fm radiosında "Móldir tamshılar" rubrikası


Baslawshı: Minara Kalbaeva

Kanalǵa aǵza bolıw:👇

t.me/Moldir_tamshilar
194008
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 04 қыр., 11:50

Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Жердаш қурылдыны урып атырған мына жайға келгенинде жаңарақта көрген патаслық, бейбастақлығынан намыў-нышан қалмағанына Жеткерген: "Жеңил аяқ екенсиз!" деп, өзиниң таңланыўын ҳәм жасыра алмады. Айбөрек аўқат таярлаўға шығып кеткен соң әдеп: "қайсы жайда жатқарар екен", соң: "басқа жайда жатқарса буның қасына қалай келе аламан?" деген ойлар көкирегин ийелей берди.
Пуўы бурқыраған гөши бар картошка қуўырдақ қаймақ қуйылған қара чай менен бир ўақытта келтирилди. Соған шекем ҳаялдың өзи ең болмаса бир де дарымағанына ҳайран. Ең болмаса қарап отырмаўы ушын қонаққа бир чайнек көк чай менен ермек таўып бергенде болар ма еди!
- Мениң балам дырдай жигит болса да шоколад шыдатпайды, - деди шақмақ қантларды усақлап атырып қысынғанынан Айбөрек. - Сары май да түўесилген, - деп те қойды күнде сары май жеп отырғандай. - "Оның не кереги бар, аўқат пенен сары май алыса ма?" дегени менен бул үйдегилердиң шаппат пенен жүз қызартып отырған, аўқатына итибар бермесе де, дүнья жыйыўға жаңа-жаңа қызыға баслаған жарлыдан көтерилип киятырған хожалық екенлигин Жеткерген аңғарды. Кәттиң үстинде шалқасына таслап, шалынған малдай гә қарқырап, гә қырылдап атырған үй ийесиниң үстиндеги костюм да әри арзан, әри жуўылған, үйде арақтың ийиси болмағанда бас бармағы тесип шығып атырған кир-кир носкийиниң шуўашы да сасыр ма еди, әлле қайтер еди!
- Сизди кешигип қалар деп, шала-пула, жеңил-желпи дегендей...
- Дурыс ислепсиз. Отағасыны оятпайсыз ба?
- Бир ишсе, анық уйқысы қанбай оянбайды.
- Оери жақсы екен!
- Оның неси жақсы?!
- Ҳәр кимниң өз мәпи бар, - деп күлди Жеткерген. - Биреўлерге уйқылағаны, биреўлерге еркелескени мәп...
- Өйтип бузылыспаң, мынаў бир қол сизики ме?
- Меникине усайды екен! - Жеткерген келиншектиң белине барып қалған қолын танымай турғандай көзиниң алдына тутып көрди. - Ҳаўўа, меники екен!!!
Аўқат желинип, пәтия оқылып болған соң Жеткер кететуғындай кийинип сыртқа шықты да, көп узамай қайтып келди.
- Тас қараңғы! Таўық көз едим, қапылып қалды!..
- Адам жатырқамаймыз, "кел демек бар, кет демек жоқ", сиз жатқандай бир мүйеш табармыз. Залдағы диван тарлық ете ме?
- Әлбетте... тарлық етеди. Мен аўнап кетемен...
- Ҳимм, солай ма-а? - Жилўа-назы менен күлди Айбөрек.
"Қудай берди!" деп қойды ишинен жигит ҳәм жүреги дүпилдеп, залға көп өткермей-ақ Айбөректиң изинен келди.

(Даўамы бар)
Канал:
01. 09
3340012
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 04 қыр., 11:50

Baxıtlı Sarıbaev sózi
Sultan Kewlimjaev naması

Maxset Xojasov
Ilyas Baltabaev
Gawhar Aytjanova
Indira Artıqbaevalar atqardı
380006
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 04 қыр., 11:50

Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Сол қыял менен арыстай болып баласы жатырған кәттиң астына еңбеклеп кире сала тақыр паластың дийўалды жапқан шетине тығып жиберди. Соң ас үйге кирип, картошка қыршып, гөш қуўырыўға кирисип атырғанында: "жаңағыны тышқан кемирип кетпеспекен" деген бир ой келип еди, сол ойы тәшўишлендирип, сыртқа коридорға шықса Жеткерген муздай тақта еденниң үстинде қайсы қапыға кирерин билмей носкишең дағдарып тур.
- Ҳе, неге шықтыңыз?!
- Бизиң шофер кетип қалды. Мынаўларыңыз бир, бийтәртип адамлар екен, аўызларынан ақ ийт кирип, қара ийт шығып атыр, шыдамадым, - деди от жанбаған коридорда тоңғанынан қалтырағансып.
- Мына жайға кире қойың, - Бердаш жатқан қапыны нусқады. - Ҳәзир бир-бир шийшеден қолларына услатсам, жоқларым болады!..
Аздан соң пальтосы менен қундыз малақайын алып кирген Айбөрек қонағының печьке арқасын жылытып турғанын көрди.
- Мынаў пальтоңыз бенен малақайыңызды көрип турса олар кетпейди! - Келиншек сөйленип жүрип, қолындағыларды кийим қыстырғышқа қыстырды. - Сиз бул жайдалығыңызды сездирмең, иштен илип отырың. Мен: "кетип қалды" деймен.
Тағы аздан соң адамлардың көридорға ғаўырласып шығып атырған сеслери, "кетип қалды, отырсын ба гилең пияңлар менен!" деген Айбөректиң ашыўлы даўысы, Сийсенниң: "ондай пайдалы қонақты қолдан шығармаў керек еди! "Мени қараўыл етип жумысқа ал!" дермен деп едим, бәри мынаў Нөкер Ниязовичтен!" деген өкинишлери еситилип атты. Жеткерген олардың тамды айналған аяқларының дүрсилдилерин, қайсысыныңдур сүйкимсиз, жағымсыз даўыс пенен:
"Ҳа милийса, милийса,
Қәне желкең қыйылса!
Бир Нөкерге турмайсыз,
Бес милийса жыйылса ҳәм!..."
- деп, қосық айтып баратырған сестин, тағы биреўиниң: "кимдикине барып ишемиз?!" дегенин, тағы биреўиниң: "Мен ишпеймен Сийсен, пайымды үйге алып кетемен, сизлер Нөкер менен Нурлепестикине басып кириң!.." дегенлерин еситип турды. "Ақмақ адамлар екен, ақмақ болмаса иште адам бар шығар демей айнаның аўызында турып ойласа ма, бахыты қара пияншиклер! Усындай пияншиклер оқытқан бала не оңсын, мектеп не оңсын, "муғаллимбиз!" дейди-аў түўе!.. Муғаллимнен кетсин садаға!.." - Ойын сырттан Айбөректиң қапыны тықылдатыўы бузып жиберди. Барып ашты. Баланы оятпаў ушын шығар, Айбөрек:
- Шыға бериң, - деп сыбырланды. - Қутылдым бәлелерден! Қайда отырасыз?!
- Әйәйй өжирелериңизди көрдик, жыллылаў шығар, отағасының қасына барайын. Жаңағы шоферы түспегир, қылқылдады да жүрди!.. Ҳеш гәәәп, пияда да кетиўге болады...
Усы "қысыншақлығы" менен Айбөректи көп санлы саўаллардан қутқарды, шынында да келиншек оның "қысыншақлығына, әдеплилигине" шын жүректен исенген еди.

(Даўамы бар)
Канал:
31. 08
350009
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 04 қыр., 11:50

Бугин 29-август куни Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, шайыр Бахытлы Сарыбаевтың туўылған куни.
Бахытлы Сарыбаевты туўылған куни менен қутлықлайман.
Өмир жасың узақ болсын! Алланың берген ден саўлығының арқасында саў- саламат жүриўиңе тилеклеспиз.
Жақсы нийетиңиз жолдасыңыз болып, әўмет ҳәмийше күлип бақсын!

🤲🤲🤲🤲🤲🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹
Қосықларың кең даламда жаңлаған..
Хош ҳаўазлы бүлбүл киби сайраған.
Еситкенде қәлбимизге жол алып,
Намасы менен жүрегимизди жаўлаған.

Жас болсаң да бәлентлерден көриндиң,
Үлги болды қатарыңа ислериң.
Тынымсыз талпынған мийнетиң менен,
Билим менен ҳәммесине еристиң.

Устаз деген уллы атың тағы бар,
Маржан сөзден қосықларың жазылар.
Поэзияда орны бөлек шайыр бол,
Қосығың халқымның журегинен табылар.

Узақ болсын Алла берген өмириң,
Орынлансын ойға алған ҳәр исиң.
Билим берген шәкиртлериң қуўантып,
Халқым суйген Устаз шайыры болың!

