КЕЎИЛ ЕСИГИ Telegram channel photo

КЕЎИЛ ЕСИГИ

Тилектиң шеги жоқ, әрманлар мыңсан, Қыял ертип кетер көзиңди жумсаң. Гөзлеген мақсетке ерисиў ушын, Ҳәр демде гүресип жасайды инсан.

598

Last views

82 (82 subscribers)
Мүшелер
—
Rating
12
Total Posts
Oct 17, 2026, 5:43 AM
Жаңартылған
Apr 24, 2026
Created
Stats

Сіз қазақ тіліндегі контентті көріп отырсыз. Басқа тілдегі контентті көру үшін сайт тілін өзгертіңіз.

Channel Information

Channel Information
Channel NameКЕЎИЛ ЕСИГИ
Username@nurjamal_karamatdinova
CategoryМотивациялық дәйексөздер
Languageқазақ тілі
CountryҚазақстан
Мүшелер82
Channel TypePublic Channel
Created2026 ж. 24 сәу.
Last Updated2026 ж. 17 қаз. • 6 күн бұрын
StatusActive

Рейтинг

Жалпы рейтинг
#378738-789
Тіл бойынша рейтинг
#408-5
Санат бойынша рейтинг
#2019-10

Жазылушылардың өсуі

Барлығы: 8230 Days growth: -22.4%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Жазылушылардың өсуі - 30 Days
DateSubscribers
18:09:202684
19:09:202684
20:09:202684
21:09:202684
22:09:202684
23:09:202684
24:09:202684
25:09:202684
26:09:202684
27:09:202684
28:09:202684
29:09:202684
30:09:202684
01:10:202684
02:10:202684
03:10:202684
04:10:202684
05:10:202684
06:10:202684
07:10:202684
08:10:202684
09:10:202684
10:10:202684
11:10:202684
12:10:202684
13:10:202684
14:10:202684
15:10:202684
16:10:202684
17:10:202682
Жазылушылардың өсуі - Weekly
DateSubscribers
Week of 20:04:202682
Week of 27:04:202682
Week of 04:05:202682
Week of 11:05:202682
Week of 18:05:202682
Week of 25:05:202682
Week of 01:06:202682
Week of 08:06:202682
Week of 15:06:202682
Week of 22:06:202682
Week of 29:06:202682
Week of 06:07:202683
Week of 13:07:202683
Week of 20:07:202683
Week of 27:07:202683
Week of 03:08:202683
Week of 10:08:202683
Week of 17:08:202683
Week of 24:08:202683
Week of 31:08:202683
Week of 07:09:202684
Week of 14:09:202684
Week of 21:09:202684
Week of 28:09:202684
Week of 05:10:202684
Week of 12:10:202682
Жазылушылардың өсуі - Monthly
DateSubscribers
April 202682
May 202682
June 202682
July 202683
August 202683
September 202684
October 202682
Жазылушылардың өсуі - Yearly
DateSubscribers
202682

Соңғы посттар

КЕЎИЛ ЕСИГИ logo
КЕЎИЛ ЕСИГИ

2026 ж. 04 қыр., 11:50

Video
Búgin 15-may xalıqaralıq Shańaraq kúni. Usı sáne múnásibeti menen universitetimizde ótkerilgen "Kelin-kúyew" tańlawına ómirlik joldasım menen qatnasıp 1-orınǵa ılayıq dep tabıldıq. Bunnan júdá quwanıshlımız. 2014-jıl turmıs qurǵan edik. Bıyıl 10 jıl tolıp atır. Jeńimpazlıq bolsa kútilmegen sawǵa boldı. Hámmeniń shańaraǵına amanlıq, awızbirshilik, mol nesiybe hám tatıwlıq joldas bolǵay!
5980011
КЕЎИЛ ЕСИГИ logo
КЕЎИЛ ЕСИГИ

2026 ж. 04 қыр., 11:50

Video
ÓMIR ÓTIP BARATÍR

Keshe bala edik, búgin anamız,
Birewge aq, al birewge qaramız,
Balalıqtan alıslasıp aramız,
Ómir ótip baratır.

Ańlaw menen túrli-túrli uǵımdı,
Erteń ushın qural etip búgindi,
Kalendardan julıp alıp kúnimdi,
Ómir ótip baratır.

Kimdidur kewilge jaqınlaw alıp,
Jáne kimlerdendur kewlimiz qalıp,
Jaqsını, jamandı kózimiz tanıp,
Ómir ótip baratır.

Gózlegen niyet hám maqset jolında,
Túrli insanlardıń túrli tobında,
Turmıstıń pás-bálent, ońlı-solında,
Ómir ótip baratır.

Qátelerden tawıp durıs sheshimdi,
Ele de bayıtıp aqıl-esimdi,
Háp zamatta tańǵa jalǵap keshimdi,
Ómir ótip baratır.

Arasında kewilimiz qamıǵıp,
Ótken kúndi yad alamız saǵınıp,
Jańa kúnniń esigi tez qaǵılıp,
Ómir ótip baratır.

