Еки арба шеңгелден ҳәрем болмас,
Хийўаға неше барса да мәҳрем болмас.
Патшадан әдәлат кетсе,
Әскеринен айрылар.
Киси гәпине ерген,
Сүйгенинен айрылар.
Қар жаўмаған төбе жоқ,
Жаў шаппаған халық жоқ.
Төре билген, төреге бармайды,
Төре де өзиңдей киси.
Мың қойды бир қозы емеди,
Ол да сүтке жарымайды.
Өзи болған жигитке тәсил етпе,
Адамзаттың баласы ким болса да,
Жолда жатыр деп басып өтпе.
Шын бий сөзиңе бағады,
Сум бий көзиңе бағады.
Аз сөйлейди әдил бий,
Қандай залым болса да.
Ҳадал сөзге басың ий.
Халқы қәлемеген бий азады,
Қатыны салақ үй азады.