🤲🤲🤲🤲🤲🤲🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺

Қутлықлаўым бир себеплер менен сәл кешигип қалды.
Кеширимли болсын.
Бахытлы балам өмириң гүлдей жайнасын.
Илхам-йош перилери сени қоллап жургей!
🤲🤲🤲🤲🤲🤲💐💐💐💐💐💐💐💐

Ташкентли апаң
Перихан Аймуратова.
3950011
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 04 қыр., 11:50

Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Кукурузник: "Сексенинши жылы коммунизмде жасаймыз" деди ме, жасаймыз! Сен қаяқтағы бир отыз жылдан соң ҳақлаўды айтасаң, аспанды түсир әбден жерге! Есиң болса сен мынаны бил: ҳүкүўмет, дурысырағы компартия тап өлемен дегеншеги жолыңды сызып берип қойыпты, тап бесиктен табытқашелли жолың белли-и, соннан тайдың бар ғой, "Үш қудықтан" шығасаң да турасаң. Ниязыш, бапладым ба, сөйл-е! Қой-қой, және сөйлей жақ-ғо мынаў! Ойлаў ҳуқықы саған берилмеген, исиңди қыл - ғәрип жаныңа арағыңды иш, сорлы-ы, ўа-ҳа-ҳа!..
- Нөкер-ерр! - Билегинен тартып өзине қаратты да: - Сени партшколға жибердик пе? - деп бақырды аўыр қулағына. - Сиясаттан қақсай қалды-ғо!..
- Жақ, жигитлер, бурыннан да ишип алсам саясатқа қашатуғын әдетим бар еди, оны билемен. Бира-ақ, билип қойың, сиясатқа мен де бир адамдай ерегисетуғын едим, ал енди, зонада не бир қақ шеке, қасқа бас сиясатшылар бааарр, тап Кукурузнигиңниң қәтесин таўып отырады, исендирмей де қоймайды айтқанына. Соларға қарап отырып: "сиясатты билетуғынлардың бәрин қамап, гилең шала саўат сиясатшылар елдиң басында қалды ма екен?" дейсең, яқ, шыным! Ал енди, Жеткерген Бекбергенович, әпиў етерсиз, аўызыма тийсе үсейтип, көп көпиретуғын дәртим бар, буны жасырмайман. Тостты айта қояйын, мынаўларға да обал болды, қылғынып өлди-ғо бийшаралар!
- Ҳә сөйтсе?!
- Қылғынып өлмей бир, ҳәмме "винзаводтың" ишинде жүр ме, ўа-ҳа-ҳа!..
- Я сендей зонада найзаның астында арақты қойып келди ме, ўа-ҳа-ҳа-ҳа-ааа!!!..
- Қоярр арақты! - Нөкер Ниязович қысық көзлерин барынша алартып өршеленди. - Сизлер "зонада адам дүзеледи" дейсиз бе?! Дүзелеер!!! Арақтың не түри зонада! Шипрдиң қурышлысы зонада-а! Ояқтың өз законы өзи менен! Ояқтағылар, буяқтағылардай емес, өз законына өзи бери-ик, законын бузсаң ул болсаң да қыз қылып жибереди!..
- Пишип жибере ме сонда?!
- Пишиў ғой, былай турсын!.. Әй, Тәңирберген, сен қызықсаң өзиң бир, түсип көр, сенде киси қызыққандай қатынның бөксесине қусаған әндамлы ақ бөксе бар!..
Булардың гәпи үсейтип бузыла баслағанда Жеткерген ҳәзир айналып келетуғын адамдай бүлкилдеп күлиўи менен сыпырылып өжиреден шығып кетти, пальтосы менен малақайы да диванның үстинде "мийман қашқан жоқ, келеди!" деп атты.
Халаттың қалтасына салынғанның пул екенин билсе де нешелик пачкалығын билгенше асыққан Айбөрек мына жақтағы - баласы Бердаш уйқылап атырған жайға барып қараса мурты шағылмаған гилең онлық! Бундай көп пулды "ала ғойға" бурын-соңлы ҳеш ким услатпаған келиншектиң жүреги ҳәўлирип, мийи: "буны неге берип атырды" ойлаўдан да қалған, қайтарып бериў сирә қыялына да келген жоқ, ойлағаны тек буны жасырып таслаў керек! Жердаш көрсе, мың айтқан менен де еркек киндик шатақ шығарыўы мүмкин.