Bazıda jılasaq, bazda jubanıp,
Dúnya imtixanlarında sınalıp,
Kún, ay, jıllar bir-birine quralıp,
Ómir ótip baratır.

Nurjamal Karamatdinova
31.03.2024
1,080003
КЕЎИЛ ЕСИГИ logo
КЕЎИЛ ЕСИГИ

2026 ж. 04 қыр., 11:50

Photo
ӨЗБЕТИНШЕ ОЙЛАР

Тоймайсаң ҳеш ҳүр өмирдиң шырайына,
Қарсы шығалмайсаң оның ырайына,
Безалмайсаң, бездирмейди ол өзинен,
Қайта сени ашық қылар удайына.

Қапа болсаң, қуўантқысы келип турар,
Көз жасыңа нәзик кеўли ерип турар,
Өз қолыңа тапсырады өмир өзин,
Сөйтсе де бәрибир сени жеңип турар.

Болар оның сыйлығы да, жазасы да,
Тек той емес, бар емеспе азасы да,
Умытпайды жылағанды жубатыўды,
Бәлким сонда шығар оның мазасы да.

Бийнесип емеспиз, шүкир, шырайыңнан,
Шәмензарға басла алып ылайыңнан,
Зар қылмаған сениң көркем келбетиңе,
Минетдарман, миннетдарман Қудайымнан!

Өмир жалғыз, оның сансыз ийеси бар,
Ҳәркимниң өз ҳақы ҳәм өз үлеси бар,
Ең зорына, ең көбине жетиў ушын,
Соған жараса өмирдиң гүреси бар!

Гүреслерден өткеймиз-дә жығылмастан!!!

Н.Караматдинова
11.06.2023
1,270009
КЕЎИЛ ЕСИГИ logo
КЕЎИЛ ЕСИГИ

2026 ж. 04 қыр., 11:50

Photo
ЖҮРЕКТИҢ ЖАЛЫНЫШЫ

Жүрегимнен мен ҳәммени қуўып шықтым,
Бөлмелерин бирим-бирим жуўып шықтым,
Қаңырап қалған жүрегимнен өзиме де,
Орын болмай жалғызлықтан суўып шықтым.

Қалтырадым, тилерим де сақылдап тур,
Муз алақан гәплеримди мақуллап тур,
Өзиме де жай таппаған жүрегимниң,
Даўысы да геўек болып тақылдап тур.

Қыяллары қыялыма қаслық қылар,
Өз пикирин пикириме баслық қылар,
Ой-қыялым өз-өзиме жеткиликли,
Жан бармекен бийлик емес дослық қылар?!

Н.Караматдинова
9.06.2023
9610011
КЕЎИЛ ЕСИГИ logo
КЕЎИЛ ЕСИГИ

2026 ж. 04 қыр., 11:50

Photo
ТАҢ МЕНЕН ТҮН БИЙХАБАР

Жүзлериме телмиреди таң,
Сыр алғысы келер көзимнен.
Түн тым-тырыс болады жалтаң,
Сес-себир жоқ бирақ өзимнен.

Ай аңлыйды айна артынан,
Бәрин, бәрин сезип турыппан.
Айбыныўшы дода халқынан,
Сезимлер де барын умытпаң!

Ҳәр кеўилде көмилип жатқан,
Бар емес пе айталмас гәплер?
Жалғыз өзиң ашшысын татқан,
Бар шығар-аў айталмас дәртлер!

Таң да, түн де бәри бийхабар?

Н.Караматдинова
30.05.2023
8000011
КЕЎИЛ ЕСИГИ logo
КЕЎИЛ ЕСИГИ

2026 ж. 04 қыр., 11:50

Photo
Нуржамал Караматдиноваға қутлықлаў.

Гөззал қызы ҳаслы Қостамғалының,
Тәрийпине тил әззи жамалының,
Тоқполат қәндекли дейди дайысы,
Зор журналист қызы өз заманының.

Гүлайымның батырлығы қанында,
Тумаристиң парасаты аңында,
Шешенликтен басқада көп өнери,
Санайбериң түр түри бар жанында.

Шынқобызы бар қусайды айтқандай,
Шертсе болар Арал толып қайтқандай,
Шет тилинде оқып С1 алажақ,
Буннан артық талант болар айт қандай?

Қарындасым он жас киши өзимнен,
Бир айтысып аңлап алдым сөзинен.
Байрамында мениң тилер тилегим,
Қуўаныш ҳеш тәрк етпесин өзинен.

Тилегим көп нөсер болып жаўғандай,
Әўмет берсин узақларға шаўғандай,
Қуўанғаймыз табысларың еситип,
Қара жерден жети қоян таўғандай.

Ҳүрмет пенен Кеунимжай Мамбетниязов
08.03.2023-жыл.
8660011
КЕЎИЛ ЕСИГИ logo
КЕЎИЛ ЕСИГИ

2026 ж. 04 қыр., 11:50

ҚЫМБАТЛЫ АНАМ! ТУЎЫЛҒАН КҮНИҢИЗ ҚУТЛЫ БОЛСЫН!!!

