МАҒАН БЕР
Бәршени яратқан қәдир қудайым,
Берсең бул бендеге, ҳақлық жолын бер,
Игри жүрсем артар мениң гүнайым,
Бул қәлбиме туўрылықтың нурын бер.
Пәлек гәрдишинен етсем шикаят,
Тыңлағанға ҳәсиретли бир ҳикаят,
Жәбри - жапам болып тур бийниҳаят,
Зибаныма әдалатлық ҳүкимин бер.
Әзел әмири билән дүньяға келдим,
Қәбийр болып жақсы - жаманды билдим,
Қайғы - әлем билән баўырымды тилдим,
Қутылайын, бул қайғының емин бер.
Бай дәўлетин бергил, бийғам жасайын,
Несийбе ырысқымды молдан асайын,
Әрмансыз ойнайын, сүйип қушайын,
Маған дүнья жәннетиниң ҳүрин бер.
Бир дем еткен мағрып - машрық арасын,
Пырақ бер, күниме мениң жарасын,
Жәҳән маған ҳәўес етип қарасын,
Ҳәзирети Юсуптиң ҳусни - кѳркин бер.
Υстинен жол берсе не теңиз – дәрья,
Мени тоздырмаса не заман гирья,
Мың жылдан соң қандай болады дүнья,
Кѳрейин, Луқманның узақ ѳмирин бер.
Бостан бер, гүллери әтир аңқысын,
Арасында ел сайранлап шалқысын,
Колымда сом темир оттай балқысын,
Темирши ҳәзирети Даўыт сеҳрин бер.
Дүньяда тилсимлер сырын ашпаға,
Рәфраф минип, жерден кѳкке ушпаға,
Душпанды ѳз зинданына баспаға,
Жер - кѳктеги Суләйманның ҳәмирин бер.
Жәҳән ғазийнесин алсам қолыма,
Сарп әйлемеқ ушын ҳақлық жолына,
Бердимурат киби ҳақтың қулына,
Тәңирим, саҳаўатлы ана меҳрин бер.
Туркстан, Хорезм мәсканым мениң,
Бес қала, тениздиң әтирапы елим,
Айшы - әширет, арзыў әйлейди кеўлим,
Маған да дәўлетли инсан ѳмирин бер.
Бердақ дер, сѳзимди айтып кетейин,
Бақ болмаса, қор ѳмирди нетейин,
Болмаса дүньяны қарап етейин,
Қане, маған Исрапылдың сүрин бер!
Бердақ
https://t.me/ibratli_sozler