(Даўамы бар)
Канал:
30. 08
413009
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 04 қыр., 11:50

Бүгинги туўылған күниңиз бенен шын жүрегимнен қутлықлайман! Өмир жасыңыз узақ болып, мазмун ҳәм берекетке толы болғай! Халқымыздың алдында еле де абырайыңыз бәлентлеп, уллы жазыўшы-шайырларымыздың абырай-мәртебесин берсин!
Сизиң ҳәр бир қосығыңыз кеўилге қонымлы, қалаберди адамгершилигиңиз, инсаныйлығыңыз, көргенли инсанлығыңыз ҳәр бир сәўбетиңизде билинеди. Ҳәр бир минген жас күтилмеген қуўаныш, саўғаларға толы болсын!

Гаўхар Ҳабибназарова
252007
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 24 сәу., 14:00

Video
Тез күнде және бир намалы қосығымыз халқымыз нәзерине усынылады.
2840010
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 24 сәу., 14:00

Төлепберген Қайыпбергенов
Маман бий әпсанасы
Роман
Ешектиң бас жибин қуўырдақшының мойнына бир орап:
— Мә, апқал, ешек минезли адам! — деди де, Қаракөздиң желкесинен тартып түргелтти. — Жылама, ер изиме!
Ешек, ийесиниң изинен жылағандай, әстен-әстен пысқырып ақырып қала берди...
18
Маман бийдиң бүгин кейпи өзгеше. Ҳеш қашан қылмаған қылық шығарып, жамбаслады. Мырзабек бий аўылынан айдап келген малларын нөкерликте азаматы өлген гилең аш-арыққа үлестирип, елдиң басындағы аўыр жағдайы жөнинде ойланып атырған бийди, сырттан көрген душпаны, пәйнекке қашатуғын нәшебент болыпты, деп сөз тарқатарлық. Еки аяғын баўырына тартып, жүдә мүлгип, тас кеседеги суўып кеткен чайды шым-шым уртлайды. Ел қайтадан толысыўға бет алып, «пәленшениң ҳаялы жас босаныпты», «пәленше думатайлы болыпты...» деген қуўанышлы хабарлар бултлы түнде жылт еткен жулдызлардай, жақтылықтан дәмелендирип қуўантып киятырғанда, елге бес жүз нөкер салынып, олардың да биразы тири қайтпағанына, тири қайтқанларының қарыў-жарағы алып қалынып, сыптай сыбай-салтаң жиберилгенине, қабырғасы сөтилип, басын көтере алмайтуғын үлкен бийдиң бул отырысы зайыбы Бағдагүлге жеңил тиймеди. Узын шубай ой түтининен шығарып алыўдың жалғыз жолы деп оның басқаларға қылған жақсылықларын бөрттирип, есине салғанды мақул көрди.
— Төрем, бир нәрсе сорайын ба?
Бий басын көтермеди:
— Сора, — деди мүләйим даўыс пенен.
— Адам-адамға қәўендерлик қылмағанда, бул дүнья қандай болар еди?
— Жердиң жүзи азыўлы ҳайўанға толып, күнде бир-бирин жарар еди, — деди бий ойланбастан.
Соның арасында ошақтағы оттың жубы үзилип, Бағдагүл далаға шықты. Тез қайтып кирип, отынның ығында үш баланың бүрисип отырғанын хабар етти. — Неге кир демедиң?
— Сениң ҳәсиретли түриңди жас балалар көрмесин, төрем.
— Шақыр, шабазым. Ҳә, балалар, ишке кириңлер! — деп даўыслап, бий тикейип малдас қурынды. Ошақтағы оттың ҳәўирине еки бети қызарып қулағынан айланған узын муртларын сыйпалады.
— Ҳаў, Аманлық, — деп салды баслап кирген узын баланың сәлемине араластырып.
Серли бий, баланың атын жаңылыстырғаны болмаса, дәл таныды. Үш баланың үлкени Аманлықтың улы Жақсылық еди. Бий оның бастан аяғына көз жуўыртып, Аманлықтың жас гезин, Алмагүлди ертип жүргендеги сыйқы-сымбатын еследи.
— Ҳаў, Жақсылық балам, — деп ол өз қәтесин өзи дүзетти, ҳәм түргеле сала оның маңлайынан бир сүйип, қасындағы еки жолдасының да өсик шашларынан сыйпалап, дөгерегине қоршап отырғызды. Чай берди. — Ой, балам, Жақсылық, мен Аманлықты көргендей болдым. Дәл өзисең. Ал, қайдан жүрсең?
Ол Жақсылықтың жолдасларын өзи таныўға талапланып, сер салды. Екеўи де Жақсылықтан киши, қыйық көз балалар. Шашлары өскин, кийгенлери орыс пенен татар байларының балалары кийетуғын кийимлер, анық танымасын билген соң сора ды. — Мынаў балалар кимлер?
— Үкелерим, — деди Жақсылық.
(Даўамы бар)
Канал:
23. 04
150008
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 24 сәу., 14:00