РАХМЕТ, АНАМ БОЛҒАНЫҢ УШЫН!

Меҳир күшиң таўды қулатар,
Шийрин сөзиң селди жубатар,
Өмир өзиң менен шырайлы,
Жоқлығың әлемди жылатар.

Барлығың себеп ханзадаман,
Өзиңсиз мүсәпир, садаман,
Және қызың болғайман егер,
Туўылғандай болсам жаңадан!

Сен илҳәмим, сен мениң күшим,
Мени қорғар илаҳий қусым,
Шүкир деймен Аллаға шексиз
Мениң анам болғаның ушын!

Н.Караматдинова
23.02.2023
8490014
КЕЎИЛ ЕСИГИ logo
КЕЎИЛ ЕСИГИ

2026 ж. 04 қыр., 11:50

СЕНДЕ БИР СЫР БАР

Ай менен тиллесип турасаң ақшам,
Ашпайсаң кеўлиңниң есигин қақсам,
Сансыз жулдызларға не айтажақсаң,
Көкте сен излеген қандай уғым бар?

Жақынсаң жамғырдың тамшыларына,
Сынаўлар сабырыңды қамшылады ма,
Дус келдиң бе турмыс аңшыларына,
Ҳеш кимсе сезбеген қандай муңың бар?

Нелерди сорайсаң ескен самалдан,
Кеўил-күйиң неге бунша қабарған,
Көзлериңниң қарасына қамалған,
Тилиңнен үзбеген қандай сырың бар?

Н.Караматдинова
18.02.2023
882009
КЕЎИЛ ЕСИГИ logo
КЕЎИЛ ЕСИГИ

2026 ж. 24 сәу., 14:01

Photo
АНА ТИЛ ТОЛҒАНЫСЛАРЫ

Артып бара берсе "тәдбир"лер,
Тилимиздиң кийими кирлер.
Биз "есе" қол шаппатлап жүрсек,
Жуўады сол кийимди кимлер?!

Бул гәпиме "асас"  бар мениң,
Дәрти "маблағ" ҳәзир ҳәммениң,
Бас қосып, болып бизге "ҳамкар"
Қай "ташкилат" берер жәрдемин?!

Минекей, сизлерге "тақдимат",
Тилин хорлаў - бул не деген уят?!
Таңлаў болды деймиз "ҳаққаный"
"Намзат"лар көп бәринен зият.

Өзимизше болып "мустақыл"
"Масапа"дан өткермеймиз қыл,
Сонлықтан да ҳәр түрли сөзлер,
Үйимизде дым еркинсип жүр.

Бизде туўысқаны жоқ сөзге,
Илажсыз беремиз баспана.
Сөзлик үйде баўыры көп сөзге,
Жатып алың демең дастана!

Н.КАРАМАТДИНОВА
1.12.2022
1,980008
КЕЎИЛ ЕСИГИ logo
КЕЎИЛ ЕСИГИ

2026 ж. 24 сәу., 14:01

Photo
ЖҮРЕККЕ ЖОЛ

Қыйыр-шыйыр ҳәзир кеўил жоллары,
Биреўге қарасаң, биреўге ақсаң.
Аңсат нәрсе емес турған қолдағы,
Бирине жақпайсаң, бирине жақсаң.

Базылар мүлайым, базылар қопал,
Шоршытар кеўлиниң есигин қақсаң.
Әтирапыңда жүрген адамлар көп, ал,
Адамгершиликти, қәнекей, тапсаң!

Н.Караматдинова
27.11.2022
9050014

Showing 12 of 12 posts

Рейтинг

Кіру қажет

Frequently Asked Questions

КЕЎИЛ ЕСИГИ Telegram арнасы не туралы?+

КЕЎИЛ ЕСИГИ (@nurjamal_karamatdinova) — tgdio сайтында Мотивациялық дәйексөздер санатындағы Telegram арнасы. Рейтинг, пікірлер, ранг және соңғы посттарды қарап, жазылмас бұрын шешіңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 82 жазылушы бар.

КЕЎИЛ ЕСИГИ (@nurjamal_karamatdinova) арнасына Telegram-да қалай қосылуға болады?+

tgdio сайтында арна профилін ашып, Join / Open in Telegram арқылы @nurjamal_karamatdinova арнасына тегін жазылыңыз.

КЕЎИЛ ЕСИГИ жақсы Мотивациялық дәйексөздер арнасы ма?+

tgdio сайтында қосылмас бұрын КЕЎИЛ ЕСИГИ рейтингін, пікірлерін, рангін және посттарын тексеріңіз. Қазір tgdio сайтында шамамен 82 жазылушы бар. ұқсас Мотивациялық дәйексөздер арналарымен салыстырыңыз.

КЕЎИЛ ЕСИГИ статистикасы мен посттарды қайдан көруге болады?+

tgdio сайтында @nurjamal_karamatdinova бетін ашыңыз: жазылушылар статистикасы, ранг, рейтинг және посттар. Stats сілтемесі өсу графигін көрсетеді.