"Туўысқанлық" телесериалында қосығым атқарылғанынан кеўлим қуўанышқа бөленди. Дөретиўшилик жәмәәтке миннетдаршылық билдиремен.
3310020
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 24 сәу., 14:00

Шыңғыс Айтматов
Әжел дастығы
Роман
Бостон үшинши рет далаға атып еди, оқ тағы Акбараның үстинен зуўылдап өтти. Таў шоққылары да жақын қалды. Енди сәл кешиксе соңғы мүмкиншиликтен айырылып қалатуғынын билген Бостон Акбараның туўры өзин гөзлеўге бел байлады. Жуўырып баратырып, қәпелимде дизерлеп отыра қалды, сөйтип нышанаға ала баслады: ол тек қасқырдың аяғын, тек аяғын ғана гөзледи. Бирақ, нышанаға ала алмайды - геўдеси көрик сыяқлы ысылдап, қолы қалтырап, ийкемге келмей атыр. Сондай да болса, соңғы ҳал-дәрманын жыйнаўға тырысып, қалтыраған мылтықтың қараўылынан сығалады. Қараўылдың жырығынан даўыл пайда еткен толқынды кешип баратырғандай болып Акбара көринди. Сол гезде ол шүрппени басып салды. Тиймей кетти. Оқ Акбараның дәл жанындағы жердиң топырағын бурқ еткизип, оның астынан өтти. Бостон мылтықтың даўысын да еситпей қалды. Тек бир көргени Акбара секирип түсип, бир жамбасына қулап жығылды.
Мылтығын ийнине асып, Бостон тап бир түсинде киятырған сыяқлы жуўыра берди. Жуўырыўы дым өнбей, қандай да бир бослықта киятырғандай, барар жери оғада узақ сыяқлы болып көринди.
Ақыр соңында аяз қысқандай тула бойы муп-муздай болып жуўырып жетти-аў Акбараға. Сонда бели үзилип түскендей бүгилип барып, теңселип кетти. Ишинен үнсиз қышқырып, тула бойы тырысып-қурысып қалды. Акбара еле тири екен. Ал, қасында геўдесин оқ тесип кеткен бала тырп етпестен үнсиз жатыр.
Пүткил дүнья меңиреў тартып мелшийди де қалды. Дүнья толығы менен тып-тыйпыл болып қалған, оның орнында тек отлы ала сапыран түнек ғана тур. Өз көзине өзи исенбей, Бостон қанға боялып жатқан улына үңилди де, оны әсте-ақырын көтерип алды. Баўырына қысып турып, неге екени белгисиз, жаны шығайын деп жатқан Акбараның көк көзине таң қалып кейин қарай шегине берди. Соннан соң артына бурылып, күйиктен тили байланып, жуўырып киятырған ҳаялларға қарсы қарай жүрди.

(Даўамы бар)
Канал:
22. 04
3150011
Baxıtlı SARÍBAEV logo
Baxıtlı SARÍBAEV

2026 ж. 24 сәу., 14:00

Photo
#Дөретиўшилик_бахты

Нөкис қаласы, 50-санлы улыўма билим бериў мектебинде мийманда болып, әмелиятта болып атырған НМПИ студент жаслары ҳәм оқыўшылар менен жақыннан сәўбетлесип, қосықларымыздан көркемлеп оқып бердик. Оқыўшы жаслар тәрепинен берилген сораўлардың салмақлылығы кеўлимизди сүйсиндирип, әдебият шайдалары жетилисип киятырғанлығынан қуўанышқа бөлендик.
Мектептиң мийнет жәмәәтине ҳәм әмелиятшы студентлерге, устазларына шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз.
279007

Showing 30 of 34 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

Baxıtlı SARÍBAEV Telegram арнасы не туралы?+

Baxıtlı SARÍBAEV (@baxitlisaribaev) — tgdio сайтында OnlyFans санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 1 087 жазылушы бар.

Baxıtlı SARÍBAEV (@baxitlisaribaev) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @baxitlisaribaev арнасына тегін жазылыңыз.

Baxıtlı SARÍBAEV жақсы OnlyFans арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын Baxıtlı SARÍBAEV рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 1 087 жазылушы бар. ұқсас OnlyFans арналарымен салыстырыңыз.

Baxıtlı SARÍBAEV статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @baxitlisaribaev бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.